cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

MAKAN 24 | Рәсмий канал

Жуўабын билиў ушын төмендеги түймешени басың👇 ➡️ @MAKAN_24 - ең соңғы ҳәм әҳмийетли хабарлар каналына ағза болың 👉 Реклама: @SMM_ADMIN_7 📬 Мүрәжат жоллаў: @MAKAN24bot

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
10 578
Obunachilar
-2624 soatlar
-1217 kunlar
-87730 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

Photo unavailable
❗️Абитуриент ҳаял-қызлар ушын усыныснама алыўға арзалар қабыллаўы БҮГИН таўсылады Арзалар xotin-qizlar.uz платформасы арқалы қабыл етиледи. ✅ Усыныснама төмендеги критериялар тийкарында бериледи: ➖ кем тәмийинленген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар. Шаңарақтың ҳәр бир ағзасына жәми бир айлық орташа дарамат минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан аспағанда кем тәмийинленген деп тән алынады; ➖ толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный әкеси ямаса анасы яки олардың екеўи де қайтыс болған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар; ➖ өмирлик жолдасы қайтыс болған, жас өспирим перзентин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар; ➖ майыплығы болған перзенти бар мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар; ➖ еки ҳәм оннан артық перзентлерин тәрбиялап атырған, басқа ағайинлеринен бөлек (ижарада) жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери; ➖ ата-аналарынан бири ямаса ҳәр екеўи де биринши ямаса екинши топар майыбы болған мүтәжлиги бар шаңарақлардағы ҳаял-қызлар. ❗️Усыныснама берилди дегени, оқыўға кирди, дегени емес. Усыныснама алғанлар арасында жоқары балл алыў да талап етиледи. ⏳❓Усыныснама мүддети қанша? 5 жыл стажға ийе ҳаял-қызлар ушын 500 квотаға усыныснама 3 жылға, мүтәжлиги бар ҳаял-қызлар ушын 2 мың квотаға усыныснама болса 1 жылға бериледи. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 14👎 2
Photo unavailable
❗️Автомашина кондиционеринен пайдаланыў бойынша 6 мәсләҳәт 1️⃣ Кондиционерди иске қосыўдан алдын салонды 3-5 минут самаллатың. 2️⃣ Суўық ҳаўа ағымын айдаўшы ҳәм оның жанындағы жолаўшының көкирек тәрепине қаратпаң. Суўық ҳаўа алдынғы айна (лобовой), қаптал айналар ямаса жоқарыға бағдарланған болыўы керек. 3️⃣ Сырттағы ҳаўа ҳәм кондиционерден шығып атырған ҳаўаның температурасы 7…10 дәреже парықланыўы керек. 4️⃣ Ыссы ҳаўада кондиционерди иске қосқаннан кейин алдын белгили бир температураға қойыў керек, кейин ала әсте-ақырын температура түсириледи. 5️⃣ Узақ сапарға кондиционерли машинада жолға шыққаныңызда ҳәр ярым саат–бир саатта автомобиль салонын самаллатып турың. 6️⃣ Кондиционер жақсы ислеўи ушын оның фреон дәрежесин өлшең ҳәм салондағы фильтрди, әлбетте, алмастырың. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 19 2🔥 1
04:20
Video unavailable
Абитуриентлерди дизимге алыў басланды Абитуриентлерди онлайн дизимге алыў my.uzbmb.uz сайтының "Жоқары ҳәм Профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў" бөлими арқалы әмелге асырылады. Дизимге алыў 2024-жыл 5-июннан баслап 25-июнға шекем. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
Onlayn ro‘yxatdan o‘tish - uz~2.mp428.49 MB
👍 2🤬 2
Photo unavailable
❗️Қарақалпақстанлы 19-жаслы жигит 18-жылға қамалды. Қараөзек районында жасаўшы жигит өзи менен бир көшеде жасаўшы 56-жаслы хаялдың уйине кирип оның 12 миллион сум ақшасын алып атырған ҳәм сол пайыт ойанып кеткен ҳаялды ағаш бөлеги менен урып өлтирген. Суд ҳүжжетинде келтириўине қарағанда 2005-жылда туўылған жигит пайдалы мийнет пенен шуғылланбастан нызамға қарсы байлық арттырыўды мақсет еткен. Ол 2023 жылдың 21 октябр куни Нөкис қаласында ижарада туратуғын студент танысының уйине барып сол жерде жасаўшы жигиттиң ноутбугине ҳәр куни 80 мың сум берип турыўына исендирип алып кеткен. Кейин ноутбукты 1.5 миллион сумға сатып ақшасын өз мүтәжлигине ислетип жиберген. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 13🤬 6
00:10
Video unavailable
✍Тәўекел оқыўға тапсыраман деп атырған абитурентлер ушын арнаўлы ручка жаратылыпты😂 ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
o4JJzhE9LQBBooAbIzECAJ85DnipIHoiABByfa.mp41.41 MB
😁 25👍 12
00:41
Video unavailable
❓Ыссы күнлери машинада нелерди қалдырыўға болмайды? Жаздың ыссы күнлеринде автомобиль ишинде баклажка, гаджетлер ҳәм және "зажигалка"ны таслап кетиўге болмайды. Жоқарыдағы видеода буның себеплери түсиндирилген. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
C63GFSTtyZF.mp45.70 MB
👍 38
Photo unavailable
Бүгиннен баслап бақша пуллары қымбатлайды Мәмлекетлик мектепге шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң жаңа муғдарлары. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👎 25👍 7👏 1
00:14
Video unavailable
⚡️😱Москва қаласында көшеде кетип баратқан 63 жаслы пияданы шақмақ урған ҳәм ол ўақыя орнында қайтыс болған. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
1.84 MB
😱 19👍 1😁 1🤔 1
Photo unavailable
🇺🇸 Байден Ғазадағы урысты тоқтатыў режесин жәриялады 1) Режеге көре, биринши басқыш 6 ҳәпте даўам етиўи керек. Онда толық ҳәм жуўмақлаўшы от ашыўды тоқтатыў, Израил әскерлериниң Ғаза секторындағы халық пунктлеринен алып шығып кетилиўи ҳәм жүзлеген Палестиналық тутқынларды азат етиў орнына бир қатар Израиллық гиреўге алынғанларды қайтарыў киреди. 2) Екинши басқыш әскерий ҳәрекетлерди жуўмақлаў, тоқтатыў ҳәм Израил әскерлерин Ғаза секторынан алып шығып кетиўди өз ишине алады. Буннан тысқары, бул басқышда қалған барлық гиреўге алынғанлар Израилға қайтарылыўы керек. 3) Үшинши басқышда АҚШ ҳәм халық аралық жәмиетшилик жәрдеминде регионды кең көлемли қайта қурыў жобасы басланады, бул 3-5 жыл даўам етеди. ҲАМАС тәрепинен өлтирилгенлердиң өлик қалдықлары Израиллық шаңарақларға қайтарылыўы керек. ➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 12 1