cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Tarbiya.uz | Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Тақыятас районы "Сары Ийшан" жаме мешитиниң рәсмий Telegram каналы!

Ko'proq ko'rsatish
Mamlakat belgilanmaganTil belgilanmaganDin & Maʼnaviyat28 979
Reklama postlari
1 711
Obunachilar
Ma'lumot yo'q24 soatlar
-1197 kunlar
+65630 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

​#мағлыўмат #аят ӘМЕЛ КИТАБЫ ҲӘМ ЕСАП-САНАҚ Бенделердиң әмел китаплары – саўап ҳәм гүналары жазылған китаптың ҳәм бенделердиң есап-санаққа тартылыўының ҳақлығына исениў Әҳли сунна ўәл жәмәә ақыйдасының бир бөлими есаланады. Қыяметте мөминлердиң әмел китаплары оң тәрепинен, кәпирлердиң әмел китаплары шеп тәрепинен берилиўи ҳақ. Қураны кәриймде былай делинеди: «Енди кимниң (әмел) китабы (қыямет күни) оң тәрепинен берилсе, онда ол аңсат есап пенен есап-санақ қылынады ҳәм (жәннетке түскен) өз шаңарағына қуўанып қайтады. Бирақ, кимниң (әмел) китабы арқа тәрепинен берилсе, онда ол (өзине) өлим тилейди ҳәм дозақта күйеди. Әлбетте, ол (дүнья өмиринде) өз шаңарағында қуўанышта еди, әлбетте, ол өзин ҳеш қашан (Аллаҳ алдында) қайтпайман, деп ойлар еди. Яқ! Рәббиси – әлбетте, оны көрип турыўшы» («Иншиқоқ», 7-15-аятлар мазмуны). Ҳәп бир адамның қылған ислери оның еки тәрепиндеги периштелер (кироман кәтибийн) тәрепинен жазылып барылады. Қураны кәриймде мынандай мазмундағы аят келген: «…Қыямет күнинде оған ашық ҳалда ушырататуғын (дүньяда қылған әмеллери жазылған) китапты шығарып беремиз» («Исро», 13). 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...

#аят 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 Инсанлар бир-бири менен бирадардурлар. Бул ҳаққында Аллаҳ таала былай мәрҳәмат қылады: «Әлбетте, мөминлер (динде өз ара) ағайин есапланады…» (Ҳужурот сүреси, 10-аят). Бул дослық Аллаҳ жолында жақсы көриў деген мәнини аңлатады. Инсанлар бир-бирин Аллаҳ ушын ардақласа, бул дүнья ҳәм ақыретте жақсылықларға ийе болады. Қураны кәриймде: «Ол Күни тақўалылардан басқа дослар – бир-бирине душпан» (Зухруф сүреси, 67-аят). Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан қылынған рәўиятта Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам төмендегише мәрҳәмат қылады: “Аллаҳ таала сая болмайтуғын қыямет күнинде жети тайпа инсанды өзиниң саясы менен саялантырады. Олар: әдалатлы баслық, Рәббисиниң ибадатында өскен жигит, қәлби мешит пенен байланған инсан, Аллаҳтың разылығы жолында бир-бирин жақсы көрип жәмленген ҳәм ажырасқан еки инсан, ҳәмел ийеси болған шырайлы ҳаял зинаға шақырғанда, мен Аллаҳтан қорқаман деген инсан, оң қолы қылған садақасын шеп қолы билмейтуғын инсан, жалғыз қалғанында Аллаҳты еслеп көз жас төгетуғын инсан”. Ҳасан Басрий раҳматулуллаҳи алайҳ: “Досларды көбейтиңлер. Мөмин дослар қыямет күнинде бир-бирин шәпәәт қылады”, деген. Аллаҳ таала бәршемиздиң дослығымызды тек ғана Өзиниң жолында болыўын несип етсин. Дүньяда да, ақыретте де жақсылықларға шерик болыўлықты несип етсин. 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...
#ҳикмет Бир әўлийе инсан көшеде кетип баратырса, балалар топ ойнап атыр екен. Сонда ол инсан сорапты: — Балаларым, бул топ сизлерге не жаманлық қылды? Неге оны теўесизлер? Балалар ишинен бир шохрағы әўлийе инсанның үстинен күлгендей: — Ҳәзирет, топтың алдында сиз турыпсыз, өзинен сорап көриң. Әўлийе топқа қарап, индемей қалыпты. Сонда жаңағы бала: — Сорадыңызба, топ не деди? – десе, әўлийе төмендегише жуўап берген екен: — Топ айтты: басыма азғана ҳаўа толып қалған екен, соған тепки жеп атырман. Үлги: Кимниңдур басына кибр-ҳаўа толып қалса, ол адамды Аллаҳ хор қылады. 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...
Repost from Muslim.uz
01:48
Video unavailableShow in Telegram
#Видеомурожаат ❗️Фарзандларингизни турли бузғунчи ғоялар таъсиридан асранг! Манба: Дин ишлари бўйича қўмита Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати Muslim.uz @muslimuzportal | @shayx_nuriddinxoliqnazar | @mp3muslim | @diniysavollar
Hammasini ko'rsatish...
IMG_3770.MOV38.40 MB
Photo unavailableShow in Telegram
#ҳикмет Үш нәрсе артқа қайтпайды! Сөз – егер қойып жиберилсе. Оқ – егер атылса. Ўақыт – егер өткерип жиберилсе. 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...
«Я Рәббим! Өзиң маған ҳәм ата-анама берген неъматларыңа шүкир қылыўыма ҳәм Сен разы болған ийгиликли (ис)ти ислеўиме еристир ҳәм мен ушын зүрядымды дүзиўле! Әлбетте, мен Саған (гүналарымнан) тәўбе қылдым ҳәм әлбетте, мен мусылманларданман». (Аҳқоф сүреси, 15-аят) 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...

Photo unavailableShow in Telegram
#ҳикмет -Пулыңа үй сатып аларсаң, бирақ қәтержамлық сатып алалмайсаң! - Лаўазым сатып аларсаң, бирақ ҳүрметти сатып алалмайсаң! - Жататуғын орныңды сатып аларсаң, бирақ уйқыны сатып алалмайсаң! - Китап сатып аларсаң, бирақ билимди сатып алалмайсаң! - Дәри сатып аларсаң, бирақ шыпа сатып алалмайсаң! 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...
Жәннетте нематлардан үш нәрсе бар, олар дүньяда ҳеш қашан табылмас: 1. Мәңгилик. 2. Раҳманға қоңсы болыў ҳәм Оны көриў. 3. Аўырыўлар, ғамлар ҳәм кеселликлердиң кетиўи. Аллаҳ таала бәршемизге ең жоқары болған фирдаўсты несип етсин! 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
#ҳәдис «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Азан менен иқаманың арасындағы дуўа қайтарылмайды», деди». Әбиў Даўыт рәўият қылған. 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
#ҳикмет Жан денеңди тәрк етпестен, сен жаман әдетлериңди тәрк ет. © Муҳаммад Камал 🌙 | @tarbiya_uza
Hammasini ko'rsatish...
Boshqa reja tanlang

Joriy rejangiz faqat 5 ta kanal uchun analitika imkoniyatini beradi. Ko'proq olish uchun, iltimos, boshqa reja tanlang.