cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Бахтияр Менглибеков | Мойнақ районы ҳәкими

Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибековтың жеке каналы

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
1 106
Obunachilar
Ma'lumot yo'q24 soatlar
+267 kunlar
+1730 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

03:27
Video unavailableShow in Telegram
Билимлилер сыйлықланып, устазларға ҳүрмет көрсетилди Мойнақ районындағы амфитеатрда өткерилген «Соңғы қоңыраў» кешесине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарекеев, район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм секторлар басшылары қатнасты. Онда ҳәким Б.Менглибеков жасларды бүгинги байрам менен қызғын қутлықлап, олардың келешекте кәмил инсан болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди. Соннан соң улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары арасында жоқары оқыў орнына кириў ушын таярлық басқышын алып барыў мақсетинде филология, анық, тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер бағдарында Мойнақ районында өткерилген "Мойнақ районы ҳәкими кубогы" ашық олимпиадасының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти. «Соңғы қоңыраў» кешеси мектеп питкериўшилери, районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм ҳәўескер қосықшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
👍 6 1
Мойнақ районы ҳәкими соңғы қоңыраў илажына қатнасты Бүгин районымыз бойлап "Соңғы қоңыраў" илажлары болып өтпекте. Мойнақ районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 11-класты 260 оқыўшы табыслы жуўмақлап ҳәм усы оқыўшылар қатарында 18 питкериўши алтын медаль, 5 питкериўши гүмис медаль менен сыйлықланыў алдында тур. Илажда район ҳәкими Б.Менглибеков Президент Ш.Мирзиёевтиң улыўма орта билим бериў мектеплери питириўшилерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Соның менен бирге, район ҳәкими питкериўши жасларға сәтли сапарлар тилеп, бүгинги күндеги шексиз имканиятлардан пайдаланыўға шақырды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
👍 2
Улыўма орта билимлендириў мектеплериниң питкериўши жасларына Қәдирли мектеп пикериўшилери! Бәршеңизди оқыўшылық дәўириңизди изде қалдырып, алтын мектебиңиз, меҳрийбан устазларыңыз бенен хошласып, өмириңиздиң жаңа басқышына қәдем қойып атырғаныңыз бенен шын жүрегимнен қутлықлайман. Бул қуўанышлы әййямда районымыздағы барлық мектеплерде «соңғы қоңыраў»лар жаңлап, 364 оқыўшы жасларымыз жетиклик шаҳодатнамаларын қолына алмақта. Бул тек Сизлерди ғана емес, биз – ата-аналар, устаз-тәрбияшылар ушын да оғада қуўанышлы ҳәм толқынландыратуғын ўақыя. Себеби, кеўили уллы арзыў-нийетлер менен толған сизлердей нәўқыран, билимли жасларымыз тымсалында билимлендириў тараўындағы ҳәрекетлеримиздиң және бир әмелий нәтийжесин, районымыз келешегин көремиз. Әзиз питкериўшилер! Сизлердиң өмирде өз орныңызды табыўыңыз ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларын толық жумсайды. Сизлерди мектеп билимлендириўин табыслы тамамлағаныңыз бенен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман! Ҳәммеңизге саў-саламатлық, жумыста ҳәм оқыўда, жеке өмирде үлкен табыс ҳәм әўметлер тилеймен. Бийғәрез өмирге таслап атырған дәслепки исенимли қәдемиңиз қутлы ҳәм мүбәрек болсын! Ҳүрмет пенен Мойнақ районы ҳәкими Менглибеков Бахтияр Бекмурзаевич. https://t.me/BaxtiyarMenglibekov
Hammasini ko'rsatish...
Бахтияр Менглибеков | Мойнақ районы ҳәкими

Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибековтың жеке каналы

👍 2
Бас прокурор орынбасары С.Самадов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында қурылысқс байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, бюджет қәрежетлерин оптималластырыў жөнелислеринде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳалаты үйренилмекте. Бүгин ол бул бағдардағы жумысларда ушырасып атырған қәте-кемшиликлер бойынша тийисли көрсетпелер бериў мақсетинде Мойнақ районындағы Суў тәмийинаты кәрханасы ҳәм Президент мәкемелери агентлигине қараслы Қәнигелестирилген мектебинде болды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
Шет елдеги жаслар менен сәўбетлесиў алып барылды Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков ҳәм секторлар басшылары шет еллерде жоқары оқыў орынларында оқып атырған ҳәм жумыс ислеп атырған жаслар менен интернет тармағы арқалы сәўбетлесиў алып барды. Ҳәким Б.Менглибеков сәўбетлесиў даўамында сырт еллердеги районымыз жасларына миллий қәдириятларымызға жат болған иллетлерге, түрли диний ағымларға ҳәм бузғыншы топарларға қосылып қалмаўға шақырды. Соның менен бирге,  Мойнақ районы аймағында жаратылған бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берип, шет елде оқып атырған ямаса жумыс ислеп атырған жаслардың қызығыўшылығы бойынша исбилерменлик басламақшы болғанларға зәрүр әсбап-үскенелер алыўға субсидия ҳәм жеңиллетилген кредитлер ажыратып бериўге таяр екенлигин мәлим етти. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
👍 1
Бүгин Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди. _ Бугун Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида фуқоралар қабули ташкил этилди. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
👍 1
Мойнақта миллий қәдириятлар жәмленген хожалық үйлери шөлкемлестирилмекте Бүгинги күнде Мойнақта туристлер ағымын көбейтиўде көплеген жумыслар алып барылмақта. "Тик өзек" АПЖда өткерилген көшпели қабыллаўда район ҳәкими Б.Менглибеков бул бағдардағы илажларды еле де жетилистириў бойынша мәҳәлле турғынларына мүрәжат етип, миллий қәдириятлар, мәденият, тарийх ҳәм үрп-әдетлеримизди сәўлелендириўши 4,5 хожалықты туристлер ушын таярлаў лазымлығын атап өтти. Усы жылдың 5-8-июнь сәнелери аралығында болатуғын Стихия фестивалына 2,5 мың туристтиң келиўи күтилмекте. Сондай-ақ, күнине 30 дан аслам туристлер районға келип атыр.–Оларға хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыўымыз керек. Ҳәзир Шеге ҳәм Қыпшақдәрья аўылларында усындай хожалықлар шөлкемлестирилип атыр–деди ҳәким Б.Менглибеков. Мәҳәлле турғынлары район ҳәкиминиң бул басламасын қоллап-қуўатлап, "Тик өзек" АПЖда да халқымыздың өнерментшилик буйымлары, жергиликли тағамлар ҳәм басқа да миллий қәдириятларды өзинде жәмлеген хожалық үйлери туристлер ушын таярланады.
Hammasini ko'rsatish...
Көшпели қабыллаўлар даўам етпекте Халық пенен сәўбетлесиў ҳәм олардың машқалаларына оператив шешим табыў мақсетинде аймақларда көшпели қабыллаўлар өткерилип келинбекте. Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков, секторлар басшылары ҳәм Президенттиң районымыздағы Халық қабыллаўханасы баслығының нәўбеттеги көшпели қабыллаўы "Мәдели" аўыл пуқаралар жыйыны Порлытаў аўылында өткерилди. _ Сайёр қабуллар давом этмоқда Халқ билан мулоқот қилиш ва фуқоралар муаммоларига тезкор ечим топиш мақсадида сайёр  қабуллар ташкил этилмоқда. Мўйноқ тумани ҳокими Б.Менглибеков, секторлар раҳбарлари ва Президентнинг тумандаги Халқ қабулхонаси бошлиғининг навбатдаги сайёр қабули "Мадели" овул фуқоралар йиғини Порлитов овилида бўлиб ўтди. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
👍 1
Секторлар басшыларының нәўбеттеги қабыллаўы "Қыпшақдәрья" аўылында болып өтти Қабыллаў даўамында Мойнақ районы биринши сектор аймағындағы "Бозатаў" АПЖның "Қыпшақдәрья" аўылы турғынлары менен ашық сәўбет өткерди. Онда аўыл турғынларына ҳүжжетсиз болған турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин ислеў бойынша Президентимиз басламасы менен берилип атырған қолайлық ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар атап өтилип, бул имканияттан нәтийжели пайдаланыў бойынша көрсетпелер берилди. Соның менен бирге,  пуқаралар мүрәжатлары тыңланып, айырым мәселелер бойынша түсиниклер берилди. Мүддет талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
Секторлар басшыларының нәўбеттеги қабыллаўы "Жайҳун" МПЖда болып өтти Қабыллаў даўамында Мойнақ районы екинши сектор аймағындағы "Жайҳун" мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ашық сәўбет өткерди. Онда мәҳәлле турғынларына ҳүжжетсиз болған турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин ислеў бойынша Президентимиз басламасы менен берилип атырған қолайлық ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди. Соның менен бирге,  пуқаралар мүрәжатлары тыңланып, айырым мәселелер бойынша түсиниклер берилди. Мүддет талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Hammasini ko'rsatish...
👍 2
Po'stilar arxiv