cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

QARAQUM IYSHAN

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы, Қазақдәрья аўылы, "Қарақум ийшан" жоме мешити расмий телеграм каналы.

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
421
Obunachilar
Ma'lumot yo'q24 soatlar
-417 kunlar
-32830 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

#зикир ТАҢҒЫ ЗИКИР Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким таң атқанда ҳәм кеш киргенде "Субҳанәллооҳи ўә биҳәмдиҳи" деп 100 мәрте айтса, Қыямет күни оннан ҳеш бир адам абзал бола алмайды. Тек ғана оған уқсап (100 мәрте) айтса яки оннан көп айтса абзал болады», деди. Зикирдиң мәниси: Аллаҳға ҳәмд айтыў менен Оны айып ҳәм нуқсанлардан пәклеп яд етемен. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube 👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Hammasini ko'rsatish...
AССAЛAМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! ☀️ Және бир таң, және бир үмит, және бир имкәният берген Раббимизге ҳәмдлар болсын! ☀️Күниңиз қайырлы, берекетли, ең әҳмийетлиси дүнья ҳәм ақыретиңиз ушын пайдалы өтсин! Қайырлы күн әзизлер! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! https://t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...
#Жума_марузасынан 🕌 Мойнақ районы Қарақум ийшан мешити имам-хатиби Садиков Абдуразақ 📀    Инсан қәлбине ең қәтержамлық бериўши аят: «…Мийримим ҳәмме нәрседен кең…».              (Аъроф сүреси, 156-аят) Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 Телеграм| t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...
#Дуўа 🤲 АБИТУРИЕНТЛЕР УШЫН ДУЎАЛАР ТОПЛАМЫ    1. "Роббий  яссир ўә ләә түъассир. Роббий тәммим бийл-хойри".    Рәббим! Аңсат қыл, қыйын қылма. Рәббим, (исимди) жақсылық пенен тамамла.    2. "Роббийшроҳ лий содри ўә яссир лий әмри ўәҳлүл ъуқдәтән мин лисәәний яфқоҳу қоўлий" (Тоҳа сүреси, 25-28-аятлар).    3. "Роббий зидни ъыльмән ўә фәҳмән".    Рәббим, илимимди ҳәм зейинимди арттыр.    Барлық абитуриентлерге Аллаҳ таала жеңиллик берсин! Телеграм| t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...
QARAQUM IYSHAN

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы, Қазақдәрья аўылы, "Қарақум ийшан" жоме мешити расмий телеграм каналы.

#дуўа Әлҳамду лилләҳ сөзи ҳаққында нелерди билемиз? ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул Аллаҳтың ең сүйген кәлиймасы. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул Аллаҳты мақтаў уллылаў ушын ең кәмил болған кәлийма. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул Адам алайҳиссалам айтқан ең дәслепки сөз. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул Қурандағы биринши кәлийма. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул ең абзал дуўа ҳәм зикир. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул Қыямет күниндеги ең абзал адамлар айтатуғын сөз. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул Жәннеттиң нәли. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – бул Қуўанышлылықта да, қапагершиликте де – ҳәр бир жағдайда айтылатуғын сөз. ӘЛҲАМДУ ЛИЛЛӘҲ – биз сизди Аллаҳты он мәрте зикир етип, мақтаўыңызға ҳәм бул кәлийма ушын ўәде етилген саўапларды қолға киргизиўиңизге себепши боладық. https://t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...
#тәрбия Утысқа ерискен инсанлардың өзине тән қасийетлери: 1. Басқалар әўметим жүриспеди деген жағдайды, олар өмирдиң сабақлары деп биледи; 2. Басқалар қыла алмайтуғын исти, олар бир жолын таўып изленеди, қол силтеп кетпейди; 3. Олар анық, бир нәрсеге тийкарланған режелерди қабыл қылады; 4. Басқалар әўмет келиўин күтип отырса, олар әўметти өзлери излейди; 5. Басқалар сыяқлы оларда да қорқыў бар. Бирақ, қорқыў оларды басқара алмайды. Олар қорқыўды тек ғана қәўетерлениў деп түсинеди; 6. Олар машқаладан қашпайды, тек ғана машқалаға тик қарайды; 7. Олар оптимист адамлар, сол себепли пайдалы тәреплерди көре алады; 8. Олар ҳеш қашан үйрениўден шаршамайды. Ҳәр қандай өмирлик тәжрийбе олар ушын сабақ есапланады; 9. Олар өзиниң ислерин ҳеш қашан артқа сүрмейди. Бул истен олар ҳеш қашан бир нәрсениң келиўин күтпейтуғынын билип алса болады; 10. Олар өзин қандай сезинип турса да, қылыўы керек болған исти әлбетте қылады. Сиз де, усындай инсан болыўды қәлейсиз бе, онда жоқарыда айтылған мағлыўматларды оқып, өмириңиздиң бир бөлегине айландырың! https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Hammasini ko'rsatish...
Paziyletuz | Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты

https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/

https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e

https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

#қайырлы_таң Ассаламу алайкум, Қәдирдан!  Өмириңизде үш мийман бар, олар ўәделеспей келе береди... Ырысқы, Муҳаббат, Бахыт...         Илайым усы үш мийман шаңарағыңызды ҳеш қашан тәрк етпесин! Күниңиз пайызлы, тапқаныңыз берекетли ҳәм сарплағаныңыз саўаплы болсын! https://t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...
#ҳикмет Уламалар айтады: Намаз өз ийесин (Аллаҳ тәрепке жолдың) ярымына шекем алып барады. Ораза патша (Аллаҳ)тың есигине шекем алып барады. Садақа болса, оның қолынан услап, патшаның алдына алып киреди. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! https://t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...
#тилек – Ассаламу алайкум! Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир! – Қайырлы таң әзизлер! Аллаҳ тааладан: шаңарағыңызға аўызбиршилик, кеўлиңизге тынышлық, жүзиңизге қуўаныш, дәстурханыңызға қут-берекет, жумысларыңызда табыслар, турмысыңызға бахыт-әўмет, денеңизге саламатлық, қәлбиңизге беккем ийман бериўин тилеймен. http://t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...
СҮННЕТ ӘМЕЛ    Пайғамбарымыз алайҳиссаламның денсаўлыққа байланыслы сүннетлери менен кеңеслери ҳәзирги күнде илим менен дәлилленип, медицинада кеңнен қолланылып жүр. Солардың бири – азанда пал қосылған суў ишиў. Пал қосылған суўдың денсаўлыққа пайдасы зор.    Бундай суў ағзадағы тәбийий процести жанландырып, асқазанның жумысын белсенди қылады, яғный ас сиңириўди жақсылайды; иммунитетти беккемлеп, тумаў, бронхит, дем алыў жолларындағы кеселликти кетиреди.   Көпшилик қәнигелер алды менен аш қарынға суў ишип, соң пал қосылған жыллы суў ишиўге мәсләҳәт береди.    Тағы бир айта кететуғын жери, суўды емлик мақсетте пайдаланатуғын болсаңыз, оны қайнатпай ишиў керек. Мәселен, қәнигелер булақтың ямаса қудықтың суўы болса ҳәм оның таза екенлигине көзиңиз жетип турса, қайнатпай ишиўге болатуғынын айтады ямаса фильтр сүзгишинен өткен суўды да қайнатпай-ақ пал қосып ишиўге болады. Пал қосылған суў адам ағзасын тетиклетип, күш-қуўат береди. 👉 Телеграм| t.me/Qaraqumiyshan
Hammasini ko'rsatish...