uz
Feedback
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Kanalga Telegram’da o‘tish

Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓 Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Ko'proq ko'rsatish
952
Obunachilar
-124 soatlar
-87 kunlar
-1630 kunlar
Postlar arxiv
ИЙТ Көшеде ийтлер көп мақсетсиз жүрген, Мезгил жоқ, мәкан жоқ, үргени үрген. "Атып таслаў керек" деп айтар маған, Ашыўлы адамлар олардан күйген. Ийт пенен ийт болып өткермей ўақыт, Излегениң мақул өмирден бахыт. Ийтлердиң кеўили кир ылас болар, Сениң кеўлиң мисли маржандай яқут. Ийтлер үреберсин өзиниң иси, Бәлким қышығандур аўзында тиси. Мениң билгенлерим усы болып тур, Итибар бермейди ақыллы киси. Ийтлер ийтлик қылар аяқтан тартып, Бир ийттен бир ийт жоқ ҳәзирде артық, Бул гәпимди ядда сақлаң яранлар, Ийтлер ийтлик қылса, қылмайды айтып. Ийтиң дос болғаны жақсы бирақта, Достың ийт болғаны бәринен жаман. Қалдырып ол сени үлкен уятқа, Ҳәммениң алдында етеди тамам. Қартайсада ийт ийтлигин қылады, Ийтлер себеп талай адам жылады. Ийтке қарсы адам гүрескенинде, Талай ийтлер бийиклерден қулады. Буның бәри шын ҳақыйқат, дәрт емес, Соның ушын ийтлик қылыў шәрт емес. Бир нәрсени ядда сақлаң яранлар, Ийтлик қылған негизинде мәрт емес. Ансатбай Каражанов 21.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Ҳәлзиз болсаң ҳәр бир күниң ўақытдур, Шүкир етиўшиге ҳәр күн бахытдур. Ақыллыға ҳәр бир күн бул имканият, Аңсатбайжан ҳақыйқатты айтып тур. Ансатбай Каражанов Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

ЖАСА Жаса, жигитликте дәўранды сүрип, Шағлап дослар менен ойнап ҳәм күлип. Базыларға мениң айтқым келеди, "Жүргеннен пайда жоқ ийт киби үрип". Болсын десең ертең мәртебем бийик, Болғаны жақсыдур минезиң ийик. Алған едим менде бала ўақтымда, "Жақсы нийетлерди кеўлиме түйип". Жаса! тарлық етпей, бәрҳә кең болып, Дәрьядай толқынлап, тасып ҳәм толып. Пәслер "пәслик" етип отыраберсин, Гүнаңды көтерип, өсек сөз шолып. Жаса! мәртлик етип, нәмәртлик етпей, Атқа мингениңде өзиңнен кетпей. Абайла! әўметте кетиўи мүмкин, Өзиң ҳеш гәп, ҳәтте көшеңнен өтпей. Жаса! жигит болып ҳәмде мәрт болып, Қалмасын ҳеш жүреклерде дәрт толып. Жигитке жараспас бес күн жалғанда, Жүргени налынып, жүзлери солып. Ансатбай Каражанов 20.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

ҚАЙ ЖАҚҚА Китап емес телефонлар қолымызда, Не барлығын қарамаймыз жолымызда, Билмей қалдым, шаламызба, толымызба, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Көтерилген мийрим шәпәәт арамыздан, Қызғанамыз барымызды анамыздан, Шығарайық болмас исти санамыздан, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Шығып кетип үйден ҳәр ким талапқа, Кими кетти Россия ҳәм қазаққа, Дуўшар болып жолда түрли азапқа, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Исенемен биз шығамыз жарыққа, Сабырлы бол ҳеш ўақытта ҳаўлықпа, Бир сөзим бар айтар мениң халыққа, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Парқы қалмай атыр қыз ҳәм баланың, Бузылғаныма бул ақыл сананың, Тәрбияны алмаң ҳасла көшеден, Алың тәрбиясын ата-ананың. Ансатбай Каражанов 26.01.2024 Жиззах қаласы архивтен Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Соңына қарата шаптырып атты, Жүзимизди қылғылғыл ҳәмийше жақты. Күлдирмей бизлерге бийгана жатты, Я Алла мәдет бер Өзбекстанға.

⚡️Аббосбек Файзуллаев голды баслап берди! Колумбия ва Ўзбекистон 1-1.
⚡️Аббосбек Файзуллаев голды баслап берди! Колумбия ва Ўзбекистон 1-1.

Ҳәр бир заттың болғанындай мүддети, Инсанда бир заман жасап өтеди. Сол дәўирде болса иззет, ҳүрмети, Өлседе билгенлер ҳүрмет етеди. Ансатбай Каражанов 13.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Қулғада қул керек ҳәзирги күнде, Жумыслар исленип атыр тек тилде. Я Алла жалынып сорайман сизден, Жолдас қылма мени кеўили кирге. Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Еркек өсек айтса қудай урғаны, Шайтан болар оған қулақ бурғаны, Асықпасаң бәрин көребересең, Болғанында сол өсектиң қурбаны. Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Танымай өзгениң жүр атын сатып, Қаламан деп ойлап байлыққа батып. Бир күн келип өтиригиң ашылып, Қалма ҳей бирадар уўмаққа батып. Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Ҳақыйқый қосықлар шығар жүректен, Таяқ еттен, сөз өтеди сүйектен. Илтимас ҳәм талабым бар сизлерге, Қандай қосық жазыўымды үйретпең. Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Бала ўақта ат деп минген таяғың, Қартайғанда болар екен аяғың. Жигит болған ғаррыларға айтарым, Өмир өтип бағда қалды баяғың Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

Жылап есик ашып келдик дүньяға, Биз ҳеш кимбиз мына жақты дүньяда.

МАРЬЯМ КИШЕМНИҢ ЕСТЕЛИГИНЕ БАҒЫШЛАНАДЫ. Бул қосықты жаздым қуяш батарда, Қостар еди "Ашамайлы жапар"ға, Ул ҳәм қызын қосып болып қатарға, Марьям кише кетеберди сапарға. Тулпар киснеп қалаберди артыңда, Қалғанындай жалғыз өзи салқында. Қолдан келсе бермес едик биз сизди, Сорасада тонна-тонна алтынға. Өлим ҳақ, қудайға жоқдур шарамыз, Бузылғанда ўайран кеўил ханамыз. Жүреклерде сақлап маңги атыңды, Барлық ўақыт сизди еске аламыз. Тақаның таўсылып гүллериң солды, Бул өмирден жуўдың, мәңгиге қолды. Тек ғана тиленип сорап қаламыз, Ашсын деп сиз ушын жәннетге  жолды. Жатқан жериң жәннет, топырағың торқа болсын. Ансатбай Каражанов Каналға ағза болыў ушын: 08.06.2026

СЕН СУЛЫЎ - Әденбай Тәжимуратов сөзи|Марқабай Жийемуратов намасы[Cover Ai] https://youtube.com/watch?v=EqG4Jtem5wA&si=qjsnEFbhlUh9uMr8

Обратите внимание на это видео: "Сен сулыў" https://share.google/tJYIyXZnvU9GYdYWL

Rustam G'oipov - Davraga tush.mp3

ЖЫЛАН Бир жылан бар, шақса палдай зәҳәр емес, Ол шақпаса кеўилим жай табар емес. Қойыныма алып жатып, сыбырлайман: "О, Жыланым, сенсиз бәҳәр, бәҳәр емес...! Бир жылан бар тийсе жыллы, суўық емес, Оралады мойыныма, буўып емес. Ол жыланды сыйпап ғана көндиресең, Таяқ пенен түртип яки қуўып емес... Бир жылан бар, жыланлардың сәрдары, Көзин көрип болып едим қардары. Сәрдарлығы мәлим болды усыдан - - ол келгеннен басқалары тарқады... Әй, жыланым, мың шақсаң да өлгеним жоқ, Мың буўсаң да Әзрейлиге көнгеним жоқ. Тағы бир рет Сени жақсы көрип қалдым, Себеби мен Сендей жылан көргеним жоқ... ©Өжет Байназаров https://t.me/baxadir_bainazarov

Өмир дәрья, ағын суўдай өтеди, Биреў келсе, ал биреўи кетеди. Ҳәмме қонақ бул бес күнлик жалғанда, Тыныш өмир сүргенге не жетеди. Ансатбай Каражанов 02.06.2026 Каналға ағза болыў ушын:

БАЛАЛАРҒА БЕРИҢ БҮГИН ДҮНЬЯНЫ. Бала мисли периштедей болады, Бала ушын ана жоқтан жонады, Ол қуўанса ана кеўли толады, Балала
БАЛАЛАРҒА БЕРИҢ БҮГИН ДҮНЬЯНЫ. Бала мисли периштедей болады, Бала ушын ана жоқтан жонады, Ол қуўанса ана кеўли толады, Балаларға бериң бүгин дүньяны. Бүгин олар масайрасын ойнасын, Қуўаныштан жүзинде нур жайнасын, Бүгин байрам баллар йошып тойласын. Балаларға бериң бүгин дүньяны. Кеўли таза периштедей балалар, Ер жетип елимниң кәрине жарар, Қуўансаңыз әлемге нур таралар, Балаларға бериң бүгин дүньяны. Иске ассын балалардың әрманы, Орынлансын аналардың пәрманы, Бүгин тартар балалардың кәрўаны, Балаларға бериң бүгин дүньяны. Ансатбай Каражанов архивтен 01.06.2022 жыл Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai