cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
2 230
Obunachilar
+324 soatlar
-47 kunlar
+1930 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

Сизлерди күшли зор шабандозлар бар екен. Тамашаңызды көрдик. Мени бул елат Шалмантаз деп атайды басындағы қалпағын алып еди ырасында да басы таз екен. Мениң қасымдағы Нәўпирбай жездем Шалмантаздың қасында таз болмай қалды. Үлкен басқыласпа күлки болды. Шалман ағамыз бир гүрриң айтты қарақалпақ ҳәм қазақ бийлери ҳаққында. «Қарақалпақ ҳалқында ханның дарын кескен Турым бий деген адам жасаған. Турым бий Қазақстанлы Жетес бий менен дос болған екен. Бир-бири менен жақсы иззет-ҳүрметте болған. Екеўи де халық ушын хызмет ислеген. Ўақты келип Жетес бий дүньядан өтип, Турым бийге хабар бериледи. Турым бий Жетес бийдиң жаназасына ўақтында келе алмайды. Себеби, ара алыс болғаны ушын, Турым бий қасына 2 жолдасын алып Жетес бийге кеўил билдириў ушын жолға шығады. Жол жүрип жолда дем алып Жетес бийдиң үйине жетеди. Турым бийдиң киятырғанын билип Жетес бийдиң ағайинлери бир күншилик жолдан Турым бийдиң алдына 2 атлы жибереди. Булар Турым бийди Жетес бийдиң үйине алып келеди. Бийди үлкен ақ ордаға киргизеди. Сонда Жетес бийдиң ағайинлери ойласып Жетес бийдиң баласына уқсаған 4-5 баланы бир түрде кийиндирип ақ ордаға отырғызып қояды. Бундағы мақсет қарақалпақ бийи Турым бий ақыллы ханның дарын кескен халыққа дурыс хызмет қылатуғын, үлкен жасы үлкен деп еситемиз. Егер Жетес бийдиң шын досты болса усы баллардың ишинен Жетес бийдиң баласын таўып соған кеўил билдирсин деп сынайды. Турым бий ақ ордаға кирип қараса сол баллардың отырғанын көреди. Өзин сынап атырғанын түсинеди. Ойланып отырып, — «Жасы үлкенлер, ағайинлер. Жетес бий дүньядан өтипти. Бирақ, Жетес бийдиң изинде әўлад қамапты»— дейди. Сонда сол жердеги жасы үлкенлер бий аға неге ондай дедиңиз деп сорағанда «Егер, Жетес бийден әўлад болғанда мениң менен еки мәрте сәлемлесер еди» — деген екен. Сол ўақлары Жетес бийдиң баласы орнынан турып көзине жас алып әкесиниң досты Турым бийди барып қушақлапты. Турым бий Жетес бийдиң баласына кнўил айтыпты». Әнекей қарақларым, әзелден сизлер менен бизлер сондай иззет-ҳүрметте болғанбыз, сол ата-бабаларымыздың бизлер даўамшысымыз деп Шалман ағамыз гәпин таўысты. Той тамашасын көрип қайтасызлар ертең деп Шалман аға бизлерден руқсат алып сыртқа шыққанда июнь айының келте таңы атып күн шығып киятыр екен. Тойда үлкен абыройға ерисип азғана дем алып атларды «Камаз» машинасына жүклеп жолға шықтық. Шалман ағамыз бизлерге ҳақ жол тилеп бизлерди шығарып салды. Сол күни түнниң ярымында елге жетип келдик. Шаршамайтуғын «Камаз» автомашинасын басқарған Камал Сайфулинге бирге барған шабандозлар Зийнатдийин, Нәўпирбай, Берикбай, Серикбай жыйналып дуўа етип хызмети ушын қарақалпақ қызына үйленгейсең деп тилек билдирдик. Ҳақыйқатында да Камил сол жылы Қараөзек районы орайында жасаўшы қарақалпақ Жүзимбай шофёрдың қызына үйленди. Ҳәзир бахытлы шаңарақ болып ул-қызларын тәрбиялап атыр. Даўамы бар... Топлаған автор ийеси Мунажатдин Абдисаламов Таярлаған: Марина Абдуллаева t.me/kketnografiya
Hammasini ko'rsatish...
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

👍 15
#Тарийхый_тулғалар ҚАРАӨЗЕК ПАЛЎАНЛАРЫ Қараөзек районы ҳәзирги «Сабыр Камалов» АПЖ аймағының батыс тәрепинде «Көкийрим» деген жер бар. Бул ойпаттың дөгереги кишкене қумлық пенен қоршалып дөгерегинде халық жасаўға қолайлы шарўашылық, дийқаншылық жерлер бар. «Көкийрим» көлинен балық аўлап тиришилик етиўге қолайлы болғанлықтан усы жерди халық жасаў ушын таңлаўда Әбдикамал ийшан, Әбдиғаний ийшан, Палўанияз бийлер көрсеткен. Бул жердиң халқы қурғын жасаған. Палўанияз бий халықтың сатылатуғын малына, гөш дүкәнда сатылатуғын гөшке қаўын-ғарбыз, мийўе-шийўеге дурыс баҳа қойып берген. Бул қойып берген баҳа сатыўшыға да, алыўшыға да туўры келетуғын баҳа болып халық наразы болмаған. Бул жыллар шама менен 1915-жылларға туўры келеди. Палўанияз бийдиң баласы Төренияз 1905-жылы гүз айларында «Көкийрим»де дүньяға келген. Камал ийшан менен Әбдиғаний ийшанның баласы Сыдық, оның баласы Қайратдийин, Әбдикамал ийшан баласы Палўанатдийин усы елатта жасайды. Аўыл хожалығында мийнет етип екеўи де ҳәзир напақада. Сол ўақытлары Қарақалпақта жасаған бий, болыс, жүзбасы, мыңбасы, дийўанбеги, шорағасылар халқымыз ушын ҳадал хызмет еткен. Бул адамлар қарақалпақ халқының қайсы тәрепинде жасасада бир-биреўин таныған, бир-биринен хабары болған. Бир-биреўиниң мерекелерине қатнасқан. Сол заманлары «Шаббаз»да жасаған «Көклен» маманның баласы Қошан батыр да усы Шымбай, Тахта елатында жасаған. Қараөзектен Ерназар шойыншы, Өтемурат палўан ҳәм Ерсай шабандозлар менен қатнаста болған. Сол ўақытлары қарақалпақ бийлери ҳәм болыслар: Темирхан болыс, Хожамет болыс, Арзымбет қазы, Турым бий Қазақстандағы Қызыл Орда тәрептеги Жетес бий менен қатнаста болған. Қазақстаннан келген бийлер Жетес бий менен бирге келген. Қарақалпақта қонақта болып азанғы аўқатқа отырғанда қазақстанлы бий ортадағы табақтан палаўды асаған ўақытлары бийди жөтел қысып аўзынан палаўдың 1 дәни ушып барып қарақалпақ бийиниң аўзына түседи. Қарақалпақ бийи орнынан турып 3 мәрте отырып турады. Қуллық тақсыр дейди. Сөйтип, Шүкир Аллаға алыстағы аз несийбеден қутылдым. Егер усы 1 дана гүриш сизден келип мениң аўзыма түспегенде мен аз несийбе ушын сизиң елатқа барып қайтар едим, деп қазақстанлы бийге миннетдаршылық билдиреди. Бул бийлердиң бир-бирине болған иззет-ҳүрметин билдиреди. Бийлер арасында өз ара ҳәзиллер де, бир-биреўин сынаўлар болып турған. Мен шабандоз ҳәм палўанларды алып 1996-жылы июнь айының 4-сәнесинде ҳәзирги Қазақстан Республикасы қараслы «Нисан» деген жерге тойға бардым. Сайланды 10 ат, сайланды 10 шабандоз ҳәм Зарапатдийин палўанды алып бардым. Ертесине ылақ шабыспа басланды. Қазақстанның «Қызылқум» хожалығынан күшли шабандозлар келеди. Қазақстанлы шабандозлар менен бизиң шабандозлар шабысты, олардан басым келди. Байраққа қойылған бас байрақ — түйени қарақалпақстанлы шабандозлар алды. Гүрес ушын Зарапатдийин палўан ортаға шыққанда қазақстанлы палўанлар буған тәўекел ете алмады. Себеби, күшли палўанлар бир-бирин қайерде болса да биледи екен. Палўан байрақты да алдық. Бизлерди камаз автомашинасы шафёры Татар жигит Камил Сайфулин тойға алып келди. Тойға қумар жигит еди. Жас жигит шабандоз ҳәм палўанларды ҳүрмет етеди. Қайжерде той болса да тамашаға барады. Тойдың қонағында отырсақ бизлерге той тоғашысы ҳәм бир-еки жасы үлкенлери келди. Үлкен гүрриңлесиў басланды. — «Рахмет сизлерге. Сизлерди усы тойға келеди деп басшыңыз Минажатдийин мақсымға хабар жибердик деди. Ишиңиздеги сол мақсым ким? — » деп меннен сорады. Сол киси мен деп орнымнан турып Шалмантаз деген жасы үлкенди қушақладым. Бул аўылдың бийлериниң ҳәм тоғашы Шалмантаздың маған деген иззет-ҳүрметине қайыл қалып көзимнен жас шығып кетти. Булардың иззет-ҳүрметине ҳәммемиз ыразы болдық. Шалмантаз деген мен. Тойларда тоғашылық қыламан. Усы елаттың жасы үлкени мен деп өзин таныстырды. Сизиң атыңызды еситкенмен, шабандоз болғансыз. «Батырдың кейини дийўана» дегендей шабандозлықты қойғаннан кейин шабандозларға тоғашылық етип басшылық етеди екенсиз деп гәпиниң арасына нақылларды да қосып қойды. Мине, бүгин дийдар несип етип көристик. «Таў менен таў көриспеседи» нәсип етип адам менен адам көрисер екен.
Hammasini ko'rsatish...
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

👍 4
Photo unavailableShow in Telegram
<<Қараөзек палўанлары>> t.me/kketnografiya
Hammasini ko'rsatish...
👍 1
#Тарийхый_тулғалар_өмири ЕРНАЗАР ШОЙЫНШЫ (1870-1960-ж-ж) II-бөлим Завод баслығы жумысшы хызметкерлер менен толық есап-санақ етип, мийнет ҳақларын берип, Россияға қайтып кетеди. Жоламан ҳәм Серимбет делбе, Атамурат үшеўи мийнет ҳақларын алып Шаббаз базарынан үшеўи бир түрдеги ат, бир түрдеги кийим алып кийип, елге қайтып келеди. Дийқаншылық шарўашылық пенен шуғылланып ҳалық қатары күн-көрис етеди. Ерназар шойыншы қул базарға барса ислеген жумысы ушын еки теңге сорайды екен. Себеби ол еки адамның жумысын ислейди, еки адамның тамағын ишеди. Елдеги халықтың күн-көриси қыйынласқан ўақытлары Ерназар Хийўада Искендер Хожа деген байдың үйинде жумыс ислейди. Сонда ол 18 жаста екен. Байдың салдырып атырған сейисхана шойыншының пақсасындағы еки пешманға теңнен ылай атады. Екинши пақсада ылай атып турған пешман қарыўлы палўан жигит екен. Бул жигит бир кепши ылайдя алып пақсаға қойып, екинши атқанын Ерназардың төбесине қайтарып таслап турады. Шойыншы үндеместен ылай ата береди. Пешман аўқатқа түседи. Ашыўы келип турған Ерназар устаны услап қандекке ылақтырды. Буны көрип турған Искендир Хожа Ерназарды тәбийий күш барын сезеди. Ерназар ҳеш жығылмайды. Сол жыллары Үргениште Жаббарбеген деген бир бий той берип. Тойда Хийўаның бас палўаны Матчан салық ортаға шығады. Бул палўанның әдил гүреспейтуғынын билген басқа палўанлар буған қарсы шықпайды. Қарақалпақ халқынан келген Ерназар шойыншы ортаға шығады. Гүрес басланыўдан Матчан саллақ Ерназарды менсинбей, оның мойнынан еки қоллап услап төмен қарай басып турады. Ерназар шойыншы шаққанлық етип Матчан салақтың қолын қайырып, жамбас әмелин қолланып оны қысқа ўақыт ишинде жығады. Бирақ, той басқарыўшы «Матчан саллақ жығылды» — деп айтыўға қорқады ҳәм қайтадан гүрестиреди. Ерназардың қатты ашыўы келип, Матчан саллақты тағы да жамбас әмели менен арқасын жерге тийгизеди. Гүрлен қаласындағы үлкен бир тойда гүрленли палўан Қурбанбай бала менен гүреседи. Екеўи узақ айқасады, бир неше белбеўлер үзилип, қайта байланады. Шекпен жағасына қоса тигилген қайыслар екеўиниң мойынларын тилким-тилким етеди. Усы алыспада Ерназар Қурбанбай баланы жығып үлкен абройға ийе болады. Халыққа танылады. Ерназар шойыншы «Ойкөл» елатына киятырғанда Қаратаў етегинде батып жатқан түйени көреди. Хан нөкерлери қанша ҳәрекет етсе де шығара алмаған. Буларға Балта шолақ басшылық етер екен. Ерназар түйени батқан жеринен тартып алады. Балта шолақ дәрьяда сал тартады екен. Аралдан Хийўаға азық-аўқат тасыйды. Ерназар шойыншы салдаў тартыўға жумысқа алынады. Балта шолақ палўан жамбас әмелин қолланса сындырады екен. Талай палўан оның менин гүресип майырылған. Сол ушын халық «Балта шолақ» деген лақап береди. Ерназар шойыншы салдаў тартып жүрип Қаратаў етегинде дем алып жатырса, бир жигит келип хармасын айтады. «Жигитлер араңызда палўан жоқ па— дейди. Ерназар гүресип жеңиске ериседи. Екинши бала менен де гүреседи, оны да жығады. Сол күни кеште үлкен бир ғарры келип: «Биздиң еки баланы Ерназар жыққан, ким болады?»—дейди. Жолдаслары Ерназарды көрсетеди. Ғарры: «Үйде бир қызым бар, сол қызым менен гүресесең»— дейди. Ерназарға мақул түседи. Балта шолақ: «Шойыншыны абайла, жығылып қаласаң 1000 қойды бағасаң»—дейди. Гүрес басланады, Ерназар белине байлаған үш арқанды үзеди. Ерназар оң-шеп, еки жақлап жамбас уратуғын еди. Әмели қыз палўанға өтпейди. Үш рет дем алып гүреседи. Үшинши алысқанда қыз палўанды жығады. Қыз палўан орнынан турмайды. Езилип қалған екен. Ерназардың салмағы 10 фут келеди. Бул 160 кило деген сөз. (1 фут -16 кило) 1917-жылдан кейин нөкерлик дағыйды. Нөкерлер жөн-жөнине кетеди. Ерназар шойыншы 54 жасынан кейин гүрести қояды. Халқабадтағы Шынықул бай той берип, гүрес туттырады. Ортаға бас палўан сыйлығына Сапарбай бала шығады. Ал, Қарабуға елатынан Арзымбет қазы гүреске басшылық етиўге шықса, ҳеш ким қурға шықпайды. Бир ўақытлары Арзымбет қазының көзи Ерназар шойыншыға түсип кетеди. Оны ортаға сүйреп шығарады. Шекпен кийгизип Сапарбай бала менен гүрестиреди. Сол ўақытлары Сапарбай бала 18 жаста, жаңа көзге көринип жүрген палўан екен.
Hammasini ko'rsatish...
👍 10
Сапарбай баланың еки жағасын қосып услап, қолын палўан ийегиниң астына тақап, кейинге ийтерип кетеди. Қур айырылып жол береди. Қурдың сыртында да бир еки шуқанақлар бар екен, сол шуқанаққа алып барып басады. Бул Ерназар шойыншының кейинги гүреси еди. Топлаған автор ийеси Мунажатдин Абдисаламов Таярлаған: Марина Абдуллаева Facebookтеги группамыз администраторы Каналымыз: https://t.me/kketnografiya
Hammasini ko'rsatish...
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

👍 22
#Тарийхый_тулғалар_өмири ЕРНАЗАР ШОЙЫНШЫ (1870-1960-ж.ж) I-бөлим Ерназар Алакөзден кейин қарақалпақ халқының ишинен халқы ушын хызмет етип, Хорезм, қарақалпақ елатындағы үлкен-киши тойларда күшли гүрес тутып, ел нәзерине түскен және бир баҳадыр өсип шықты. Оның аты да Ерназар, лақабы шойыншы еди. Бул палўан қарақалпақ, руўы «Ырғақлы-Байбура» тийрресинен. Салмағы 16 пут, ең аўыр салмақтағы палўан болды. Ерназардың әкеси ҳәзирги Қараөзек районының «Қаракөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ойкөл» аўылында жасаған. Кейин Беруний районына (бурынғы Шаббаз қаласы) көшип өткен. Сол жерде Ерназардың әкеси шойын қуйып, бел, кетпен, қуман, орақ ислеп темиршилик еткен. Сонда Ерназар әкесиниң көригин басып, балғасын урып көмеклескен. Соннан Ерназар шойыншы деп аталып кеткен. Сол ўақытлары «Ойкөл» аўылында Ерназардың әкеси Турымбетке жақын аталас ағайин Нурылла деген мийнети менен күн көрген бир адам жасаған. Нурылла Ерназар шойыншы менен бирге ойнаған, заманы бир жорасы болған. Сол заманлары күн-көрис қаншелли қыйын болса да, илажын таўып күн көрис еткен, той-тамашалар да болып турған. Ерназар әкеси менен Шаббаз қаласында шойын қуйып, күн-көрис етип жасайды. Туўылған аўылына келип кетиўге ўақты болмайды. Ағайини кемпири менен ойласып, Шаббазға барып жумыс ислеп, күн-көристиң илажын етпекши болады. Негизинде ол Ерназар шойыншыға исенип бармақшы еди. Күн-көрис жақса, көшип бармақшы да болады. Нурылла баласы Атамуратты аўылындағы Үсен байдың үйине тапсырып, Атамуратқа қой-ешкисин бақтырады. Сол кеткеннен Нурылладан хабар атар болмайды. Барыўшы-келиўшилер де билмейди. Атамурат 15-16 жасларында келеди. Аўыл адамларынан «әкеси Нурылла кемпири менен Шаббаз қаласына Ерназар шойыншыға кетти» деген гәплерди еситеди. Бирақ, ол Шаббаз қаласы қай жерде, оған қалай барады, өзи бара ала ма, оны да билмейди. Бәҳәр айлары басланады. Қойнына еки зағара салып, қой ешкилерге қарап, бир төбешик басында отырса, «Шаббаз қаласына жетип барсақ, табылған жумысты ислеп, гүзде егин-,тегин жыйнаўға елге қайтсақ, тапқанларымызда гүзги қаўын-қәмек, жүўерилеримизге қосымта болып, қыс азығымызда мол болар еди» деп өз ара сөйлесип Тахтакөпир тәрептен киятырған төрт жигитти көреди. Буны қулағы шалған Атамурат «бул жигитлер Шаббаз қаласына баратыр екен, усылар менен кетсем, атам Нурылланы таўып аламан ғой» — деп тәўекел етип, еки зағараны қойнына салып, Үсен байдың қой-ешкилерин таслап, жалаң аяқ, жалаң бас сол жигитлердиң изине ере береди. Атамураттың ерип киятырғанын жигитлер билмейди. Жаяўлап салдаў тартқан жигитлер «Шоқтораңғыл» елатына келип, азғана отырып нан жеп, суў ишип отырады. Сол жерде изинде киятырған 15-16 жаслар шамасындағы баланы көреди. Бирақ, сол жердеги елаттың баласы шығар деп кеўил бөлмейди. Сол жүристен, «Шағалкөпирден» өтип, Таслақта дем алмақшы болып қараса, бала еле киятыр екен. Бул жигитлер баланы шақырып: — қаяқтан киятырсаң, кимсең, қаяққа барасаң,— деп сорайды. Мен Шаббазға бараман, ата-анам сол жаққа кетти. Ҳеш бир хабар жоқ, тири-өлисин билмеймен. Ағалар мени өзлериң менен алып кетиңлер, — деп жылап жибереди. — Мен Үсенбайдың шопаны едим, әкем Нурылла сол байға мени таслап кетти, қой бағып отырып сизлердиң гәплериңизди еситип қалдым деп жалынады. Ойламады, баланы таслап кете алмайды. Илажсыз алып кетеди. Шаббаз қаласына булар пайыў-пияда барады. Бирге келген жигитлер жумыс ислеўге тарқасып кетеди. 15-16 жасар Атамурат бир өзи көшеде қалып, атасы Нурылланы сорастырып таба алмайды. Ҳеш ким танымайды, қыйыншылық, жалғызлық басқа түседи. Не ислерин билмейди. Солай етип, қуўырдақшыға от жағып жәрдемлесип, қалған балық шөбирелерин жеп, қазанханада ошақ басында жатып күн-көрис етеди. Бир-биреўге қарайтын заман емес. Күн өткен сайын Атамурат албырай баслайды. Елге қайтар жолды билмейди. Егер билгенимде жол-жөнекей ел бар, бир жерде қонып, бир жерде түсленип, кете берер едим, деген қыяллар басынан өтеди. Ерназар шойыншыны әкем Нурылланың жорасы еди, — деп излейди, табылмайды. Атамурат Шаббаз қаласы ишинде әри-бери жүрип шаршап, кеште жатақ жайы уўайым болып бир тамның дийўалына сүйенип отырса, бир үлкен ғарры келип:
Hammasini ko'rsatish...
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал

https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

👍 7
—Ҳа, балам, мен сени бул қалада көп ўақыттан бери көремен. Қайдан келдиң, кимге келдиң? — деп сорайды. Атасын излеп келгенин айтады. — Сен бул жүристен аштан өлип қаласаң. Анаў қала шетинде қул базар бар, соған бар, ким келип не жумыс бар деседе қолымнан келеди деп айта бер, - дейди. Тамағың тоқ болады, жыллы жерде жатасаң. Атамурат қул базарға барып отырса, бир үлкен киси келип: — Сениң қолыңнан не келеди?— деп сорайды. Ол болса: — Барлық ис келеди, — деп жуўап береди. Бай адам оны үйине алып келип, моншаға жуўындырып, кийиндирип, тамағын тойдырып жатқарады. Бул бай Қощан Нурылла батыр деген киси екен. Оның үлкен ҳәўлиси болып, аўзына үлкен дәрўаза қойған екен. Сол дәрўазаға Атамуратты қараўыл етип қояды. Байға келгенлерди айтып турады. Бул жерде еки жыл жумыс ислейди. Ата-анасынан ҳеш дәрек болмайды. Бир күни далада турса, еки ғаррының: — Бүгинги тойға Ерназар шойыншы келди. Қызық той болады деген гәплерди еситеди. Ол сол еки ғаррының изине ерип, тойға барады. Бир ўақытлары адамлар «Ерназар келди» деп ғаўырласады. Қараса, бир үлкен, ири торы аттан Ерназар түсип атыр екен. Атамурат жуўырып барып, Ерназардың етегине асылады. Ерназар қағып жиберип: — Не қылған баласаң, кет арман, — деп бақырады. Сонда Атамурат орнынан турып: — Мен Нурылланың баласыман, — деп қушақлап жылап жибереди. Сонда Ерназардың есине Нурылла жорасы түсип: — Сен мына аттың жанында тур, ҳәзир келемен, — деп қурға келип кетеди. Тойды атқарып, бир баспақты жетелеп Ерназар шойыншы келеди. Баспақты жетелеп атқа мингесип, екеўи жолға шығады. Атамурат: — Ата-анам қайда? — деп сорайды. Ерназар: — Ҳәзир апараман, — дейди. Солай етип, екеўи қала шетиндеги мазарстанға келеди. Нурылла менен кемпири «Тырыспай» кеселлигинен қайтыс болып, сол жерге жерленген екен. Екеўиниң қәбирин көрсетеди. Атамурат орнынан турмай жылайды. Көп жылайды. «Енди маған ким қайырқомлық етеди? Қалай күн-көрис етемен? Елге қалай қайтаман?»— деген ойлар келеди басына. Сонда Ерназар шойыншы Атамуратты атқа миндирип. «Ер жигит те сондай болама екен?» деп мазарстанлықтан алып шығып кетеди. — Аўылдан қашан келдиң, Шаббазға? Кимниң үйиндесең? — деп сорайды. Қощан батырдың үйине келип «Көклен» кемпирди шақырады. Бул батырдың анасы екен. — Атамураттың еки жыллық мийнет ҳақысын бер, — дейди. Ерназардың күши менен Атамуратқа 14 қалта дән, бир өгиз арба береди. Ерназар айтады: — Он еки қалта дәнди алып, усы жерде қала бер. Себеби, жолда Қаратаўдағы шығарлықларда өгиз арбаны тартып шыға алмайды, — дейди. Бирақ, арбаға жүклеп, Атамурат арбаны айдап, Ерназар шойыншы атлы изинде жүрип Атамуратты «Шоқтораңғыл»ға шекем алып келеди. Атамураттан «Енди аўылыңды таўып аласаң ба? — деп сорайды. Сонда ол «Таўып бараман» — дейди. Сөйтип, өзи «Шымбай қаласына бараман»— деп кетип қалады. Атамурат елине келип ағайинлери менен көрисип, бирге жасайды. Алып келинген дән таўсылады, және Шаббазға талап ислеўге барыўға туўра келеди. Атамурат қайтадан Үргениш қаласына төрт адам болып талап излеп кетеди. Сол ўақытлары Үргениш пахта завод бар еди. Завод директоры рус адамы екен. Қасындағы үш адамды жумысқа алады. Атамуратты «жассаң» деп жумысқа алмайды. Атамурат қайтадан Ерназарды таўып, заводқа алып келеди. Директор болса «22 тисли зәңги бар, соған салмағы 4 фут келетуғын қанарды алып шығалмайды, жығылып кетсе жуўап беремен» деп айтады. ( 1 фут - 16 кило екен) Бирақ, Атамурат сол пахта қанарды көтерип шығарады. Оны жумысқа алады. Жатақ жай излейди. Сол ўақытлары заводта Жоламан ҳәм Серимбет делбе деген еки жигит жумыс ислейди екен. Солар келип, «Атамурат бизлер менен болсын, бирақ, үй ийеси жаман урады, пулларымызды алады, тыныш емес» — дейди. Атамурат Ерназарды ертип барады. Үй ийеси үндемейди. Атамурат заводта 11 жыл жумыс ислейди. Ерназар шойыншы Атамураттың жумысынан ҳәм жатқан жайынан хабар алып турады. Бул оларға үлкен сүйеў болады. Солай етип, 1927-жылы завод мәмлекет қараўына өтеди. Даўамы бар.. Топлаған автор ийеси Мунажатдин Абдисаламов Таярлаған: Марина Абдуллаева t.me/kketnografiya
Hammasini ko'rsatish...
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

👍 10
Photo unavailableShow in Telegram
<<Ерназар шойыншы>> t.me/kketnografiya
Hammasini ko'rsatish...
4
Қызы Марьям қараөзекли Қалимбет бессары деген кисиге турмысқа шығады. Қызы да қарыўлы, кәтқуда, сөзи дүзеў болған. Айрым аўылдағы дәў-жәнжеллерди өзи әдил шешкен. Бир күни суў даўы болғанда аўыллас Ержанды «Есимжап»қа атып жибереди. Мәрьямды аўылласлары палўан қыз деп те атаған. Нағметулла палўанның иниси Атағулладан Бектурсын ҳәм Бекбосын атлы балалар туўылады. Бектурсын шебер ағаш устасы болады. Бекболсын болса күшли палўан болып жетилиседи. Ол 1953-1957-жыллары аўыл тойларында, районлық ҳәм республикалық көлемлердеги жарысларға қатнасып аўылласлары Дәрьябай, Айтмурат ҳәм Шамеке палўанлар менен гүрескен. Булар сол дәўирдиң күшли палўанлары еди. Топлаған автор ийеси Мунажатдин Абдисаламов Марина Абдуллаева таярлаған. Facebookтеги группамыз администраторы t.me/kketnografiya
Hammasini ko'rsatish...
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

👍 8 1
#Тарийхый_тулғалар_өмири НАҒМЕТУЛЛА СЕРЖАНОВ (1845-1910-ж-ж) Қарақалпақ халқының тарийхына нәзер тасласақ, оның батыр, жаўырыны жерге тиймеген палўаны, аттың қулағында ойнаған шабандозлары, дуўтарды сөйлетип қулағына бүлбил қондырған сазендеси, сөз шеберлери, шайыры, халқын ойлаған бийлери болған. Булардың ислерин көклерге көтерип мақтаса, ҳүрмет етсе арзыйтуғын перзентлери болғанының гүўасы боламыз. Нағметулла Сержанов 1845-жылы Сырдәрьяның шеп жағасында Түркстанға жақын жайласқан қарақалпақ аўылларының биринде дүньяға келеди. Ол қарақалпақтың ырғақлы руўы атанай тийресинен шыққан. Нағметулла әкесинен үш ағайинли. Оның Атағулла, Ҳикметулла деген еки иниси болады. Нағметулла сол ўақытлары диний саўат ашқан саўатлы адам болған. Нағметулланың шаңарағы «Есим» каналы бойына көшип келгеннен кейин сол аўылда қой-ешки бағып тиришилик етеди. Соңында ол ағаш усташылығы менен шуғылланып, халық ушын керекли арба, гүнде соғады. Халықтың мүтәжин питкереди. Шайыр Базарбай Сейтаевтың бир қосығы ядқа түседи. Нәўпирбай шабандоз, Жумабай шойын, Топламда ҳеш кимниң бақпаған қойын. Қарекең көз алдына келтире алмас, Ат шабыссыз, палўан гүрессиз тойын. Қарақалпақ халқы әййем заманнан қандай той болса да жағдайына қарап ат шаўып, шабандозлар ылақ ойнап, палўанлар ортаға шығып гүрес тутып, халыққа тамаша көрсеткен. Бизиң халқымыздың кеўили оғада бай. Әне, усындай тойларда болып өткен палўанлар гүреси Нағметулла ағамызды да қызықтырады. Нағметулла ағамыз әсте-ақырын кишигирим тойларда гүрес тута баслайды ҳәм бала палўан сыпатында халықтың көзине түседи. Кейинала халық Нағметулланың күшин көрип, тойда излейтуғын болады. Есейе келе узын бойлы, кең жаўырынлы, қоллары узын, оғыры күшли палўан болып жетилиседи. Гүрескен адамынан ҳеш ўақытта жығылмаған. Сондай-ақ, күшли шабандоз болып та жетилискен. Халық қатары дийқаншылық етеди. Гүзде дийқаншылығын жыйнап болғаннан кейин өзи туўылған жери «Қызыл Орда» тәрепке қыдырып барады. Қасында өзиниң аўыллас жигитлери болады. Жол бойындағы көллердиң музын қопарып, қалтаға салған бир ири денели жигитке жолығады. Ол жигитке өзлерин қарақалпақтан киятырғанын, усы жақта Сырдәрья бойында туўылғанын айтып, өзлерин таныстырады. Ол жигит болса үлкен ҳүрмет-иззет көрсетип, үйине алып барып, қонақ асы береди. Нағметуллаға қарап отырып «бул бир ғайратлы, белгили адам болўы керек» деген ой менен: — «Гүресетуғыныңыз бар ма?» — деп сорайды. Жигитлер болса Нағметулла ағаны көрсетеди. Екеўи гүреседи. Ол да қарыўлы жигит екен. Жығыса алмай көп ўақыт алысады. Соңында Нағметулла оны дизе бүктиреди. Қонақта отырған жерде үлкен бир киси излеп келип, сол аўылда болатуғын үлкен тойға мирәт етеди. Бул тойға ортаға кешеги Нағметулла менен гүрескен жигит шыққанда буған ол елден қарсылас шықпайды. Сол елдиң жасы үлкени бийлери өтиниш етип, Нағметулланы шығарады. Шетте гүрес тутыў да аңсат емес, көп айқасады. Билген әмеллер исленеди. Күш-күшке сәйкес келеди. Бир-бирин жибермейди. Шаң аспанға көтерилип, еки палўанның қумарпаз жигитлери ортаға шығып кетеди. Гүрес кескин болады. Нағметулла палўанға бир әмели оңынан келеди де, қарсыласын шеп жамбас усылы менен жығады. Нағметулла палўан бәҳәрде дийқаншылығын болып, арба соғып отырса, белгисиз бир атлы жигит келип Нағметулла палўанның үйин сорап: —Нағметулла палўан бизиң үйге барып, гүрес тутып үлкен абройға ийе болды. Мен сол киси менен гүресиў ушын киятырман,—дейди. Нағметулла палўан албырамастан арбаның арасынан дөңгелектиң ортасына суғып, бир қолы менен көтерип үйин көрсетеди. Ал, мийман болса «Бул елдиң ағаш устасының күши усындай екен, Нағметулла палўан қандай болўы мүмкин?» деп ойланып, гүрестен бас тартып, елине қайтып кетеди. «Қаракөл» елатында жасаўшы Смахан Арзуов, Өтебай Нийетуллаевлардың айтыўларына қарағанда, палўан Сержанов 1910-жылы қайтыс болған. «Көкдәрья» бойындағы «Айрабақан» қойымшылығына жерленген. Палўанның Амангелди атлы улы, Марьям атлы қызы болған. Улы наятый қарыўлы шабандоз ҳәм сейис болған. Бирақ, ертеден халық аўзына түсип, жаслай қайтыс болады.
Hammasini ko'rsatish...
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

👍 9
Boshqa reja tanlang

Joriy rejangiz faqat 5 ta kanal uchun analitika imkoniyatini beradi. Ko'proq olish uchun, iltimos, boshqa reja tanlang.