cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

🏛НӨКИС 27-МЕКТЕП🏛

Нөкис қаласы 27-санлы мектеп телеграм тармақ каналы. 👉Дағаза ҳәм хабарландырыўлар 👉Мектеп жаңалықлары 👉Билимлендириў жаңалықлары 👉Онлайн таңлаўлар 👉Қалалық, республикалық ҳәм халықаралық таңлаў дағазалары 👉Видеороликлер

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
438
Obunachilar
-124 soatlar
-17 kunlar
-1230 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

⚡️Қарақалпақстанда тест сынақлары 5 имаратта болып өтеди 🏢 Билимди баҳалаў агентлигиниң рəсмий сайтында 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳəм профессионал билимлендириў мəкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары өткерилетуғын имаратлар дизими жәрияланды. ☑️ Оған бола, Нөкис қаласында болып өтиўи күтилип атырған тест сынақлары 4 орында (5 имаратта) өткериледи. Олар: ▪️ 1-2-имарат: Нөкис олимпия ҳəм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы; ▪️ 3-имарат: Республикалық ойын түрлери ҳəм жеңил атлетика бойынша қəнигелестирилген балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеби; ▪️ 4-имарат: Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң  спорт сарайы; ▪️ 5-имарат: Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының спорт залы. Тест сынақлары қайсы имаратларда өткерилетуғыны жоқарыдағы фотоларда анық түсиндирилген. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Hammasini ko'rsatish...
Nókis qalasında sporttıń jiu-jitsu túrnen "NUKUS OPEN" xalqaralıq turniri bolıp ótpekte. Turnirge Ózbekstan, Qazaqstan, Qırģızstan, Rossiya mámleketlerinen sportshılar qatnasıp atır. Jarıs juwmaģı boyınsha 27 mektep oqıwshısı Bekmurzaev Jalģas 77kg 3-orındı iyeledi. Jarısqa sportshılardı Asanov Miratdin tayarladı.
Hammasini ko'rsatish...
2
Бир адам қоңсысынан сорапты: – Сиз китап оқыйсыз ба? – Яқ, улыўма оқымайман. Буның жаман тәрепи жоқ. Маған сезилмейди,- депти қоңсысы. Сонда жаңағы адам: – Бирақ, бизге сезиледи! ☝️Басқалар менен бирдей китап оқысаң, ҳәмме сыяқлы пикирлей баслайсаң. ✍️ Ҳаруки Мураками Бизге ағза болың 👇 https://t.me/bilimlendiriwpress
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️ Абитуриентлерге рухсатнамаларды бериў басланды ✅ 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳəм профессионал оқыў орынларына кириў ушын онлайн дизимнен өткен абитуриентлерге «Абитуриент рухсатнамасы»н бериў басланды. 👨🏻‍💻 Абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын «Абитуриент рухсатнамасы»н my.uzbmb.uz сайтына жеке идентификация номери, паспорт сериясы ҳəм номерин киргизген ҳалда алыўы мүмкин. 📋 Абитуриентлер тест сынағына паспорт (ID-карта) ҳəм абитуриент рухсатнамасы менен белгиленген ўақыттан кешикпеген ҳалда келиўи керек. ❗️ Паспорт нусқасы ямаса басқа ҳүжжетлер менен келген, соның менен бирге, кешигип келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
#Диққат #тарқатинг 2024-25 йилги ўқув йилидан бошлаб, барча мактабларда ягона форма мажбурий қилинади. Қисқароқ қилиб айтганда, вояга етмаганлар ва таълим муассаларида таҳсил олаётганлар ҳамда ишлаётганлар учун ҳижоб, бурқа, ниқоб эпохаси тугайди. Вазирлар Маҳкамасининг «Давлат умумий ўрта таълим муассасалари ўқувчиларини замонавий ягона мактаб формаси билан таъминлаш чора-тадбирлари тўғрисида» 2018 йил 15 августдаги 666-сон қарорига ўзгартиришлар киритиш ҳақида 509-сонли қарорига мувофиқ; 2024-2025 ўқув йилидан бошлаб барча таълим муассасаларила мажбурий форма жорий этилади. Қарор матни билан қуйидаги ҳаволада ўқишингиз мумкин ЎЗБЕКИСТОН РЕСПУБЛИКАСИ ВАЗИРЛАР МАҲКАМАСИНИНГ 19.05.2022 ЙИЛДАГИ 271-сонли қарори @Mahalla_Raisi
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Быйыл НМПИде «Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили» тәлим бағдары бойынша дөретиўшилик имтихан болмайды Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен тастыйықланған пәнлер комплексине бола, 2024-2025-оқыў жылы қабыллаўында «60110900 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили» бакалавриат тәлим бағдарына кириў имтиханлары тест формасында өткериледи. Яғный, бунда, 1-пән — шет тили, 2-пән — ана тили ҳәм әдебияты етип белгиленген. Сондай-ақ, 2025-2026-оқыў жылындағы қабыллаўдан баслап усы тәлим бағдарына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Hammasini ko'rsatish...
👍 2 1
00:10
Video unavailableShow in Telegram
⚡️ "Қабыллаў-2024" басланды !!! 🗣 "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журтына 2024-2025 оқыў жылы ушын ҳүжжетлерди қабыллаў процесси 20-июньнан басланды. 📆Қабыллаў процесси 20-июньнан 20-июльға шекем OFFLAYN FORMADA (Екшемби ҳәм байрам күнлеринен тысқары) саат 09:00 ден 17:00 ге шекем даўам етеди. 🗂 Керекли ҳүжжетлер: 📝билим журты директоры атына арза; 🪪 паспорт яки ID карта нусқасы (түп нусқа көрсетиледи); 📚 мағлыўматы ҳаққында аттестат яки диплом (түп нусқасы) 👤 3,5 х 4,5 көлеминдеги 6 дана реңли фото сүўрет (ақырғы үш айда алынған ҳәм арқа фоны ақ реңде болыўы талап етиледи) ✅ шет тилин билиўи ҳаққындағы сертификат (мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген шет тилинен басқа шет тил бойынша тест тапсырыўшылар ушын) түп нусқасы. ‼️ Билимлендириў мәкемелерин алдыңғы жылларда питкерген абитуриентлер тестке кириў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси яғный 170.000 сум төлем төлеў керек болады. Усы жылда оқыўды тамамлаған абитуриентлерден болса төлем өндирилмейди. 📍 Мәнзил: Нөкис қаласы, Билимлер гузары көшеси, 1а-жай. ☎️ Телефон номер: +998(55)101-55-12 👨‍💻Билим журты баспасөз хызмети Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️alberuniyuz
Hammasini ko'rsatish...
8.53 MB
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Қәнигелестирилген мектеплердиң имтиханлары усы жылдың 4,5,6-июль күнлери 3 сменада болып өтеди Бул мектеплерге квота шеңберинде кириў тест сынақлары бир басқышта, анық пәнлер бағдары бойынша 5-11-классларға, тәбийий пәнлер бағдары бойынша 7-10-классларға өткериледи. Оқыўшыларға тапсырмаларды ислеў ушын 90 минут ўақыт бериледи. Имтихан руқсатнамасын жүклеп алыў ушын талабанның арзада киргизилген  телефон номерлерине смс-хабарлама жибериледи. Соң имтихан өткерилетуғын жер аты ҳәм ўақты ҳаққындағы мағлыўмат көрсетилген руқсатнаманы жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Hammasini ko'rsatish...
NÓKIS QALASI 1-SANLI SPORT MEKTEBI 26-iyun «Xalıqaralıq náshebentlikke qarsı gúresiw kúni» ne arnap sporttıń KARATE WKF túri boyinsha Nókis qalası 1-sanlı sport mektebi ashıq birinshiliginde 10-11 <<<-34>> kg salmaqta Nókis qalalıq mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 27-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń 4-klass oqıwshısı Zatipbaev Sunnetulla I orındı iyelep diplom hámde medalģa iye bolıp qayttı. ✍️ Ruwxıy-aģartıwshılıq isleri boyınsha direktor orınbasarı: Salatdinov Karamatdin Tajetdinovich
Hammasini ko'rsatish...
3
Repost from YURIST MASLAHATI
ОТМларда тест синовлари 14 июлдан бошланади, мандат 22 августга қадар эълон қилинади 2024/2025 ўқув йили учун олий таълим муассасаларига кириш тест синовлари 2024 йил 14 июлдан 28 июль кунига қадар ўтказилиши режалаштирилган. Имтиҳонлар 28 июлда якунланади ҳамда 30 июлдан бошлаб 15 кун йўналиш танлаш имконияти яратилади. 13 августда (шу куни ҳам танлаш мумкин бўлади) ушбу муддат якунланади. 7 кунлик муддатдан сўнг мандат ҳисобланади ҳамда 21-22 августда мандат эълон қилинади. Саволингизни: @yuristgamurojaat гa қолдиринг 👉 @yuristlar_maslahati 👈
Hammasini ko'rsatish...
👍 1
Boshqa reja tanlang

Joriy rejangiz faqat 5 ta kanal uchun analitika imkoniyatini beradi. Ko'proq olish uchun, iltimos, boshqa reja tanlang.