uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 840 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 310-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 448-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 840 obunachiga ega bo‘ldi.

02 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -281 ga, so‘nggi 24 soatda esa -12 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 26.57% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 20.65% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 007 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 891 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 03 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 840
Obunachilar
-1224 soatlar
-757 kunlar
-28130 kunlar
Postlar arxiv
Қарақалпақ нақыл-мақаллары Есаплы дос айрылыспас, Айтыўлы достың жаны бир. Жолдасы жаманды жаў алады. Қәдирданың болмаса, Қәд
Қарақалпақ нақыл-мақаллары Есаплы дос айрылыспас, Айтыўлы достың жаны бир. Жолдасы жаманды жаў алады. Қәдирданың болмаса, Қәдириң кетер. Дос – достың айнасы. Досың дос болсын, Бирақ есабың дурыс болсын. Достың гөнеси жақсы, Кийимниң жаңасы жақсы.  Достыңның үйинде тырнақ алма, Душпанның үйинде шаш алдырма. Досыма айттым сөзимди, Душпаным билди сырымды. Дослықта мәнзил болмас. Душпанның күлгени, Сырың билгени. https://t.me/ibratli_sozler

📜Сөз ийнесин сабақласа, Қамырдан қыл суўырғандай. Ким басқыға шыдамаса, Шыға қашып жуўырғандай. Жыларыңды күлериңди, Я билме
📜Сөз ийнесин сабақласа, Қамырдан қыл суўырғандай. Ким басқыға шыдамаса, Шыға қашып жуўырғандай. Жыларыңды күлериңди, Я билмесең не дериңди, Азлы көпли абырайдан Үзгендейсең гүдериңди. Дана болар наданыңда, Қарсылығың қуры кетер. Олақ деген адамың да, Солақ пенен урып кетер. Отырғызып жүресинен, Туўдырғандай енесинен... Сақла қудай! Қарақалпақтың Басқы деген бәлесинен! ✍Ибрайым Юсупов "Аўыл, аўыл!" https://t.me/ibratli_sozler

Сөзи: Ибрайым Юсупов. Атқарады: Аманбай Арзымов. "Келген болдыма" https://t.me/ibratl_sozler

Ассалаўма алейкум. Қайырлы таң! ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ Таң өз нуры менен бирге өмириңизге қуўаныш ҳәм бахыт сыйласын! Күн даўамын
Ассалаўма алейкум. Қайырлы таң! ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ Таң өз нуры менен бирге өмириңизге қуўаныш ҳәм бахыт сыйласын! Күн даўамында жақсы инсанлар ҳәм жақсылықлар жолдасыңыз болсын! Кеўил-кейпиятыңыз көтериңки, ден-саўлығыңыз беккем болсын! Күн даўамында бизди бақлап ҳәм қоллап-қуўатлап, топарымызға өз жақынларыңызды қосып отырың Қәдирданлар! ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ https://t.me/ibratli_sozler

💫💫💫💫💫💫 Бүгин күн даўамында Сизлердей - жақсы адамлар менен сәўбетлес болдық. Бәршеңизге алла рийза болсын! Узын жиптиң
💫💫💫💫💫💫   Бүгин күн даўамында Сизлердей - жақсы адамлар менен сәўбетлес болдық.        Бәршеңизге алла рийза болсын!  Узын жиптиң де ақыры бар дегендей, енди дем алатуғын ўақтымыз келди.       Жаратыўшы ийемиз несип еткен парахат елимиздиң пайызлы ақшамында берекетли шаңарағымызда жайлы жатып, жақсы турыў ҳәммемизге несип етсин!   Ертеңги таңда сизлер менен аманласып, жақсы тилеклер тилеў бәршемизге несип еткей.🤲🤲 https://t.me/ibratli_sozler

Жеңимпазлар: 1. Балтабаев Султанияз. 2. Полат Исмайлов. 3. Оразгул 4. Сара апа 5. Қаллы Аймурзаев 6. Абдираззақ 7. Светлана Сизлерди шын кеўилден қутлықлаймыз. Алдағы ислериңизде табыслар болсын. 💐💐💐💐💐💐💐 Ибратлы сөзлер жәмәәти... https://t.me/ibratli_sozler

7 - сораў. 🪴 Сүт ямаса сүт өнимлерин сақлайтуғын ыдысты не деп атаған?
7 - сораў. 🪴 Сүт ямаса сүт өнимлерин сақлайтуғын ыдысты не деп атаған?

6 - сораў. 🪴 Атты байлап қоятуғын узын арқан не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler
6 - сораў. 🪴 Атты байлап қоятуғын узын арқан не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler

5 - сораў. 🪴 Басты қорғайтуғын темир каска не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler
5 - сораў. 🪴 Басты  қорғайтуғын темир каска не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler

4 - сораў. 🪴 Соғыста (урыста) денени қорғаў ушын кийилетуғын темир кийим не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler
4 - сораў. 🪴 Соғыста (урыста) денени қорғаў  ушын кийилетуғын темир кийим не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler

3 - сораў. 🪴 Жас шаңарақ ушын тигилген киширек кийиз үйди не деп атаған? https://t.me/ibratli_sozler
3 - сораў. 🪴 Жас шаңарақ ушын тигилген киширек кийиз үйди не деп атаған? https://t.me/ibratli_sozler

2 - сораў. 🪴 Өз еркинлиги жоқ, хызметкер еркек адамды ким деп атаған? https://t.me/ibratli_sozler
2 - сораў. 🪴 Өз еркинлиги жоқ, хызметкер еркек адамды ким деп атаған? https://t.me/ibratli_sozler

1- сораў. 🪴 Ертеде, ақсүйек, жоқары мәртебели адамды ким деп атаған? https://t.me/ibratli_sozler
1- сораў. 🪴 Ертеде, ақсүйек, жоқары мәртебели адамды ким деп атаған? https://t.me/ibratli_sozler

Үйиңде сондай айна бар, сен оған ҳәр күни қарайсаң. Ҳәр қарағанда өз қәсийетиңди де, нуқсанларыңды да көресең. Бул айна - пер
Үйиңде сондай айна бар, сен оған ҳәр күни қарайсаң. Ҳәр қарағанда өз қәсийетиңди де, нуқсанларыңды да көресең. Бул айна - перзентиң! ©️Өткир Ҳошимов 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

🌿🌿 КҮН ҲИКМЕТИ 🌿🌿 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 Жаратыўшы адамзатқа 50-60 жыллық, 70 жыллық ямаса оннанда көп өмир берген. Бул 5 күн
🌿🌿 КҮН  ҲИКМЕТИ 🌿🌿 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 Жаратыўшы адамзатқа 50-60 жыллық, 70 жыллық ямаса оннанда көп өмир берген. Бул 5 күнлик дүнья көзди ашып жумғанша өтип кетеди. Бирақ адамзат өмир сүрген ўақытта  өлимди умытады, нәпси деген кеселлик тап адамға миллион жыл өмир сүретуғындай, ҳеш қашан өлмейтуғындай етип жол көрсетип отырады. Өмир - бул бизге берилген аманат екенлигин умытпаўымыз керек !!! Бул аманатты тек жақсылық жолында пайдаланып, өзимизден нур қалдырыўымыз керек..... Нәпси деген шайтанға алданбаўымыз керек.... Биз душпаннан емес, Алланың кәҳринен қорқыўымыз кереклигин умытпаң !!!    Жақсы инсанның ислеген исиде жақсы, үлгили болады. Солай екен Алланың берген "Өмир" деген аманатын пайдалы, бахытлы етип өткериўге әдетлениң заманласлар !!!! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Каналымызға ағза қосып барайық.....👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

ӨЗИ БИЛИП ИСЛЕМЕГЕНШЕ УРА БЕРИҢ Әкеси улын үйлендирмекши болып, оның кеўлин билмекши болды. Улы уялғанынан жерге қараған ҳалда: – Аға, бир шәртим бар! Соған мақул десеңиз, үйлениўге разыман, – деди. – Хош, қандай шәрт екен? – Мени гүзар ҳәм базарларға алып шығып ура бересиз, сорағанларға: "Айтқанымды ислейди", дейсиз. Ал, мен болсам мүнәсип келинди өзим таңлап аламан. Әкеси келисилгениндей, гүзар, базар ҳәм басқа орынларда улына бақырып урар, сорағанларға: "Айтқанымды ислейди", деп жуўап берер еди. Адамлар болса әкесиниң исине ҳайран қалып: "Айтқаныңызды ислесе, жақсы-ғо!" дейтуғын еди. Әкеси және бир күни улын урып турғанында, бир қыз сорап қалды: – Аға, улыңызды не ушын урып атырсыз? – Айтқанымды ислейди-дә, қызым! – Өзи билип ислемегенше, ура бериң, – деди қыз. Сонда улы: – Аға! Мине усы қызға үйленемен, – деди. Әзизлер! Биреўдиң көрсетпеси менен ис көретуғын, ақылын ислетип, бир нәрсе ислей алмайтуғын адам өмирде ҳеш нәрсеге ерисе алмайды. Сол себепли ҳәр бир басшы, шаңарақ ийеси ҳәм перзентлер биреўдиң айтыўын күтпестен өз ақылын ислетип, ис жүргизетуғын болса, бундай инсанлардың халыққа, ўатанға үлкен жәрдеми тийеди. Соның ушын өз исиңизди билип ислеўди үйрениң. "Антын бузған қыз" китабынан алынды.... (Дерек: Paziylet.uz) 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

photo content

"БИР КЕМ ДҮНЬЯ"... Биз Алла тәрепинен жаратылған бенделермиз. Биз ҳәм сиз  инсанларды "бай"  ямаса "жарлы" деп айтыўға ҳаққымыз жоқ. Ертең не боларын ҳеш ким билмейди.🙏🙏🙏🙏🙏 Пикир сизден заманлас..... 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 https://t.me/ibratli_sozler