uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 792 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 322-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 444-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 792 obunachiga ega bo‘ldi.

09 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -265 ga, so‘nggi 24 soatda esa -7 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 28.13% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.97% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 288 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 755 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 10 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 792
Obunachilar
-724 soatlar
-447 kunlar
-26530 kunlar
Postlar arxiv
#Аталар_сөзи 📖 Көпшилигимиз атамыздың дизесинде отырып, кемпир апамыздың  қушағында  жатып, кишкене ўақтымыздан калима Шаъдатти, намаз сабақларын яд алғанбыз. Аталарымыз, кемпир апаларымыз қандай ақыллы, дана адамлар болған. Намаз оқыў, Оны үйретиў , тақыйқланған заманда да бизлердиң санамызға сиңирип, тилимизди сындырып, калимаға келтирип, Корпус  советский, жүрегимизди  қәлбимизди әлҳамдилла мусылманман дегизип кеткен. Наўрыз байрамлар тақыйқланған заманда, түнлерде бизлерди ертип кетип, қоңсыларды жыйнап, сүмелек писирип, ярамазан айттырып, таңда сүмелек, наўрыз гөже  тарқаттырып, (бала елеспесиз боладығо) меҳир мириўбетли болыўға, қолы ашық болыўға тәрбиялаған екен билсек. Бул бизлер ушында үлкен мектеп. Сәл яддан көтерилгенлери болса, китапқа бир қарасақ ядға түседи. Бизлерди күндиз көз қарағында, кешлерде шыра жақтысында дәстанлар оқытып,қирәәтке салып былай оқылады деп үйреткен, Түнлери қойнына алып жатып өмир сабақларын,ертеклер айтып қыялымыз бенен әлемди  шарлаўды үйреткен    Аталарымызға,кемпир апаларымызға тийеберсин. Егер олар ҳәзирги ўақыттағы диний еркинликти,наўрыз  байрамларын көргендеме еди,..   Кемпир ғаррының тәрбиясын алған бала тақыўа болады    Биз олардай бола аларма екенбиз.....   Ақлықлар телефонды былай қойып тыңларма екен... Бизлерге дәстанлар оқып берерме екен. Ҳәрекетте болмағымыз дәркар.       Ойланып қалдым...          ✍.Гүлистан Реймова. Республикалық  "Анаханлар мектеби"жәмиети ағзасы     Хожели районы. Нураный. https://t.me/ibratli_sozl

Ассалаўма әлейкум каналымыздың əзийз Ықласбентлери! Сизлерге қәсийетли айдың Шемби күни қутлы болсын! АЛЛАТААЛАМ өмириңизге м
Ассалаўма әлейкум каналымыздың əзийз Ықласбентлери! Сизлерге қәсийетли айдың Шемби күни қутлы болсын! АЛЛАТААЛАМ өмириңизге мазмун, ырысқыңызға берекет, руўхыңызға қуўат, денеңизге саўлық, жүрегиңизге тынышлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик,  елимизге аманлық берсин! Ҳәрбир күниңиз АЛЛАНЫҢ муҳаббаты, мийрим-шәпәәти менен болсын! Рамазан айының 3-күни Ҳут айының 21- сәнеси. Шемби күниңиз пайызлы өтсин Қәдирданлар! https://t.me/ibratli_sozl

#Рамазан РАМАЗАН КЕЛДИ РАМАЗАН! 📜  Сәҳәрлик тилеги https://t.me/ibratli_sozler نَوَيْتُ أَنْ أَصُومَ صَوْمَ شَهْرَ رَمَضَانَ مِنَ الْفَجْرِ إِلَى الْمَغْرِبِ، خَالِصًا لِلهِ تَعَالَى أَللهُ أَكْبَرُ Аўыз жабыў дуўасы: Наўайту ән асуўма соўма шаҳри рамазона минал фажри илал мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллаҳу акбар. Мәниси: Алла ушын Рамазан айының оразасын таң атқаннан баслап күн батқанға шекем тутыўды нийет еттим, Алла уллы, Алладан басқа тәңир жоқ.. @ibratli_sozler 📝📝📝

АЛЛАДАН СИЗ УШЫН: 🌙 АЛЛАНЫҢ муҳаббатын; 🌙 АЛЛА дийдарын көриўди; 🌙 Сизге саламатлық инәм етиўин; 🌙 Шаңарағыңызға ҳадал не
АЛЛАДАН СИЗ УШЫН: 🌙 АЛЛАНЫҢ муҳаббатын; 🌙 АЛЛА дийдарын көриўди; 🌙 Сизге саламатлық инәм етиўин; 🌙 Шаңарағыңызға ҳадал несийбе келиўин; 🌙 Еки дүнья бахтына сазаўар болыўыңызды тилеймиз!!! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!! https://t.me/ibratli_sozler

"АЎЗЫ АЛА БОЛЫЎ"
Anonymous voting

"НОҚТАСЫН БАСЫНА ТҮРИЎ"
Anonymous voting

"АЛПАЎЫТ"
Anonymous voting

"АЛАСАПЫРАН"
Anonymous voting

Өкиниш Билесизбе сен туўылған гезде Басқалар қуўанар сен болсаң жылап Ал инсан қартайып кетер гезинде Өзи қуўанышлы басқалар жылап. Кимдур уўайымсыз кимлердур ғамлы Бириси бийпарық кимиси аңлы Өмир бунша тез өтер мисли бир дарья Соншама тез өтер бес кунлик яңлы. Неге инсан келеди бул дуньяға Бундай сораў менен мени қыйнама Қысқа өмир өтип кетер билинбей Сен бул өмир менен қуры ойнама. Кеш болар кейин тусинген ўақытта Ойлайсаң болар деп балалық шақта Қылған қылықлардан өкинген менен Өткенди дузетиудиң илажы жоқта Берсин берекетли өмир сизлерге Ақылы мийрими инсабы менен Өкиништен қайрылмайық излерге Жасайық инсаный мансабы менен М .Айбосынов. @ibratli_sozler

Қылған ибадатларыңыз АЛЛАХ дəргайында қабыл болсын ! Я Рəббим елимизге тынышлық , шаңарағымызға аманлық , ата-анамызға узақ ө
Қылған ибадатларыңыз АЛЛАХ дəргайында қабыл болсын ! Я Рəббим елимизге тынышлық , шаңарағымызға аманлық , ата-анамызға узақ өмир , тууған-тууысқанларымызға мехир -ақыбет, перзентлеримизге гөззал минез -қулық бергейсең ! Ифтарлығыңыз ибадатыңызға күш -қууат болсын əзийзлерим !! https://t.me/ibratli_sozler

#Пикир 📄 Өмириңниң бирде-бир  күнине өкинбе! Гейде жалғыз қалаў қандай әжайып... Гейде өзимди түсинбей қаламан. Көпшилик биреудиң үстинен күлип атырған нәрсеге күлмеймен, ол адамның орнына өзимди қойып көремен.. Көпшилик жақсы көрип, сыйлап атырған адамға исенбеймен, қуры мақтау менен мəпин гөзлеп атырғанға уқсайды. Бәри де тәртип пенен, көркем болғанын қәлеймен. Биреўдиң жеке пикирине араласып, сөз қосқым келмейди, ол оның өз пикири өз санасының түйиндиси. Ал өз пикиримди көздиң қарашығындай қорғайман. Өзгелерди жатырқамайман, жатсынбайман, сол қәлпинде қабыллайман. Адамларға ғана емес, жәниўарлар менен затларға да солай етемен. «Адам бол!» деген «рамканы» ғана услап алып, адамға қусамай жүретуғынларға таң қаламан. Баласының арасына бажылдап түсип мектепке дейин жәнжел шығарып барып жүрсе де, үйинде сол баласын ҳәр күни урып, күн бермейтуғын ҳаялға ҳайран қаламан. Уятсыз сөзлерди айтып, күлисип отыратуғын адамлар көзиме ешекке қусап көринеди. Ҳаялы күйеўи менен урысып, тамақ писиртип, соны көрип күлип отыратуғынларға да түсинбеймен.... @ibratli_sozler

Туўысқанлық -Тур , балам , атлан ! - Қаяққа ата ? - Султан ағаң төсек тартыпты. Хал-аўхал сорап келейик.! - Қəте еситпедимбе ата? Султан ағамды айттыңызба ? - Яқ , туўры еситтиң , тез бол ! Дəнияр хайран болып қалды. Ақыр, Султан ағасы ( атасының иниси) оларға туўысқан болса-да, басқалар қылмаған жаманлықты ислеген еди да .Дүкəнды опырып , қамалып кетейин деп турғанында усы Дəниярдың атасы бала-шағасының несийбесин қырқып хəмме мал-ешкилерин сатып еки қоллап апарып берген. Кимдур : - Туўысқаншылық өз жолына, Султанның қуяңқылығы бар . Үш-төрт адамды гүўа етип тилхат жаздырып алың ,-дегенинде : -Хəзир сол гəпти айтсам уят болар. Өзи қыл үстинде турған болса...-деп көнбеген. Уақты келип , Султанның ислери жүрисип кеткенде , алған қарызын тайсалды. Анығырағы , атасының сатқан мал-жанлығында мениң де үлесим бар ,-деп дау салады. Атам қаттыға буўлығып , етек силкип шығып кеткен. Соннан бери ағайиншилик жиплери үзилген еди. Дəнияр аң-таңы шығып атасына илести. " Керек болса , өзи айтар ..." деди де жолда даўам етти. Султанның реңи ағарып , бир аўхалда жатар еди. Оның қууанып кеткени даўысынан сезилди. - Анасы , чай əкел.. қой сойып шақырсаң да келмейтуғын мийманым келди- деди. Я ол болып , я атам болып қарыздан гəп ашпады. Тек ғана ғана кетип баратырғанымызда хаялы қолында түйиншик пенен изимизден шықты. - Хəзирше барымыз усы... алың қайнаға... өзи бералмайды , иши от болып атыр. Қам сүт емген бендемиз бизди кешириң ,-деди жеңгем. Атам түйиншикти алды да қайтарып жеңгемниң қолына услатты. -Бул меники болды. Көрдиңизғо алдым. Енди берип атырман , Султанның дəри-дəрмағына жумсаң... Жеңгем жылап турып рахметин айтты. - Ата , мен сизди түсинбедим. Айыбыңыз болмаса да айыпкердей бас ийип бардық. Жəне өзимизге тийис болған пулды да алмай қайтарып бердиңиз ...-деп шыдамай сораўға туттым. Сонда атам: - Балам , мен Султан ағаңдикине бармасам ортадағы тууысқаншылық əбден суўысып қатнасық үзилер еди. Меннен соң əкең де, сен де хəм ағаңның балалары менен барыс-келисти тоқтатар едиңиз. Султан ағаң пулға қыянет етип қəте ислеген болса, мен туўысқаншылыққа қыянет етип оннан да аўыр гүнаға батайынба? Ағайиншилик қатнасықтың изин дауамлап изиңдеги əўладларыңа қалдырып кетиў де қарыз... Қарақалпақ тилине аударған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

Сораў: Қын менен қынап екеўи де суўық өткир қурал салып қоятуғын былғарыдан тигилген қап, кеп. Бирақ екеўиниң бири-биринен парқы неде? Жуўап: ҚЫН➖пышақ, қанжар сыяқлы кишилеў қурал салып қойылады. ҚЫНАП➖қылыш, семсер сыяқлы узын қураллар салып қойылады. Белбеўинде қын, онда қанжардың сүйек сабы көринди. (Н. Бөрекешев) Бас болып өзи, оннан соң нөкерлери бирим-бирим қылышларын қынаптан шығарды. (К. Султанов) Ининиң үйи иннен тар, Қыздың үйи қыннан тар. (халық нақыл мақалы) ҚУЛАН➖жылқы тәризли, жабайы дүз ҳайўаны. Қулан қырды, қыран-шыңды шарлайды, Көз ашқанда көрген жәҳән жарасар, Жигит журтсыз, қыз төркинсиз болмайды, Адамға туўылған Ўатан жарасар. (Ә. Әжиниязов) * * * Қулан қудыққа қуласа, қулағына қурбақа үймелейди. (Халық нақыл-мақалы) * * * Бүлбил қус қалғып кетсе, гүлин көрер түсинде, Жат журтта жүрген адам елин көрер түсинде. Қулан-кийик секирип ойнар өз шөлиниң ишинде, Базергенде базар болмас, қарыйдарың болмаса. (И. Юсупов) ШАНАШ➖Ешкиниң, бузаўдың терисинен/бөзден питеў етип исленген ун, сөк, тағы басқа (унтақ) затларды салыў ушын сондай-ақ қымыз сыяқлы суйықлықларды қуйыўға арналып исленген ыдыс. Бетине қурақ етип қызыл, көк нағыс салынған. Нағыслар атанаққа қуралған мүйиз ямаса үшмүйешликлер. Ким сени айырар сыпыра шанаштан, Өлтир көк ийтиңди Дүйсен қәндекли. (Әжинияз шайыр) Бир күни шанаштағы, сыпырадағы унның соңын қағып ишип, әбден тарыққаннан соң апам Сырымбет байдың үйине барыпты. (К. Султанов) канал: Қарақалпақ Байтереклери https://t.me/ibratli_sozler

АДАМЛАР Ялғаншы дүньяның ғалма-ғалы көп, Қуўсаң қашатуғын ҳийле, ҳалы көп. Шешилмеген жумбақлардың саны көп, Шегине жете алмай өтер адамлар. Бул дүньядан кимлер өтпеген дейсең, Кимлер не қалдырып кетпеген дейсең. Ҳеш ким мәңгиликке келмеген дерсең, Себеп гезек пенен кетер адамлар. Услап турсадағы дүнья тутқасын, Мейли Қарун болсын, мейли Әплатун. Қалай жаратса да инсаният затын, Бир күн бул дүньядан өтер адамлар. Дүньяны пайыма төктиремен дер, Гүллерин гүлине келтиремен дер. Әттең, бул сум түлки жеткизбей кетер, Алданып, арбанып өтер адамлар. Биреўлердиң қазанында қайнар май, Көзине май питип, өзи шайнар май. Биреўлер баратыр дүньяға сыймай, Қыйлы-қыйлы өмир сүрер адамлар. Ақыбет теңдейдур шаҳу-гәдаға, Дүньяның исине жаным садаға. Өмир бир берилген бәрше адамға, Билгенинше жасап өтер адамлар. Жаслықтан ийелеў абзалдур билим, Дүньяны жаңартып баратыр илим. Қарызға берилген өмириң, күниң, Ҳәр дем ғәнийметдур билсең, адамлар! Парыздур саўап ис ислемек бизге, Жақсы деген атты қалдырмақ изде. Жақсылардың изи сүрмедур көзге, Жақсыны жанындай көрер адамлар. Дүньяны гөззаллық қутқарар дейди, Инсанның қолынан дүнья гүллейди. Биреў алыспаған отты үрлейди, Жүрегинде барын берер адамлар. Бул дүньяның көрки адам баласы, Бабам айтқан бул сөз-сөздиң сарасы. Жақсы болып жасаўдур ең ағласы, Дүньяға жақсылық сыйлаң, адамлар! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 👇👇👇 https://t.me/gulnara_nurlepesova https://t.me/ibratli_sozler

Өмирлик жолдас таңлаў - китап таңлаўға уқсайды. Сырты сулыў муқабасы дыққатыңызды тартыўы мүмкин, бирақ бетлеринде мазмун бол
Өмирлик жолдас таңлаў - китап таңлаўға уқсайды. Сырты сулыў муқабасы дыққатыңызды тартыўы мүмкин, бирақ бетлеринде мазмун болмаса ақырына шекем оқый алмайсыз... https://t.me/ibratli_sozler

Бир ер адам дүканға кирип бананның бахасын сорады: - Банан қаншадан ? - Он еки динар - Алма ше? - Он динар Сол уақытта дүканғ
Бир ер адам дүканға кирип бананның бахасын сорады: - Банан қаншадан ? - Он еки динар - Алма ше? - Он динар Сол уақытта дүканға усы əтирапта жасайтуғын бир кемпир кирип келди хəм банан менен алманың бахасын сорады.Сатыушы оған банан үш динар, алма еки динар туратуғынын айтты.Алдын кирген қарыйдар сатыушының бул исине ашыуланып , көзи қызарды. Сатыушы оған қызбай турыуын ымлап көрсетти. Кемпир алатуғынын алып дүкəннан шыққан соң , ол кисиге : - Мен сизди алдамадым, сизге қыянет етпедим. Бул апаның төрт жетим ақлығы бар. Хешкимнен жəрдем алыуды қəлемейди, қатты арлы.Нешше рет жəрдем бермекши болдым, көнбеди.Кейин оған қандай жəрдем етиуимди ойлап, усы жолды таптым.Яғный затымның бахасын арзан айтаман. Ол хешкимге мүтəж емеспен деп ойлайды.Мен де жақсылық етсем... Бул апа хəптеде бир келеди. Ол келген күни жүдə көп пайда көремен.Оның дəртине мəлхам болыуды қəлеймен... Инсанлардың мүтəжин питкергенде сондай бир лəззет бар, оны тек басынан кеширгенлер ғана биледи... Ю.М.аудармасы https://t.me/ibratli_sozler

Махер Заин "Салауат" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМУ ƏЛЕЙКУМ ЗАМАНЛАСЛАР ! 🌙 Рамазан айының 2-күни хəм биринши Жумасы мүбəрек болсын ! 🌙 АЛЛАХТААЛА тутып атырған ораз
АССАЛАУМУ ƏЛЕЙКУМ ЗАМАНЛАСЛАР ! 🌙 Рамазан айының 2-күни хəм биринши Жумасы мүбəрек болсын ! 🌙 АЛЛАХТААЛА тутып атырған оразаларымызды, қылып атырған ибадатларымызды хəм дууаларымызды қабыл етсин ! 🌙 Сəхəрлик асыңыз ибадатыңыз ушын күш-қууат болғай ! Рамазан айының 2-сəнеси. Хут айының 20-сəнеси, хəптениң Жума күни . https://t.me/ibratli_sozler