КИНДИК ШЕШЕ.
Халқымызда:~"Он бала болса да минези он түрли",---деп бир әке-шешеден туўылған балалардың минезлериниң бир-бирине усамайтуғынлығын түрли-түрли етип айтып отырады. Соның менен бирге: "Бала жерден көтерип алған адамға усайды", "Киндигин ким кессе, соған усап кетеди",--деген сөзлерди де жийи еситемиз. Булар шамалаў етип айтылса да, бир нәрсени билип айтса да, тийкарында шынлық жатыр.
Ҳәмледар ҳаял босаныўға жақын, айы-күни шамаласқаннан баслап дүньяға келетуғын нәрестениң туўылыўына өз бетинше таярлық көре баслайды. Баланың ийт көйлегин тигип таярлайды, бесигин ҳәм бесик ишиндеги әнжамларын таярлап қояды. Усындай таярлықлардың дыққат аўдаратуғын ең баслысы: өзин босандыратуғын тәжирийбели, ананы жас босандырыў уқыбына ийе, минез-қулқы басқаларға өрнек болғандай, ел ишинде абыройлы, жасы үлкен кемпирлерден, ҳаяллардан, сондай-ақ, бирнеше балалы болған ҳаяллардан еки-үшеўин, гейде төртеўин таңлап қоятуғын болған.
Бурынлары аўылдың жасы үлкен ҳаяллары аўыллас келншеклер аяғы аўыр болған ўақытлары:--"аман-есен босанса киндигин өзим кесемен", ямаса, --"киндик кесиў гезеги маған келди",---деп таласатуғын болған. Киндик кесиўге талабан ҳаяллардың гей биреўлери бул жас шаңарвқ пенен қарым-қатнасын жийилетип, ҳәмиледар ҳаялға ғамхорлығын күшейтип, кеўли күсеген затларын таўып жегизип, ақыл-кеңеслерин берип отыратуғын болған.
Ҳаялдың босанар ўақты жақынлағанда, оның босанатуғын орны таярланады, үй әтирапы тазаланып, қазан астына от жағылып суў қайнатылады. Ҳаялды босандыратуғын орынды керексиз затлардан тазалап, сабанды қалыңлап төсейди, үлкен бақанды дийўалға тайғанап кетпейтуғындай беккем етип сүйейди. Бақанға ҳаялдың еки қолы менен асылып, өзине мәдет алатуғындай етип қолайластырып арқан ямаса аттың жүўенин байлайды.
Жаратыўшы ийемизге жалбарынып туўымға келип турған ҳаялды:---"Я пийрим Бийбипатийма, өзиң қоллай гөр",--деп таярлаған орынға отырғызады. Ҳаялдың алды-артына еки ҳаял отырып, арттағы отырған ҳаял белинен тартып, алдындағы отырған ҳаял ҳәмиледар ҳаялдың ишин сыйпалап, баланың ҳәрекетке келип,төмен жылысыўына жәрдемлесип отырады.
Айырым жағдайларда ҳаялдың толғағы қыйын болып, ямаса бала терис келип, киндиги мойнына оратылып турыў ҳалларында оған көмеклесип, қарынның сыртынан баланы оңына бурып, ямаса кийизге жатқарып, еки ҳаял еки жағынан услап "кийизге аўнатыў" ырымын ислеп аўнатып, және бир ҳаял "қазан қағыў" ырымларын ислеп, арман-берман жүргизип, белинен демеп жәрдемлеседи. Соң әдепки ҳалында отырғызып, еки ҳаял босандырып алады.
Бала шырылдап жерге түскенде алдында отырған ҳаял оны қабыллап алады, шаранасын тазалайды, соң киндигиниң түбинен сабақ пенен байлап, киндикти баланың дизесине шенеп, өлшеп кеседи. Буннан кейин жерден көтерип алып, таярлап қойған жөргекке орайды. Ал, артында отырған ҳаял босанған ҳаялдың үсти-басын тәртипке келтирип, есинен танып қалыў, ямаса ҳәлсизленип жығылып қалмаўын қадағалайды. Гейпара ўақытларда алдында отырған ҳаял баланың шаранасын тазалап, көтерип алып қасындағы киндик кесиўге таярланған екинши ҳаялға береди, ол киндигин кеседи. Сол ушында гейде:--"Пәленше жерден көтерип алды, төленше киндигин кести",---деп те айтылып атады.
Баланың киндиги өткир пышақ, ямаса, қайырылмалы пышақ [шаққы] пенен кесиледи, киндик кесилген пышақты бөлек алып, сақлап қойған. Гейпара ўақытларда үй ийеси өз ыразылығы менен киндик пышақты бала көтермей жүрген ҳаялға беретуғын болған.
Киндик кескен ҳаял енди баланың "киндик шешеси"--деп аталады. Киндик шеше баланың екинши анасы болып есапланады, сол ушында ата-ана киндик шешеге екиниң бирин таңлап ала бермейди. Киндик шешеге таңланған жасы улкен кемпир болсын, ямаса орта жастағы ҳаял болсын ел ишинде сый-ҳүрметке ийе, минез-қулқы жақсы, адамгершилиги мол адам болыўы нәзерде тутылады. Өйткени, баланың минез-қулқы, жүрис-турысы, адамыйлығы, мийнетти сүйиўшилиги "киндик шешеге усайды" --деп ырым етиледи ҳәм бул тәжирийбеде өз тастыйығын тапқан жағдайлар.