uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 813 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 306-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 443-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 813 obunachiga ega bo‘ldi.

04 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -287 ga, so‘nggi 24 soatda esa -14 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 27.16% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.71% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 111 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 708 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 05 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 813
Obunachilar
-1424 soatlar
-817 kunlar
-28730 kunlar
Postlar arxiv
Билсең де қайтпасын бул күн қайтысқа, Мойныңды бурамай ўақыт байғусқа Кеттиңлер ме енди өрип тум-тусқа, Турмыс қазанында қайн
Билсең де қайтпасын бул күн қайтысқа, Мойныңды бурамай ўақыт байғусқа Кеттиңлер ме енди өрип тум-тусқа, Турмыс қазанында қайнаўыңызға. Басын тек сәждеге қойған жигитим, Көтер руўҳыңнан қайғы "түбитин", Қоллайды ертеңге болған үмитиң, Кеўлиңнен түскинлик айдаўыңызға. Естен шықпай үрп-әдети, салтымыз, Қызды сыйлап қысыр болдық жалпы биз, Бар екен сизлердей ҳаял халқымыз, Биз еркек тилеклес жайнаўыңызға. Қос арыс, бахытлы жан бар ма буннан, Бахытты,әўметти ашқандай тыңнан, Кеўилим,жүрегим исенер шыннан, Садықлық, ўапаны сайлаўыңызға. Азамат Бекназаров 5.04.2026. https://t.me/ibratli_sozler

Өзин өзгертиуди қəлемейтуғын адамларды өзгертиуге уақтыңыз хəм күшиңизди кетирмең ! Жыланға мың жыл пал ишкизсең де, ол бəриб
Өзин өзгертиуди қəлемейтуғын адамларды өзгертиуге уақтыңыз хəм күшиңизди кетирмең ! Жыланға мың жыл пал ишкизсең де, ол бəрибир зəхəр шығарады. Өмирде де сондай. Базыбир инсанларға қанша жақсылық қылсаң да, қанша жақсы сөйлесең де олар сен тəрепке зəхəрин шашыуды дауам етеди. Жылан хəтте өзин қутқармақшы болған адамды да шағады. Көп адамлар бар - жүреги зəхəрге толы. Олар дүньяны да сол зəхəр арқалы көреди . Олар хəммени өзлеринше - гүманлы, душпандай көреди. Бундай адамлардан сақланың ! Олардың басы дийуалға тийип өзи тəубеге келмегенше өзгермейди.... https://t.me/ibratli_sozler

Бийбигүл бақсы қызлар ансамбли " Бармекен?" https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма әлейкүм қəдирданларым! Жақсылық ет, жәҳән ибрат алсын, Жақсылар басына жақсылық салсын, Мал-дүнья бәршеден, сеннен
Ассалаўма әлейкүм қəдирданларым! Жақсылық ет, жәҳән ибрат алсын, Жақсылар басына жақсылық салсын, Мал-дүнья бәршеден, сеннен де қалар, Жақсысы дүнья емес, жақсылық қалсын! Абдураҳман Жәмий.     Бүгинги дем алыс екшемби күниңиз пайызлы өтсин. Ҳәрбир ийгиликли ислериңизде Алла яр болсын! Сәўир айының 5 -сәнеси, хəптениң Екшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

Кимдидур жоғалттық , кимдидур таптық Кимнендур узақлап, ким тəреп шаптық Өмир- өзи тауып хəм жоғалтыу екен Баслысы- өзиңди хе
Кимдидур жоғалттық , кимдидур таптық Кимнендур узақлап, ким тəреп шаптық Өмир- өзи тауып хəм жоғалтыу екен Баслысы- өзиңди хеш жоғалтпаслық ! Адамгершилигимиз бенен қоса жақынларымызды жоғалтпай бəрха бир-биримизге керек болып жасайық ! Түнниң тынышлығын , жанның аманлығын берсин ! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚƏДИРЛИЛЕРИМ ! Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

Байыўлының ырысқалы .................. ✅ Мақалдың даўамын табыңлар❓
Anonymous voting

Қалыңға қусың түспесин, ................... ✅ Мақалдың даўамын табыңлар❓
Anonymous voting

Аўшының кешиккенинен ........ ✅ Мақалдың даўамын табыңлар❓
Anonymous voting

Кешиңиз пайызлы болсын ! https://t.me/ibratli_sozler

Қасқырдың хүжиминен қутқарғаны ушын қой ийтке миннетдаршылық билдирип атыр. Базыбир адамлар сол ийт қурақым əтирапындағыларға
Қасқырдың хүжиминен қутқарғаны ушын қой ийтке миннетдаршылық билдирип атыр. Базыбир адамлар сол ийт қурақым əтирапындағыларға жəрдем көрсетпейди, ал базы адамлар болса қой қурақым өз миннетдаршылығын билдирмейди ..... https://t.me/ibrаtli_sozler

Белгили түрк шайыры Нəжиб Пазыл кемеде китап оқып баратыр екен. Кемедегилерден бири жақынласып : - Устаз, дүньяға пайғамбар ж
Белгили түрк шайыры Нəжиб Пазыл кемеде китап оқып баратыр екен. Кемедегилерден бири жақынласып : - Устаз, дүньяға пайғамбар жибериудиң не кереги бар еди ? АЛЛАМ ақыл берип қойыпты, жолымызды өзимиз-ақ тауып алар едик ,-депти. Нəжиб Пазыл китаптан бас көтермей жууап берипти : - Кемениң не кереги бар . Теңизден өзиң жүзип өте бер !... https://t.me/ibratli_sozler

Анамның тек бир көзи бар еди. Екинши көзи ойық болып оны хəр көргенде жеркенип кетер едим. Мен сол ойық көзи себепли қатар-қурбым алдында мазаққа қалар едим, анығырағы арым келетуғын еди. Əкем жас уақтымда авариядан қайтыс болды. Шаңарақты бағыу анамның мойнында еди. Ол бир мектептиң асханасында ислейтуғын еди. Мектепте баслауыш класста оқып жүргенимде меннен хабар алыу ушын класыма келгенде жерге кирип кетким келер еди. Сол -сол классласларым мени " бир көзли қатынның баласы" деп үстимнен күлетуғын болды. Сол уақлары усы майып хаялдан тууылғаным ушын өз тəғдириме нəлет айтар едим. Бир күни анамның бетине тик қарап : " Қашанға шекем сиз себепли жораларыма күлки болып жүремен? Сиздей анам барлығынан арланаман ! Сизиң бар екениңиз мен ушын мазақ !!!" - дедим ашыу менен. Анам индемеди. Жалғыз көзи менен маған термилип қалды.. Мен сол пайыттағы айтқан гəплеримди ойлап та көретуғын аухалда емес едим. Ғəзептен өзимди қоярға жер таппас едим. Оның кеули, ишинен не өтип атырғанлары мени улыума қызықтырмас еди. Ол менен бир үйде жасағым да келмес еди. Мектепти питкерип Сингапурға оқыуға кеттим. Бир мүддет өтип сол жерде үйлендим. Таныс-билислерден қарызланып өзиме жай сатып алдым. Кейин балалы болдым.Мен бахытлы едим. Анам барлығы есимнен де шыққан еди. Бир күни анам Сингапурға мени излеп келди. Нешше жылдан бери мени көрмеген еди. Есик алдында ойнап отырған балаларым бир көзли кемпирди көрип қорқып кетти, соң ермеклей баслады. Мен оларға " кемпир апаңыз " дей алмадым . Ол босағадан атлауы менен " неге келип балаларымды қорқытасыз ?" деп жекириндим. Анам айыплы адамдай басын ийип " мен адасып басқа үйге кирип кетиппен " деди де үйден шығып кетти. Арадан жыллар өтти. Бир күни ески классласларымнан хат алдым.. Хаялыма " хызмет сапарына кетип баратырман " дедим де , сол жаққа уштым. Ушырасыудан қайтып ески ижара үйим есиме түсип , балалығым өткен көшеге қарай бурылдым. Ижара үйимиз есигин үй бийкеси ашты. Ол маған анамның қайтыс болғанын айтты. Əуеле сəл жеңил тартқандай болдым, кейин кеулимди қапалық ийелей баслады. Үй бийкеси үйден бир конверт əкелип анам маған берип қойыуын өтиниш еткен екен. Дəрриу хатты оқыуға тийистим: "Жигербентим , көзимниң қарашығы ! Аманбысаң ? Ертели-кеш сени ойлайман, тилегиңди тилеймен. Сингапурға барып балаларыңды қорқытқаным ушын мен ақмақ анаңды кешир. Классларың менен ушырасыуға келиуиңди еситип қатты қууандым. Бирақ ғаррылық қурысын , сен келер уақытта ауырып төсектен туралмай қалдым.Балажаным мениң , қатарларың алдында мени деп бир өмир күлкиге қалдырғаным ушын кешир , мен айыплыман. Бирақ , бир сырды айтсам мендей майып анаңды кеширерсең бəлким?! Сен кишкене уақтыңда əкең менен бирге аварияға ушырап едиң. Əкең қайтыс болды. Сен болсаң бир көзиңнен айрылған едиң. Мен бир түйир баламның бир көзли болып өсиуин қəлемедим. Əкеңнен қалған үйди сатып , ижара үйге көшип өттим. Үйдиң пулына сениң көзиңниң операциясы ушын ғəрежет қылдым. Шыпакерлер бир көзимди ойып сениң қарашығың орнына жайластырды. Аллаға шүкир болсын , мениң көзим сеники менен тең екен. Хеш ким сениң көзиң басқа денеден көширилгенин сезбеди. Мен усы уақытқа шекем " балам сен мениң көзим менен дүньяны көрип жүрипсең " дей алмадым. Сениң жеңисиңди көрип жүриудиң өзи маған үлкен бахыт еди. Дүньяда бир хақыйқат бар : сен мениң баламсаң . Маған усы жетеди. Сени жанынан да артық жақсы көриуши АНАҢ !!!" Юсупова М. аудармасы https://t.me/ibratli_sozler

КИТАП ХАҚҚЫНДА БЕС ПИКИР : 1. Дөретпе ийеси жақсы жаза билген китапларды оқып барар екенсиз , жақсы сөйлесиуди де əдет етип а
КИТАП ХАҚҚЫНДА БЕС ПИКИР : 1. Дөретпе ийеси жақсы жаза билген китапларды оқып барар екенсиз , жақсы сөйлесиуди де əдет етип алар екенсиз. 2. Адамның руухый санасы - китаплардың оқып шығылған бетлериниң саны менен емес, үйренилген билим менен өлшенеди. 3. Китап оқыуды əдет еткен инсанлар телевизор алдынан кетпейтуғын адамларды биймəлел басқара алады. 4. Китап -кинодан абзал ! Себеби кисиниң ақылый дəрежеси фильмдеги күшли толғанысқа ийе кадрларды китап бетлериндеги жазыуларды сақлағанындай етип сақлай алмайды. 5. Қанша көп китап оқысаңыз , биреулерге сонша кем еликлейсиз . Өзиңизди жарата аласыз .! https://t.me/ibratli_sozler

Кеш түсти. Дүкəнды жауып атырған едим.Артымнан бир киси: - Иним , алма аласызба? -деди. 45-50 жас шамасы, велосипедте алма сатып жүрген екен. - Қəне көрейин , бахасы қаншадан ? -деп қасына жақынладым. -Сизге 7500ден берейин -деди. Дəрриу саудагерлигим тутып кетти. -5000 нан бериң , бəрин аламан ,-дедим. - Яқ, иним . Мейли 7000 нан берейин. 4 кг болғаны , хəммесин алың -деди. Қарасам бес мыңнан беретуғын түри жоқ. - Яқшы онда 6000 нан бериң , 2 кг аламан ,-дедим,- хəммеси көп дə ақыры. Бираз ойланып қалды. - Иним , 6500 ден берейин ,-деди. -Хəммесин не қыламан аға, ертең де сатасызғо ,-дедим. - Яқ , бүгин бəрин сатыуым керек -дə , иним мине қəлеген биреуин жеп көр , қатты мазалы алмалар,-деп целлофан қалтадан бир дана алма маған усынды. Көзим алмаға емес , алма узатқан қолларға түсти. Сууықтан тилким-тилким болып жарылып кетипти. Бир уақлары , гүздиң сууық күнлеринде , пахта теримде өзимниң де қолларым да усылай жарылып кеткен еди. Еслеп бир түрли болып кеттим. Қылған исимнен қапа болдым. Маған берген алманы да целлофан қалтаға қайтып салып ағаға жүзлендим : - 8000нан аламан бəрин ,- дедим. Баханы еситип маған əжептəуир болып қарады. - Еситкениңиз аға , 8000нан аламан ,- дедим тағы. - Хəзиллесип атырсызба иним ? - дегенше мен пул санауға киристим. - Мине, 32мың сум , разы болың ! Пулды қолымнан алып , санап отырмай еки мың сумды қайтарып берип : -Разыман иним, сиз де разы болың ,-деди. - Жақсы болдығо , пул жүдə керек еди,- деп қойды қууанып. Аға кеткен соң қылған исимнен кеулим толды. Жарылған қоллар болса еле көз алдымда тур .... А. Аламов Өзбек тилинен аударған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Сынақлар сизди сындырыу ушын емес , бəлким күшли етиу ушын келеди. Алтын отта тапланғанындай, мөмин бенде де қыйыншылықта тап
Сынақлар сизди сындырыу ушын емес , бəлким күшли етиу ушын келеди. Алтын отта тапланғанындай, мөмин бенде де қыйыншылықта тапланады. Сабыр етиушилерге берилетуғын əжир-сауаптың шегарасы жоқ.. Еслең , Юсуп əлайхиссалам қудықтан шығып , Мысырға əзийз болған еди. Сизиң қудығыңыз да бир күни нурға толады ! https://t.me/ibratli_sozler

Мен рингте Америка ушын гүрестим хəм Америка ушын алтын медальды алдым. Сол күни ресторанға кирип буны нышанлауды қəледим , б
Мен рингте Америка ушын гүрестим хəм Америка ушын алтын медальды алдым. Сол күни ресторанға кирип буны нышанлауды қəледим , бирақ америкалылар мени рестораннан қууып шығарды." Қара денелисең " деп ауқат бермеди.Ашыу-ыза менен жағаны гезер екенмен, Америка ушын алған алтын медальды дəрьяға ылақтырдым. Мешитке келип қалдым хəм ол жерде ақ денели менен қара денели бир сапта отырғанын, бир-бири менен аға-инилердей сөйлесип атырғанын, бирге намаз оқып ,кейин бир-бирин бауырына басып атырғанын көрдим. Мен Ислам динин қабыл етиуимди айттым. Имам маған шəхəдəт кəлиймасын үйретти. Мен чемпионлық тахтында турып жыламаған едим, хəзир жыладым. Чемпионлығымнан гөре хəзир оннан да уллырақ мəртебеде турғанымды сезип жыладым.... Мухаммад Али. https://t.me/ibratli_sozler

Хəр бир күн - ақ қағаз . Оған не жазыу өз қолыңызда. Илим алыудан, жақсылық етиуден шаршамаң ! Бир ғана жақсы сөзиңиз кимниңд
Хəр бир күн - ақ қағаз . Оған не жазыу өз қолыңызда. Илим алыудан, жақсылық етиуден шаршамаң ! Бир ғана жақсы сөзиңиз кимниңдур өмирин өзгертип жибериуи мүмкин . Бүгин кеминде бес адамның кеулин көтеретуғын гəп айтың ! https://t.me/ibratli_sozler

Гəухар Саитова "Гөззал көринер" https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !! АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРЛИМ ! Хəзирги өмириңизде болып атырғанлардың бəршесин қашанлардур өзиңиз жаратқансыз..
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !! АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРЛИМ ! Хəзирги өмириңизде болып атырғанлардың бəршесин қашанлардур өзиңиз жаратқансыз.. Солай екен , бүгин де өтмишти еслегенде өзиңизди қуўантатуғын , кеўлиңизди əжайып сезимлерге бөлейтуғын əмеллерди ислеуге асығың ! Сизди қапа қылғанларды кешириң, көптен көрмеген дос-жақынларыңызға қоңыраў етиң, қəстелерден хабар алың ! Жəрдемге мүтəжлерге қолдан келгенше жəрдем етиң , сиз ушын арзымаған бул ислер олардың кеулине таўдай қуўаныш əкелиўин ойлаң ! Атқан таң қайырлы , күниңиз кеуилли өтсин ! Сəуир айының 4-сəнеси хəптениң Шемби күни. https://t.me/ibratli_sozler