uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 850 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 316-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 449-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 850 obunachiga ega bo‘ldi.

01 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -272 ga, so‘nggi 24 soatda esa 2 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 26.37% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.45% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 4 972 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 668 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 43 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 02 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 850
Obunachilar
+224 soatlar
-787 kunlar
-27230 kunlar
Postlar arxiv
#Ҳикмет Бир сүўретши сүўрет салып, астына: "Сүўреттиң қәтеси болса, сүўреттиң үстине сызып кетиң" - деп жазып қойды ҳәм астын
#Ҳикмет Бир сүўретши сүўрет салып, астына: "Сүўреттиң қәтеси болса, сүўреттиң үстине сызып кетиң" - деп жазып қойды ҳәм астына қызыл қәлем қойып, оны адамлар ең көп өтетуғын жерге асып қойды... ....Ертеңине қараса салған сүўрети көринбейтуғын дәрежеде сызып тасланған екен... ....Сүўретши және сол сүўретти салды. Бирақ енди астына: "Сүўреттиң кемшилиги болса туўрылап қойың!" - деп жазды ҳәм қасына қызыл қәлем қойып, оны және адамлар көп өтетуғын жерге асып қойды... ....Ертеңине қараса сүўретине ҳеш нәрсе қылмаған екен... ЖУЎМАҚ ....Ҳәй инсан...! ....Неге биреўлердиң айыбын табыўға шеберсең, бирақ оны туўрылап қойыўға келгенде күшиң, қәлеўиң жоқ?! https://t.me/ibratli_sozler

СAҒЫНЫШ Узақ жолдан келиўден үйге, Аймалады-аў, о анам пақыр! Сүйип атыр...Сени де сүймек, Керек еди маған да ақыр! Үйиң де д
СAҒЫНЫШ Узақ жолдан келиўден үйге, Аймалады-аў, о анам пақыр! Сүйип атыр...Сени де сүймек, Керек еди маған да ақыр! Үйиң де дым аўылдан шалғай, Зыр жуўырдым жармышты бойлап, «Ығбалыма үйинде болғай!», Деп бараман тек сени ойлап. Оттай деўши еди журт мақтап, Мүсәпирим шықты да қалды, Есигиңди алыстан бақлап, Узақ турдым паналап талды. Не деп үйге киремен қәне! ...Көшкен булттай шубырды ойлар, «Бир сарқым суў» бул да бир бәне, Тағы қандай қолайлы ой бар! ...Дийдарыңа ынтығып келип, Қара суўға кеттим-аў қанып! Шәңгил менен суў әкеп берип, Қаны кепкен деп пе едиң анық! ✍Әскербай ӘЖИНИЯЗОВ https://t.me/ibratli_sozler

#Тарийҳа_нәзер ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗ-ЖӘЎАНЛАР КИЙИМИ «КӨККӨЙЛЕК» ҲӘМ ОНЫҢ КӨРКЕМ БЕЗЕЛИЎИ МӘСЕЛЕСИНЕ Қарақалпақ сәниятының тәкирарла
#Тарийҳа_нәзер ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗ-ЖӘЎАНЛАР КИЙИМИ «КӨККӨЙЛЕК» ҲӘМ ОНЫҢ КӨРКЕМ БЕЗЕЛИЎИ МӘСЕЛЕСИНЕ Қарақалпақ сәниятының тәкирарланбас естеликлериниң бири көккөйлек болып есапланады. Ҳешбир халықта басқа үлгиси болмаған бул салтанатлы кийим түри сүўретлеў ҳәм кестешилик өнериниң әжайып үлгиси сыпатында баҳаланып келмекте. Этнограф А.Алламуратов «көккөйлек» атамасының айырым орынларында «бояқ көйлек», «кестели көйлек» деп аталатуғынлығы ҳаққында да жазған [1: 16]. Көйлектиң усылай аталыўы, оның көк түс пенен боялыўы ҳәм түрли-түсли кесте менен өрнеклениўине байланыслы келип шыққан. Көйлектиң безелиўинде алпыстан аслам нағыс түрлери қолланылады. Соның онлаған түри тек жағаны кестелеўде ислетиледи. Солай екен, көккөйлек – халық қол өнериниң өзгешелигин көрсетиўши жекке-сийрек ушырасатуғын қәдириятлар қатарына киреди.
Дерек: Tariyxqa_nazer
https://t.me/ibratli_sozler

Дүнья қызық, әуел бастан,                    Басты қатты еткен тастан,                       Өгиздей тап қосқа қосқан,                    Өмирди ол сүйреп келер.                      Өмир-биреу, саудасы -мың,                  Ғауғасы көп сау басының...                      Бул бес күнлик ялғаншының                 Жолы ийрек-ийрек келер,                       Биреу-дәртли, биреу-бийдәрт,           Бәрин қоссақ-болар миллиард.        Нәмәрт мудам мәртти қыйнап,           Маған басты ий деп келер,                Сүйеги жоқ қызыл тиллер,                  Бирде мақтап, бирде кунлер,                 Сөзи менен иси бирлер,                             Ақыллы хәм зийрек келер. ✍Толыбай Қабулов

#Терме 📙 Жекке-жарым кисиниң, Минген аты шабылмас, Тыныш жүрген адамға, Хеш ғәремет жағылмас. Жайыу́лы болса дәстурханың, Хе
#Терме 📙 Жекке-жарым кисиниң, Минген аты шабылмас, Тыныш жүрген адамға, Хеш ғәремет жағылмас. Жайыу́лы болса дәстурханың, Хеш жерде жолың тарылмас, Қәтереси тас жарып, Несийбеси айырылмас. Адамзаттың ақмағы, Жолдасына қарамас, Ол адамлар дүньяда, Хеш бир дәртке жарамас, Дәстурханлап нан қойып, Қазаны толып қайнамас, 📝 Қарақалпақ фольклоры https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, т
Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, таңда саў-саламат турғайсыз . Қайырлы түн Әзизлерим! https://t.me/ibratli_sozler

ШЕЖИРЕ" Бердақ шайырдың дөретиўшилиги ХIХ əсирде жасаған қарақалпақ халқының көркемлик энциклопедиясы болды. Өйткени, оның өз заманындағы жəмийетлик өмирдиң ҳəмме тəрепин сөз еткен əжайып лирикаларындағы, арнаўлы түрде жазып қалдырылған халық шежиресиндеги, тарийхый ҳəм басқа да дəстанлары бизиң ушын баҳасы жоқ тарийхый этнографиялық дерек болатуғынлығы сөзсиз. Бердақтың əдебият майданындағы үлкен жаңалығының бири-сөз өнериниң күши менен халық тарийхын "Шежире"син жазады. Бердақ шайырдың "Шежире"си-бул қосық пенен баянланған тарийхый жылнама. Бул жерде Бердақ ҳəм шайыр, ҳəм тарийхшы. Бул шығарма-қысқаша эпикалық тарийхый жылнама, руўлардың, қəўимлердиң, Орта Азия халықларының, олардың келип шығыўы ҳаққында жазба дереклер, аўызша аңызлар тийкарында айтылған əңгиме. Шығармада тек қарақалпақлардың тарийхы ҳаққында ғана емес, ал өзбек, түркмен, қазақ халықларының  тарийхына тийисли баҳалы ҳəм қызықлы пикирлер айтылған, қытай, монгол, иран халықларының тарийхы бойынша да бир қатар мағлыўматлар сақланған. https://t.me/ibratli_sozler

"БАЛАЛЫ ҮЙ - БАЗАР"...............     "БАЛАЛЫ ҮЙ - БАЗАР"  дейди дана халқымыз. Бала - ҳәрбир ошақ басының  жарасығы, қызығы ҳәм өмир даўамшылары болып есапланады. Перзент - ата-ананың шаршағанын ,өзиниң сүйкимли ҳәрекетлери менен, бир майданда умыттырып жибереди. Шаңарақты бахыт нурына бөлейтуғын, және ата-анасының арасындағы мехир-мухаббатты  күшейтутуғын инсаншалар олар.....     Адамзаттың ҳәммеси анадан туўылып соның баўырында өсип өнеди.  Демек, баланы тәрбиялап, оны қатарға қосыўда ата-ананың роли жүдә күшли.     Балалы үйде периштелер көп болады екен. Себеби, олар бийғубар, аппақ сүттей таза, өтирик сөйлемейди дейди. Соның ушында ата-бабаларымыз "Балалы үйдиң өтириги жатпас" деп бийкарға айтпаған. Балалар, өмиримизди мәниге толтыратуғын, гүллерге бөлейтуғын, "Ата-ана"  деген бийбаҳа атақты инам ететуғын Алланың берген саўғалары. Олар ушын жаныңды берсең арзыйды.     Алладан тилегим: "Ҳәрбир шаңарақтың ул-қызлары бахытлы болсын. Бизлерди қартайғанда жасартатуғын перзентлер болсын" деймен. ✍Гулдасте Қурбанбаева https://t.me/ibratli_sozler

Аңшының ийтлери айға үрмейди, Айтта, тойда шапқыласып жүрмейди. Ийесине унаў ушын умтылып, Тумсығының ўўылғанын билмейди. Қоя
Аңшының ийтлери айға үрмейди, Айтта, тойда шапқыласып жүрмейди. Ийесине унаў ушын умтылып, Тумсығының ўўылғанын билмейди. Қоян қашса, қуслар ушса, ширенип, Көкиреги көтерилер бир ели. Атылған мылтықтың даўысын еситсе, Жортып кетер тағы тимискиленип. Гейде олар бирин-бири танымай, Ырылдасар, тап олжаға жарыдай. Қаншама қан сорпа болса да, ертең Аңшыға қалады барлық абырай. Биреўге жаранып, жарамсақланып, Жасаған адамды не дейди халық? Аңшы оған қанық... Бийшара ийтлер Еле бир жуўмаққа келген жоқ анық... Аңшының ийтлери айға үрмейди, Айтта, тойда шапқыласып жүрмейди. Басқаның тилегин тилейди, бирақ, Сыбағадан бос қалғанын билмейди... ✍ Толыбай Қабулов https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет ТИК ТУР, ЖЕҢИЛМЕ! Өмирде ҳеш қашан жеңилме! Қағылсаң да, жығылсаң да дәрриў орныңнан тур да жолыңда даўам ет. Өйткени
#ҳикмет ТИК ТУР, ЖЕҢИЛМЕ! Өмирде ҳеш қашан жеңилме! Қағылсаң да, жығылсаң да дәрриў орныңнан тур да жолыңда даўам ет. Өйткени, уллылар жулдызларға жеткенше көп қағылған. Бирақ, олардың ҳәр қағылыўы және де алдыға ҳәрекет етиўге ийтермелеген. 📖 "Қәлб түбинен" китабынан https://t.me/ibratli_sozler

БАЎЫРСАҚ Сүмелек  ҳаққында ҳәмме биледи. Ал бизлер баўырсақ ҳаққында не билемиз?!  Баўырсақ не ушын ромб таризинде кесиледи?! Неге мийман келетуғын болса баўырсақ писириледи?!  Неге миймандаршылық дәстүрханы баўырсақсыз болмайды?! Жуўабын интизарлық пенен күтемиз? Миллий байрамда бир миллийлигимизден хабардар болайық! ?? ✍Бағила Пазылова.          Жуўап:~Этнография группамызда баўырсақ ҳаққында мақалалар бар, Баўырсақты майға писириўдиң ең дәслеп келип шығыўы--ийис писириў, жети шелпек таратыў менен байланыслы келип шыққан.           ЖЕТИ ШЕЛПЕК ТАРҚАТЫЎ~халқымызда <<Садақаны саўда бер>>, яғный, басың аман, жаның түўел ўақтында Алла жолына ақшалай, затлай берилетуғын қудайы садақа көбинесе, ата-бабаларды еске алып, қуран оқытып, жети шелпек тарқатылады. Еске алып ийис шығарғанда дөңгелек шелпек етип майға писириледи.         БАЎЫРСАҚ~той-мерекениң баслы тағамы. Той-садақа, қонақ күтиў илажларында биринши гезекте дәстүрханды байытатуғын тағам.            Бурынлары той-мерек берген жерге аўыл ҳаяллары, ағайин-туўғанлар  <<дәстүрханы кемис болмасын",--деп жәрдем ретинде жуп зағарасы менен баўырсақ писирип қосып апарған. Соннан тойларға <<дәстүрхан апарыў>>  үрп-әдети келип шыққан.                  Қарақалпақ бирде өзлери ушын қәдирли күнлерде, бирде ҳүрметли  қонағы ушын сыйлы тағамын писиреди.           Қәдирли күнлер~өткенлерди еске алып, ийис шығарыў, миллий байрамлар,  шаңарақтың қуўанышын белгилеп той бериў,  сыйлы қонақты күтиў.        Той берилгенде, қонақ шақырғанда "сындыраман деп қолын майламасын",--деген мәниде жайылған қамырды бөлеклерге бөлип, ықшамлы етип кескен.         Байрам мүнәсибетлеринде  ҳәр түрли:--"ший баўырсақ", "майда баўырсақ" етип нағыслап кесип писирген.        Баўырсақтың тойда ямаса басқа қуўанышлы күнлерде, өзлери ушын писиргенде майға писирилиўиниң өзи:--"майдың ийиси менен ата--бабалар азықланады, бизиң жақсы күнлеримизде де ата-бабалар бизлер менен, қонақлар менен тең татыссын",---деген нийет. Сол ушында ийис писирген күни:--"ертерек писириң, ата-бабалар жолынан кешигип қалмасын",---дейди. ~Жолдан кешиксе не болады? ~Урыларға таланады.         Тойларда баўырсақ писиргенде кишкене балалар той қазанын дөгереклейди, баўырсақ писирип атырған ҳаяллар балаларға жыңғылдың шақасына шаншып баўырсақ дизип береди. Ҳәр бир адам балалығын "шөпке шаншылған баўырсақлар" менен еслейди. ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Айырым адамлар китапқа уқсайды, оларда ҳикмет ҳәм көп жақсылықларды көресең. Айырымлар китаптың қабына уқсайды, өзи ш
#Ҳикмет Айырым адамлар китапқа уқсайды, оларда ҳикмет ҳәм көп жақсылықларды көресең. Айырымлар китаптың қабына уқсайды, өзи шырайлы болса да, оларда ҳеш қандай мәни жоқ. https://t.me/ibratli_sozler

Шартүйме – ҳақыйқый қарақалпақ мәдениятының таңбасы. И.В.Савицкий музейи коллекциясында дәстүрий қарақалпақ қыз-келиншеклерин
Шартүйме – ҳақыйқый қарақалпақ мәдениятының таңбасы. И.В.Савицкий музейи коллекциясында дәстүрий қарақалпақ қыз-келиншеклериниң безениў буйымы – шәртүйме сақланады. Ол гүмистен исленген болып, төрт мүйешли көринисте, қызыл яқут, фируза ҳәм реңли шийше менен безелген. Гейде безеў композициясы шынжырлы безеўлер менен толықтырылады, олар ҳәрекетлениў ўақтында жағымлы сеслер үйлесимин пайда етеди. Дерек: И.Өтебаев жеке каналынан https://t.me/ibratli_sozler

#Не_жаман Бир дегенде не жаман? Билимсиз өскен ул жаман. Екиленши не жаман? Еркелеп өскен қыз жаман. Үшленши не жаман? Үшкилсиз пишкен тон жаман. Төртленши не жаман? Төресин бузса сол жаман. Бесиленши не жаман? Бес уақытлы бес намаз, Қаза болса сол жаман. Алтыланшы не жаман? Атлан-атлан дегенде, Атланарға аты жоқ, Үстине кийер заты жоқ, Еки көзи алақлап, Қызыл тили жалақлап, Пияда қалған сол жаман. Жетиленши не жаман? Жез қанаттан қайырылып, Жер таянған сол жаман. Сегизленши не жаман? Сексенге шыққан қарт баба, Сергиздан болса сол жаман. Тоғызланшы не жаман? Тоғыз қабат торқаны, Тоздырмай өлген сол жаман. Ашылып жауған күн жаман, Қайтып шауған жау жаман. Сүйгенинен айырған, Сүйреңлеген тил жаман. Ақ үйиңе көк жаман, Қой ишинде ор жаман. Жылқы ишинде сур жаман. Түйе ишинде үлек жаман, Ақша жүзге дағ жаман. ✍Қарақалпақ фольклоры. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Ериншек Ериншектен - салақлық, Салақлықтан - наданлық. Биринен бири туўылар, Жоғалар сөйтип адамлық Ериншек таза жүре алмас, Кир-кийимин жуўа алмас. Харекет жоқ, илим жоқ, Өз бойынан уялмас. Жүрейин десең турғызар, Төсекке мойын бурғызар. Аналар да жүрғой деп, Биреўди мысал қылғызар. Турайын десең, жатқызар, Буўынды сөйтип қатқызар. Пайдалы иске жүргизбей, Не болса соны ислетер. "Мен емес пе сабырың, Жаныңа тыныш тамырың. Асықпа деп алдайды,- Қазыўлыма деп қәбириң. "Қудайдың дейди күни көп, Асыққан истиң мини көп. Азғана рәхәт қылсаңшы, Ислерсең ертең буны"- деп. Солай қалсаң алданып, Умтылмасаң ғамланып. Жалқаудың қулы болғаның, Жатыў ушын жалланып. Машқала көп басында, Көндириў керек жасыңда. Қылайын десең хәрекет, Ериншек отыр қасыңда. Ериншектиң қақпаны, Көринбей көзге жатқаны. Биреў оған илинсе, Оны Қудай атқаны. Ис қылдырмас есели, Ең билимниң кесели. Кирсе бойдан шығыў жоқ, Күн сайын өсер бес ели. Төбени сөйтип теседи, Орныққан сайын өседи. Ибадат жоқ, илим жоқ, Бәриниң жолын кеседи. Жан тынышлық бул емес, Жан дүняның қулы емес. Өзиң байлап бересең, Жан жумысы ол емес. ✍Ш. Худайберген. https://t.me/ibratli_sozler