uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 864 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 299-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 452-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 864 obunachiga ega bo‘ldi.

29 Iyun, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -262 ga, so‘nggi 24 soatda esa -11 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 26.92% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.44% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 080 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 669 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 46 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 30 Iyun, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 864
Obunachilar
-1124 soatlar
-947 kunlar
-26230 kunlar
Postlar arxiv

#Қайырлы_түн Түн уйқылатсын, айдай жамалы менен, Таң оятсын, жумсақ самалы менен, Енди уйқылаң, Аллаҳ кәламы менен, Ерте туры
#Қайырлы_түн Түн уйқылатсын, айдай жамалы менен, Таң оятсын, жумсақ самалы менен, Енди уйқылаң, Аллаҳ кәламы менен, Ерте турың, Аллаҳ саламы менен! Қайырлы түн қәдирлим! https://t.me/ibratli_sozler

#Тарийх_бетлеринен 📜Отын базары, мал базары, балық базары, шапан базары, етик базары, ғəлле базары, шыпта базары, қассап баз
#Тарийх_бетлеринен 📜Отын базары, мал базары, балық базары, шапан базары, етик базары, ғəлле базары, шыпта базары, қассап базары, баққал базары ҳəм тағы басқа да базарлар болатуғын еди... Қаллы Айымбетов, "Өткен күнлерден елеслер".1972-жыл. 📜Сүўретте Халқабад базары. Уршық ислеп атырған усталар. Өткен әсирдиң жигирмаланшы жыллары. ✍QRARXIV https://t.me/ibratli_sozler

Дым сағынып кеттим сени… Сүйиў қандай еди жақсы...? Айралығы əттең, ашшы, Көзлериңниң ойған нақшы, Жан дүньяма битти сени. Ке
Дым сағынып кеттим сени… Сүйиў қандай еди жақсы...? Айралығы əттең, ашшы, Көзлериңниң ойған нақшы, Жан дүньяма битти сени. Кеўлимди дəрт дəптер етип, Ишинде не гəплер етип, Қолға үйренген кептер етип, Жалтаң қағып күтти сени. Ɵз өзиме: тек жүр! тек! леп, Қоймадым ба бахтым шеклеп? Сезимлерим баса-көклеп, Азап қылып шектим сени. Аз болмаған поса сыйым, Жүреклерге салдық тыйым... Муҳаббатта бираз єыйын, Сабақ етип өттим сени. Жүз бурсам да, тез сағына, Қайта кирсем деп бағыңа, Жанымның зер сабағына, Дизип талай сөттим сени. Ада қылып болмас айтып, Хош еттиң... соңыра муңайтып, Барғым келер саған қайтып, Дым сағынып кеттим сени.... ✍Халила Дəўлетназаров https://t.me/ibratli_sozler

"Еркеклер кийими" Қарақалпақлардың ертедеги еркеклер кийими колоритиниң қатаңлығы менен өзгешеленген ҳәм қоңсылас халықлар кийимлери менен уқсас болған. Еркеклер кийимине тақыя, жүн малақай, көйлек, дамбал, камзол, шапан, белбеў, аяқ кийим ҳәм басқалар жатады. ХIХ әсирде еркеклер бөрик кийген, ал формасы жағынан әййемги скифлердиң жеткиликли кийиминен келип шыққан. Бөрик қара қийизден конус формасында, ушы қайырылып туратуғын етип исленетуғын болған. Қаралтым реңдеги, қой терисинен жүни сыртқа қаратып тигилетуғын шөгирме, түлки терисинен тигилген, қулақшыны бар ҳәм желкени жаўып туратуғын малақай, сукно ямаса мақпалдан тигилип, жүнли жийек салынған дегелей де ертедеги жеткиликли кийимлердиң түрлери болған. Қаракөл териден тигилетуғын телпек жеткиликли кийимниң және бир түри болған. Ерлер жеткиликли кийимниң ишинен тақыя кийген. Оның гүмбез тәризли формасы төрт бөлектен қуралып, дөгереги басқа таўардан қойылған ҳәм жийекленген. Көп сандағы шапанлардан түйе жүнинен үйде таярланған сукнодан тигилген кең шекпенлер еркеклер арасында көп тарқалған. Шекпен ҳәм постынның өзгешелиги - арқасында үшмүйешлик формасындағы кестеленген тумарының болыўы. Тумар адамның арқа тәрепи әззи, қорғаў қыйын болыўы ҳаққындағы түсиниклер менен байланыслы болып, ертеде адамның оқ жай салынған садақты арқасында алып жүриўге әдетлениўинен келип шыққан. Үшмүйешлик — Қудай-Ананың әййемги символы болып, усының менен бирге оқ жайдың ушы - жаўыз күшлерден қорғаўшы нышанды билдирген. Еркеклер белин белбеў менен байлаўы шәрт болған (белбеў оның абыройы ҳәм күшиниң нышаны болған). Орамал күнделикли турмыста белбеў болып хызмет еткен, байрамларда болса еркеклер жипек белбеў байлаған. Қырғын хожалықтың еркеклери қара мал терисинен исленген қамары белбеў тағатуғын болған. Олар гүл (трилистник), жолбарыстың басы ҳәм пәнжесиниң сүўрети бар гүмис тоғалар менен безелген. Териден исленген, бир қатар дизбеклери бар жиңишке белбеўлер де болған. Бундай белбеўлер аңшылар ушын тән болған ҳәм далада күн кешириў ушын зәрүр болған кесе, ақ дәри, шақмақ тас ҳәм басқа да затлар ушын қалташалар менен толықтырылған. Дерек: @Tariyxqa_nazer https://t.me/ibratli_sozler

Ананың соңғы өтиниши! Муғаллим сабақ ўақтында апатшылыққа ушраған кеме хаққында оқыўшыларға айтып берди. *Кемеде ерли-зайыплы бар екен... Олар қутқарыў кемесине шекем еплеп жүзип барады...бирақ тилекке қарсы ол жерде тек бир адамлық ғана орын бар екен. Күйеўи хаялын суўға ийтерип жиберипти. Сол гезде шөгип баратырған хаял күйеўине соңғы рет өтиниш етти. Ким айтады хаялы не өтиниш еткенин...? * Көпшилик оқыўшылар "Сеннен жеркенемен", "бийопа екенсең" сыяқлы вариантларды айтты, бирақ муғаллим оларды қабылламады. * Сол гезде муғаллимниң көзи артқы партада индемей отырған оқыўшыға түсти. -Сен не деп ойлайсаң, хаялы күйеўине не өтиниш еткен болыўы мүмкин деди? * "Баламызды асырап-абайлап, жақсылап қараң"- деген. * "Сен бул ўақыяны билесеңбе" - хайран қалып сорады муғаллим-? * -Яқ, мениң анам өлими алдынан әкеме усылай өтиниш еткен еди- деди. Муғаллим көзине ерксиз келген жасты көрсетпеў ушын шетке бурылды. * Жәннет аналар аяғы астында деп бийкар айтылмаган. Анаңызды барында қәдирлеп ақ пәтиясын алың. ✍Өзбекшеден аўдармалаған Қундызай https://t.me/ibratli_sozler

СААДИЙ «ГҮЛИСТАН». * * * Мәнсабқа жетиссең – дәмегөй болма, алтынның жанында әйдарҳа жатар. Таза жүр, ҳеш кимнен әндийше қылм
СААДИЙ «ГҮЛИСТАН». *   *   * Мәнсабқа жетиссең – дәмегөй болма, алтынның жанында әйдарҳа жатар. Таза жүр, ҳеш кимнен әндийше қылма, патас қадақ бир күни тасқа урылар. Аудармалаған: ✍Сағынбай ИБРАГИМОВ https://t.me/ibratli_sozler

​​ЯКИ ИБРАТ БОЛАСЫЗ ЯМАСА ИБРАТ АЛАСЫЗ! (Жуўмақ сизден...) Бир инсан бир өмир ишкилик, қумар, нәшебентликке берилип, шағал-мәсликте жасады. Мақсетсиз өмир, тек ишип-жеў, ойын-күлки, кеўилхошлық пенен күнлерин өткерди. Күнлердиӊ күнининде аўыр қылмыс ислеп өмирлик қамақ жазасын алды. Изинде еки улы қалды. Үлкен баласы тап әкесиниӊ изин басып, ойын-күлки, нәшебентлик, ишкилик, кеўилхошлыққа берилди. Қулласы, әкесиниӊ аяқ излерин басаберип ақыр-ақыбет ол да қамақханаға, әкесине қоӊсы камераға түсти.  Екинши перзенти мектепти жақсы баҳаларға оқыды. Университетти тамамлап, өз бизнесин жолға қойды, компаниясын иске түсирди. Әкеси ҳәм ағасына улыўма уқсамаған, танықлы исбилермен, бай адамға айланыпты. Бул шаӊарақтыӊ жақын қоӊсысы журналист ҳаял бир әкеден туўылған, бир үйде жасап, бирдей орталықта тәрбияланып еки перзенттиӊ, еки түрли өмирине ҳайран қалып, олар ҳаққында мақала жазыўға киристи.  Алды менен қамақханаға барып, үлкен перзент пенен ушырасыў ушын руқсат алды. Өзин таныстырып, мақала таярлаў нийети барлығын билдирипти. Үлкен перзент журналистиӊ "Неге бундай аўҳалға түстиӊ?" деген сораўына: -  Әкемди билесиз-ғо! Бундай әкениӊ перзентинен және нени күтесиз?! -  деп жуўап берди. Үлкен компанияныӊ бас директоры – екинши перзентти излеп барды ҳәм қабыллаўына кирди. Журналист оған да өзин таныстырып, мақала таярлаў нийети барлығын билдирди. -  Шаӊарағыӊызды билемен, қандай тәрбияланғаныӊыз, қандай орталықта өскениӊизден жақсы хабардарман. Сондай шаӊарақта туўылып өскен бала қалайынша, усындай дәрежеге ерисе алдыӊыз? -  деген сораўға, компания директоры: -  Әкемди билесиз-ғо! Бундай әкениӊ перзентинен және нени күтесиз?!- деген жуўабы журналистиӊ өмиринде алған еӊ үлкен сабағы болды. Журналист мақаласын төмендеги сөзлер менен жуўмақлады: "Я ибрат боласыз яки ибрат аласыз. Өзиӊиз таӊлаӊ!"… https://t.me/ibratli_sozler

САЎДА САТЫҚ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР Азын илекерлеп жарлы өтер, Көбин қаржыламай бай өтер. Аталастың саўдасы айында қайтады.
САЎДА САТЫҚ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Азын илекерлеп жарлы өтер, Көбин қаржыламай бай өтер. Аталастың саўдасы айында қайтады. Барында батып иш, Жоғында сатып иш. Кесимли пулда өсим бар. Накастан қарыз етпе, Қарыз етсең де қарыж етпе. Уры қасын жейди, Саўдагер басын жейди. Қудығына қарай ғаўғасы, Базарына қарай саўдасы. Саўдагер бажыдан қашпас. Саўда сақал сыйпағанша. Жақсы менен саўда қылсаң керис болмас, Жаман менен саўда қылсаң тегис болмас. https://t.me/ibratli_sozler

Бир күни тоғайда балта пайда болып тереклерди шаўа баслапты. Тоғай әҳли оған шара таба алмай данышпан Емен теректиң алдына ба
Бир күни тоғайда балта пайда болып тереклерди шаўа баслапты. Тоғай әҳли оған шара таба алмай данышпан Емен теректиң алдына барыпты — Балта дегениң не нәрседен исленген? — деп сорапты болып өткен ўақыяны еситкен Емен — Балта дегенимиз темирден исленген, — деп жуўап берипти. — Сабы не, сабы да темирден бе? — деп сорапты Емен. — Яқ, сабы темир емес, ағаштан. — Ўаҳ, әттегенай, сабы өзимизден екен, енди балтаны тоқтатыўдың ҳеш қандай иләжи жоқ, — деген екен данышпан Емен. ✍Тоҳир Малик https://t.me/ibratli_sozler

ӨМИР ИМТИХАНЫ (Гүрриң) Таңның атыўы, күнниң батыўы, саналы адам баласы тынымсыз ҳәрекетте. Ҳәр кимниң өзиниң күн даўамындағы қыбырлысы менен, өтип атырған ўақыт жасқа-жас қосып, өмир алға жылжый береди. Арзыгүл қырық жаслардағы келиншек. Ойланып қараса Жарқынбай менен турмыс қурғанына жигирма жылға шамаласыпты. Олар бул жыллар ишинде төрт перзенттиң ата-анасы болып үлгерди. Күйеўи жоқары мағлыўматлы, саатлы жумысы бар. Арзыгүл орта арнаўлы кәсип ийеси, бирақ мәмлекеттиң буйрықлы жумысында ислемеди. Үйшилик азанда күйеўин жумысқа жиберип, балаларына қарап, түсте түслик, күн аўа кешки аўқатына кириседи. Оның арасында үйдиң азадалығы менен, күйеўи, перзентлериниң таза жүриўи Арзыгүлдиң жеке жуўапкершилинде. Турмыстың тесик дорбасын толтырыў Жарқынбайдың мойнында. Ҳәр айда алатуғын айлығы, кейинги айға зорға ушласып турсада, шүкиршилик пенен, өммр дәрьясында, турмыс кемесиниң ескегин өмирлик жолдасы менен тең тартып киятыр. Бири мектепке, бири бақшаға баратуғын, ҳәр күни түсте мектептен, "Апа қандай аўқат" деп асығып келетуғын үлкени Асқар менен тетеси Әдилдиң, ортаншысы баслаўыш кластағы Тумаристиң ҳәрекетлерин, кешқурын бақшадан "маған мазалы зат бер" деп даўрық салып келетуғын Миразиздиң қылықларын көрип, Жарқынбай, өмирлик жолдасының шебер үй бийкеси екенлигинен кеўли толады. Дем алыс күнлери демесең, өзи ҳәр күни жумыста. Бар тапқанын орны-орнына қойып жумсап, перзентлерине тәрбия берип отырған ҳаялы себепли, үйдиң майда-шүйде тәшўишинен кеўли тоқ. Быйыл үлкен баласы Асқар мектепти, қызы Тумарис болса баслаўыш классты питкерип атыр. Көз тиймесин, ата-анасының, устазларының тәрбиясы менен, екеўиниңде сабақлардан үлгериўи жаман емес. Асқар айрым пәнлер менен бирге, шет тилинен сертификат алған. Жоқары оқыў орнына түсиў имкәны жоқары. Перзентлериниң питкериў имтиханларынан хабардар анасы, ҳәр күни бирге таярлықта. Сабақ таярлаўын бақлап, имтихан күни ертерек турғызып, шайҳалқасын берип, мектептен жақсы хабар менен келиўин күтип отырады. Ортаншысы Әдил оқыў менен бирге, бир мезгил самбоға қатнайды. Ана байғус, оныңда сабақлары менен шынығыўларына бирге таярланады. Спорт кийимлерин, соң мектеп формаларын таярлап, келешегинен үмит күтеди. Қызы Тумаристиң жақсы оқып, сүўрет салып, тоқыма тоқып жүргенлигин көрип, епшиллигине көзи қуўанады. Мине усындай ҳәр күни Арзыгүлдиң үй жумысларының санаўлы сааты жоқ. Таңның атыўы менен, күн батқанша қыбыр-қыбыр. Баслысы, шаңарағы бахытлы. Арзыгүл ҳәр күни перзентлери менен бирге имтихан тапсырыўға таярлық пенен бәнт. Аўа, ол өмир имтиханын тапсырып атыр. Нәтийже болса "бес" болыўы керек.. Раўаж Отарбаев. 28.05.2026. https://t.me/ibratli_sozler

Өмир имтиханы https://t.me/ibratli_sozler
Өмир имтиханы https://t.me/ibratli_sozler

#Тымсал 📜БУЛ МЕНИҢ МАШҚАЛАМ ЕМЕС Тышқан үйде жүрип баратырып үйдиң бир шетине жыланның уя салып атырғанын көрди. Бир, еки күннен соң қораздың алдына барып: "Ҳәй қораз, үйдиң бир мүйешине жылан уя салып атыр ертең бизлерге зияны тийип жүрмейме?, - деди. Қораз оған: "Бул мениң машқалам емес. Кимниң машқаласы болса, өзи шешсин", - деди. Тышқан мәйли деди де, қойдың алдына барып: "Ҳәй қой, кел мына жыланды қуўып салайық. Бул ҳәммемиз ушын қәўипли", деп мәсләҳат берди. Қой да, қораз сыяқлы: "Буның маған байланысы жоқ. Машқала кимдики болса өзи шешиўи керек" - деди. Тышқан енди өгиздиң алдына барды. "Ҳәй өгиз, усы машқаланы бирге шешейик. Бул ҳәммемизге кесент етип, зияны тийип кетиўи мүмкин, -деди. Өгиз: "Бул мениң машқалам емес", -деди. Күнлердиң биринде жылан сол жерде жүрген үй ийесиниң ҳаялын шағып алды. Хожайын ҳаялын емлеўханаға алып барды. Емлеп болған соң шыпакер хожайинге: "Биз қолымыздан келгенин қылдық. Енди үйге алып барып, жақсы аўқатлар таярлап бериң. Таўық сорпа болса, және де жақсы болар еди" деди. Хожайын үйине келди де, кетектеги қоразды сойып, сорпа қылды. Ел-халық, ағайын-туўысқан: "Пәленшеның ҳаялы аўырған екен, барып көрмесек болмас", деп избе-из зыярат қылыўға келе баслапты. Хожайын ойланып: "Бәрше жақынлар келип атыр. Енди бир иҳсан қылайын", деди де, қорадағы қойды сойыўға қарар қылды. Арадан көп ўақыт өтпей, ҳаялдың кесели аўырласып қайтыс болды. Хожайын мерекесин өткизип болып өгизди де сойып жиберди. Мәселениң қызық жери сонда: "Бул мениң машқалам емес", дегенлердиң биреўи де, аман қалмады. "Машқала меники", деп бас қатырған тышқан елеге шекем тири... https://t.me/ibratli_sozler

Кенесбай Нийетуллаев атамыздын косыгы http://t.me/Biybira

#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өм
#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өмирде алмастырып болмайтуғын емес, тəкирарланып болмайтуғын инсанлар бар. Хəмийше тəкирарланбас болыўға хəрекет етиң!! https://t.me/ibratli_sozler

#​​Ибрат Алдынлары тойға баратырып пақырлар өксинбесин деп тағыншақларын тақпаған хәм қымбат баҳалы кийимлерди киймейтуғын па
#​​Ибрат Алдынлары тойға баратырып пақырлар өксинбесин деп тағыншақларын тақпаған хәм қымбат баҳалы кийимлерди киймейтуғын пазыйлетли инсанлар болған. Енди болса өзинен басқаны ойламайтуғын, барлық пазыйлетлери қалтасындағы пулдан ибарат болған айырым адамларымыз бар. Бүгин ҳәр той ушын өз алдына кийим тиктирмесе уялатуғын, 15-20 бас кийимди аз деп айтатуғын ҳаялларымыз бар. Бундайларға инсан пазыйлети кийим менен өлшенбейтуғынын ескертиң. Инсаныйлық әмеллер ҳәм пазыйлетлер ким озарға кийиниў, бой жарыстырып имарат салыўда емес, бәлким, ашларды тойдырыў, жалаңашларды кийиндириў екенин түсиндириң. Модаға сарыпланған ҳәр тыйын ушын Аллаҳ алдында есабы, жуўабы бар екенин санаңызға сиңдириң. ✍Аҳмад Лутфи Қазаншы. 📜 "Өгей ана" романынан үзинди https://t.me/ibratli_sozler

-Өзин бахытлы сезиўдиӊ еки жолы бар: ❤️ Бириншиси – өзинде бар нәрсениӊ қәдирине жетиў; 😍 Екиншиси- буннан да жаман күнлер б
-Өзин бахытлы сезиўдиӊ еки жолы бар: ❤️ Бириншиси – өзинде бар нәрсениӊ қәдирине жетиў; 😍 Екиншиси- буннан да жаман күнлер болмағанына қуўаныў -Қайсысына әмел етесиз ?
Пикирлер реакциялар арқалы..
https://t.me/ibratli_sozler