uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 884 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 300-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 452-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 884 obunachiga ega bo‘ldi.

27 Iyun, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -249 ga, so‘nggi 24 soatda esa -15 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 26.66% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.18% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 038 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 625 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 47 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 28 Iyun, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 884
Obunachilar
-1524 soatlar
-767 kunlar
-24930 kunlar
Postlar arxiv
📙 Үстем болса душпанның, Отыңды өре жандырмас. Жақсы болса ағасы, Ининиң кеўлин қалдырмас. Жақсы болса иниси, Душпанға сырын
📙 Үстем болса душпанның, Отыңды өре жандырмас. Жақсы болса ағасы, Ининиң кеўлин қалдырмас. Жақсы болса иниси, Душпанға сырын алдырмас. Адамзаттың жаманы, Үйине қонақ қондырмас. Жақсы менен дос болсаң, Сыртыңнан жүрип датлатпас. Адамзаттың хасылы, Ишинде кек сақламас ✍Қарақалпақ фольклоры https://t.me/Ibratli_sozler

Ең жақсы күниңиз бүгин болсын әзизлер ☘ ☘ ☘ ☘https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ШҮКИРШИЛИК ЕТИҢ АДАМЛАР Тыныш өмир сүргениң ушын, Жерди басып жүргениң ушын, Әўметим деп: күлгениң ушын, Шүкиршилик етиң адам
ШҮКИРШИЛИК ЕТИҢ АДАМЛАР Тыныш өмир сүргениң ушын, Жерди басып жүргениң ушын, Әўметим деп: күлгениң ушын, Шүкиршилик етиң адамлар. Баспанаңыз болса басыңда, Жақынлар жәм болса қасыңда, Ишилсе, қайғысыз асыңда, Шүкиршилик етиң адамлар. Дениңиз саў, басыңыз аман, Жырақ болсаң, кеселден жаман, Мийнет ислеп келгенше шамаң, Шүкиршилик етиң адамлар. Бири жетсе, бириси жетпей, Дийдиңдеги қалған да питпей, Дилтәң болып, ҳәсиге кетпей, Шүкиршилик етиң адамлар. Таяр турса миниўге көлик, Қыстанған да жолларың өнип, Ҳәр алған дем ғәниймет билип, Шүкиршилик етиң адамлар. Жасаў жағдайымыз өскени, Бул айдардан желдиң ескени, Барлық заттың болар көс- кеми, Шүкиршилик етиң адамлар. Тамақты жеп мөлшерден артық, Домаланып алмастан жатып, Қойып нәпсиң жылаўын тартып, Шүкиршилик етиң адамлар. Қараң! Көзди ашып барлыққа, Қанша адам аҳыў- зарлықта, Шоқлық қылмай ҳасла тоқлыққа, Шүкиршилик етиң адамлар. Ақшолпан Аманияз 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Шадлы дәўран келип, гүллеп диярың, Зер-зергерин тапты, кәрўан-базарын, Жаңа әўладларға толып гүзарың, Шешек атқан бостанбысаң
Шадлы дәўран келип, гүллеп диярың, Зер-зергерин тапты, кәрўан-базарын, Жаңа әўладларға толып гүзарың, Шешек атқан бостанбысаң, несең сен??? Ибрайым Юсупов 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Каналымыз ағзаларын көбейтиўге өз үлесиңизди қосың  әзизлер... Бизиң мәнзил... 👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

📣📣📣📣📣📣📣📣📣 ДЫҚҚАТ!  ДЫҚҚАТ!  ДЫҚҚАТ! ⚡️ Ҳүрметли әдебиятымыз ҳәм тилимиздиң жанашыр саналы, зиялы, жанкүйер, пидайы азаматлары ! ❗️ "Мәрт майданда" сыналатуғын ўақыт келди, тилди, әдебиятты улығлаў - елди улығлаў,халықты, Ўатанды , миллийлигимизди сақлаў ҳәм  улығлаў деп түсинемиз. 🗞 Газета, журналлар елимиздиң айнасы ҳеш ўақытта өшип кетпейтуғын архиви болып табылады.Газета журналларымыз шайырлардың , жазыўшылардың, илимпазлар менен студент жаслардың , устаз оқытыўшылардың , саналы жаслардың шыңланыў, раўажланыў мектеби. Бул газетамыздың келешегине неқурайды,  бийпарўалық пенен қараўға ҳақымыз жоқ. Интернет бул архив емес. 📝 Шайыры, жазыўшысы, алымы, данышпаны, кәткудасы жоқ ел қанаты жоқ қусқа мегзейди. ""Қарақалпақ әдебияты" "газетасы сизлердиң қоллап қуўатлаўыңызға дым зәрур болып тур, ҳүрметли зиялы қәўим. ✅ Сонша жыллар бойы пидайылық, қыйыншылық пенен   көзимиздиң қарашығындай етип қәдирлеп сақлап киятырған  "Қарақалпақ әдебияты", газетасына 2026 жылға жазылыў мапазы басланды. ✅ Әдебиятымыздың органы болған 4 тилде шығып турған "Қарақалпақ әдебиятына" жазылыўға оны сақлап қалыўға ел халық бола тура бийпарўа, немқурайды болмайық, Газетамыздың жағдайын  көрип билип турып салкын қанлық пенен қарамайық,  Ўатанласлар! Газетамыз  24 бет көлеминде 2 айда бир ирет шығарылады. ♻️Подписка  Редакциядан 2026 жылға    1 жылға жазылыў баҳасы  420 000 сўм, ярым жылға 210 000 сўм, Почта хызмет менен 1 жылға 508мын 200 сом. <<Guldaulet>>мчж р\с 20208000907205168001  Асака банк 00873 инн: 311934761 Газетаға жазылыў ушын усы счётқа салсаңыз да  болады ☎️ "Қарақалпақ әдебияты" газетасы телефон номери арқалы +998977879924 . бухалтери Әнжимниң  телефоны Хабарласыўыңызға болады. почта хызмети де онша қымбат емес почта арқалы  жазылсаңыз да болады. Өз әдебиятымыз болған  ( қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм англичан) тиллеринде  шығып турған "Қарақалпақ  әдебияты"" газетасына жазылыўға ҳаммемиз  асығайық, Барлық Қарақалпақстанлы  елимиздиң пидайы , саналы, зиялы  перзентлери. Газетамызґа 2026 жыл ушын қалған ярым жылға тезирек жазылып Ел болып , халық болып ""Қарақалпақ әдебияты"" газетасына 6 айға ,жазылып газетамыздың сақланып қалыўына ат салысайық Ўатанласлар! Газета редакциясы. БУЛ  БИЗИҢ  ӘЗИЗ  ЖАНКҮЙЕР  ХАЛҚЫМЫЗҒА МҮРӘЖӘӘТИМИЗ !!! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

<<ҮШ ТИРСЕК>> Алматыда <<Үш бойдақ>>, Нөкисте бар үш тирсек, "Айтысайық, кел",-дейди, Жөнимизге түшкирсек. Балтадан қайтпас бас тирсек, Қайнап пискен тас тирсек, Өр көкирек жас тирсек, Мениң достым үш тирсек. Үш көк өжет атақлы, Сатып алар шатақты, Тораңғылдай путақлы, Ағайинли үш тирсек. Турып алар үш тирсек, Таўыпсаң, аўа наданды, Шаршатып жеңер адамды, Айтысқанда үш тирсек. Саған жалған, маған шын, Бас қосып олар жалықты, Тирсеклердиң союзын, Дүзип алмақ болыпты. ---Жолдаслар,---деди бас тирсек, Маңызлы истиң жайы бул, Тирсеклердиң тарийхта, Биринши қурылтайы бул. Биз өзгеше адамбыз, Туқымы сийрек жаралған, Художниктей, шайырдай, Айырықша жаралған. Аўқамы барғой олардың, Биз неге союз болмаймыз? Программа, уставты, Бекитип неге алмаймыз? ТИРСЕКЛЕРДИҢ УСТАВЫ. "Адамзат бинә болғалы, Бундай союз болған емес, Шайырлар қәлем алғалы, Бизди хатқа салған емес. Сөйлесең тынбай тақылда, Қулақ аспа ҳеш ақылға, Мәзи өзиңди мақулла, Не айтсаң да жалған емес. Журт бир исти мақул десе, Сен турып ал оған кесе, Тирсек болалмаған киси, Бул союзға кирген емес.... Мәселе шешкен ўағында, Қосылып кетсең ағымға, Союздан шығасаң онда, Взносы да үлкен емес. Мине устав, проект, Ким қарсы ҳәм ким бийтәреп? Енди баслық сайлаў керек, Бассыз шөлкем болған емес...." Тирсеклер атты айдаўда, Киристи баслық сайлаўға, Үшеўи де ишинен, "Баслықпан",---деп ойлаўда. Болып кетти тапырлы, Бәри билгиш ақыллы, Үш жаққа қарап үш тирсек, Үш күнге дейин гәп урды. Бир тирсек айтса қалғаны, Барымға ҳәргиз бармады, Аққуў, шортан, шаяндай, Үш жаққа тартты арбаны. Не жоқ дейсең халықта--әй! Айтысыўға жалықпай, Үшеўи жалғыз союзға, Баслық болып алыпты--әй. Тирсеклер усылай шешеди, Тирсектен тирсек өседи, Үш тирсек сөйтип союзға, Районлардан бул күнде, Ағза излеп жүр деседи.... Ибрайым Юсупов. Март, 1972-жыл. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

- Саған хеш қашан алып келген затларым жақпайды, қашан қарасаң кемшилик табасаң - деп қолындағы жүклерин ашыў менен асханаға апарды Пазыл. Мавлуда барибир озиникин дурыс деп турыпты. Күйеўи өзи ас-аўқат таярламағансоң билмейди-да. "Алып келген пиязыңызға қараң, қызыл менен ақ пияз араластырып алың десем тек ақ пияз. Үш реңли бурыш алың десем тек жасыл бурыш алғансыз. Гешир менен қаўында айтқанымдай емес- деди да басы бәлеге қаоды. Гөште өз қәлеўиндей емес екенин айтыўға үлгермей күйеўи үйди басына көтерип кетти. Мавлуданың не айыбы бар? Мазалы аўқатлар писирип бермекши еди. Егер енеси келип қалмағанда Алла биледи бул жәнжел не менен жуўмақланар еди. - Балам берекет тап сен өз ўазыйпаңды дурыс иследиң, бүгин екшемби, үйиңе кирип дем ал. Бизлер Мавлуда менен балаларды алып қыдырып келемиз. Адалат апа келини ҳәм ақлықларын алып киши келининиң үйине келгенде, келини көрпе-төсеклерин қуяшқа жайып атыр екен. Ол қонақлар келгенине қуўанып күтип алды. Ҳәўли жүдә әпиўайы болғаны менен жүдә азада ҳәмде пайызлы еди. - Усы ҳәўлиде 3 абысын-келин аўызбиршиликли жасағанбыз деди ҳәм дастурхан басында пәтия иследи. Келини аўқатқа айланысыў ушын асханаға жол алмақшы еди, Адалат апа оны тоқтатып Сабахат мен сизлерди сағынғанман, аўқатты бүгин бизлерге Мавлуда өзи таярлап береди, тек керекли затларды көрсетсеңиз болды деди. Сабахат абысынын асханаға баслап барды. Пияз бенен карточка қуўырарсыз я деди келини қалтадағы карточканы көрсетип. Мавлуда карточканы көрип аўызы ашылып қалды, өмиринде бундай майда карточка көрмеген еди. -Бул туқымлық карточкама ? -деп сорады ол тазалаўдан алдын. - Яғаў, туқымлық емес, бул үнемли карточка. Берекет тапсын ағасы кеше карточка, гешир пиязларымды акелип берди базардан деди. Пиязда майда еди. -Буларды қалай тазалайсыз, қашан тазалап боласыз - деп сорағанын билмей қалды Мавлуда. -Усыларды тазаламағанда не қыламан. Мийнет етип, пул таўып , асханама акелип берсе мен оны тазаламайман ба. Алтын басы аман болсын өмирлик жолдасымның. Айтпақшы гөш таўсылып еди, мәйек саларсыз. Мавлуда аўқат таярлап болғаншы, енеси не себеп бул жерге акелгенин түсинди. Ауқат пискенде қайниси келди. Қолында кишкенеғана ғарбызы бар. Сабахат уйине Қыдыр ата келгендей кутип алды күйеўин. Отырмақшы болған көрпешесин бир қағып салып арқасына көпшик қойды. Кишкене ғана ғарюызы тиллаға теңлестирилди. Мавлуда үйине жүдә ойшаң түрде қайтты. Ақыллы енеси бул сапарыда хеш бир урыс жәнжелсиз жақсығана сабақ берген еди.. ✍Феруза Салходжаева. ӨзбекшеденАўдармалаған Қундызай. https://t.me/ibratli_sozler

#Жаңа_қосық АЛПЫС БЕС ЖАС БОСАҒАСЫНДА Өзгелерди ойлаппан,ойламаппан өзимди, Жөнсиз себеплер менен шаршатыппан көзимди. Енди сизге айтайын кеўлимде бар сөзимди, Алпыс бес жас Алладан инам екен қарасам. Бул инамды елемей бослық еткеним болмас, Я бағ яки шарбақ деп жолсыз кеткеним болмас. Айтар сөзимди айтпай бийкар өткеним болмас, "Сора дейди, Тәңирим- беремен не сорасаң." Әй,Тәңирим,мың шүкир,өмир бердиң,бақ бердиң, Ата-ана,сәўер яр,ҳәм аналық тахт бердиң. Бәҳәримди тойдырар Ай киби қызлар бердиң, Өмиримниң сәни  сол перзентлерим байқасам. Қудай қосқан қостарым болды, мени түсинди, Соның ушын Рәббим де оңғарғанды исимди. Әттең,ерте көз жумды..арзыў дарағым сынды... Бул да бир сынақ екен өмир мәнин аңласам. Әй,Рәббим сынақты да көтергенге бересең, Сынағыңда сынбаған бендеңди хош көресең. Ҳәр қандай қыйын демде мени қоллап келесең, Жақсылығың көп көрдим, шүкирлигим көп саған. Мол несийбе сыйладың татқан аппақ дузымдай, Қыздан сүйген ақлықлар өзимниң ул-қызымдай. Қызлар бердиң Ай киби,көктеги жулдызымдай, Енди кеўлим қәтержам солар менен аңласам. Дүнья көрдим,ел көрдим қызларымның тусында, Барлығым сол - басыма қонған бахыт қусым да. Шаңарақлық бахыттың мәниси де усында, Рәббим берши, солардың бахтын бер деп сорасам. Бергениңе мың шүкир,ыразыман өзиңе, Беккем денсаўлық берип,нурлар қуйдың көзиме. Илҳам-йоштан айырма журт сүйсингей сөзиме, Перзентим ҳәм қосығым бахтым екен аңласам. Жеткизгенине шүкир жемиси мол бағыма, Қәдири бар,орыны бар аналықтың тағына. Жазарым көп алдымда енди келдим шағыма, Күш-ғайрат бер,Аллаҳым мәнзилге жол таңласам, Алпыс бес жас бийбаҳа  сыйлық екен аңласам. Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 5-июнь,2026 жыл.Ташкент. 👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Жалған... Бир ҳаял психолог аллына келип, перзентиниң көп жалған сөйлейтуғынын шағым етти. Сол ўақыт ҳаялдың қол телефонына қ
Жалған...       Бир ҳаял психолог аллына келип, перзентиниң көп жалған сөйлейтуғынын шағым етти.     Сол ўақыт ҳаялдың қол телефонына қоңыраў келип қалды. Ол доктордан қысынғандай болып, асығып телефонды қулағына тутты-да: «Кеширерсиз, базарда едим, кейинрек телефон қыларман» деп, телефонның даўсын өширип қойды. Сонда психолог: «Ашытқы айныған екен, қамыр соның ушын бузылған», деген екен (ананың аўҳалы усы болса, перзентинен не үмит?). https://t.me/ibratli_sozler

Күниңиз мазмунлы өтсин Әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

💫Қайырлы түн! 🌸 Жақсы тилек, арзыў нийетлер менен, 🌺 Тынышлық, аманлық, шын кеўил менен, 🍀 Ай нуры, жулдызлар шырайы мене
💫Қайырлы түн! 🌸 Жақсы тилек, арзыў нийетлер менен, 🌺 Тынышлық, аманлық, шын кеўил менен, 🍀 Ай нуры, жулдызлар шырайы менен, 🌼 Қайырлы түн, жақсы дем тилеймиз сизге! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 https://t.me/ibratli_sozler

СЕН ДЕГЕНДЕ... Жулдызлардың ең жақтысын Терип-терип алағойған. Адамлардың ең жақсысы Сол жақтыға барағойған. Асқар таўдай адамлықты, Ағын суўдай ҳадаллықты, Уллылықты, еденликти Көкирегиңе қуяғойған. Сен туўарсаң ақылды да, Сулыўды да, батырды да... "Халық" деп сениң атыңды да Ким қойса да дана қойған... Сен қуўансаң, кеўлим тасып, Ай-жулдызды аралайман. Сәл ынжылсаң, мазам қашып, Саў жанымды жаралайман. Базда өзим данадайман, Базда исим шаладайман. Сени көрсем, өз атама Еркелеген баладайман. Кеўлиңди табыўды ойлап, Бир сөзди бир сөзге байлап, Қара түнде қәлем шайнап, Ақ қағазды қаралайман. Әрманым сол турсам-жатсам: Сөз қусын ушардан атсам, Саған аз кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Әжинияз, Бердақ өтти, Аббаз, Садық жырлап өтти, Дәрья болып ҳағлап өтти, Сол дәрьяны жағалайман. Косық-теңиз, болсам-балық, Ис буйырса сиздей халық, Аяғымды қолға алып, Басым менен жумалайман. ✍ И. Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

Поездда тек бес адамғана бар еди. Бес тағдир, бес түрли ой-қыял. Ғарры ойлар еди: "Өмирим усы поезд сыяқлы өтти-кетти да.." Н
Поездда тек бес адамғана бар еди. Бес тағдир, бес түрли ой-қыял. Ғарры ойлар еди: "Өмирим усы поезд сыяқлы өтти-кетти да.." Наўқас жолаўшы: "Аспан буншелли тынық ҳәм алыс, ертең оны қайта көремен бе жоқпа..?" Жигиттиң қыялы: "Ол менен усы лалазарда мәңги бирге қалсам еди.." Қарыздар жолаўшы: "Усы жердеги лала гүллерди пулласам қанша болар екен.." Сапардан қайтқан Ананың қыялы: "Перзентлерим саў-саламатпекен, күн кеш болмасдан алдыларына жетип барсам еди.." Поезд болса тезлик пенен жолын даўам етер еди! https://t.me/ibratli_sozler