cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Каракалпак 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @kk24_reklama

Ko'proq ko'rsatish
Advertising posts
103 481Obunachilar
-25024 soatlar
-1 7847 kunlar
+2 66630 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Обуначиларнинг ўсиш даражаси

Ma'lumot yuklanmoqda...

Арал бойынан динозавр излери табылғаны распа? Социал тармақларында Арал бойынан динозавр излери ҳәм динозавр баласының сүйеклери табылғаны хаққында хабар тарқалды. Бул хабарларға анықлық киритиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлимине қараслы Қарақалпақстан тәбийий пәнлер илмий изертлеў институтының геология лабороториясы басқарыўшысы Иззет Айымбетов пенен сәўбетлестик. ❓Динозаврларға тийисли кем ушырайтуғын сүйек ҳәм излерин табыў изертлеў қашаннан, ким тәрепинен басланды? ➖ Өткен жылдың сентябрь айында Қарақалпақстанлы алымлар менен шериклик қылыў мақсетинде Словакиядан бир неше палеонтолог алымлар келди. ➖ Олардың арасында суўда жасайтуғын динозаврдың кишилеў түриниң сүйеги де бар. Алымлар елине қайтип кетиўди ҳәм усы жылдың апрель айы басында және Қарақалпақстанға келип, изертлеў жумысларын даўам еттирип, Үстюртте динозавр излерин тапты. Табылған излер жыллар даўамында қандай сақланып қалғаны бизге жүдә қызық… -Динозаврлардың излери жерге батып, ўақыт өткен сайын геологик процесслер нәтийжесинде тасқа айланып қалады.Ҳәзир алымлар әне сол таслар излерин шуқыр үйренбекте. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Саратан (Рай)қа қарсы дүньядағы биринши емлеў вакцинасы жаратылғаны айтылмақта «The Guardin» баслымының жазыўынша, британиялы алымлар қәўипли өсимтелерге қары "mRNK" вакцинасын жаратқан болып, ол әллеқашан сынаўдың екинши басқышынан үшинши басқышына өткен. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Балаңыздың иши тез-тез аўырып атырма? GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасының тажрийбели паразитолог ҳәм гастроэнтеролог шыпакерлери организмди қуртлардан ҳәм шлаклардан тазалаў бойынша медициналық хызметлерин усыныс етеди. Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ: ✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б. Баҳасы 3 кунге: 7-жасға шекем-255 000 сўм. 7-жастан үлкенлерге -285 000 сўм. Жумыс ўақты: 09:00-12:00, 16:00-18:00. Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы. Телефон: +998973543377 яки +998956013377 @gulnazmeddiagnostic Реклама
Hammasini ko'rsatish...
Талан-тараж етиў жынаяты анықланды Қазакдарья тоғай хожалығы лаўазымлы шахслары хожалық мүлки есапланған бахасы 30 млн. сўмлық атларды ҳәмде 55 млн. 200 мың сўмлык шарўа малларын пуқараларға сатып пулларын өзлестирип, талан-тараж қылғанлығы анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 2-бөлими “г”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Төрткүлдеги ҳәм Қанлыкөлдеги дийқан базарлар меншиклестирилиўи мүмкин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Базарлар ҳәм саўда комплекслерин заманагөй қараслар тийкарында тәртипке келтириўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында"ғы ID-97870 санлы Қарар жойбары https://regulation.gov.uz порталына додалаў ушын қойылды. Бул жойбарда Устав капиталындағы мәмлекет акциялары дәслепки басқышда заманагөй көриниске келтириў шәрти менен белгиленген тәртипте сатылатуғын базар ҳәм саўда комплекслери дизими де келтирилген - Ҳүкимет қарары жойбары 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат етиледи
«Лотереялар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўди тәртипке салыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-68-санлы, 19.04.2024 ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2025-жыл 1-январьдан: — интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат етиледи; — лотерея, интернет тармағында ойынлар ҳәм букмекерлерликти шөлкемлестириў жумыслары нызамшылыққа муўапық Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги (ўәкилликли уйым) тәрепинен берилетуғын лицензиялар тийкарында әмелге асырылады. Лицензиялар тийкарында қәлиплестирилген лоторея, интернет тармағындағы ойынлар ҳәм букмекерлик гиреўлеринде тек 18 жасқа толған Өзбекстан резиденти ҳәм резидент емеслери қатнасыўы мүмкин. 2025-жыл 1-январьдан 5 жыл мүддетке лоторея ҳәм интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысын салыққа тартыўдыӊ төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби белгиленеди: — лотерея, интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў яки букмекерлик жумысын әмелге асырып атырған юридикалық тәреплер лоторея, интернет тармағы ойынларын шөлкемлестириў жумысынан яки букмекерлик жумысынан алынған жәми дәраматынан төленген табыслар ҳәм қайтарылған ставкалар шегирилген ҳалда 4 процент ставкасына айланыстан алынатуғын салық төлеўшилери есапланады; — физикалық тәреплердиӊ Агентлик тәрепинен берилген лицензиялар тийкарында өткерилетуғын лотореялар ҳәм интернет тармағындағы ойынлардан ҳәм букмекерлик гиреўден алынған табыслар сыпатындағы дәраматлары дәрамат салығы төлеўден азат етиледи. Лотерея ҳәм интернет тармағында ойынлар, букмекерлик жумысы шөлкемлестириўшилерин жынайый жумысынан алынған дәраматларды легалластырыў, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралларын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етиўди мониторинг ҳәм қадағалаў функциялары Агентлик ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен әмелге асырылады. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Өзбасымшалық пенен қурылыс қурып болмайды, жәриймаға тартыласыз Бугинги кунде Кадастр агентлиги тәрепинен өзбасымшалық пенен жер ийелеў, жерге болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, жер нызамбузыўшылық жағдайларының алдын алыў бойынша көплеген жумыслар алып барылмақта. Усындай жер қадағалаў жумыслары даўамында Нөкис қаласында жайласқан “К.П.Н” ЖШЖ нызамлы ҳуқықлары болмай турып улуўма майданы 42 кв.м болған жерге қурылыс жумыслары алып барғаны анықланды. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Repost from KUSHMAG
KUSHMAG компанясынан туўры есик таңлаў бойынша мәсләҳәтлер. 🚪 Есик бул үйдиң ажыралмас бөлеги болып, сапалы, сулыў ҳәм заманагөй болыўы әхмийетли. 😄 Үйиңизге қонақлар келгенде "түкир есиклерге көз тиймесин" дейтуғын есиклер керек болса, төмендеги номерге ҳабарласың 👩‍💻 Байланыс ушын 👉 @kushmag_onbot 📍Мәнзил: Нөкис қаласы Хожели гүзары 87 жай 📞Тел: +998975063003
Hammasini ko'rsatish...
👩‍💻 ОНЛАЙН ОПЕРАТОР
1-майдан жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға материаллық жәрдем бериледи 2024-жыл 1-майдан реестрге киритилген жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр айлық турақ жай коммунал хызметлер ҳақын төлеў бойынша компенсация ҳәм азық-аўқат өнимлерине, жеке гигиена товарлары ушын ҳәр айда қосымша пул төлемлери орнына ҳәр айда минимал тутыныў қәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем енгизиледи. Жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың жоғалған биометрик паспортлары олар реестрге киритилгенге шекем "Инсан" социаллық хызметлер орайы буйыртпасы тийкарында мәмлекетлик бажы өндирилмеген ҳалда алмастырып бериледи. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
⚡️Ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усынысына енди ҳәкимлер араласа алмайды Ҳүкимет қарарына муўапық: ➡️ шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде халық ҳәм исбилерменлердиң жойбарларын қаржыландырыў ушын 13 трлн сом ажыратылады; ➡️ шаңарақлық бағдарламалар бойынша кредитлерди жыллық 14 процент ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады; ➡️Ҳәким жәрдемшилери басламасы менен айырым исбилерменлерге 50 млн сомға шекем кредитлер гиреўсиз бериледи; ➡️кредитлар биринши нәўбетте бағдарламаға муўапық алдын кредитлерден пайдаланбаған халық ҳәм исбилерменлерге ажыратылады; ➡️ бағдарламалар шеңберинде алдын кредит алып, оннан нәтийжели пайдаланып, исбилерменлигин жолға қойған ҳәм кредит төлемлерин ўақытында төлеген киши исбилерменлерге искерлигин және де кеңейтиўде бул кредитлерден тәкирар пайдаланыўға рухсат бериледи; ➡️ ҳәкимлар дийқанларға жерден өнимли пайдаланыўға ҳәм “бир мәҳәлле - бир өним” принципи тийкарында өнимлер жетистириўге ҳәм олардың өз базарын табыўына көмеклеседи; ➡️ “marketplеys” системасы “Ye-aktiv” информация системасы менен интеграция етиледи; ➡️ бул өнимлердиң баҳалары көрсетилип атырған хызметлер ҳәм басқа факторлар есабына ишки базар баҳаларына қарағанда тийкарсыз асып кетпеўин Бәсекини раўажландырыў ҳәм қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў комитети өз қадағалаўына алады; ➡️ ең тийкарғысы, ендиликте ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усыныс бериўине жергиликли атқарыўшы ҳүкимет шөлкемлери басшыларының (ҳәкимлердиң) араласыўына жол қойылмайды. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...