cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Huqıqıy málimleme QR

Huqıqıy reformalar, nızamlar, Prezidentimiz, Húkimetimiz tárepinen qol qoyılǵan nızamshılıq hújjetleri – Qaraqalpaqstan Respublikası Ádillik ministrliginiń “Huqıqıy málimleme QR” kanalında.

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
5 625
Obunachilar
-924 soatlar
-657 kunlar
-33930 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

Photo unavailableShow in Telegram
❗️1992-жыл 2-июль күни “Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилди.
👉Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң нышаны болып есапланады. 📌Өзбекстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасында турған басқа шахслар мәмлекетлик гербти ҳүрмет етиўи шәрт. ❗️Мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизлик етиў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады. ▶️ Жынаят кодексине мүўапық, Мəмлекетлик гербке ҳүрметсизлик етиў БЕМның 25 есесине шекем (8 млн 500 мың сўм) муғдарда жəрийма ямаса 360 саатқа шекем мəжбурий жəмәәтлик жумыслары ямаса 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Каналға жалғаныў 👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
#2024_жыл_1_июльдан ✅ Нызамшылыққа көре, төлемли система операторлары ҳəм төлемли шөлкемлери тек акционерлик жəмийети формасында шөлкемлестирилиўи ҳəм искерлик көрсетиўи мүмкин болады. ▶️ Соның менен бирге, устав капиталының ең кем муғдары төлемли системасы операторлары ушын 50 млрд сўм, төлемли шөлкемлери ушын 10 млрд сўм етип белгиленеди. Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Айырым жаслар тил үйренгенлиги ушын материаллық хошаметлендириледи
🔰 Қарарға көре: ➖имтиҳан тапсырыў қəрежети қапланатуғын халықаралық имтиҳан системалары бойынша инглиз, немис, француз, корейс, Китай ҳəм Япон тиллеринен кеминде С1 ямаса оған теңлестирилген уқсас дəрежедеги сертификат алған жасларды имтиҳан тапсырыў қəрежетлерин компенсация етиўге қосымша түрде оқыў кəрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 3 есеси (1 млн 20 мың сўм) муғдарында бир мәртелик материаллық хошаметлеў системасы енгизиледи; ➖2024-жыл 1-сентябрьден 2027-жыл 1-январьға шекем жаслардың немис, француз, корейс, Китай ҳəм Япон тиллери бойынша халықаралық имтиҳан системаларында имтиҳан тапсырыў қəрежетлери қаплап берилиўи ушын олар тəрепинен топланыўы керек болған баллдың (сертификат дəрежесиниң) минимал көрсеткиши бир бағана пәсейтириледи. ✅ Соның менен бирге, улыўма орта билим бериў мəкемелериниң класс ханаларын билим процессинен бос ўақытта кəсип-өнер ҳəм шет тиллерди оқытыў искерлигин əмелге асырыў ушын туўрыдан-туўры шəртнамалар тийкарында бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен меншикли оқыў орайларына бериўге руқсат етиледи. ❕Бунда тийисли улыўма орта билим бериў мəкемелериниң дизими Мектепке шекемги ҳəм мектеп билимлендириў министрлиги тəрепинен тастыйықланады. Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
Huquqiy axborot

#Қонунчиликдаги_янгиликлар ❗️Ёшлар ишлари агентлигига қўшимча функциялар юкланди “Ёшларни хорижий тилларга ўқитиш тизими самарадорлигини ошириш бўйича қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида”ги Президент Қарори (ПҚ-239-сон, 27.06.2024 й.) қабул қилинди ⚡️Қарорга кўра, Ёшлар ишлари агентлиги зиммасига қуйидаги қўшимча функциялар юкланди: 🔹ёшларни хорижий тилларга ўқитиш жараёнларини такомиллаштириш, талаб юқори бўлган чет тилларини мукаммал ўзлаштириш учун шароитларни кенгайтириш; 🔹хорижий тилларни ўқитиш фаолияти билан шуғулланувчи ЯТТлар, ўзини ўзи банд қилган шахслар ҳамда нодавлат таълим ташкилотлари (хусусий ўқув марказлари), ушбу йўналишда фаолият юритувчи бошқа нодавлат нотижорат ташкилотларини ривожлантириш ва қўллаб-қувватлаш, соҳадаги муаммоларни мунтазам равишда таҳлил қилиш ва уларнинг ечими бўйича таклифлар тайёрлаш; 🔹хусусий ўқув марказлари рейтингини шакллантириш ҳамда рейтингда юқори ўринни эгаллаганларни рағбатлантириш; 🔹ёшлар орасида касб-ҳунар ва хорижий тилларни ўрганишни тарғиб қилиш, ушбу…

Photo unavailableShow in Telegram
#30_iyun_jaslar_kúni Ózbekstan Respublikasınıń 2017-jıl 25-avguttaǵı 437-sanlı Nızamına tiykar (https://lex.uz/docs/3317994) 30-iyun Ózbekstan Respublikası jasları kúni etip belgilengen. Nızamshılıqqa muwapıq, 14 jasqa tolǵan hám 30 jastan aspaǵan shaxslar jaslar dep esaplanadı. Ádillik ministrligi jámááti sáne múnásibeti menen barlıq jaslardı 30-iyun “Ózbekstan Respublikası jasları kúni” bayramı menen, sonıń menen birge, Prezidentimiz Qararına tiykar ózleriniń dóretiwshilik hám intellektuallıq potencialı, tańlaǵan kásip baǵdarı hám sociallıq turmısta erisken áhmiyetli nátiyjeleri menen túrli tarawlarda elimizdiń rawajlanıwına, onıń xalıqaralıq abıray-mártebesin arttırıwǵa múnásip úles qosıp atırǵanlıǵı, zamanlaslarına órnek hám úlgi bolıp kiyatırǵanlıǵı ushın sıylıqlanǵan bárshe watanlaslarımızdı qutlıqlaydı. Qaraqalpaqstan Respublikası Ádillik ministrligi jámááti
Hammasini ko'rsatish...
#2024_жыл_1_июльдан
❗️Мəмлекетлик хызметлер көрсетиўде шахсты биометрик идентификация етиў (Face-ID) усылы енгизиледи
✅ Нызамшылыққа муўапық, халық ҳəм исбилерменлик субъектлерине мəмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде: ▪️ Mobile-ID системасында пуқараларды идентификация етиў олардың еркине көре - ID карта ҳəм шет елге шығыў биометрик паспортын мəмлекетлик хызметлер орайлары арқалы рəсмийлестириў процессинде композит формада əмелге асырылады; ▪️дәслеп мəмлекетлик дизимнен өткерилген (мəмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық берилген ямаса ҳуқықты белгилеўши ҳүжжетке үстинги хат жазыў жолы менен тастыйықланған) ҳəм ҳəзир де əмелде болған көшпес мүлкке болған ҳуқықлар ҳаққындағы мағлыўматларды электрон тəризде мəмлекетлик реестрине киргизиў ҳәм де бул ҳаққында мəмлекетлик реестринен көширме бериў бийпул əмелге асырылады; ▪️натурар жайларды басқа шахсқа өткериўге тийисли питимлерди рəсмийлестириў питим тəреплери мəмлекетлик хызметлер орайына келген ҳəм олардың шахсы орай хизметкери тəрепинен анықластырылған ҳалда əмелге асырылады ҳəм де рəсмийлестирилген питим бир ўақыттың өзинде мəмлекетлик дизимнен өткериў ушын кадастр уйымларына жибериледи. Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
Huquqiy axborot

#Қонунчиликдаги_янгиликлар ❗️Давлат хизматларини кўрсатишда шахсни биометрик идентификация қилиш (Face-ID) усули жорий қилинади 🔰Фармонга мувофиқ, аҳоли ва тадбиркорлик субъектларига давлат хизматларини кўрсатиш соҳасида қўшимча қулайлик яратиш мақсадида шундай тартиб ўрнатилсинки, унга мувофиқ: 🗓2024 йил 1 июлдан: 🔹Mobile-ID тизимида фуқароларни идентификация қилиш уларнинг хоҳишига кўра ID-карта ва хорижга чиқиш биометрик паспортини давлат хизматлари марказлари орқали расмийлаштириш жараёнида композит шаклда амалга оширилади; 🔹аввал давлат рўйхатидан ўтказилган (давлат рўйхатидан ўтказилганлиги тўғрисида гувоҳнома берилган ёки ҳуқуқни белгиловчи ҳужжатга устхат ёзиш йўли билан тасдиқланган) ва ҳозир ҳам амалда бўлган кўчмас мулкка бўлган ҳуқуқлар тўғрисидаги маълумотларни электрон тарзда давлат реестрига киритиш ва бу ҳақида давлат реестридан кўчирма бериш бепул амалга оширилади; 🔹нотурар жойларни бошқа шахсга ўтказишга оид битимларни расмийлаштириш битим томонлари давлат хизматлари марказига келган ва…

Photo unavailableShow in Telegram
#Билесизбе 🔰 Шахсқа байланыслы мағлыўматлар - белгили бир шахсқа тийисли болған ямаса оны идентификация қылыў имканиятын беретуғын, электрон тəризде, қағазда ямаса басқа материаллық денеде белгиленген мәлимлеме. 📁 Оған көре, шахсқа байланыслы мағлыўматлар қатарына шахстың аты, фамилиясы, паспорты (ID) ҳəм басқа жеке ҳүжжетлериндеги белгиленгенлер, туўылған сəнеси ҳəм орны, е-mаil адреси, телефон номери, жасаў, оқыў ҳəм ислеў орынлары, шаңарақлық, социаллық ҳəм мүлкий жағдайы, қай жерде билим алғаны, қайсы кəсип ийеси екенлиги, табысы қанша екенлиги, физиологиялық ҳəм биологиялық қəсийетлери сыяқлы мағлыўматлар киреди. Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
#2024_жыл_1_июльдан 🔰 Нызамшылыққа көре, пуқараларға бийпул бирлемши юридикалық жəрдем көрсетиўдиң төмендеги тəртиби енгизиледи: ➖Әдиллик министрлиги тəрепинен “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте республиканың барлық район ҳəм қалаларындағы мəмлекетлик хызметлер орайларында “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ҳуқықый мəсләҳəт бюролары басқышпа-басқыш енгизиледи; ➖ҳуқуқый мəсләҳəт бюролары тəрепинен халыққа бийпул ҳуқықый мəсләҳəтлар бериледи, соның менен бирге даўларды судқа шекем ҳəм суд арқалы шешиўде зəрүр болатуғын процессуал ҳүжжетлерди таярлаўда жәрдемлесиледи. Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
01:37
Video unavailableShow in Telegram
Өзбекстанда ҒХҚ тарийхы “Өзархив” миллий агентлиги ҳəм “Әдалат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы усынады. Ғалаба хабар қураллары жәмийет турмысында жүдә үлкен тәсир күшине ийе үлкен дерек болып есапланады. 27 июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни мүнәсибети менен ҒХҚ тарийхына арналған ҳүжжетли фильм таярланды. Фильмде Өзбекстанға баспасөз кирип келиўинен баслап, оның раўажланыў басқышлары, радио, телевидение тарийхы, интернеттиң пайда болыўы ҳəм халық журналистикасының ғалабаласыўына қысқаша анализ етиледи. Жүз жылдан артық үлкен тарийхты өз ишине алған фильмди төмендеги силтеме арқалы тамаша етиң! Толық видео 👉 https://www.youtube.com/watch?v=Xr7JKbglLHI Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
tizer_2.mp411.26 MB
Photo unavailableShow in Telegram
#2024_жыл_1_июльдан 🔍Нызамшылыққа көре, 2026-жыл 1-июльға шекем ҳуқықый эксперимент тийкарында Ташкент қаласында нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық болмаған айырым мəмлекетлик хызметлерин көрсетиў бойынша ҳәкимшилик ҳүжжетлерин судға шекем көрип шығыўдың жаңа тəртиби енгизиледи. Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
#Билесизбе ✅ Нызамшылыққа көре, мəмлекетлик емес футбол мəкемелери ушын Өзбекстан футбол ассоциациясы ағзасы болыў талабы орнатылған. 📝 Соның менен бирге, Өзбекстан футбол ассоциациясы тəрепинен мəмлекетлик емес футбол мəкемелериниң рейтинги жүритиледи. Каналға жалғаныў👇👇👇 @huqiqiymalimleme
Hammasini ko'rsatish...
Boshqa reja tanlang

Joriy rejangiz faqat 5 ta kanal uchun analitika imkoniyatini beradi. Ko'proq olish uchun, iltimos, boshqa reja tanlang.