cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Daniyarov Abatbay Saparbaevich

Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
378
Obunachilar
Ma'lumot yo'q24 soatlar
-27 kunlar
-530 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

🟢Нөкис қаласы ҳәкими А. Данияров ҳәмде қаладағы 4 сектор басшылары қатнасында мәкан пуқаралар жыйынындағы бесликтиң хызмет ўазыйпасындағы жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер додаланды. Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети 🕊Телеграм | Инстаграм 📱
Hammasini ko'rsatish...
03:58
Video unavailableShow in Telegram
Социаллық мәмлекетти қурыўдағы қәдемлер Нөкис қаласы ҳәкимлигине жолланған мүрәжатлар шешиминде көринислери Усы жылдың биринши август күни қала ҳәкими А.Данияровтың жеке қабыллаўы болып өтти. Онда ҳәким ҳәм пуқаралар арасындағы ашық сәўбетлер тийкарында мүрәжатлар қабыл етилип, мүмкиншиликтен пайдаланып әмелий шешим берилиўи ушын үйрениў жумыслары баслап жиберилди. Инсан ҳәмийше жақсы турмыс кешириўи керек-А. Данияров Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress
Hammasini ko'rsatish...
34.09 MB
01:47
Video unavailableShow in Telegram
Мәмлекетимизде 30 июльдан - 30 август аралығында “Абаданластырыў айлығы”. Усы айлық шеңберинде Нөкис қаласында жумыслар баслап жиберилди. Бүгин, "Нәўбәҳәр" мәҳәллесинде қаламыздағы бәрше МПЖ дағы беслик соның менен бирге мәкеме шөлкемлер қатнасында "Мәҳәлледен-үйиме шекем" ураны менен абаданластырыў иләжы шөлкемлестирилди. Иләжды ашып бериўге қала ҳәкими А.Данияров сөзге шығып, жыйналғанларды пайтахтымыздың абаданласыўы, тазалығы ҳәр биримиздиң қолымызда, сол ушын бәршемиз биригип ҳәрекет етсек нәтийже жаман болмайды-деди. Ҳақыйқатында да ҳәр бир таң және бир имканият! Көшемиздиң, қаламыздың тазалығы өз қолымызда. Өз қолымыз бенен бағды ўайран етемиз бе яки абат? Ҳәр бир Ўатанын сүйген инсан бул акцияда белсендилигин көрсетсе екен деймиз. Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress
Hammasini ko'rsatish...
18.64 MB
Repost from Nukus.uz
02:01
Video unavailableShow in Telegram
Ҳәким жумысты мәҳәлледеги беслик пенен ушырасыўдан баслады Бәршесин аўызбиршилик пенен бирге жолға қоямыз, кемшиликлер сапластырылады,-А.Данияров Бүгин, Нөкис қаласы ҳәкими Абат Данияров қаламыздағы МПЖ дағы беслик пенен ушырасыўы болып өтти. Онда мәҳәлледеги жумыслар сынға алынды, кемшиликлер сапластырылып жолға қойылыўы ушын режелер көрип шығылды. Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress
Hammasini ko'rsatish...
19.84 MB
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Нөкис қаласы ҳәкими тайынланды Усы жылдыӊ 26-июль күни халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы болып өтти. Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи. Сессияда қала ҳәкими лаўазымына Данияров Абатбай Сапарбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усынылған талабанды қалалық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи. Сессияда Данияров Абатбай Сапарбаевич Нөкис қаласы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды. Өз гезегинде А.Данияров өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин қаланы ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди. Усыныӊ менен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады. Мағлыўмат ушын, Данияров Абатбай Сапарбаевич усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымында нәтийжели жумыс алып барған. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Hammasini ko'rsatish...
01:29
Video unavailableShow in Telegram
#OAV nigohida Qoraqalpog'iston Respublikasi Vazirlar Kengashi raisi o'rinbosari A.Daniyarov Beruniy tumanida o'ziga biriktirilgan yoshlar bilan uchrashdi va ularning murojaatlarini o'rgandi.
Hammasini ko'rsatish...
01.mp421.47 MB
Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетлик грант тийкарында оқыў ушын қосымша 3 000 орын ажыратылады Президент пәрманы (ПФ-107-санлы, 03.07.2023 ж.) менен айырым норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Президенттиң тийисли Пәрманына киргизилген қосымшаға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳамде улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билим бериў мекемелерин тамамлаған жаслар ушын 2023/2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 000 орын ажыратылады. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Hammasini ko'rsatish...
Repost from Karakalpakstan.uz
⚡️Рәсмий мүнәсибет «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң лаўазымлы шахсларының пуқараларды қабыллаў кестеси әмелде ислей ме?» атлы постына төмендегилерди мәлим етип билдиремиз. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың бир неше мәрте жеке қабыллаўында болған «Hoja.uz» каналы админи Г.Қаныязова өзиниң машқалаларын ашық-айдын билдирген еди. Сондай-ақ, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров тәрепинен өткерилген жеке қабыллаўда да қатнасып, өзиниң мүрәжатларын келтирип өтти. Мағлыўмат ушын: Кестеде келтирилген жеке қабыллаўлар турақлы түрде өткерилип барылады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў
Hammasini ko'rsatish...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
❗️ «Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы» енгизиледи «Админстративлик реформалар шеңберинде жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыўын нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди 🔰 Қарарға бола: 🔹2023–2024-жыларда “Жаслар дәптери” системасы арқалы жасларға көрсетилетуғын социалық-экономикалық хызметлер түрлери 1,5 есеге шекем арттырылады; 🔹жасларға социаллық-экономикалық хызметлерди көрсетиўде олардың қәбилетинен нәтийжели пайдаланыўға қаратылған социаллық шәртнамалар әмелияты енгизиледи; 🔹мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң жасларды қоллап-қуўатлаў системасы "Жаслар балансы" тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалаларынан келип шығып жолға қойылады. 🔢 2024-жыл 1-январьға шекем спорт тараўын санластырыў бойынша 24 жөнелистеги мәлимлеме системаларын өз ишине алған “ERP Sport” бирден бир электрон басқарыў системасы иске түсириледи. Бунда: ▫️спорт тараўындағы қәрежетлер системада ашық-айдын түрде көрсетиледи. 🗓 2023-жыл 1-июльдан: 🔸спортшы идентификация карталары ушын төлемлер муғдары үш есеге кемейтилип, олардан пайдаланыў мүддети 5 жыл етип белгиленеди; 🔸“Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы” енгизиледи. Бунда: ➖стипендия муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси етип белгиленеди; ➖усы стипендия тайынланған спортшыларға Президенттиң тийисли қарарында белгиленген тәртипте өзин-өзи бәнт етиў ҳуқықы бериледи. ✅ 2024-жыл 1-марттан баслап спорт түрлери бойынша өткерилетуғын рәсмий жарыслар, Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубогында қатнасыўы ушын спортшылардың тийислилиги ҳәм олардың көнликпесин идентификация карталары (ID-карта) арқалы анықлаў тәртиби енгизиледи. 📌 Қарарға бола, Олимпия ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынлары, олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери (жас категориялары) бойынша жәҳән чемпионатларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар, сондай-ақ, оларды таярлаған тренерлерди Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан хошаметлеў муғдарлары тастыйықланды. Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларға Президент Администрация жанындағы Медицина бас басқармасына қараслы болған медицина мекемелеринде бир өмир бийпул медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықы бериледи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Hammasini ko'rsatish...
Boshqa reja tanlang

Joriy rejangiz faqat 5 ta kanal uchun analitika imkoniyatini beradi. Ko'proq olish uchun, iltimos, boshqa reja tanlang.