cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Qaraqalpaqstan xabar agentligi

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң Телеграм тармағындағы рәсмий каналы Сайт – kknews.uz LIVE хабар – @kknews_live Спорт – @kknews_sport E-mail: [email protected] Мүрәжатлар ушын бот-мәнзили – http://t.me/KarakalpakstanIA_bot

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
6 697
Obunachilar
+124 soatlar
+37 kunlar
-15130 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

Photo unavailableShow in Telegram
#Валюта Доллардың рәсмий курсы түсти. Орайлық банк сырт ел валюталарының өзбек сумына салыстырғанда 20-майда әмелде болатуғын курсын жәриялады. 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
Килиан Мбаппе ҳәм «Реал» арасындағы шәртнама шәртлери мәлим болды
«ПСЖ» ҳүжимшиси Килиан Мбаппе Франция клубынан кетип, «Реал»ға өтиўи ҳаққында мағлыўматлар бар. Sky Sports хабарына бола, тәреплер бес жыллық шәртнамаға қол қойды.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/196622.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
#Билесиз_бе 🔰 Нызамшылыққа бола, исбилерменлерге төмендеги субсидиялар ажыратылыўы белгиленген: 🔹2025-жылдыӊ 1-январына шекем жумысты үйге алып ислеў менен шуғылланып атырған жумыссыз ҳәм жумыс излеп атырған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ямаса «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген пуқараларға әсбап-үскенелер ҳәм шийки зат сатып алыў бойынша қәрежетлерди қаплаў ушын, бирақ ҳәр бир жумысты үйге алып ислеўши ушын БЕМныӊ 30 есесине шекем (10 млн 200 мыӊ сум) муғдарда бир мәртелик; 🔹жумысты үйге алып ислеў тийкарында үй шараятында ислеп атырған майыплығы болған шахслардыӊ жумыс орнын бийимлестириў ушын ҳәр бир жумыс орны бойынша БЕМныӊ 40 есесине шекем (13 млн 600 мыӊ сум) муғдарда; 🔹жумысты үйге алып ислейтуғынларды кәсип-өнерге оқытыўға жумсалатуғын қәрежетлерди 3 айға шекемги мүддетте қаплаў ушын, бирақ ҳәр бир Жумысты үйге алып ислеўши ушын ҳәр айда БЕМныӊ 2 есесине шекем (680 мыӊ сум) муғдарда. 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
“Ватанпарвар” әскерий-спорт жарысыныӊ жеңимпазлары менен ушырасыў
Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги кубоги ушын мәмлекетимиздеги барлық улыўма билим бериў мектеплериндеги “Ўатан таянышы” отрядларына ағза болған оқыўшылар арасында өткерилип киятырған “Ватанпарвар” әскерий-спорт жарысыныӊ Өзбекстан Республикасы басқышында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Қанлыкөл районы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ “Лашын” командасы сыйлы 1-орынды ийелеген еди. Усы жыл 17-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ “Лашын” командасы ағзалары, устазлары ҳәм ата-аналары менен ушырасты.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/196669.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
Ҳаял-қызларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Шымбай районы аймағындағы ҳәким жәрдемшилериниң усынысы менен 40 ҳаял-қызға 400 миллион сумлық субсидия тийкарында тигиў машинасы ҳәм нан өнимлерин писириў ушын печьлерди тапсырды.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/196664.html
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў биринши жалпы мәжилисиниң ашылыўы ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў екинши жалпы мәжилиси 2024-жыл 18-май күни саат 09:00 де Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының мәжилислер залында өз жумысын баслайды.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/196661.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
Дөретиўшилик мектепте «Ашық есиклер» күни өткерилди
Пайтахтымызда жайласқан Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде 2024-2025-оқыў жылында усы мектепке тапсырыўды қәлеўшилер ушын «Ашық есиклер күни» илажы өткерилди. 👉
Толық оқыў - https://kknews.uz/196614.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
Мийнет ҳәм жәмийетлик қатнасықлар Академиясы туўралы мағлыўматлар берилди
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм жәмийетлик қатнасықлар Академиясында 2024-2025-оқыў жылы ушын қабыллаў басланғанлығын кең жәмийетшиликке билдириў, тараўдағы жоқары мағлыўматлы кадрларға мүтәжлиги бар мәкемелердеги хызметкерлерди оқытыўды режелестирген шөлкемлер менен бирге ислесиў белгиленгенлиги мүнәсибети менен дөгерек сәўбетлесиўи шөлкемлестрилди.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/196610.html
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
Тайынлаў
Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети баслығы тайынланды 👉
Толық оқыў - https://kknews.uz/kk/196632.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...
02:46
Video unavailableShow in Telegram
Халықаралық туризм фестивалы басланды
Соңғы ўақытлары мәмлекетимизде туризм тараўын раўажландырыў бойынша кең көлемли илажлар алып барылмақта. Әсиресе, республикамызға туристлер ағымын кеңейтиў, елимиздиң тарийхый орынларын дүньяға танытыў бойынша өткерилип атырған илажлар тийкарында сырт елли мийманлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге, тарийхый орынлардың өзгешеликлерине болған қызығыўшылығы артып бармақта.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/196626.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Hammasini ko'rsatish...