cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

ADVOKAT AZAMAT

Хуқықый мәслахат @azamat_advokat_maslaxat

Більше
Рекламні дописи
352
Підписники
Немає даних24 години
+37 днів
-3230 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

Repost from N/a
Показати все...
ШИЙРИН АРЗЫЎЛАРЫМ

🙏

2_5201886603038970721.mp32.12 MB
6
Показати все...

5
#Бир_күлисип_алайық #Юморбектин_ҳәзиллери Заманагөй жумсақ ғана ғарғыслар: __Илайым, саратанда ысып кеткен пиво ишкейсең! __Илайым, мединститутта контракт пенен оқып атырған 1-курс қызға үйленгейсең! __Илайым, ресторандағы тойда ансамбль колонкасының жанындағы столда отырғайсаң! __Илайым, кешқурын Нөкис орайлық базарында ең соңғы маршруткаға сыймай қалғайсаң! __Илайым, баслығың телефон қылып, енди алған ўақтыңда телефоныңның заряды түўесилип өшип қалғай! __Илайым, тойға жаздыратуғын ақшаңның бәрин ойыншы қызға берип қойғайсаң! __Илайым, телевизор көрмекши болып, енди дастыққа сүйенгениңде, пульт телевизордың үстинде қалып қойған болғай! __Илайым, майлы сомса жеп отырғаныңда аппақ тар жинси шалбарыңның артқы қалтасында турған телефоның шыңғырлап қалғай! __Илайым, тойдан мәс болып шығып, такси деп милиция машинасын тоқтатып алғайсаң! __Илайым, қонаққа барғаныңда, шулығың жыртық болғай! __Илайым, аяғыңның жиңишке бармағын шкафтың мушына урып алғайсаң! __Илайым, төрт мүйешли топ пенен футбол ойнағайсаң! __Илайым, жылына еки мәрте мурындық ата болып сайлана бергейсең! __Илайым, Нөкисте микрорайонда жыртық пешеханада уйықлағайсаң! Буратиноға: --Ҳә, темир қатынға үйленгир! Бойы узын адамға:--Ҳә, <<Тико>>ның ишинде түргелип турғыр! Гөззал қызға:--Ҳә, мойныма түскир! Араққа:--Ҳә, аўқаттың астында қалғыр! Компьютерге:--Ҳә, вирус басқыр! Футболистке:--Ҳә, жақсы көрген қызың сени қоллаў ушын стадионға келгенинде өз дәрўазаңа еки рет гол урғыр! Дағазалар: Тез арада "Е" си бар шоферды жумысқа аламыз! Келин той көйлеклери салонында акция: Егер өзиңизге еки рет келин көйлек сатып алған болсаңыз, үшиншисин бийпул беремиз! Ийис билмейтуғынлар жумысқа алынады! Хабарласыў ушын телефон:--104. Күн бултласқанда аяқ-қолы қақсайтуғынларды жумысқа шақырамыз. Ҳаўа райын бақлаў орайы. Дыққат, акция! Егер сиз <<СМАК>>  ишимлигиниң 200 та қақпағын топлаған болсаңыз, бизге хабарласың. Биз шифер қағып атырмыз. ✍Мақсет Әбдижәмиловтан {Юморбек}. Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👉advokat_azamat
Показати все...
Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.

Сөздиң көрки – мақал. Нақылды бир айтпаса, Ақылсыз айтпайды. Ақыллы адам әңгимесин, Нақылсыз айтпайды.

😁 5👍 3
Фото недоступнеДивитись в Telegram
#Әмел_етиң 🔰 Қадағаланған егинлерди, яғный көкнар ямаса майлы көкнар, каннабис өсимлиги ямаса қурамында нəшебентлик қураллары ямаса психотроп элементлер болған егинлерди нызамға қайшы түрде егиў ямаса жетистириў, төмендеги жаза шараларынан бири қолланылыўына себеп болады: ➖БЕМның 25 есесинен 50 есесине шекемги муғдарда жəрийма; ➖360 саатқа шекем мəжбурий жəмәәт ислери; ➖3 жылға шекем мийнет дүзетиў ислери; ➖1 жылдан 3 жылға шекем еркин шеклеў; ➖3 жылға шекем еркинен айырыў. ‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди... Каналға жалғаныў 👇👇👇 @advokat_azamat
Показати все...
👍 2👎 1
Нөкисте қыздың қарсылығына қарамастан оны алып қашқан жигитлер 3 жылға шекем қамалыўы мүмкин Усы жылдың 5-июль күни «Instagram» социаллық тармағында қыз алып қашыў жағдайы сәўлеленген видео тарқалды. Видеоны бир көриўден қыздың буған қарсы екенлигин аңлаў қыйын емес. Себеби, қызды машина салонына отырғызса да ол екинши тәрептен қашып кетиўге миясар болады. Бирақ, соған қарамастан жигитлер қызды көше бойлап қуўып, екинши рет және машина салонына мингизеди. Бул бурыннан киятырған үрп-әдет деўиңиз мүмкин. Бирақ бул жердеги жағдай — жынаят. Себеби, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 136-статьясында былай көрсетилген: Ҳаялды турмыс қурыўға ямаса некеде жасаўды даўам еттириўге мәжбүрлеў, сондай-ақ, ҳаялдың қәлеўиз оның менен некеде болыў ушын урлаў және ҳаялдың турмыс қурыўына тосқынлық етиў — БЕМниң 25 есесине шекемги (8,5 млн сомға шекем) муғдарда жәрийма, 360 саатқа шекемги мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары, 3 жылға шекем еркинен шеклеў ямаса 3 жылға шекем еркинен айырыў сыяқлы жазалардың бирин қоллаўға себеп болады. «KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады. ✅ 👉 @advokat_azamat
Показати все...
👍 4
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Мына жигитти танып алынлар
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Доброе утро всем
Показати все...
👍 3
Саратаннын кызын самал акетип, Ыссылык балесине юизди тап етип, Онысызда ортен шалган бул дунья Жанайын деп турма деймен лап етип. И Юсупов
Показати все...
👍 7
00:23
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Ыссынай
Показати все...
6.58 MB
😁 3👍 1
Оберіть інший тариф

На вашому тарифі доступна аналітика тільки для 5 каналів. Щоб отримати більше — оберіть інший тариф.