cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

Сөз маржаны

Бул дүньяның көрки - адам баласы. (Әжинияз) Дүнья талантлары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы.

Більше
Рекламні дописи
5 776
Підписники
+1524 години
+357 днів
+8530 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

Фото недоступнеДивитись в Telegram
Қайырлы ақшам, әзизлерим!     Сиз билесиз бе?     Ҳәр бир адамның қәлби ол басқа адамларға ЖАҚСЫЛЫҚ ислегенде қуўанышқа толады.     Әзизим,  бир-биримизге жақсылық ислеўден шаршамайық. Себеби, бул - қайтар дүнья! Өзиңе нени раўа көрсең басқаға да соны мүнәсип көр.     Елимиз аман, журтымыз тыныш болғай!     ҚАЙЫРЛЫ ТҮН! https://t.me/Soz_marjani
Показати все...
👍 7🙏 2
ТӘСИЙИН Араб әмирликлери мәмлекетинде бай бизнесмен киси журналистлер менен ушырасты. Журналистлерден бири оған: - Өмириңизде айрықша есте қаларлық ўақыя болса айтып бериңизши,- деп өтиниш етти. Сонда исбилермен бир ўақыяны айтып берди: - Бир күни кешке таман жүрегим сәл қысылғандай болды. Таза ҳаўада айланып жүргенди мақул көрдим. Пиядалар жолы менен киятырып, мешиттиң есиги ашық турғанын байқап қалдым. "Ишке кирип еки рекет намаз оқып шығайыншы," деген нийет пайда болды. Ишкериге кирсем бир адамның бар даўсы менен зарланып дуўа етип отырғанына дус келдим. Оның басына бир тәшўиш түсип, қыйналып отыр екен-аў, деген ой пайда болды. Ол дуўасын тамамлаған гезде жанына барып: - Сизиң басыңызға қандай тәшўиш түсти? Жәрдемим керек болса айтыңыз,- дедим. Ол қарыздар екенлигин айтты. Мен оннан қарызы қанша екенлигин сорадым. Қарызы төрт мың екен. Қалтамнан төрт мыңды шығарып бердим. Ол жүдә қатты қуўанды ҳәм маған алғысларын жаўдырды. Кейин мен қойын қалтамнан мағлыўмат қағазымнан биреўин алып оған берип атырып: - Достым, бул жерде мениң телефон номерим ҳәм үй мәнзилим жазылған. Буны алың. Егер бирер бир нәрсеге мүтәжлигиң болса ҳеш екиленбестен үйиме бара бериң, ямаса телефоныма қоңыраў етиң,- дедим. Бул усыныстан мен оны қуўанатуғын шығар деп ойлаған едим. Бирақ оның жуўабы мени ҳайран қалдырды: - Яқ, достым! Алла сизди жақсылықлар менен сыйласын! Бул мағлыўмат қағазыңызға мүтәжлигим жоқ. Қашан бир нәрсеге зәриў болсам, еки рекет намаз оқыйман да, керегимди Алладан сорайман. Алла мениң мүтәжимди дәл ҳәзиргидей орынлайды!- деди. Бул жуўап мени ойландырып қойды. Сонда, мениң жүрегиме белги берип, мешитке алып келген Алланың өзи екен-дә! Мына кисиниң мүтәжин Алла мен арқалы орынлаған екен! Тәсийин!!! https://t.me/Soz_marjani
Показати все...
Сөз маржаны

Бул дүньяның көрки - адам баласы. (Әжинияз) Дүнья талантлары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы.

👍 24🙏 4
Фото недоступнеДивитись в Telegram
ШҮКИРЛИК Биреўлерге қолдың кири - пул бердиң, Есигине жумсайтуғын қул бердиң, Ақыл-если маған қыз ҳәм ул бердиң, Мың шүкирлик айтарым бар, Яратқан. Қәнәәтсиз дүнья қуўып кетеди, Карун бай болыўды әрман етеди. Кийиниўге, ишип-жеўге жетеди, Мың шүкирлик айтарым бар, Яратқан. Умтылып гейбиреў алғанда ҳамал, Мурнында еседи мың батпан шамал. Ондайдан сақласын, ул-қыз бәркамал, Мың шүкирлик айтарым бар, Яратқан. Душпаным ҳәр күни аяқтан шалып, Жүрсем де көрмедим күниме налып, Шаршасам ақлықты қолыма алып, Мың шүкирлик айтарым бар, Яратқан. Төрткөз түўел, бул инсанның барлығы, Таптырмастай мол байлығы - саўлығы, Ата-анамның қолында жүр шаўлығы, Мың шүкирлик айтарым бар, Яратқан. Намысты дүньядан үстин қойғыздым, Қонағыма ең соңғысын сойғыздым, Қәнәәтке қарынымды тойғыздым, Мың шүкирлик айтарым бар, Яратқан. Әбдиқадир Қайыпов https://t.me/Soz_marjani
Показати все...
👍 15🙏 3
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Аяқларда қан айланыў проблемалары ушын,халық еми ✅ Лавр жапырағының майлы араласпасын таярлаң: 2/3 чашка майдаланған лавр жапырағын бир стакан семечки майы менен араластырып таслаң,қараңғы жерде 6кунге қалдырың. ✅ Ыссы душ қабыллаң, соң уйқыдан алдын лавр жапырақларынан таярланған майлы араласпа менен аяқларыңызды сыйпалаң. ✅ Бул усыл аяқларда қан айланыўын жақсылап,варикоз пайда болыўының алдын алады. https://t.me/Soz_marjani
Показати все...
👏 4👍 3
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Фото недоступнеДивитись в Telegram
ӨЛГЕН БАЛЫҚЛАР Бизлердиң аталарымыз қандай тапқыр адам болған десеңизши?! «Достыңды жақсы көрсең, сыртынан мақта дегендей», атам өзиниң жан жорасы ҳаққында айтып отыратуғын еди. Нөкистен жегжатлы болған жорасы бирде қудасының үйине базарлыққа балық апаражақ болады. Балықшылардың аў тартып қайтатуғын ўақыты белгили ғой. Қоңсылар «асым балық» алыўға жыйналысып отырған екен. Атамның жорасы қайықтан балығын қалталап үйине алып келеди. «Асым балық»қа жыйналып отырған қоңсыларына «Балықты сизлерге бере алмайман, базарлыққа апаражақпан», деген сөзди айтыўға аўзы бармайды. Сөйтеди де, адамлардың қақ ортасына қапшықты аўдарып жиберип, өкинишли даўыс пенен: -Байбуў! Балықлардың бәри өлип қалыпты ғо! Ўах! Ўах! Ўах! - деген екен, Бейиштиӊ аўқаты есапланған балық ѳлип қалған ҳалында да ҳадал болатуғынын умытқан қоңсылар дым үндеместен, әстен орынларынан турып кете берипти. Гүлайым Қуўанышбаева. https://t.me/Soz_marjani
Показати все...
👍 30😁 4👏 1
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Ы Р Ы М Ш Ы Л      Достымның үйине барсам аўыллас, Маңлайша үстине қыстырған қуў бас, Көрип соны, кире берип ойладым, Ерси екен, итибар бермеўге болмас. Ортасы тесилген бир шақмақ қантты, Хүрметлеп, шынжырлап тағып моншақты, Жайдың дийўалына илдирип қойған, Буның менен не пәмлепти, ойлапты. Түсип еди бир мүйешке көз қырым, Пыязлардың сайлап дизип қызылын, Бурыш пенен бир қатар илип қойыпты, Көз тиймеў илажы деп пәмлеген буны. Ескиликтиң көйлеңкеси санада, Журт қатары өнер-билим алса да. Сол ырымшыл достыма усас адамлар, Ушырасады еле бизиң арада. Алпамыс ЗИЯЕВ https://t.me/Soz_marjani
Показати все...
👍 14
Мен  ол үйге Келин болып тускенимде Ол қыз мени "ана" деп шақырама?  Келешекте мениң балларым сол жетим кыз бенен  бирге  турама? Мен тойды тоқтатаман. Сен айттырылып қойғансаң. Сен Жахангирдей жаксы жигит табалмайсаң. Ойланып көр кызым, - деди  Дилбархан. Ертеңине  Лазиза Жахангир менен ушырасты. Қыз бир шәртим бар, - деди. Ядгораны  балалар үйине бересиз ямаса ағайинлериниң  үйине апарып тастайсыз. Сол уақытта Сизге турмысқа шығаман.   Жахангир хайран қалып, мен өзиме исенгендей  исенип едим саған. Мине  енди сырың ашылды. Мийримсиз екенсең.  Ядгора мениң бауырым. Ол хешқайда бармайды.. Лазиза артына қарамастан кетип қалды. Жахангирдиң анасы қыздың үйине барып хабар алайын дегенде хешкайда бармайсыз, қоңырауда қылмайсыз анажаным, - деди хәм Лазизаның өзине айткан сөзин айтып берди. Улыума қопал мийримсиз қыз екен. Ол қыз маған өмирлик қостар бола алмайды. Анасы ойланып қалды. Ертеңине Жахангир жумыста отырған уакытта Лазиза кирип келди. Бармағындағы жүзикти шешип столдың үстине қойды. Жигит бул соңғы шешимиң бе?, - деди. Сол уақытта жумысындағы жорасы Ядгора менен бирге кирип келди. Ядгора болса анажаным деп Лазизаны қушақлап алды. Жахангир таң қалып недерин билмей қалды. Лазиза болса мен кетиуим керек, деди. Ядгора-анажаным Мен енди сизди хешқайда жибермеймен. Әкем болса сүуретиңизге күнде тигилип қарап отырады. Анам мениң, акыры келдиңиз бе? Енди мени таслап, хешқайда кетпейсизғо я деди. Лазиза не ислерин билмей биресе жигитке, биресе бийгүнә нәрестеге қарады. Кейин төмен ийилип, Ядгораны бауырына басып, жаным қызым, - деди. Өзбек тилинен аударған: Гүлбахар Қарабаева. Шымбай. 2024- жыл. https://t.me/Soz_marjani
Показати все...
👍 24😢 4 2
Соның арасында қапыны кимдур қатты - катты кақты. Ким екен? Анасы өзим ашаман деп, есикти ашты. Жахангир каяқта? Сен не ушын мениң гүлдей кызымды алдап журсең? Уйленгениңди бизлерден жасырыпсанғо. Қызыңда бар екен. Лазиза қате түсинген деди. Сонда қызым өтирик сөйлейме?. Жахангир индемеди Мухаддас ана, мына жерде отырың. Мен Сизге хәммесин түсиндирип беремен. Буннан бирнеше жыл бурын мениң Мархабо деген қызым күйеуи менен тууыу үйине баратырғанда жол апатына ушырайды. Қызым туыу үйине үлгерип келеди хәм қызын дүньяға келтиреди. Соң көз жумады. Ал күйеу бала сол уақытта кайтыс болады. Кейин бизлер жылап, сықлап тәғдирге тән берип, нәрестени үйге әкелип бағып алдық. Қызы Мархобадан естелик деп, атын Ядгора қойдық. Ядгора Жахангирдиң тууысқан жийени. Мениң ақлығым. Туылып, тили шыққалы бери Жахангирди әкеси деп биледи хәм аға деп шақырады. Анасын сорайма? - деди. Лазизаның анасы. Анаң узак сапарға кетти. Жақында келеди деп қойыппыз. Лазизаның анасы Дилбархан бул уакыяны еситип индемей шығып кетеди. Үйине барып, қызына бәрин айтып берди. Қызым жүр дүканға барып саған мебель көрейик деп еди, Дилбархан. Жоқ хеш қайда барыу шәрт емес.
Показати все...
👍 6
Ядгора оқыудан келип, мен келдим деди.Келеғой қызым Қәне бүгин неше сабақтан "5"алдың? Мен бүгин еки сабақтан " 5 ' алдым Қандай сабаклардан алдың? Оқыу менен математикадан, - деди қуанып.Жүдә жақсы кызым, ендигиде хәмме сабаклардан " 5" бахасын алыуға хәрекет ет кызым. Якшы аға деп, күле шырай менен шығып кетти. Ертеңине Мухаддас ана баласына күн салкын, Ядгораға шарф алып бер деди. Дүканга бирге барып, шарф көре баслады.Ядгора шарф таңлайман дегенше Жахангир шетте бақлап турды. Сол уакытта тосаттан дүканга Лазиза кирип келди. Жахангирди көрип қасына келди. Жахангир недерин билмей, қызға не қылып жүрсиз деди. Жийенимниң туылған күни еди. Соған көйлек алайын деп кирдим. Өзиңиз ше? Не алмақшысыз деп атыр еди. Ядгора жууырып келип, аға мына шарфты таңладым, деп еди. Лазиза таң калып, бул кыз Ким? Сизди не ушын аға деп атыр. Жигит Ядгораға баска затларды көрип тур деди. Сиз уйленгенсиз бе? Қызыңызда бар екенғо. Үйленген болсаңыз неге мениң менен ушырасып жүрсиз? Мен хәзир саған бәрин түсиндирип беремен Жүр машинаға, бизлер дүканның ишинде турыппыз. Әстерек сөйлеңиз , деди Жахангир. Қыз тыңламай кетип калды. Кыз қапа болып, жылап келди үйине. Анасы қызын көрип, не болды қызым, неге жыладың деди. Ол мени алдады. Ол үйленген екен. Оның қызы 6ар екен. Ол Ким? - деди Лазизаның анасы түсинбей. Жахангир деди кыз. Қой ол мүмкин емес.Ол жақсы әдепли жигитгой. Маған исенбейсизбе? Мен өз көзим менен көрдим. Дүкан аралап жүр екен. Кишкене қыз "аға" деп жууырып келди. Лазизаның анасы ол неге бизлерди алдайды? Хәзир үйине барып сөйлесемен деп қызыу пәт пенен сыртка атлыгып шықты. Жахангир болса болған уакыяны анасына айтып берди. Мухаддас ана болса, балам мен саған айтып едим, ертерек айтыуың керек еди, деди. Изи не болады айттырып койып едик.
Показати все...
👍 8
Оберіть інший тариф

На вашому тарифі доступна аналітика тільки для 5 каналів. Щоб отримати більше — оберіть інший тариф.