cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

To'rtko'l tumani Tadbirkorlar rasmiy kanali

🌐 Biz bilan o'z Tadbirkorlikinggizni Mustaqil va Mustahkam boshlang O'zbekiston Savdo-sanoat palatasi Qoraqalpog'iston Respublikasi To'rtko'l tuman bo'limi. 📲: 88 500 30 05 📲: 99 152 77 22 📲: 99 078 21 91

Більше
Країна не вказанаМова не вказанаБізнес82 875
Рекламні дописи
206
Підписники
Немає даних24 години
+27 днів
+130 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

03:23
Відео недоступнеДивитись в Telegram
#Қарақалпақстан_телеканалы Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Төрткүл районлық бѳлими тәрепинен районда жумыс алып барыўшы исбилерменлерге ҳәр тәреплеме әмелий жәрдемлер кѳрсетилип, қоллап-қуўатланбақта. Бул ҳаққында “Хабар” информациалық бағдарламасында репортаж эфирге берилди. 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Youtube
Показати все...
Repost from GENERALISSIMUS
❗️“Тадбиркорлар билан очиқ мулоқот” электрон платформаси ишга туширилади
“Ўзбекистон Республикаси Президентининг тадбиркорлар билан очиқ мулоқотини ташкил қилиш чора-тадбирлари тўғрисида”ги Президент Қарори (ПҚ-200-сон, 30.05.2024 й.) қабул қилинди 🔰Қарорга кўра, қуйидагилар тузилади: 🔹Президентнинг тадбиркорлар билан очиқ мулоқотини ташкил қилиш бўйича республика комиссияси (Республика комиссияси); 🔹Ҳудудларда тадбиркорлар муаммоларини ўрганиш ва ҳал қилиш бўйича ишчи гуруҳлар (ҳудудий ишчи гуруҳлар). ✔️ Тадбиркорлар мурожаатлари ва таклифларини туну кун қабул қилиш ва умумлаштириш, тизимли муаммоларни аниқлаш ва уларни бартараф этиш бўйича таклифлар ишлаб чиқиш, шунингдек, тадбиркорларнинг алоҳида масалаларини жойларда тезкорлик билан ҳал қилишни ташкил этиш Республика комиссиясининг асосий вазифаларидан бири этиб белгиланди. 🗓 Ҳар йили 15 июндан очиқ мулоқот ўтказилгунгача махсус электрон платформалар, Савдо-саноат палатаси ҳузуридаги Cаll-марказ хизмати, ижтимоий тармоқлар ва сайёр қабуллар орқали тадбиркорларнинг мурожаатларини туну кун қабул қилиниши ташкил этилади. 📁 “Тадбиркорлар билан очиқ мулоқот” электрон платформаси ишга туширилади. 🔍 Қорақалпоғистон Республикасида 2024 йил август ойида халқаро бизнес форум ташкил этилади. 📝 Жорий йил якунига қадар Ўзбекистоннинг хорижий мамлакатлардаги элчилари билан ҳамкорликда “Қорақалпоғистонда бизнес қилинг” дастури доирасида йирик хорижий ишлаб чиқарувчи компаниялар брендларини жалб қилиш чоралари кўрилади. @generalissimus_uzb
Показати все...
Бирге ислесиў жақсы нәтийже бермекте
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Төрткүл районында жумыс ислеп турған исбилерменлик субъектлерине ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди. 👉
Толық оқыў - https://kknews.uz/198665.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Показати все...
#медиа_тур
- Биз ислеп шығарған заманагѳй мебель ҳәм есиклеримизге 15 жылдан аслам кепиллик беремиз..
Илажда нәўбеттеги мәнзил ''ALKEN-MEBEL'' ЖШЖ ти болды. Бул кәрхана 67 сотих жер майданында жайласқан болып, 2007-жылы буйыртпа тийкарында тек ғана есиклерди ислеп шығарыў менен ѳз жумысын баслаған. Бүгинги күнде қәлеген дизайнда заманагѳй ҳәм беккем мебель ѳнимлерин таярлап, Қарақалпақстан Республикасыныӊ барлық қала ҳәм районларына сондай-ақ, қоӊсы Самарқанд, Хорезм ўәлаятларына да жеткерип бермекте. Кәрханада дәслепки жыллары 8 жумыс орыны жаратылған. Саўда-санаат Палатасы тәрепинен ''ALKEN-MEBEL'' ЖШЖ тинде  таярланған ѳнимлерге қарыйдарлар табыўда ҳәм 10 нан аслам социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар усы кәрханада турақлы жумыс пенен тәмийинлениўинде жақыннан жәрдем берилди.
- Мебель ушын зәрүр ағаш ҳәм МДФ ѳнимлери Татарстан ҳәм Россия мәмлекетлеринен, олар ушын керекли бояўлар Италья ҳәм Туркия мәмлекетлеринен алып келинеди. Қытай мәмлекетинен алып келинген заманагѳй техникаларымыз негизинде қарыйдарлар ушын еӊ соӊғы дизайндағы мебель ѳнимлерин де таярлай аламыз. Алдағы ўақытта ислеп шығарыў искерлигин еле де арттырыў мақсетинде Нѳкис қаласы ҳәм районларда кәрханамыздыӊ филиалларын ашыўды режелестирип атырмыз – дейди сәўбет даўамында исбилермен Азизбек Кенжаев.
🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Youtube
Показати все...
👍 1
Шығындыдан таза ѳним ислеп шығарыўшы исбилермен Илаж даўамында медиа-тур қатнасыўшыларын қызықтырған орынлардыӊ бири ''TO’RTKO’L TOZA HUDUD KLASTER'' ЖШЖ ти болды. Себеби, кластер шѳлкемлестириўшиси Равшанбек Сабуров шығындыны да зая етпей, пластмасса ҳәм қағаз шығындыларынан таза ѳнимлерди ислеп шығармақта. Кәрхана 2020-жылы шѳлкемлестирилген болып, дәслепки искерлигин халықтан шығынды ѳнимлерин жыйнаў арқалы хызмет көрсетиўден баслаған. Президентимиздиң ПП–93-санлы Пәрманы тийкарында, Саўда-санаат Палатасыныӊ қоллап-қуўатлаўы менен кәрхана «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» мәмлекетлик дәстүрине киритилди ҳәм 700 000 000 (жети жүз миллион) сумлық кредит алыў негизинде Қытай мәмлекетинен шығындыны қайта ислеўши заманагѳй техникаларды алып келип, ислеп шығарыў искерлигин кеӊейтиўге еристи. Дәслеп, бар жоғы 1 техника ҳәм 4 жумысшы менен ѳз искерлигин баслаған кластер бүгинги күнде 25 тен аслам заманагѳй техникаға ийе ҳәм 118 жумыс орыны жаратылды. Кәрханада жумыс алып барыўшы 40 % тен аслам пуқаралар социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар ҳәм жаслардан ибарат.
Саўда-санаат Палатасыныӊ жәрдеми тийкарында 3 дана ISUZI 12 кубалық шығындыны жыйнаў техникасын лизинг тийкарында алып келип, халқымызға сапалы хызмет кѳрсетип атырмыз. Буннан тысқары, алдағы ўақытта “Лизинг” компаниясы менен дүзилген шәртнама бойынша 1 ай мүддет ишинде 6 дана “HOVA”  8 кубалық шығындыны жыйнаў техникасы алып келиниўи ҳәм 12 ден аслам жаӊа жумыс орынлары жаратылып, жумысшылар саны 130 ға жеткерилиўи режелестирилген - дейди исбилермен Р.Сабуров.
🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Youtube
Показати все...
Жаӊа мийманхана – жаӊа имкәният Буннан соӊ, қатнасыўшы журналистлер ''TO’RTKO’LLI BARCHINOY'' ЖШЖ тине қараслы «Тѳрткүл» мийманханасында жаратылған имкәниятлар ҳәм ол жерде алып барылып атырған заманагѳй қурылыс-оӊлаў жумысларын барып кѳрди. Жәми 12 ханадан ибарат, 27 орынға мѳлшерленген мийманхана Тѳрткүл районы орайында жайласқан болып, 2009-жылы ѳз искерлигин баслаған. Бүгинги күнде 9 жумыссыз пуқаралар турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Усы жылы мийманхана директоры Дилноза Рахмановаға Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПФ-213-санлы қарары негизинде,  мийманхана искерлигин және де раўажландырыў мақсетинде Саўда-санаат Палатасы тәрепинен жәми 1 миллиард сум муғдарында жеӊиллетилген кредит ажыратылыўына жақыннан жәрдем берилди.
- Ҳәзирги ўақытта имаратымызда қайта оӊлаў жумыслары алып барылмақта. Алдағы ўақытта мийманханамыз 14 ханадан ибарат, жәми 35 орынға ийе болыўы күтилмекте. Нәтийжеде, қосымша 5 жаӊа жумыс орынын жаратып, хызмет кѳрсетиў тараўындағы искерлигимизди еле де раўажландырыўды мақсет еттик – дейди медиа-тур қатнасыўшылары менен болған сәўбет даўамында мийманхана директоры Д.Рахманова.
🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Youtube
Показати все...
02:47
Відео недоступнеДивитись в Telegram
#Видеоролик Исбилермен бай болса – халық бай болады!
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Тѳрткүл районында жумыс алып барыўшы, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасына ағза исбилерменлер искерлиги менен жақыннан танысыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында медиа-тур шөлкемлестирилди.
🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Youtube
Показати все...
Қарақалпақстанда ислеп шығарылған күйдирилген май ѳнимлери Аўғанстан Республикасына экспорт етилмекте Илажда медиа-тур қатнасыўшылары дәслеп, Тѳрткүл районында жайласқан “AGRO TO’RTKO’L TEKSTIL CLUSTER” ЖШЖ искерлиги ҳәм ол жерде жаратылған имкәниятлар менен танысты. 2019-жылы 7 миллион АҚШ доллар инвестиция киритиў арқалы ѳз искерлигин баслаған бул кәрхана ҳәр жылы 48 мыӊ тоннадан аслам пахта ѳнимин қабыл етеди. Кластерде 5 басқышта пахта талшығын қайта ислеў, шигиттен күйдирилген май ѳнимин таярлаў ҳәм шарўа маллары ушын пахта шигитин қайта ислеў арқалы гүнжара ҳәм шелуха азығын ислеп шығарыў искерлиги жолға қойылған. Қарақалпақстан Республикасы бойынша еӊ ири кластер деп тән алынған “AGRO TO’RTKO’L TEKSTIL CLUSTER” ЖШЖ ти бүгинги күнде суў ҳәм энергия тежеўши заманагѳй 219 дана аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатлар менен тәмийинленген. Жәми 800 ден аслам жумыссыз пухаралар турақлы жумыс пенен бәнт етилген, алдағы ўақытта қосымша 150 ден аслам пухаралар мәўсимлик жумыс пенен тәмийинлениўи режелестирилген.
- Кәрханамыз 100 тонна шигитти қайта ислеў арқалы 10 тонна күйдирилген май ѳнимин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Қуўанышлы тәрепи сонда, бизде таярланып, 250 градуста күйдирилген май өнимлери Аўғанстан Республикасына экспорт етилмекте – дейди “AGRO TO’RTKO’L TEKSTIL CLUSTER” ЖШЖ бас инженери Фурхат Юсупов.
🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Youtube
Показати все...
Перейти до архіву дописів