cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

Ibrayim Yusupov

Ullı shayır Ibrayım Yusupov qosıqlarının' o'zgeshe kanalı😎 Kewlin'di tabıwdı oylap, Bir so'zdi bir so'zge baylap, Qara tu'nde qa'lem shaynap, Aq qag'azdı qaralayman. YouTube kanal : https://youtube.com/channel/UCPb509FQxbo0jjkXPfI3gLw

Більше
Казахстан3 105Мова не вказанаКниги9 811
Рекламні дописи
1 041
Підписники
Немає даних24 години
+27 днів
-330 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

ЕŃ КÓP USÍNÍ TARQATÍŃ!!!      Qánekey usı maqalanı hámme insanlarǵa jetkere alsam!😔      Dinimizden keyin eń áhmiyetli hám eń qımbatlı jáne eń qunı bar nárse bul dene aǵzalarımızdıń salamatlıǵı. Júrek dárigerlerinen biri (kardiolog) mınanday dedi: Bul maǵlıwmat kimge jetip kelse ilajı barınsha basqalarǵa da tarqatsın. Múmkin, insan ómirin saqlap qalıwda sebepshi bolıp qalatuǵın shıǵar.      Jıllı suwdıń oǵada kóp hám awır dártlerge dawası bar ekenine isenbeytuǵın-da shıǵarsız? Allah subhanahu wa taalaǵa sansız shúkirler bolsın, Ol awır keselliklerge shıpa beriwshi Jalǵız hám Qádir Zat.      Yaponya eliniń medikleri, suw menen emlew tájiriybeleri sebepli 100% jaqsi nátiyjelerge erisip, tómendegilerdi xalıqqa jetkerdi.      Suw menen emlenetuǵın tómendegi kesellikler: - Bas awırıwı; - Qan basımı; - Kem qanlıq (animiya); - Revmatizm; - Paralish - Júrek tez urıwı; - Epilefsiya (tutqanaq keselligi); - Semizlik; - Jótel; - Tamaq awırı; - Astma; - Túberkúlez; - Meningit (bas miy (qabıq) ayazlawı); - Sidik jolına baylanıslı bolǵan basqa kesellikler; - Kislotalılıqtıń artıqshası; - Asqazan ayazlawı; - Ish ketiwi; - Qulaq, tamaq, murınǵa baylanıslı bolǵan hár qanday kesellikler;      Suw menen emleniw usılı:      Hár kúni erte tańda oyanıw menen 4 stakan (800 ml) jıllıdan sál ıssılaw suwdı ash qarınǵa ishiledi. Suw ishilgennen keyin 45 minut ótemen degenshe hesh qanday suyıqlıq ishilmesin hám hesh qanday taǵam jelinbesin. Tańǵı awqatlanıwdan keyingi hár bir jelinetuǵın taǵamlardan 2 saat aldın tap usınday 4 stakan jıllı suw ishilsin. Suw ishkennen keyin 2 saat kútiwge qıynalǵan awır nawqaslar basında, dene aǵzaların úyretip alaman degenshe  waqıttı biraz kemeytip (mısalı 1 saattan keyin) taǵamlanıwı múmkin.      Tómende atı atalǵan nawqaslarǵa suw menen emleniw múddetiniń nátiyjeleri sıpatlandı. - Qant keseli dawası 30 kún; - Qan basımı kóterilgen awırıwlar ushın 30 kún; - Asqazan keselligi 10 kún; - Hár túrli saratan keselligi dawası 9 ay; - Túberkúlez, meningit 6 ay; - Ish qatıwı, qarın awırıw keselligi 10 kún; - Sidik jolına baylanıslı bolǵan basqa túrli kesellikler, bóteke 10 kún; - Qulaq, tamaq, murın kesellikleri 20 kún; - Hár túrli júrek kesellikleri 30 kún; - Bas awırı 3 kún; - Animiya  30 kún; - Semizlik 4 ay; - Paralish, epilepsiya 9 ay; - Astma 4 ay. "Awırǵanımda, Onıń Ózi maǵan shıpa beredi" (Shuaro súresi, 80-ayat).      Bul maǵlıwmattı basqalarǵa da jetkereyik, múmkin siz sebepli awır nawqaslar shıpa tapsa. http://t.me/nasiyatuz
Показати все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

#шаңарақ_күни     15-МАЙ – ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ШАҢАРАҚ КҮНИ      Бүгин, 15-май Халықаралық шаңарақлар күни.  Бул күн БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы резолюциясына муўапық 1994-жылдың 15-май сәнесинен берли турақлы түрде белгиленип келинеди.     Бүгинги шаңарақ күни менен бәрше шаңарақларға Аллаҳ тааладан бахыт-саадат, қут-берекет тилеймиз. derek: paziylet.uz
Показати все...
XALQIM SEN DEGENDE 4.mp38.83 MB
00:59
Відео недоступнеДивитись в Telegram
5-May Qaraqalpaq xalqınıñ ullı shayırı, àdebiyatımızdıñ bayteregi Ibrayım ata Yusupovtıñ tuwılģan kùni. 5-may sànesin Qaraqalpaq àdebiyatı kùni dep belgilew de boladı. @karakalpakibrayimyusupov
Показати все...
2.83 MB
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Tawlar bulaq kòzin kòmbese eger Adamlıq pazıylet òlmese eger Àrman juldızları sònbese eger Sen sònbeyseñ, Poeziya juldızı Jasıl japıraq samal menen oynasa Ashıqlıq ıshqıdan kewil toymasa Gùller ģumshalansa, bùlbil sayrasa Sen sònbeyseñ, Poeziya juldızı @karakalpakibrayimyusupov
Показати все...
Қарақалпақ елиме Тәрийп берсем мен туўылған жериме Миллетимниң арын бууып белиме Бундай жерди басқа жерде көрмейсен Кел мийманым Қарақалпақ елиме Ақ көкирек ангөдеклеу халқы бар Журт сыйлаған миллий дәстур, салты бар Тойларына, әдетине қарасаң Басқа еллер кылғанынан парқы бар Қарақалпақ, саҳра елим,  шәменим Зағара нан, палаў, гүртик жегеним Бизлер салған имаратқа тең келмес Дубайдағы Бурж халифа дегениң Ҳауасы зор озгериушең райлы Сууын ишсең, ишкен сайын унайды АКШ дағы Вашингтонның алдында Пахта өскен атызларым шырайлы Ыссы қуяш топырақты қуўырган Сол топырақта излерим бар жуўырған Назлымхан сулыўдай естелигимниң Қай жери кем сен мақтаған Луврдан? Атызында шекер қаўын теңкейген Суў бойында мәжнүнталы еңкейген Уллы Қытай дийўалының орнына Шылпығымды жәннетлерге тең деймен Келген қонақ сирә таслап кеталмас Шырайына бийпәруалық еталмас Тастың кәни Қаратаўым бойына Париждеги Эйфелиң де жеталмас Аўылымда алдын қонақ болдың ба? Пешахана сыпасында кондың ба? Қызарып гүллеген жынғыл даламды Алмаспайман Англия Лондонға Тарийхы бар түп өтмиштен сазалы Ҳақ нийети сап булақтай тазалы Шет елдеги жеген гамбургериңнен Мениң ыссы шөрек наным мазалы Гаваийде алған демиң дем емес Ашшы көлим Гаваийден кем емес Карекеңе пайтахт болған Нөкиске Ҳәтте сениң Токиоң да тең емес Қалың өскен көк қамыста жатып көр Жалаң аяқ орпаңларға батып көр Бир жақтағы ананасты мақтамай Карекеңниң гүрбегин бир татып көр Сырт елдеги аспазлардың алығын Мақтап тағамларын палға малыдың Алып кел соларды лал қалдырайын Бир жеп көрсин Қаратерең балығын Керек сөзим таппай йошым қыстаған Бирақ көкке теңеуге де устаман Цицилия атаўлары қасында Шырайлырақ Бөриш таўым, Қусханам Көргенге ериксиз таңлай қақтырар Ултанынан санмың байлық атқылар Кең жазықлы арқадағы Үстиртим Қушағында кийиклерим шапқылар Халқым даласында жәўлан урғаны Ырысқыдан толар үлкен қырманы Мен таныйман Ҳиндистанға ушса да Аралыма қонып өткен тырнаны Чарли Чаплинди көп тилге алыпты Қылық пенен күлдирген ол халықты Бизлерде Өмирбек лаққы жасаған Ҳәзилдиң бәрлығы соннан қалыпты Сизлер жақта алымлар көп деседи Дәрилери хәмме дәртти кеседи Сол дәриниң ең тийкаргы гиясы Боян тамыр мен тәрепте өседи Жақсы деме Шекспирдиң жырларын Үйрен деме операның сырларын Сен оларды мақтағанды койып тур Бир тыңлап көр Демберместиң ырғағын Пәнт жемейсең болсаң бизге аўыллас Ағам деймиз, иним деймиз баўырлас Буныңдай жанкүйер, миймандос халық Сениң Мадрит, Берлиниңнен таўылмас Елим жасар гүл жайнаған дәўирде Адамлары хош жағады кеўилге Көрки сулыў болған аўыл-қаламды Бералмайман Пекиниңе, Сеулге Айтаберсем тәрийплерим таўсылмас Кел мийманым кеўилиңниң маўқын бас Қарақалпақ деп айтады бизлерди Мийман ушын ҳасла есик қаўсырмас Жангелдиев Ниетулла (ойшыл) 07.03.2019 ж @karakalpakibrayimyusupov @oyshilqosiqlari
Показати все...
02:59
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Қарақалпақ елиме Тәрийп берсем мен туўылған жериме Миллетимниң арын бууып белиме Бундай жерди басқа жерде көрмейсен Кел мийманым Қарақалпақ елиме Ақ көкирек ангөдеклеу халқы бар Журт сыйлаған миллий дәстур, салты бар Тойларына, әдетине қарасаң Басқа еллер кылғанынан парқы бар Жангелдиев Ниетулла @karakalpakibrayimyusupov
Показати все...
13.24 MB
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Bayramıñız benen hùrmetli hayal-qızlar! @karakalpakibrayimyusupov
Показати все...
02:11
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Abdigalieva Ulbosin "Bul jer ele zor boladi qosiģi" @karakalpakibrayimyusupov
Показати все...
14.48 MB
02:17
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Bòlekbaev Àmir "Ajinyazdıñ monologı" @karakalpakibrayimyusupov
Показати все...
13.93 MB