uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 804 підписників, посідаючи 4 314 місце в категорії Релігія і духовність та 443 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 804 підписників.

За останніми даними від 08 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -267, а за останні 24 години на -2, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 27.89%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.44% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 246 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 656 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 09 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 804
Підписники
-224 години
-497 днів
-26730 день
Архів дописів
photo content

photo content

Байрам Пердебаев "АНА" https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

ШАҢАРАҚ ГҮЛ ТАЖЫ      СИЗСИЗ ҲАЯЛЛАР.    Бийбигүл  жас ўақтынан баслап, шаққан зийрек болып өсти. Мектепте де айрықша бахаларға оқып,  қатарынан алда  болып, муғаллимлердиң  итибарына түсти. Үйинде  бес перзенттиң ишинде  туңғышы еди..     Соның ушын анасының қол қанаты болып, үй жумысларына да жәрдем берди. Ўақыттың өтиўи менен мектепти  питкеретуғын ўақытта келип қалды. Мектепти айрықша баҳаларға питкерип, олимпиададан жоқарғы орын  алыўы оқыўға кириўине жәрдеми тийип,  жоқарғы оқыў орнына  кириўге миясар болды.  Бийбигүл  шаңарақта төрт баланың  ишинде бир қыз болып өскен еди. Аўылдың қызы, киши пейил, ашық минез қыз. Университеттиң  жатақханасына  үш қыз болып орналасты. Үшеўи үш районнан. Шымбай, Шоманай ҳәм Мойнақ районынан еди Бийбигүл Шымбай районының  қызы.  Мине  күнлер, айлар, жыллар өтип, үшинши курсты питкерип,  төртинши курсқа да қәдем таслады. Өзи орта бойлыдан келген, бийдай рең шашы узын, көзлери үлкен, писте мурын, аузы оймақтай сулыў қыз.  Бийбигүлдиң сыртқы минези менен бирге ишки  сарайыда  жақсы еди. Ол ҳеш адам жатырқамас.  Өзи әлпайым, кеўилшек қыз. Соның ушын да изинде жигитлер көп болды. Үйине саўшы жиберип, Қуда түсиўге асықты. Қулағына сырға салып, белгилеп қоймақшы болды. Бирақ қыз қайыл болмады. Мен оқыў питкеремен. Жумыс ислеймен. Инилерим үйленемен дегенше деп тиресип турып алды. Анасы:  Қызым оқыўыңда шамаласты. Сорап келген ўақытта  ең болмаса солардың ишинде жақтырғаның болса, келисим береғойсаңо, - деди.     Бийбигүлден бир курс  жоқары армияға барып келген өзинен үш жас үлкен Мақсет деген жигитте кеўли бар еди. Олар анық бир жыл сөйлести. Махсет шаңарақта үйиниң генжетай баласы еди. Ол да шаққан спорт пенен шуғылланып жүрген жигит. Мақсеттиң үйиниң иши келип сырға салып кетти. Арадан еки ай өткен соң келисип үйиниң ишинен адамлар келип, Қуда түсип кетти. Ўақыт өтип,  Бийбигүлде  оқыўын питкерди. Жумысқа да орналасты.     Бир жылдан кейин уллы болды.  Баласы үлкейиңкиреген соң Мақсеттиң ата- анасы.( Махсеттиң үйиниң киши баласы болыўына  қарамастан) Баласының  хожалықты  сүйрей алатуғынына исенип, бөлек шығарды.    Махсет  пухта, тил алғыш, жумысты жақсы алып барған соң, бас есапшы етип қойды. Үйи қонақшыл  болған соң,  баласын бақшаға орналастырды. Ҳәм мәмлекеттиң  жумысы ҳәм үй жумысы бәрине үлгерип жүрди. Күйеуи  Махсет, Бийбигүл  менен қослас болғанына қатты қуўанышлы. Дастурханы хешқашан жыйылған емес, қандай қонақ келседе қабағын  ҳеш шытпас, писирген аўқатларына жеп тоймайсаң. Үйдиң иши де  тап - таза, қазан табағыда азада. Мен  ҳаялымды шаңарағымның гүл тажы десем  арзыйды, - деп мақтаныш етеди Хаялды табағынан байқа Баланы талабынан байқа Ҳаялға "ана,"  балаға дана деп қара. Жақсы ҳаялдың баласыда күтиўли, жумысыда  питиўли. Ҳаялын сыйлаған, үйин сыйлаған, елин де сыйлай биледи. Ердиң жақсысы ели менен Ҳаялдың жақсысы  ери менен ойласады. ( Халық даналығынан).       ✍ Гүлбәхәр Қарабаева     https://t.me/ibratli_sozler

8-Март ҳаял-қызлардың байрамы менен                                 ҚУТЛЫҚЛАЎ Кел шабазым, отыр дастүрхан басында, Бүгин байрамың өзим-ақ хызмет етейин, Напақамнан жасырып қалған пулым бар, Саўға аларсаң қолыңа берип кетейин. Нашардың жүреги қулағында болар деп, Марапат берсең кеўлинде хош етерсең, Жыллы сөйлеп нәзик жанын тербесең, Қара шайын жамбаслап жатып ишерсең. Сонда оған өтмишти айтып мақтанып, Есиңдеме дейсең саўғалар алып бергеним, Ең қымбат кийимлерди кийип қыдырып, Дүньяны гезип, самалётта ушып жүргениң. Бизлер гейде еркекпиз деп те керилип, Сәл нәрсеге шыррыйып қырсығып турамыз, Сонда қостарың, сөзлери менен сыйқырлап, Жумыс тапсырса зыр жуўырып барамыз. Ҳаял-қызлардың байрамын жылда қутлықлап, Саўғалар берип отырыспаққа мирәт қылғанбыз, Олардың писирген аўқатларын тойып жеп, Гил еркеклер өзлеримиз тойлап кетемиз. Шағлап отырар едик көп байрамларда, Бирге даўыс қосып қосықлар айтып, Енди тек сүўретлер қалды альбомда, Әттең кеткен жаслық келмейдаў қайтып. Ақыллы ҳаял ерин бахытлы қылар, Адасып кетсең туўры жолға да салар, Оны хорлап қәдирин билмеген найсапта, Тирилей жүрип өзиниң жазасын алады. Ҳаял-қызларым шаңарақтың жанған шырағы, Меҳирдиң аққан мәңги таўсылмас булағы, Анадан туўылған небир Атлант жигитлер, Жерди көтерип желкесинде услап турады. Қапа боламыз «заманагөй» нашар көбейип, Узын көйлекти «бәледей» көрип киймеген, Еркекше кийинип, шашларын жайып көшеде, Миллетке жат ерси қылықлар ислеген. Ҳаяллар көп жәмийетке пайдасын тийгизип, Ҳақыйқатлық деп зулымлықтан қорқпай гүрескен, Қызларымыз бар саўатлы, уятлы, ийбели, Келешеги зор үлкен табысларға ерискен. Биз еркеклер ҳаял-қызларыма қайылмыз, Дым мийнеткеш хызметке барҳә тайынсыз, Бағдағы бүлбүл, гүлдиң ышқында сайраса, Сизлерди мақтап қосықлар жазған шайырмыз. Қутлы болсын 8-март уллы байрамың, Енди гүрлеп басыңда алтын дәўраның, Ағаңлар бар арқаңда, сүйенер таўларың, Шадланып күлиң, қандай бахытлы заманың. Наўрызбаев Қудайберген Бекбаўлы улы. Нураный палўан. «БАТЫР». 8-март 2026 жыл. https://t.me/ibratli_sozler

🌺🌺🌺 ҚЫЗЛАРҒА 🌺🌺🌺 Қызлар қутлы болсын бәҳәр байрамың, Гөззаллық бағында еткен сайраның. Бахытлы заманның гүлтажы болып Сүриң бүгин Мәликалық дәўранын. Сизлер менен көрик ашар далалар, Күлкиңизден жайнап кетер лалазар. Әл - қызыл көйлеклер көз жаўын алып, Жүзлериңнен бәҳәр нуры таралар. Алыс әрманлардай зорға көз илер, Қолы жетпей не жүреклер езилер. Жайнаған көзлердиң қарасларынан, Ашықлардың ахыў - зары сезилер. Қос бурым өрилген шашларын таўлап, Наз бенен салланып кеўилди аўлап. Бәҳәр әййямында қызғалдақ гүлдей, Алар көрингенниң көзлерин жаўлап. Назланғанда сулыў сынлы таўыстай, Жигитлер албырар сөзи қаўышпай. Бүгин дүньядағы кыздың барлығы, Саўға - саламлардан қалар аўыспай. Жарасар бул күни күлип баққаның , Шекеңе ғумшадан гүллер таққаның. Периштеси сизлер мына өмирдиң, Басқа әндийшели теңеў таппадым. Бәлким ай - жулдыздан теңеў излерсиз, Бирақ олар сулыў емес сизлерсиз. Бәҳәрди сағынған қарлығашлардай, Жүректе тек садықлықты гизнерсиз. Сизлер бар жер бәҳәр бостандай болар, Шайыр қосық жазып йошқандай болар. Қосығындай Ибрайым ағаның, Шырайына - шырай қосқандай болар. Сизлерге деп сөз маржанын терейин, Гүллерди шашыңа қосып өрейин. Өзлериңе арнап байрамыңызда, Қосық болып қәлбиңизде дөрейин. Е.Наметов. https://t.me/ibratli_sozler

Хаял ким ? ❤️ Биринши болып диктатор - фираунға пүткил ийманы, күш-қууаты хəм ғайраты менен жүзбе-жүз тура алған инсан- еркек емес , ХАЯЛ болған. Ол - Саййида Асия. ❤️ Биринши болып , Кəəбатулланың пайда болыуы хəм Мекке қаласының гүллеп- жайнауына себепши болған инсан - еркек емес , ХАЯЛ болған. Ол - Хажар анамыз. ❤️ Биринши болып , жер жүзиндеги ең пəк суу- Зəмзəм сууын ишиуге ерискен инсан - еркек емес, ХАЯЛ болған . Ол - Хажар анамыз. ❤️ Биринши болып , Мухаммад алайхиссаламға ийман келтирген инсан - еркек емес, ХАЯЛ болған. Ол - Хадиша анамыз. ❤️ Биринши болып , Ислам ушын жанын пидə еткен инсан- еркек емес, ХАЯЛ болған . Ол - Сумайя р.а. ❤️ Биринши болып Ислам ушын бар мал-мүлкин пидə еткен инсан - еркек емес, ХАЯЛ болған. Ол - Хадиша анамыз. ❤️ Биринши болып Сафа хəм Маруа таулары арасынан жууырған инсан - еркек емес, ХАЯЛ болған. Ол - Хажар анамыз ❤️ Биринши болып өз баласының басын алтын табақта көрип , "Айналайын балам басың қəдирли екен" деп өзин жойтпаған инсан - еркек емес, ХАЯЛ болған. Ол - Қумар анамыз . https://t.me/ibratli_sozler

Ассаламу əлейкум елимиздиң барлық хаял - қызлары ! Шаңарағымыздың пайызы əдиўли Аналарымыз , мехрибан əжапа- қарындасларымыз,
Ассаламу əлейкум елимиздиң барлық хаял - қызлары ! Шаңарағымыздың пайызы əдиўли Аналарымыз , мехрибан əжапа- қарындасларымыз, елдиң көрки гөззал қызларымыз, келинлеримиз хəм өмирлик жолдасымыз сизлердиң барлығыңызды бүгинги əййям 8-март Хаял- қызлар күни менен өзимниң хəм канал администрациясы атынан қутлықлаймыз. Шаңарағыңызға бахыт, өзлериңизге аманлық , ислериңизге тасқын табыслар тилеймиз ! Сизлер барсыз бизлер бахтыярмыз . Сизлердиң мийримиңиз бенен бул əлем бағы-бостанға айланған. Қанша хүрметлесек те аз ! Хəмме ўақыт жүзлериңизден күлки, түнлериңизден тыныш уйқы арылмасын ! БАЙРАМЫҢЫЗ БЕНЕН ƏЗИЙЗЛЕРИМ !🌹🌹🌹 А. Хəмзеев хəм "Ибратлы сөзлер" каналы администрациясы . https://t.me/ibratli_sozler