uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 840 підписників, посідаючи 4 310 місце в категорії Релігія і духовність та 448 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 840 підписників.

За останніми даними від 02 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -281, а за останні 24 години на -12, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 26.57%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 20.65% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 007 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 891 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 03 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 840
Підписники
-1224 години
-757 днів
-28130 день
Архів дописів
photo content

Хүрметли топарымыз ағзалары, бүгинги сораў-жуўапта белсендилик көрсеткен бәршеден миннетдармыз. Миллийлик - миллет айнасы. Ми
Хүрметли топарымыз ағзалары, бүгинги сораў-жуўапта белсендилик көрсеткен бәршеден миннетдармыз. Миллийлик - миллет айнасы. Миллийлигимизди хәмийше есте сақлайық. https://t.me/ibratli_sozler

5. Атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler
5. Атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler

4. Атамасы қандай? https://t.me/ibratli_sozler
4. Атамасы қандай? https://t.me/ibratli_sozler

3. Атамасы қандай-? https://t.me/ibratli_sozler
3. Атамасы қандай-? https://t.me/ibratli_sozler

2. Аяқ кийим атамасын табың-? https://t.me/ibratli_sozler
2. Аяқ кийим атамасын табың-? https://t.me/ibratli_sozler

1. Жасы үлкен апалар кийген кийим. Атамасы қандай-? https://t.me/ibratli_sozler
1. Жасы үлкен апалар кийген кийим. Атамасы қандай-? https://t.me/ibratli_sozler

АҢЛАМАС Сөзи:Мақтумқулы Бәдҳасылға беглик жетсе бир күнде, Алар аўын,салар қусын аңламас. Қолға ҳәмел тийсе,көргенсиз беглер, Пухараның көзде жасын аңламас. Жақсыға ис түссе,дәрҳал "қуп болар", Жаманға ис түссе,жанды жеп болар, Нәмәрттиң кеңеси дүзде көп болар, Душпан көрсе,ислер исин аңламас. Ҳақ жолдан жүргенлер ҳарымас-талмас, Қайыр-сақаўаттың заўалы болмас. Нәмәртлер жаў көрсе зәрреси қалмас, Ғош жигитлер төртин-бесин тыңламас. Мақтумқулы,бег жанында сөз баслар, Ақыл-ғайраты бар адам ел баслар, Мәрттен болған жыйын көрсе,жол баслар, Нәмәрт жигит теңи-досын аңламас. https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақ асханасы. Қарақалпақ миллий тағамы "Жүўери гуртик" https://t.me/ibratli_sozler

Сәўбетлес Қәне енди ушыраса сондай бир адам, Сен жаға болсаң, олда жең болса. Жасы, мәртебеси тең болмаса да, Әлбетте сениң м
Сәўбетлес Қәне енди ушыраса сондай бир адам, Сен жаға болсаң, олда жең болса. Жасы, мәртебеси тең болмаса да, Әлбетте сениң менен кеўли тең болса. Қәне енди ушыраса сондай бир адам, Сөйлессек әпиўайы адамлар яңлы, Десек: жулдызларда бармекен өмир, Қайсы соз бизге болады дарман. Қане енди ушыраса сондай бир адам, Бир-бирин кеўлин жараламаса, Бири көз болғанда,бири болса қас, Сәўбетке өсек хеш араласпаса. ✍Абдулла Орипов Сондай бир инсан жолдасыңыз болсын, нан сорасаңыз жан бериўге тайын болсын! https://t.me/ibratli_sozler

БЕСИККЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ЫРЫМЛАР. Бесикти саўдаласпай, сатыўшының айтқан баҳасын берип алады. Сол ушын бесик соғатуғын усталар да инсаплы болып, кийели деп есапланатуғын бесиктиң баҳасын көтере бермеўи керек. Үйде турған бесикти сатыўға болмайды, дус келген адамға берген де дурыс емес. Аяқ астына, дус келген жерге таслаўға болмайды. Көп ўақыт бала бөленбей турған бесикти қайта пайдаланғанда от пенен аласлаў керек, оның ишиндеги әнжамларын да жеке-жеке аласлайды. Бос бесикти тербетиўге болмайды. Сондай ақ, бос бесикти ҳеш ўақытта жабыўсыз қалдырмаў керек. Үстине жапқышын жаўып қояды. Егерде пайдаланбай алып қоятуғын болса, бесикти орап алып қойған дурыс. Бала уйқылап атырғанда бесиктиң жапқышын бала еркин дем алатуғындай етип жаўып қойыў керек, баланы сырттан келетуғын терис энергиядан, тмл-суқтан сақлайды. Бала уйқылағанда тасып уйқылайды, сырт көзлердиң нәзери түсиўи мүмкин. Бесикти бир ырғақта тербеткен дурыс, баланың жүйкеси де соған қарай бир қәлипли тәртипке түседи. БЕСИКТИҢ ПАЙДАСЫ~Бесикте жатқан баланың уйқысы тыныш болады. Уйқысы қанбаған баланың санасы толық жетилиспейтуғынын есапқа алсақ, бесиктиң пайдасы ушан-теңиз болып, баланың келешегиниң нормаль қәлипте болыўын тәмийинлейди. Баланы бесиктен шешкен ўақытта керили-созылып өзгеше рәҳәтлениўге бөленеди. Денениң бундай рәҳәтлениўи оған дем алыс сыйлайды. Бесикте жатқан баланың тула-бойы таза болып, тазалыққа үйренеди. Бесикте жатқан баланың денеси қурғақ болады, ызғарлық болмайды. Бул мықлы ден-саўлықтың кепили. https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақ_миллий_тағыншақлары Айшық Айшық дөңгелек айдың көринисине уқсас ортасында қасы бар тағыншақтың бир түри. Айшықты
#Қарақалпақ_миллий_тағыншақлары Айшық Айшық дөңгелек айдың көринисине уқсас ортасында қасы бар тағыншақтың бир түри. Айшықты хаял - қызлар сəн ушын өнерине, кийиминиң жағасына, жаўлықтың шекесине, киймешекге тағатуғын болған. Мысалы: Қубылжытып нағыс ойған айқымдағы айшық сүйек, Сийнементтей саўры бетке омыраўдан түсти (Ибрайым Юсупов) Айшық бурынғы ўақытларда адамлардың айға сыйыныўының қалдығы болған, ҳəм хаял-қызлардың көкиректи қорғаўшы қалқанына айланған. ✍"Қарақалпақ тилиндеги тағыншақ атамалары" Автор: Инжайым Сейтназарова ҳəмде Қаншайым Зайырова https://t.me/ibratli_sozler

ҚЫЗ ПЕРЗЕНТ - ЖӘННЕТ ГИЛТИ Қазылардан бири былай дейди: Көп жыллар қазылық қылдым, бирақ бирде-бир қыздың (ҳаялдың) ата-анасы
ҚЫЗ ПЕРЗЕНТ - ЖӘННЕТ ГИЛТИ Қазылардан бири былай дейди: Көп жыллар қазылық қылдым, бирақ бирде-бир қыздың (ҳаялдың) ата-анасына ақ болғанына гүўа болмадым, керисинше, ақ болғанлардың ҳәммеси ул перзентлер еди. Сондай болса да, егер бир инсанға қыз перзент берилсе, ҳәзирге шекем қапа болатуғынлар ушырасады.
Буның себеби не деп ойлайсызлар, пикирлер талқылаў бөлимине
👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Анаңыз хәм әкеңиз арасында қандай парық барлығын билесизбе? - Анаңыз сизди дүньяға әкеледи. - Әкеңиз болса дүньяны сизге әкел
Анаңыз хәм әкеңиз арасында қандай парық барлығын билесизбе?
- Анаңыз сизди дүньяға әкеледи. - Әкеңиз болса дүньяны сизге әкелип бериўге ҳәрекет етеди. - Ана сизге жақсы турмыс усынады. - Әке усы турмыста жасаўды үйретеди. - Ана сизиң аш қалмаўыңыздан хабардар болады. - Әке болса ашлықтың қәдирин үйретеди. - Ана сизге итибарлы болыўды үйретеди. - Әке сихдеги жуўапкершиликти асырады. - Ана сизди жығылыўдан қорғайды. - Әке болса, жығылыўда турыўды үйретеди. Хәмийше, илажы барынша ата-анаңызды қәдирлеп,оларға өз меҳриңизди инам етиң. ☘☘☘☘☘ Илажы болса ата-ана хаққында төртликлер келтирип өтсеңиз талқылаў бөлимине👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

🌺 ҲИКМЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ ҲИКМЕТДУР ДҮНЬЯ, ИЛЛЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ... Шайхлардың айтыўына қарағанда, бир адам теңиз бойында суўға түсип, би
🌺 ҲИКМЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ ҲИКМЕТДУР ДҮНЬЯ, ИЛЛЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ... Шайхлардың айтыўына қарағанда, бир адам теңиз бойында суўға түсип, бир пай геўишин жоғалтып алып, теңиз жағасына: "Теңиз уры!" деп жазыпты. Бир балықшы бул жерден көп балық аўлап алыпты ҳәм жағаға: "Теңиз жүдә сақый!" деп жазыпты. Бир ананың баласы усы жерде шөгип өлипти ҳәм ол жағаға: "Теңиз жынаятшы!" деп жазыпты. Ал, бир сүңгиўши ол жерден көп дүр-гәўҳар таўып, "Теңиз жүдә кеңпейил!" деп жазыпты. Сонда теңизден толқын көтерилип, жағадағы барлық жазыўларды өширип таслапты ҳәм: "Теңиз боламан десең, адамлардың гәп-сөзлерине итибар берме!" депти. https://t.me/ibratli_sozler

Қарақалпақ нақыл-мақаллары Есаплы дос айрылыспас, Айтыўлы достың жаны бир. Жолдасы жаманды жаў алады. Қәдирданың болмаса, Қәд
Қарақалпақ нақыл-мақаллары Есаплы дос айрылыспас, Айтыўлы достың жаны бир. Жолдасы жаманды жаў алады. Қәдирданың болмаса, Қәдириң кетер. Дос – достың айнасы. Досың дос болсын, Бирақ есабың дурыс болсын. Достың гөнеси жақсы, Кийимниң жаңасы жақсы.  Достыңның үйинде тырнақ алма, Душпанның үйинде шаш алдырма. Досыма айттым сөзимди, Душпаным билди сырымды. Дослықта мәнзил болмас. Душпанның күлгени, Сырың билгени. https://t.me/ibratli_sozler

📜Сөз ийнесин сабақласа, Қамырдан қыл суўырғандай. Ким басқыға шыдамаса, Шыға қашып жуўырғандай. Жыларыңды күлериңди, Я билме
📜Сөз ийнесин сабақласа, Қамырдан қыл суўырғандай. Ким басқыға шыдамаса, Шыға қашып жуўырғандай. Жыларыңды күлериңди, Я билмесең не дериңди, Азлы көпли абырайдан Үзгендейсең гүдериңди. Дана болар наданыңда, Қарсылығың қуры кетер. Олақ деген адамың да, Солақ пенен урып кетер. Отырғызып жүресинен, Туўдырғандай енесинен... Сақла қудай! Қарақалпақтың Басқы деген бәлесинен! ✍Ибрайым Юсупов "Аўыл, аўыл!" https://t.me/ibratli_sozler