uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 810 підписників, посідаючи 4 306 місце в категорії Релігія і духовність та 442 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 810 підписників.

За останніми даними від 06 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -294, а за останні 24 години на -3, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 27.71%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.47% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 213 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 663 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 07 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 810
Підписники
-324 години
-607 днів
-29430 день
Архів дописів
Каракалпакстан халык артисти Бийбираба Отепбергенова "Нөкис гүллери" https://t.me/ibratli_sozler

Егер көпке ийе болсаң, малыңнан бер. Егер азға ийе болсаң, кеўлиңнен. Румий Ертеңги күн Сизге қуўаныш, әўмет ҳәм мол табыс ал
Егер көпке ийе болсаң, малыңнан бер. Егер азға ийе болсаң, кеўлиңнен. Румий Ертеңги күн Сизге қуўаныш, әўмет ҳәм мол табыс алып келсин. Перзентлериңиз алдыңызда аман болып сизди сүйсиндиретуғын урпақ көбейе берсин! Сиз жақсы көрген ҳәм сизди қәдирлеген инсанлар алдыңызда аман болсын..! Биз бенен бирге болғаныңыз ушын рахмет! ҚАЙЫРЛЫ  ТҮН ҚƏДИРДАНЛАРЫМ! https://t.me/ibratli_sozler

СОРАЎ❓ "Едиге" дəстанынан: ✅ Едиге Сатемирге душпаныңның қолынан қызыңды алып неше күнде келемен деди?
Anonymous voting

СОРАЎ❓ ✅ Қарақалпақлар әййемде бул қәдирданын "Туран гүли" деп атаған, заманлар өтип ҳәзирги биз билген атқа өзгерген. Туран гүлин ҳәзир биз қалай атаймыз⁉
Anonymous voting

"АТАЛЫҚ" уғымының дурыс мəнилерин табыңыз?
Anonymous voting

"Айдос қала" естелиги қайсы районда?
Anonymous voting

... Ҳәр кимге өз ана тили яр болса, Мениң де өз тилим ем дәри маған, Ертең ана тилим жоғалар болса, Бүгин өлип кеткениме ырзаман. ✅ Кимге тийисли қатарлар.?
Anonymous voting

ЫҚЛАСБЕНТЛЕР СОРАУЫ БОЙЫНША : РЕСПУБЛИКАМЫЗДАҒЫ МЕШИТЛЕРДЕ ҲАЙЫТ НАМАЗЫН ОҚЫЎ ЎАҚТЫ БЕЛГИЛЕНДИ!  ✅ Өзбекстан мусылманлары басқармасы 2026-жыл Рамазан ҳайыты (Ийдул фитр) 20-март (шәўўәл айының 1-күни) жума күнине туўры келиўи ҳаққындағы қарарды қабыл етти. 🙄 Соған муўапық 2026-жыл 20-март жума күни Рамазан ҳайыты намазы Қарақалпақстан Республикасы бойлап бәрше мешитлерде саат 07:30 да оқылады. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! t.me/paziyletuz https://t.me/ibratli_sozler

Жас баланың анасы қайтыс болды. Əкеси қараса баласы топыраққа былғанып ойнап атыр екен. - Балам, тур , топырақ пенен ойнама !
Жас баланың анасы қайтыс болды. Əкеси қараса баласы топыраққа былғанып ойнап атыр екен. - Балам, тур , топырақ пенен ойнама ! Үстиң кир болады !- деди. Баласы : - Əкежан , сиз " Биз топырақтан жаралғанбыз дер едиңиз , сол распа ? - деп сорады. - Ауа , балам ,-деди əкеси. - Əкежан , онда маған көмеклесип жибериң ! Анамды топырақтан қайтадан жасап алайық ! - деди бала.... АЛЛАМ топырақ астындағы хəр бир Анаға рейим етсин ! Жер үстинде жүрген олардың көз қарашықларын хəр қандай жаманлықтан сақласын ..! Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

ЕЛИНЕ ҚӘДИРЛИ ЕЛДИҢ АТАСЫ (Елге ардақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камаловтың 100 жыллығына жайылған аўыз ашар дәстүрханында туўылған ойлар) Мегзеп әпсанаўий бийтәкирар ерге, Жараспаспа еди отырса төрде?! Жүз жыллығын тойлап халық пенен бирге, Бир қуўанар еди қәдирдан атам. Мыңнан тулпар шыққан жүйрик  туяғы, Әсир тарийхының ҳасыл қыяғы. Бул ялғанның Сиз бийбаҳа қонағы, Ким бар,сиздей ел деп жүз жыл жасаған?! "Тойыңа бараман өзим" деп еди, Сизге түсип Журтбасшының нәзери, Елиң күтти сол бир күнди ўәдели, Бул күн әрманларға айланды... атам! "Жарасығы менен жүзге жүзлесип, Журтбасшымыз бенен және гезлесип. Тойламақ ығбалы еткенде несип..." Халқыңның кеўлинде әне сол әрман... Эҳ,тири болғанда үлкен той болып, Дәргайың сан әлўан гүллерге толып. Бахыт қусың қайта басыңа қонып, Көкке жетпеспеди берилер баҳаң?! Бул тойдан бәршениң кеўили өсип, Ел-халқыңның айдарынан жел есип. Қәллибек атамыз саў болсын десип, Сүйсинбеспе еди Сизге кең жәҳән?! Тәғдир екен...бул күн қалды еслеўге, Қаҳарманлық жолларыңды сөзлеўге. Халқыңда шара жоқ енди төзбеўге, Бендеде не илаж таўсылса тақан?! Бүгин мәресимде айтылды солар, Ел перзенти елдиң ядында қалар. Хызметлериң елге бир мектеп болар, Халқыңыз алғыслар жоллайды саған. Мудам аўыр келген өлшеўде тасы, Гүжимдей саялы болған шақасы. Елине қәдирли елдиң атасы, Райян жәннет бағы сый болғай саған!🤲 Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА     18-март,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

💻 ӨзР Министрлер Кабинетиниң арнаўлы Қарарына муўапық белгили мәмлекетлик ғайраткер, уллы тулға Қәллибек Камалов атамыздың 100 - жыллық юбилейи кеңнен нышаланбақта. Бүгин "Ақ қуў" комплексинди қарақалпақ халқы сүйген ел перзенти Қ. Камалов атамыздың руўхына Қуран тиләўат оқылып, ифтарлық дастурханы жайылады. Бүгинги иләжды шөлкемлестирип атырған жанкүйер Көкемизге, Ел ағамызға, Ҳүкимет басшымызға шексиз миннетдаршылық билдиремиз ! Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz https://t.me/ibratli_sozler

К Е Л Н А Ў Р Ы З Ы М Кел Наўрызым Жаңа Жыл Жаңа айым, Дүньяның нурға бөлеп гүл шырайын. Пасыллардын бәри де жаңаланып, Бәҳәр
К Е Л Н А Ў Р Ы З Ы М Кел Наўрызым Жаңа Жыл Жаңа айым, Дүньяның нурға бөлеп гүл шырайын. Пасыллардын бәри де жаңаланып, Бәҳәр менен басланады ҳәр жыл сайын. Кел Наўрызым берекеттиң нурын шашып, Гүллер турсын қулпырып шырай ашып. Суўлар ақса сылдырап жылғалардан, Бағда қуслар сайрасын жуғырласып. Кел Наўрызым жасыл мақпал түске дөнип, Дийханлардың бир дәни мың болсын өнип. Қайнап турған сүмелек ҳәм гөжелерде, Аңқып турсын ақ бийдайдың дәми енип. Кел Наўрызым қутлы болып табысларың, Әмиўдәрьям ийрим тартсын ағысларың. Тыныш ғана дүньямызға қәўип салған, Тоқтасын ҳәм урыс пенен қағысларың. Кел Наўрызым күн менен түн теңлескенде, Мәўсимлердиң ағласысыз беллескенде. Наўрыз күни халқымыз кең жүрегинен, Меҳир берсин бир-бирине гезлескенде. Кел Наўрызым нәзер салып Арал жаққа, Ултанында сексеўил бағ жаралмақта. Жаңаланыў жасарыў паслы өзиң, Сен арқалы нурдан меҳир таралмақта. Е. Наметов. https://t.me/ibratli_sozler

Бəлким ата-ана перзентине хəмме нəрсени бəржай ете алмас, бирақ перзенти ушын хəмме нəрседен уаз кешиуге тайын турады ! https
Бəлким ата-ана перзентине хəмме нəрсени бəржай ете алмас, бирақ перзенти ушын хəмме нəрседен уаз кешиуге тайын турады ! https://t.me/ibratli_sozler

Əке болыу дегени не? 16 жасар бир жигит əкеси менен жəнжеллесип үйинен шығып кетеди. Буннан ғəзепленген əке үйинде оның атын да тилге алмауды қадаған етеди.Бийшара анасы баласының көпшигин ийискелеп сағынышын басар еди. Ананың " баламды сағындым тауып əкелиң ,"-деген тынбай жалыныуына қарамай əке өз сөзинде турып алар еди. Сол тақылетте еки жыл өтти. Улының тууылған күни еди. Ананың бул күнди улысыз өткенине шыдамай өкирип жылап атырғанын көрген əкениң кеули бираз жумсайды. Хаялының қолына мəнзил жазылған қағаз тутып сондай дейди : " Усы мəнзилге бар. Бирақ мəнзилди мен бергенимди айтпа !". Əке бираз гəплерди айтты ,бирақ ананың қулағы басқа гəплерди еситпей ,ойы улына тез жетиу болды. Қууанғанынан аспанға қанатсыз ушқандай еди. Дəрриу таярланып жолға шықты. Жазылған мəнзил устахана еди. Ана жумысшы кийиминдеги улын узақтан бақлап турды. Əсте-ақырын жүреги гүпилдеп имарат жанына келди. Еки жыл дауамында үй-иши менен көриспеген хəм шаңарағын умыта жазлаған жигит анасын тосаттан көрди-де , мүсиндей қатты да қалды. Өзине келип анасына қарай ушты хəм бауырына атты. Əкесинен тысқары хəммени сорап шықты. Анау қаяқта? , мынау не қылып атыр ? сыяқлы сораулар ишинде əкесине хешқандай сорау жоқ еди. Хəм ең соңында күтилген сорау берилди : - "Ол адам не ислеп атыр ? Еле ғəзептеме ? Мени түсиниуди қəлемейдиме ? " Ана бул сорауларды жууапсыз қалдырды . Ана улына қарап : - Мейли , балам ол гəплерди қой енди. Үйге кетемиз ! -деди. Улы: - Яқ , анажан мени мəжбүрлемең . Мен жүдə жақсыман . Бирақ ол адам менен бир үйде жасай алмайман" - деп жумыс бетине қарай кете баслады. Кеули шөккен ана улының артынан бираз қарап турды да , тууылған күнине əкелген торты есине түсип алдына шақырады. Тортты алып атырып улы анасына : " Анажан , өтиниш мени тыныш қойың. Мен кеталмайман "-деди." Еки жылдан бери артымнан бир мəрте излеп келмеген,бир мəрте де хал-аухал сорамаған адам менен қалай жасайман?"-деди улы көзине жас алып.Илажсыз қалған ана кетип баратырып : " Мейли , балам өзиң билесең. Көрип турман қарарыңнан қайтпайсаң. Мен киятырғанда əкең усы мəнзилди берди хəм усы гəплерди жеткиз деди. Қулақ сал балам,сен хəзирги жораңнан абайлы болыуың керек екен.Ол саған зыян жеткизейин деп жүрген екен. Бурынғы жүрген достың менен қатнасыңды тикле . Əкеңниң айтыуынша ол жақсы бала екен". Бул гəплерди еситкен баласы қатып қалды.Анасы жылағанынша үйге қайтып кетти. Үйге келген ана күйеуи менен урысты: - Неге меннен сонша нəрсени жасырдыңыз.Хəммесин билип қəтержам жүрер екенсиздə-я? Хаялының бул гəплерине əкениң көзлери билинер-билинбес жасланды. "Ол мениң жанымғой,ақыр"-деди дауысы қалтырап." Ол кеткен күннен бери хəркүни оны көриуге бардым. Бирақ ол мени сезбеди. Мен болсам оның хəр исин,хəр қəдемин , қасындағыларды да бақлап жүрдим. Түслик уақты болды дегеннен балам тəрепке асықтым. Себеби ,еле жас ,жаман адамларға қосылып кетерме деген қəуетер ишимди кемирер еди". Күйеуиниң бул гəплеринен хайран болған хаялының мийрими асып жылай баслады. Сол уақыт есик қоңырауы қағылды. Ана көз жасын сыпырып есикти ашты. Есик алдында қолында торты хəм басқа сауға-сəлемлери менен улы турған еди. Улы затларды анасына берди де жууырып барып əкесин қушты. Жигит хəммесин түсинип жеткен еди. Улыума хабар алмайды, мени жек көреди деп ойлаған əкеси күни-түн хабар алып жүргенин аңлаған еди.. Юсупова М .аудармасы https://t.me/ibratli_sozler

Сизге бир гəп айтайынба ? Лəйлатул - Қəдир түнинен кейин , Рамазан Хайыты алдынан бир инсанға Жəннетти тиледим, табыңлар ол к
Сизге бир гəп айтайынба ? Лəйлатул - Қəдир түнинен кейин , Рамазан Хайыты алдынан бир инсанға Жəннетти тиледим, табыңлар ол ким екен? 😊 Қызықсаңыз ... Кəəбаның үстин басып көриң! 🕋🕋🕋🕋🕋 https://t.me/ibratli_sozler

КАНАЛЫМЫЗ ЫҚЛАСБЕНТЛЕРИ СОРАУЫ БОЙЫНША : РАМАЗАН АЙЫ НЕШЕ КҮН БОЛАДЫ? 🌍...Милодий сәне айлары 28 ямаса 29 ҳәм де 30 ямаса 31 күнлик болғаны сыяқлы ҳижрий айлар, соның ишинде, Рамазан айы да гейде 29, гейде 30 күнлик болыўы мүмкин. Ҳижрий айдың милодий айдан айырмашылығы сонда, мәселен, март айы турақлы түрде 31 күнлик болса, ҳижрий айлар ҳилалдың жаңаланыўы менен байланыслы болғаны ушын қайсы ай неше күнлик болыўы айдың көринисине қарап анықланады. 📿 Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ақыретке риҳлат қылынғанша тоғыз жыл Рамазан оразасын тутқан. Солардан көпшилигинде Рамазан айы жигирма тоғыз күнлик, азлаўында отыз күнлик болған. Бул бойынша Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте келтирилген: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дәўиринде 29 күн тутқанымыз 30 күн тутқанымыздан көп еди" (Имам Аҳмад рәўияты). 💬 Демек, Рамазан айы неше күн болса, сонша күн ораза тутылады ҳәм сол кәмил ораза есапланады. 📌 Соған бола, ҳеш ким өзинше Рамазан бәрқулла отыз күн болады, деп ҳүким шығарыўы ҳасла дурыс болмайды. Бундай деў саҳиҳ ҳәдислер ҳәм уламалардың ижмасына (бир тоқтамға келген гәпине) қарсы. ⏺Рамазан айы 29 күнлик болып келген жағдайда да биз аят ҳәм ҳәдислерге муўапық бир ай толық ораза тутқан боламыз. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Пазыйлет уз.каналынан алынды. t.me/paziyletuz https://t.me/ibratli_sozler

Таң сəхəрден оянсамда шүкирим менен Разы қылалдымба екен зикирим менен ? Сен хаққыңда мухаббатлы пикирим менен Хəр жылы сени
Таң сəхəрден оянсамда шүкирим менен Разы қылалдымба екен зикирим менен ? Сен хаққыңда мухаббатлы пикирим менен Хəр жылы сени күтермен келши Рамазан.. Ашлық,шөл шапанын кийдиртпей сүйреп Сəхəрликке, ауыз ашарға дууаңды үй деп Тақуалықтың тилсимин қəлбиңе түй деп Мени тəрбиялап баратырсаң Рамазан ... Сеннен үйрендим сабыр - шыдам сабағын Тек жақсылық көрип келди жанарым Еситкенде Жəннеттиң "Рəйян" хабарын Көксимде нур толтырып кеттиң Рамазан... Кеулимде хəсирет бар,көзгенемде жас Сөнбегей Жаратқаныма болған шын ықлас Отыз күн досластық болдық биз сырлас Хошласып баратырсаң енди Рамазан... Мен сени күтермен келши РАМАЗАН !!! ❤️ 😢😢 Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

#Рамазан Нөкис уақты менен 05:47-19:16 Сәҳәрлик тилеги نَوَيْتُ أَنْ أَصُومَ صَوْمَ شَهْرَ رَمَضَانَ مِنَ الْفَجْرِ إِلَى الْمَغْرِبِ، خَالِصًا لِلهِ تَعَالَى أَللهُ أَكْبَرُ Аўыз жабыў дуўасы: Наўайту ән асуўма соўма шаҳри рамазона минал фажри илал мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллаҳу акбар. Мәниси: Алла ушын Рамазан айының оразасын таң атқаннан баслап күн батқанға шекем тутыўды нийет еттим, Алла уллы, Алладан басқа тәңир жоқ.. https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! Қəсийетли РАМАЗАН айының соңғы күнине сау-саламатлықта ғайыбана дийдарластырғанына АЛЛАМА м
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! Қəсийетли РАМАЗАН айының соңғы күнине сау-саламатлықта ғайыбана дийдарластырғанына АЛЛАМА мың шүкирлер болсын !🤲 Əзийзлерим бул айда тапқанымыз ТƏҢРИНИҢ разылығы, қəлбимиздиң нуры, беккем ийман , тилимизден түспес салауат , бир-биримизге деген мехир-мухаббат болғай . 🤲 Түйилген сауаплар түйиншигимиз ауырласып Жəннеттиң Рəйян атлы есигинен Ата-анамыз , тууысқанларымыз, перзентлеримиз хəм бəрше жақын мөмин-мусылман бирадарларымыз бенен бирге өтиу несип еткей !🤲 Бүгин Ийд - Рамазан айының мүбəрек ийис күнинде шығарған садақаларыңыз қабыл болсын ! Усындай қутлы айға аманлық- есенликте жеткизген Рəббиме шексиз шүкирлер хəм мақтаулар болсын ! Əльхамдүлиллах ! Рамазан айының 29-күни Хəмал айының 19-сəнеси, хəптениң Пийшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler