uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 792 підписників, посідаючи 4 322 місце в категорії Релігія і духовність та 444 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 792 підписників.

За останніми даними від 09 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -265, а за останні 24 години на -7, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.13%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.97% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 288 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 755 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 10 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 792
Підписники
-724 години
-447 днів
-26530 день
Архів дописів
Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен, ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде, сиз
Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен,  ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде, сизиң шаңарағыңызға   Алланың  нуры жаўғай. Кеўил сандығыңызды жақсылыққа, бахытқа, саўапқа толтырғай.🤲 СӘҲӘРЛИК  -  06:24       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ!!! Мине көзди ашып-жумғанша, Рамазан айының 7-күнине де жетип келдик. Усындай теберик айды, қ
АССАЛАУМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ!!!     Мине көзди ашып-жумғанша, Рамазан айының 7-күнине де жетип келдик.      Усындай теберик айды, қасийетли күнлерди жаратып берген Ийемизге сансыз шүкирлер болсын!     Меҳрибан халқымыздың  бәрше тилеген тилеклерин Алла таалам қабыл етсин!  Елимизди ҳәр қыйлы бәле-жаладан, қәўип-қәтерден алланың өзи сақласын!  Аспанымыз ашық, елимиз парахатшылық, несийбемиз молынан болсын!     Халқымыз арасында аўызбиршилик, сыйласық жоғалмасын! Шаңарақларымыз  бахытлы,...ал инсанлар меҳир ақыбетли болғай !!!     Я РƏББИМ бенделериңниң билип-билмей ислеген гуналарын кеширгейсең.     Алланың разышылығы жолында тутып атырған оразаларыңыз қабыл болғай... 🤲 https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы түн әзизлер! -Умытқанларды Есле... -Жоғалттыңба? Изле... -Сағындыңба? Айт... -Өкпелеттиңбе? Кеширим сора... -Сени өкп
Қайырлы түн әзизлер! -Умытқанларды Есле... -Жоғалттыңба? Изле... -Сағындыңба?  Айт... -Өкпелеттиңбе? Кеширим сора... -Сени өкпелеттиме? Кешир... -Себеби өмир жүдә қысқа... Рамазан айындағы нийет-тилеклериңиз Алла дәргайында қабыл болғай. Ертеңги таңда сәҳәрлик дәстурханында, аманлықта көрисиў несип еткей 🤲🤲🤲 Сизлерге түннен тынышлық,  таңнан ырысқы-берекет  несийп  етиўин тилеймиз... Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

RAXMET +.mp311.67 MB

СОРАЎ❓ ✅ "Пахта менен баўызлаў" - сөзиниң мəниси қандай?
Anonymous voting

Сораў❓ ✅ "Гертиў" сөзи түсиндирмеси?
Anonymous voting

Сораў❓ ✅ "ЖЕБЕЎ" сөзи түсиндирмеси?
Anonymous voting

<<ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛИЙ БАЙРАМЛАРЫ>> ❤️ ОРАЗА ҲАЙТ БАЙРАМЫ~Ҳәр жылы тутатуғын отыз күн ораза өткеннен соң, үш күн даўам ететуғын диний байрам. Бул байрам ислам дининиң қағыйдасы бойынша келгени менен, ўақыттың өтиўи менен Қарақалпақ халқының дәстүрине сиңип, улыўма халықлық байрамға айланып кеткен. ОРАЗА ҲАЙТ БАЙРАМЫН оразаның соңғы күни азанда еки ракъат намазы оқылғаннан соң басланады. Бурынлары Қарақалпақ халқының мал баққан шарўалары бул намазды көбинесе даладағы ашық, таза жерге, ақ төбениң басына гилем, текийнемет төсеп, үстине жайнамаз жаўып, үш-төрт аўылдың адамлары биригип оқыған. Отырықшы дийханлары төрт бес уруўдың ортасындағы мешитке келип оқыған. Отырықшы дийханлары төрт-бес уруўдың ортасындағы мешитке келип оқыған. Ораза ҳайт бацрамында адамлар бир-бирине: --"Ҳайт бацрамың қутлы болсын. Берип атырғаң ҳайтлығың Алла дәргайында қабыл болғай!",--деп сәлемлесип, жақсы тилеклерин билдиреди. Ораза байрамында да ҳәр түрли миллий ойынлар, тамашалар өткерилген. ❤️ ҚУРБАН ҲАЙТ БАЙРАМЫ ~Мусылман жыл санаўының, Ҳижрий жыл есабының Жаңа жылы болып есапланады. Ҳижра жыл санаўы ҳәзирги қолланылып жүрген [миладияның] жыл есабының 622-жыл июнь айының 10-күнине қараған, шембиге өтетуғын түни Муҳаммед пайғамбар Мәккедег Мәдинаға көшкен. Усы күннен баслап Ҳижра жыл есабы басланады. ❤️ ҲИЖРА~араб тилинде "көшиў, қоныс аўдарыў",--деген сөз. Усыннан баслап ҳәр жылы Ораза ҳайтынан соң жетпис күннен кейин ҚУРБАН ҲАЙТ басланады. Қурбан ҳайт үш күн даўам етеди. Қурбан ҳайт байрамында мал шалыў мәресими буннан 2870 жыл бурын дүньяға келген, яғный Ибраҳим пайғамбардың заманында басланған. Муҳаммед пайғамбардың заманынан баслап, Алланың бирлигин, кәраматын таныған мусылманлар қурбанлыққа қой, қара мал, түйе шалатуғын болған. Қурбан ҳайттың тийкары диний исенимнен шыққаны менен келе-келе Қарақалпақтың миллий халықлық байрамына айналған. Қурбан ҳайт күнлери халық сейилге шығып, "ҳайт қабыл болсын",--деп, үйме-үй жүрип ҳайтлық жейди. Қыз-жигитлер бир-биринен ҳайтлық қәде алып, кешқурын әткөншек теўип, белбеў таслаў, ақсүйек ҳәм тағы басқа миллий ойынларымызды ойнаған. Бул байрамлар ҳәзирги күнде жаңа түс алып, мазмуны байып, халқымыз тәрепинен улыўма халықлық байрам ретинде байрамланады. Дереке: #қарақалпақлар #миллий_дәстүрлер. Shahzoda Allamuratova Каналымыздан узақласпаң... https://t.me/ibratli_sozler

Yulduz Usmonova – Дуо қилайлик (1).mp39.17 MB

Ауыз ашыу дууасы: Аллоохуммə лəкə сумту уə бикə əəмəңту уə аълəйкə тəуəккəлту уə аълəə ризқикə əфторту фəғфирлий йəə ғоффəəру
Ауыз ашыу дууасы: Аллоохуммə лəкə сумту уə бикə əəмəңту уə аълəйкə тəуəккəлту уə аълəə ризқикə əфторту фəғфирлий йəə ғоффəəру мəə қоддəмту уə мəə əххорту . Қылған ибадатларыңыз АЛЛАХ дəргайында қабыл болсын ! Я Рəббим елимизге тынышлық , шаңарағымызға аманлық , ата-анамызға узақ өмир , тууған-тууысқанларымызға мехир -ақыбет, перзентлеримизге гөззал минез -қулық бергейсең ! Ифтарлығыңыз ибадатыңызға күш -қууат болсын əзийзлерим !! https://t.me/ibratli_sozler

ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛЕТИНЕ ТӘН ПАЗЫЙЛЕТЛЕР........ Бир бастырма астында уйықлап турған ул - қызлар азанда ата - анасы ямаса басқа бөлмеден турып келген туўысқанлары менен қол алысып яки аўызша сәлемлесиў шәрт емес. * * * Қарақалпақлар ата - анасы менен, туўысқанлары менен, сондай - ақ өзине жақын тутқан басқа да инсанлар менен "сен" деп сөйлеседи. "Сиз"леў оларды бири - биринен узақластырады ҳәм суўықлықты билдиреди. * * * Үйге сырттан ким кирип келсе де, оған арнап көрпеше салынады. Келген адам өзи айтпағаншы оннан жол болсын соралмайды. * * * Қонақ келген пайытта қай мезгил болыўына қарамастан оған арнап дастүрхан жайылады. Қонақтан "қандай аўқат писирейин" деп соралмайды. Мийманға дастүрхан жайылғанда сынық нанлар жыйнап алынып, пүтин нан қойылады. 📖 М.Нызанов "Қарақалпақлар" китабынан Бизден узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler

🔥🔥☝️☝️☝️🔥🔥 Әкеңниң алған яры жақсы болса, Балалық шағың жақсы өтер. Өзиңниң алған ярың жақсы болса, Жаслық шағың жақсы өт
🔥🔥☝️☝️☝️🔥🔥 Әкеңниң алған яры жақсы болса, Балалық шағың жақсы өтер. Өзиңниң алған ярың жақсы болса, Жаслық шағың жақсы өтер. Балаңның алған яры жақсы болса, Ғаррылық шағың жақсы өтер... Мақал........ Өжет шайыр... https://t.me/ibratli_sozler

Бәхерди көргенлер бар ма?  Берманырақ кел, отыр бул жерге, Шыннан да бәҳәрди көрдиң бе өзиң, Февральды өткерип қайтаман изге, Шайырым исен маған,шын сөзим, Дейип күлимсиреп хошласқан еди, Қыс мени музлатты,тоңлатты мени, Саған қай жерлерде дусласқан еди, Әбден ол қәдирин аңлатты енди. Жадырап жүрмекен,қырлардамекен, Яки жайлауларда,суулардамекен, Сулыулар айтқан жырлардамекен, Яки бәлент шоққы таулардамекен. Бәхерим ол мени сорап қойды ма!? Мениң күткенлерим ядында бар ма!? Тоңлап өлмеди ме дейип айтты ма, Жазған хатларым жанында бар ма?! Мине март басланды дерек жоқ оннан, Тоңлар жибимейди,музлар еримес... Самал турды... бәхер басланар таңнан... Жыллылық көринер мәзи бир елес... Абат Крамов. 2021-жыл.9-август. каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya

Айбек Төлегенов “Ер адамның қандайлығы - үйиниң жағдайынан билинеди". Жүдә пайдалы видео..👆👆👆 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

СИЗДИ ЖАРАТҚАНҒА СҮЙИКИМЛИ ҚЫЛАТУҒЫН ӘДЕПЛЕР ⠀ 1. Мөмин-мусылман адамды көргениңде оған "Ассаламу алайкум" деп сәлем бер. Бул сөз "Сизге Аллаҳ тааланың тынышлығы болсын" деген әжайып тилекти билдиреди. Ал егер ол сеннен бурын сәлем берип қойса, оған: "Ўа алайкум ассалам" «Сизге де Аллаҳ тааланың тынышлығы болсын» деп шырайлы тәризде жуўап қайтар. ⠀ 2. Егер бир жерге (биреўдиң үйине) киргиң келсе, алды менен есикти қағып, даўсыңды шығарып, үй ийесиниң рухсатын алып кир. Биреўдиң үйине рухсатсыз кириў – әдепсизликтиң белгиси. ⠀ 3. Аўқат, суў, ҳ.т.б тағам ишип-жеў алдында «Бисмилләҳ» деп Аллаҳ тааланың аты менен басла. Аўқатты оң қолың менен же ҳәм өз алдыңнан жеўге әдетлен. Аўқатланып болғаннан соң «Әлҳамдулилләҳ» деп аўқат берип, қарныңды тойдырған Аллаҳ таалаға шүкиршилик айт. ⠀ 4. Тек жақсы сөз сөйле ҳәм даўсыңды қатты шығарма. Адамлар менен әдеп пенен сөйлес. Егер биреў саған қарап сөйлеп турса, оның сөзин бөлме, ақырына дейин тыңла. Әсиресе, жас үлкенлердиң сөзин бөлиў, алдына түсип, сөз айтыў – көргенсизликтиң белгиси. ⠀ 5. Түшкирген гезде бетиңди қолың менен яки кийимиң менен тос ҳәм «Әлҳамдулилләҳ» деп Аллаҳ таалаға шүкиршилик айт. Егер биреў түшкирсе оған «ЯрҳамукаАллаҳ» «Аллаҳ саған рейим қылсын» деп жуўап бер. 6. Егер еснегиң келсе, даўсыңды қатты шығарма ҳәм аўзыңды қолың менен басып есне. ⠀ 7. Егер бир жыйынға келсең, көпшиликке даўсыңды шығарып (олар еситетуғындай) сәлем бер. Адамлардың шетине келип жайғас. Өзгелерди атлап, мазаларын алма, олардың рухсатысыз араларына отырма. Отырған адамларды орынларынан қозғама. ⠀ 8. Жолда киятырсаң жол әдеплерине әмел қыл. Жан-жағыңа алаңлап қарай берме. Адамлардың сәлемине әлик ал ҳәм ҳеш кимге зияныңды тийгизбе. 9. Өзиңе жарасатуғын шырайлы кийим кий. Кийимди оң тәрептен баслап кийип, шеп тәрептен шеш. Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың! https://t.me/ibratli_sozler

НӘРЕСТЕ СЕСТИ Нәресте өмирдиң жайнаған гүли, Өзгесин ҳеш бир бағ, ете алмас инам. Билсең теңсиз ырғақ, шырқырақ үни, Ҳеш бир композитор, жазалмас инан. Мейли ол ул болсын, мейли ол қызба, Ең уллы бахытдур, ең уллы инәм, Түнлери нур шашқан, ай ҳәм жулдызда, Оның көз нурынан, өте алмас инан. Нәресте күлкиси, ең сулыў күлки, Мынаў өмирдеги, ең уллы байлық, Бул гөззал дүньяның, бийбаҳа мүлки, Сен әперген ойыншық, алғанда "айлық", Ең таза, нәресте отырған орын, Ең таза, әткөншек, бесик турған жер. Дуньяда пайызлы, ең сулыў орын, Шад болып, нәресте ойын қурған жер. Нәресте орнындай, пәк болсын дүнья, Уйқысын бузбасын, шыбынның сести, Бийбаҳа ҳаўаздан, шад болсын дүнья, Жаңласын жәҳәнде, нәресте сести. 11.01.2026. Раўаж Отарбаев https://t.me/ibratli_sozler

photo content

🤲 Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен, ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде,
🤲 Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен,  ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде, сизиң шаңарағыңызға   Алланың  нуры жаўғай. Кеўил сандығыңызды жақсылыққа, бахытқа, саўапқа толтырғай.🙏🤲 СӘҲӘРЛИК  -  06.26.       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. 😌 НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozl

KESHIR ALLA +.mp36.76 MB