cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

Әдебий БлоGнот

Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.18+

Більше
Рекламні дописи
610
Підписники
Немає даних24 години
-97 днів
+630 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

#уллылар_мухаббаты Хусни-Қорлан Бул қосықтың тарийхы Маралды аўылында қыпшақтың сулыў қызы Қорлан  менен жас ақын Естай Беркимбайулының ушырасып қалғанынан басланады. Тойға барған жас ақын жигит сулыў қызға ашық болады. Қызда басқаларға уқсамаған бул жигитке кеўли жоқ емеслиги билинеди. Бирақ Қорланды жас ўақтынан айттырып қойған болады. Соған қарамастан еки жас қашатуғын болып келискенде буннан хабар таўып, қызды узатып жибереди. Естай ақын буннан соң усы қосықты жырлайды. Соннан бул қосық қазақ халқының сүйикли қосығы болып жырланады. "Жигиттиң әрманы жоқ Қорланды алған" деген қатарлар менен толғанып айтылатуғын қосық, ҳақыйқый сезимлерлерден дөрелген еди. Естай ақын өмириниң ақырына дейин Қорлан берген жүзикти қолынан тасламаған екен. Қорлан деген ат, хүр қызы деген мәнисти аңлатады. Дерек: интернет материаллары.
Показати все...
Показати все...
ЕСТАЙ-Кусни Корлан.mp36.03 MB
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Өтер гүл  жазына  асыққан  қыслар, Өтер  пәрўазына  асыққан  қуслар, Өтер  сәрназына   телмирткен   қызлар, Сен  ғана өтпессең, маған  жетпессең. Сен  ғана өтпессең...                                           Кеңесбай  РАХМАНОВ
Показати все...
Сен   ғана   өтпессең… Бул   дүньядан   талай   дәўранлар   өтер, Дийдине  жетпеген  әрманлар   өтер, Мәнзилин  аңсаған   кәрўанлар   өтер, Сен  ғана  өтпессең,  маған  жетпессең. Өтеди  көллерин  сағынған  қуўлар, Өтеди  шөллерин  сағынған  суўлар, Өтеди  машақат  талай  асыўлар, Сен  ғана  өтпессең,  маған  жетпессең. Жылларды  жетелеп  айлар  өтеди, Арғымақты  қуўып  тайлар  өтеди, Толқынларын  шайқап  сайлар  өтеди, Сен  ғана  өтпессең,  маған  жетпессең. Өтер гүл  жазына  асыққан  қыслар, Өтер  пәрўазына  асыққан  қуслар, Өтер  сәрназына   телмирткен   қызлар, Сен  ғана өтпессең, маған  жетпессең.                                           Кеңесбай РАХМАНОВ 1993-ж. http://t.me/a_blognot
Показати все...
Әдебий БлоGнот

Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.18+

Фаридам, Фаридим, Периштем дедиң.. "Қосық - бул жүрекке сыймаған дәрт, жүрекке сыймаған Муҳаббат" ФАРИДА АФРЎЗ @aydinguli
Показати все...
Dildora Niyozova - Faridam.mp38.79 MB
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Бирақ, сениң Жәмийлаң болғым келе береди...
Показати все...
"ЖӘМИЙЛА"НЫ КӨРГЕНДЕ... "Жәмийла"ны көргенде, сен ҳаққында ойладым, Дәниярдың ролине мен өзиңди сайладым. Қолларыңнан тутыўға қорықты қолым мениң, Бул өмир сахнасында жақсы ойнай алмадым. Жәмийланы көргенде өксип- өксип жыладым, Өкиништиң көксине бас қойып, мен қуладым. Әрман мени жубатып, арзыўларға силтеди, О тәғдир, ҳаял кеўлин неге бунша сынадың... Жәмийланы  көргенде делбе қыял ереди. Дәниярға илесип, қашып кетким келеди. Тәғдирим мениң солай, Садық пенен қаламан, Бирақ сениң Жәмийлаң болғым келе береди... Абадан ТУРДЫМУРАТОВА http://t.me/a_blognot
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Инсан өзи шыннан жақсы көретуғын адамына ҳеш қашан жаманлықты рәўа көрмейди. Ҳақыйқый муҳаббат пенен ҳәўесликтиң парқы да мине усында. Ашық болған жүрек ийеси ҳешқашан өзин ойламайды. Ашық өзин қурбан қылып сүйиклисин сақлап қалыўға таяр турады. Шыңғыс АЙТМАТОВ "Тик жар астындағы аңшының зары" китабынан. http://t.me/a_blognot
Показати все...
Шыңғысхан: - Қорықсаң ислеме, иследиң бе қорықпа.
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Истиң ең жақсысы бул соңына дейин алып барылған ис.
Показати все...
Оберіть інший тариф

На вашому тарифі доступна аналітика тільки для 5 каналів. Щоб отримати більше — оберіть інший тариф.