cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

Караозек хабарлары

Рекламні дописи
12 674
Підписники
+324 години
+137 днів
-12830 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

⚡️2024 жыл 26-28 апрел күнлери Ташкент қаласында “Улыўма билим бериў мектеплеринде тәрбиялық жумыслар нәтийжелилигин асырыў, системалы мәселелер ҳәм оларды сапластырыў, келешектеги жобалар” темасында оқыў семинары шөлкемлестирилген еди. Усы мақсетте райондағы 1-санлы мектепте барлық улыўма билим бериў мектеплериндеги руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары, психолог ҳәм класс басшылары қатнасында оқыў семинар өткерилди. Семинардың тийкарғы мақсети, билимлендириў мәкемелериндеги оқыўшы-жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм жәмийетте болып атырған өзгерислерге тәрбиялаў бойынша бирге ислесиўши шөлкемлер менен әмелге асырылатуғын ўазыйпалар анық белгилеп алынады Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Показати все...
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ “АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тǝрепинен 2024-жылы жоқары кернеўли 110 кВлы “Орайлық” ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген. Усы жумысларды өткериўге байланыслы 2024-жыл 7-май күни саат 8-00 ден 18-00 аралығында Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласы аймақларында электр энергиясы менен тǝмийнлеўде шеклеўлер болатуғынлығын билдиремиз. “АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы nhttps://www.instagram.com/@qaraqalpaq_elektroset
Показати все...
Студент болыўды қәлеўши ҳаял-қызлар дыққатына! Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзалар қабылы басланды. Министрлер кабинетиниң 322-санлы қарарына тийкар, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе, бирақ, жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик оқыў орынларына бөлек қабыл параметрлери шеңберинде төлеў-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген. Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасын алыў ушын усы жылдың 1-июнына шекем https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы арза тапсырыўлары керек. Усыныснама алыў ушын талабанлар төмендеги критерялардың барлығына туўры келиўи керек: - орта арнаўлы ямаса профессионал тәлим бойынша қәнигеликке ийе болыўы; - усыныснама алғанға шекем жоқары мағлыўматқа ийе болмағанлығы ямаса алмай атырғанлығы ; - орта арнаўлы ямаса профессионал тәлим қәнигелиги бойынша кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болыўы. Арза тапсырыў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер: - пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы ; - мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси) нен көширме; - орта арнаўлы ямаса профессионал тәлим бойынша диплом. - Талабанлар тәрепинен усыныс етилген арза ҳәм ҳүжжетлер районлық исши топарлар тәрепинен белгиленген тәртипте көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў ямаса усыныснама бериўди бийкар етиў ҳаққында жуўмақ қабыл етиледи. Жоқарыдағы критерияларға туўры келетуғын ҳаял-қызлар районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимине ҳүжжетлерин тапсырыўына болады. Мағлыўмат ушын  телефон: (93) 771-23-32 Қараөзек районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими. 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Показати все...
«Наданлыққа қарсы ағартыўшылық» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди ⚡️Райондағы «Қутлы мәкан» МПЖ да усы аймақтың пуқаралары ҳәм жаслары қатнасында «Наданлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени астында «Жаслар – жат идеяларға қарсы» атамасында үгит-нәсият илажы болып өтти. Онда шығып сөйлеўшилер жәмийетимизде диний экстремизм ҳәм терроризм, миссонерлик пенен байланыслы қәўиплерден, интернет тармағы арқалы тарқалып атырған жат иллетлерден сақланыў, наданлыққа қарсы ағартыўшылық ҳәм миссионерликтиң алдын алыў, жасларды жат идеялар тәсиринен сақлаў ҳәм оған қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жәмийетте саламат социал-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барды. Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Показати все...
⚡️Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында» ғы  52-санлы қарарына тийкар, Қараөзек районында аўыр шараятта жасап атырған шаңарақлардың жайларына шиферлаў жумыслары алып барылмақта. Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇  @QaraozekHakimligi
Показати все...
⚡️Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында» ғы  52-санлы қарарына тийкар
Показати все...
📣📣📣HÚRMETLI, QARAQALPAQSTAN JASLARÍ! BÁRSHEŃIZDI 10-MAY, SAAT 18:00 DE NÓKIS AMFITEATRÍNDA BOLÍP ÓTETUǴÍN «BOZATAW FEST — JASLAR HAWAZÍ» FESTIVALÍNÍŃ SALTANATLÍ ASHÍLÍW MÁRESIMINE MIRÁT ETEMIZ. KESHEMIZ MIYMANLARÍ: SARDOR TOIROV, DILNOZA HAKIMOVA HÁM QARAQALPAQ JULDÍZLARÍ. BOZATAW QÁBILETLILERDI JÚZEGE SHÍǴARADÍ! BÁRSHENI KÚTEMIZ 🤗🤗🤗 Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń: Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Показати все...
Қараөзек районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға районлық Әдиллик бөлими юридик хызмет көрсетиў орайы бас юрист консультантлары А. Алламуратов ҳәм Т.Тилеўбаевлар қатнасып, коррупцияның жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўына кери тәсирлери ҳәм де коррупцион ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлар ушын белгиленген жуўапкершиликлер ҳаққында айтып өтти. Буннан тысқары, тараў хызметкерлери тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында жаңадан қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм олардың әҳмийети бойынша түсиндириў жумысларын алып барды. Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Показати все...
«Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорт жарысы болып өтти. Бул жарысқа секторлар кесиминен жеңимпаз болған 4 команда қатнасып, спорттың «Волейбол», «Киши футбол», «Стол тенниси», «Шахмат-шашка» түрлери бойынша өз-ара беллести. Жарыс жуўмағынад «Кәсиплик аўқам кубоги» ушын 16-санлы мектептиң ҳаял-қызлар командасы спорттың «Волейбол» түринен сыйлы I-орынды, «Стол теннис» түринен усы мектептиң баслаўыш класс пәни муғәллими Е. Қәлимбетова, «Шашка» түринен А. Таңирбергенова, сондай-ақ 19-санлы мектептиң ерлер командасы «Киши футбол» түрлеринен жеңимпаз болып, Республикалық басқышқа жоллама алды, ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Показати все...