uk
Feedback
Сахибжамал Сырғабаева

Сахибжамал Сырғабаева

Відкрити в Telegram

📍АВТОРЛЫҚ ҚОСЫҚЛАР. 🚫Автор рухсатысыз қосықларды атқарыў қадаған. ӨЗБЕКСТАН ХӘМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАЗЫЎШЫЛАР АЎҚАМЫ АҒЗАСЫ

Показати більше
2 258
Підписники
-424 години
-167 днів
-4030 день
Архів дописів
Repost from Hoja.uz️
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети ҚР Жоқарғы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген бай
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети ҚР Жоқарғы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген байрам иләжы болып өтпекте. Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz

Сен қашанғы жас боларсаң… @Ssirgabaeva

📩

Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар: Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп…        Бахтыяр Генжемуратов

Шынлық хәр кимге хәр түрли естилиуи мүмкин бирақ негизин сақлап қалады. *Бәуке БАУЫРЖАН МОМЫШ УЛЫ. #сөзбәндиргиси @Ssirgabaeva

Май айныса дуз салады. Ер айныса не болар?! Шын бөрилер айнымайды. Айнығанлар ийт болар, сағал болар, түлки болар қуйрық былғап қаңсылар. Мәртлер елдиң дузы болар — айнымайды жақсылар! © Бахтыяр Генжемуратов ✍ «Моде хан сөзи яки Шин жипегиндеги битик» поэмасынан.

+3
ҚР Мәденият министри Б. Темирбаев қаяққа қарап отыр ? Елге танымалы болған, халық дүрданасы есапланған "Тумарис" операсы ҳәмде "Қырық қыз" балети сахналық костюмлары жеке шаңарақта, яғный сахнадан тыс жерде не қылып жүр !? Бул нызам талапларына қайшы емеспе ? Соңғы ўақытлары ер адамлардың нашар кийимлерин кийиў үрдиске айланыўына Мәденият тиккелей жол қойып атырған жоқпа ? Әйтеўир , Ташкентте арнаўлы тиктирилген театрымыз сахнасындағы пердени биреўдиң шаңарағында шымылдық болып қағылып турғанын көрип қалмасақ болар... ҚР Мәденият министрлигине бул жағдайға рәсмий мүнәсибет күтип қаламыз ! Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz

Repost from Hoja.uz️
Аңыз адам бүгин келмес сапарына жөнеп баратыр. Сырғабай атамның көзин көрген және бир  адам мен билмеген тарийхты өзи менен алып кетти. Жайыңыз жәннеттен болсын. Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz

Кеўил билдириў Әлўидақ, атамыз қайтып баратыр Қара таўлар соңыңнан ерип баралмай, Келмес сапарына гүзетип салажақ. Жолбарыс ж
Кеўил билдириў Әлўидақ, атамыз қайтып баратыр Қара таўлар соңыңнан ерип баралмай, Келмес сапарына гүзетип салажақ. Жолбарыс жүреклиң артына қарамай, Ең соңғы Қарақалпақ кетип қалажақ. Көклемге жетпеген дәўир шақасы, Гүл паслына сәлем айтып баратыр. Ыразы бол, бизден елдиң ағасы, Әлиўдақ! Камалов қайтып баратыр… С.Сырғабаева Ең жақсы инсанлар кетип баратыр...Қарақалпақстан жери , халқы ушын жанын аямаған тири әпсана болған халық перзенти Қәллибек Камалов атамыз қайтып баратыр...Жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремен.Әлўидақ ата ! Инна лилляхи ва инна иляйхи раджиун @Hoja_uz каналы админи Гулайым Каньязова Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uz

Ҳәзир “блогер”, “вайнер” заман талабы деп аспанға көтерип атыр. Бирақ Шайырлар, ӘДЕБИЯТ… Қанша қунлы шығармалар, тулғалар өз дәўиринде өз бахасын алалмай атыр. Мени қыйнайтуғын нәрсе изиңизди даўам ететуғын урпақ кимди Әпсана , талант деп айтады? Хәзир адамлардың турмыс жағдайы анақурлым жақсарып атыр, өкинишшиси руўхый дүньясы аш. Адамлар бир мәртелик арзан нәрсеге барлық заманда да өш болған бул дегени оны бийикке қойыу деген емес. Әдебият, мәдениятты өлтириў дегени емес. Бул сөзимди хеш бир басшыға , қошшыға тийисли деген пикирден аўлақ болың. Хәр бир адам өзи ушын қабыл етиуиниң тәрепдарыман. Руўхыятыңызды азықлантырып турың, хүрмет пенен ерке қызыңыз Сахибжамал Сырғабаева.

Сахибжамал шайыр қызыма. "Аязый" вокзалдан поездға минип, Жаслар өрлемекте, жигерли күлип. Сахипжамалдың "Сөз бәндиргиси"нде Отырман китаптың даўамын күтип.. Бес күншелли бул ялғаншы өмирде, Язмыш дейди, санаўлы ҳәр демимде, Бүгин жалт еткен бир жулдызды көрдим, Сахибжамалдың "Сөз бәндиргиси"нде Бул пәрўазың бәлент болғай, шайыр қыз. Сөз өткирлеп, саплаўыңнан таныймыз. Сахипжамал бүгин жаңа дәўирде, Қайсар бол. Ерке бол. Ал биз қайылмыз! Базарбай Қалменов. (Нураный устаз) Нөкис. 11.01.2026-ж

Аңсаў Сынығындай сәўле түскен жарықтың Шала уйқас , қара сөзден жалықтым… Қарақалпақ деген батыр халықтың, Бүгин Ибрайымы болғандамеди?! Айдың туўар ўақты қашан алмасқан Төбемизде хәммеге тең бир аспан Аға десем төмен қарап турмастан Аз-кем шайыр тилин алғандамеди… Суу қуйып әдебияттың үнине Масқарапаз мәденияттың пириме, Нан писип тур желөкпелер демине Заман Маман бийди туўғандамеди… Өлпең дауыс қулағыңа барама Қайсы тилде не айтасаң балаңа Қалған жағы хүжданына хаўала… Туўры тәрезиге салғандамеди… С.Сырғабаева @Ssirgabaeva

“Мама мен сени жақсы көремееен”-деп айтыўға телефонын таппайман🥹

Қулаған қудығым онша терең емес еди, услаған жибим шириген болып шықты… Фондағы қосық мениң сөзиме тийисли.

Өлең құрау – ақындықтың көп қырының бір түрі. Тек сол үшін оны ардақтау, жөнсіздеу һәм күлкілі. Дәуірі мен билігіне саналғанмен алымды, Ұлтын сатқан ақындар бар, бірақ жыры дарынды... Ерлігі жоқ, елдігі жоқ, аузы ғана белсенер, Сөзден ісі алшақ жатса, оған қалай ел сенер? Неге бүгін ұлт мүддесі науқас жандай теңселер?.. Мұндай шақта ақындық күш тек шындықпен  өлшенер. Нағыз ақын әр кезеңде өзін қағып үлестен, Рухани мүдде шыңы – шындық үшін күрескен. Шындық кәусар ақындыққа болу керек асыл ән, Шындықты айтып ер Махамбет айырылған басынан. «Ақындар аз сын сағатта сөзден ісі зорайған», Десек-тағы «Абай қашан жол іздепті оңайдан?» Ел, ұлт жайлы сырларымен, Жыры биік тұрғанымен, Ісі үшін мен Махамбетті биік қоям Абайдан! Бұл ақындық ұстанымым қалыптасқан талайдан... ...Шындығы жоқ пенделерді басар уақыт көшкіні. Даңққа мойын созғанымен, Том-том өлең жазғанымен, Шындығы өлген ақындардың ақын емес ешбірі! Шындығы өлген мінезсіздік болмақ кімнің мақтаны? Қазір барлық салаларды мінезсіздер қаптады. Басшыларға жағымпаздық бұл кезеңде дара күш, Содан ақынсымақтардың көбі «туфли жалағыш»... Шыншыл ақын болу деген – азаптың ең азабы, Сол азапқа төзе білу – ғажаптың ең ғажабы... Ақындық күш – айтылмаған ой-сезімдер жиыны, Ол биіктен бой көрсету – қиынның ең қиыны!  Басты мақсат – өз халқыңның сан ғасырлық ағысын, Жеңісі мен жеңілісін, тілін, рухын, намысын, Жүрегіңнің санасынан, елегінен өткізу, Және оның қасіретін, Ұлтқа, тілге бас иетін, Қалың елге жырмен, іспен, мінезіңмен жеткізу. Жеткізе алмай дірілдесең... ол – шошыну, тосылу, Үркектердің, қорқақтардың қатарына қосылу. Ондайлардың маңдайына мәңгілікке сор қатқан Ешқашанда шыншыл ақын шыққан емес қорқақтан! Ақынға егер сөзіне сай шындық парқы қонбаса, Одан үлкен өріс күту, жеңіс күту далбаса... Кейде ұқсап көрінгенмен заңғарға, Сөзі басқа, ісі басқа, екіжүзді жандарға, Батыл, қарсы бағыт ұстау – әділ өмір талабы. Пенделікпен тірескен жан, Шындық үшін күрескен жан, Сол шындықтың айбыны мен беделі боп қалады!                                  * * * Шындық кейде қалың «арпа ішіндегі бір бидай», Неге әділдік күресінде жұрттың көбі «Тымпибай?» Рухсыздыққа кім шын мінез көрсетпесе қырғидай, Ондайлардың бүгінгі аты – Ырбикүл мен Жырбибай. Мұхтар ШАХАНОВ

"Маған тилим таза қалыўы керек ! Әўладлар бул тилди таныўы керек ! Каналға ағза болыў:@hoja_uz

Repost from Hoja.uz️
Канал ботымызға жоллаў : "Assalawma aleykum. Men J. J. 91ххххх Instagramdagi ayirim blogersimaqlardin milletimiz haqqinda islegen kontenti nervti shigardi. Usini qolga alsaniz ham oshortip tastasaniz."(автор тексти) Ҳүрметли ИИМниң тийисли тараў басшылары ! Бул видео инстаграм сайтына айырым нашарларымыз тәрепинен өз - ара бир мақсетте тил бириктирип, олар тәрепинен шөлкемлестирилип жәрияланды. Бул көп миллетли аўызбиршиликли елимиздиң наразылығын туўдырып атыр. Жоқарыдағы жоллаў солардың бири. Мениң жеке пикирим: бундай жаслар өзлериниң ислеп атырған қылықларынан жуўмақ шығармаса, тийисли кескин нызам шеңбериндеги шараларға тартылыў керек ! Ҳәр қыйлы болмағыр рекламаларды шығарып менталитетлик қәдир - қымбатымызға тийди, оңалар дедик. Бүгин қарақалпақ миллетин сөйлеп шығып атыр (сол нашарлардың ишинде басқа миллет ўәкиллери бар уқсайды) бул мысқыллап жыйнап, қәстерлеп киятырған миллет ара татыўлығымызға "балта урып" атырғаны емеспе !? Бүгин миллетимизди айтып щықса, ертең динимизди айтып шықпаслығына ким кепиллик береди ? Бүгин бир тема (қарақалпақлар) әтирапында юириксе, ертең басқа ныза оятыўшы темаларды өзлериниң жанына тағыда жасларды бириктирмейди деп ким кепиллик береди ( себеби 4 аккаунт подписчиклерин жыйнаса 200мыңға шамаласады) ? Рәсмий мүнәсибет күтип қаламыз ! P.s. Қарақалпақтағы туўысқанлық русты баўырманым, өзбекти өз ағам, қазақ, қырғызды үй тиктирип тамырлас еткен болса, бул ҳаяллардың миллет арымызға тийгени жеке өзимди ызаландырды.Бул жеке өзимниң ой-пикирим. Видео тийисли жерлерге жиберилди. Каналға ағза болыў:@hoja_uz

Мухаббатқа қызығы жоқ жасымның Ерке едим, толқын едим басылдым… Аса қайғы отыз деген бийикте Ақ қыраўы көринип тур шашымның. Сағынышым төгилежақ көзимнен Абайсызда барлық жолым үзилген О дүньяда анам күтип турсада Бул фәнийде ким жылайды изимнен… Қара сөзди көтермеген заманым Кеўил менен талай жыртық жамадым Тәғдир екен талайыма жазылған Жолықсада буйырмаған адамым. С.Сырғабаева