cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

Рекламні дописи
5 831
Підписники
-3824 години
-7717 днів
-1 03530 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

Фото недоступне
«Ишимлик суўы ушын социаль норма енгизиў жобасы жоқ»- «Узсувтаъминот» «Узсувтаъминот» ўәкили Өзбекстанда ишимлик суўы ушын да социаль норма жолға қойылыўы ҳаққында гəп-сөзлерге қатнас билдирди. Оған муўапық, ҳәм суў резерви, ҳәм суўды тежеў көз қарасынан жақын келешекте бундай жоба жоқ. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+VNb2FtiaLSk1NmFi
Показати все...
  • Фото недоступне
  • Фото недоступне
🇪🇸Испания - чемпион! Евро-2024 турнири финалында Испания Англия үстинен 2:1 есабында утты ҳəм 12 жыллық тəнепистен кейин тағы Европа чемпионы деген атаққа ийе болды. Солай етип, Испания 4 мəрте Европа чемпионы болған дəслепки топарға айланды. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+VNb2FtiaLSk1NmFi
Показати все...
📌 Тест процесслерин онлайн гүзетип барыўыңыз мүмкин Әйне ўақытта жоқары ҳəм профессиональ билимлендириў мəкемелерине кириў тест сынақлары даўам етпекте. Бул процесслерди ашық ҳəм əдалатлы өткериў мақсетинде ата-аналар ҳəм кең жəмийетшилик ушын тест сынақларын қəлеген орыннан  https://test2024.uz/ платформасында онлайн бақлаў мүмкиншилиги жаратылған. Атап өтиў керек, 2024/2025-оқыў жылы ушын кириў тест сынақлары еки сменада өткерилмекте. Бунда : Талабанлар қашан, қай жерде тест сынағында қатнасыўын http://my.uzbmb.uz сайты арқалы жеке кабинети арқалы билиўлери ҳəм рухсатнаманы жүклеп алыўлары мүмкин. Талабанлардан тест сынақы өткерилетуғын аймаққа белгиленген ўақыттан кешикпей шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжет ҳəм тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнама менен келиў соралады. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+VNb2FtiaLSk1NmFi
Показати все...
Test 2024

Test sinovi jarayonlarining onlayn kuzatuvi

👍 1
Фото недоступне
Трампқа қаслық жасалды. Тийкарғы мағлыўматлар Митинг ўақтында жүз берген атыспа ақыбетинде республикашылар кандидаты жараланған, гүманланыўшы жоқ етилген, тағы бир киси қайтыс болған, еки жəбирлениўши аўыр жағдайда. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi
Показати все...
👍 2
Фото недоступне
Өзбекстанда мəмлекетлик имтиханлар басланды Бүгин, 14-июль күни 8:00 де мəмлекетлик имтиханларға старт берилди. Быйылғы жылы 805 мың 688 абитуриент тестлерде қатнасады. Имтиханлар 25 июльға шекем даўам етеди. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi
Показати все...
Фото недоступне
Өзбекстанда оқыўды көшириў бойынша өтиў баллары тастыйықланды. Бул ҳаққында Жоқары тəлим, пəн ҳəм инновациялар министрлиги информация хызмети хабар берди.
Показати все...
Фото недоступне
НАТО ағзасы болған Туркия Палестинада кең қамтылған ҳəм беккем тынышлық орнатылмағанша альянс шеңберинде Израил менен шериклик етиў басламаларын мақулламайды. Бул ҳаққында Туркия Президенти Режеп Тойиб Эрдоған НАТО Мəмлекет ҳəм ҳүкимет басшылары саммитинен кейин, журналистлер менен болған баспасөз конфренциясында айтты.
Показати все...
👍 3
Фото недоступне
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Казақстанға барады. Бул ҳаққында Казақстан ҳүкиметиниң Телеграм-каналында хабар берилди. Толық оқыў
Показати все...
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ! «ЕҢ ПИДАЙЫ МӘҲӘЛЛЕ БАСЛЫҒЫ» сораўнамасы өткериледи ❓Президентимиз ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен “Мәҳәлле баслығы " на жүкленген ўазыйпалар қай дәрежеде орынланбақта? “Мәҳәлле баслығы"  аймағындағы пуқаралардың машқалаларына шешим таўып бере алып атыр ма? ✅ Биз мине усы сораўларға жуўап табыў арқалы халқымызға садық хызмет етип атырған “Мәҳәлле баслықларын анықлаў ҳәм оларды   сыйлықлаў мақсетинде "Ибратлы сөзлер"каналы "Қарақалпақ нақыл мақаллары ҳәм жумбақлар" каналы ҳәмде "Өмир сабақлары" каналлары тәрепинен социаллық сораўнама өткериледи. ☝️Сораўнамада “Мәҳәлле баслықлары" төмендеги  жумыслары тиккелей халық тәрепинен баҳаланады: 📊 Социаллық сораўнама тийкарынан Нөкис қаласы әтирапында өткериледи ҳәм жеңимпазлар Телеграмда даўыс бериў жолы арқалы анықланады. Бул басқыш нөкис қаласы бойынша 13-июль 30-июль күнлери болып өтеди. Бул басқышта ең көп даўыс топлаған үш “Мәҳәлле баслығы" жеңимпаз есапланады. 💵 Нөкис қаласы басқышында ең көп даўыс топлаған үш “Мәҳәлле баслығы"   баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. 👉🏻 «ЕҢ ПИДАЙЫ МӘҲӘЛЛЕ БАСЛЫҒЫ» НА ДАЎЫС БЕРИЎ
Показати все...
ЕҢ ПИДАЙЫ МӘҲӘЛЛЕ АҚСАҚАЛЫ

«ЕҢ ПИДАЙЫ МӘҲӘЛЛЕ БАСЛЫҒЫ сораўнамасын өткериуши бот

👍 3
Тест сынақлары өткерилетуғын имаратлар дизими жәрияланды. UzBMB сайтына тест сынағы өткерилетуғын имаратлар бойынша мағлыўматлар жайластырылды: https://uzbmb.uz/page/test_2024 ✅ Онда төмендеги мағлыўматлар сәўлеленген: 🔹 Тест сынағы өткерилетуғын аймақтың сүўрети; 🔹 Аймаққа кириў жерлери; 🔹 Тест сынағы өткерилетуғын жер аты; 🔹 Тест сынағы өткерилетуғын жер мәнзили; 🔹 Имарат номери; 🔹 Тест сынағы өткерилетуғын топарлар; 🔹 Орынлардың Google картадағы жайласыўы (геолокациясы).
Показати все...
👍 3
Оберіть інший тариф

На вашому тарифі доступна аналітика тільки для 5 каналів. Щоб отримати більше — оберіть інший тариф.