Taхтакөпир таңы газетасы
Відкрити в Telegram
Хызмет еткил удайына халық ушын!Тахтакөпир районының жәмийетлик-сиясий, әдебий газетасы @taxtakopir_tańı
Показати більше472
Підписники
Немає даних24 години
-47 днів
-1130 день
Архів дописів
Ҳеш қашан өз мийнетиңизди арзан баҳаламаң
Гигант кемениң двигательи истен шықты ҳәм оны ҳеш ким оңлай алмады.
Ақырында оны оңлаў ушын 40 жылдан аслам тәжирийбеге ие болған инженер-механикти мирәт етти.
Ол двигательди дыққат пенен тексерди ҳәм сумкасынан кишкене шөккишти шығарды. Кейин қандай да бир детальды урды. Двигатель тез ислеп кетти. Ол оңланған еди!
Арадан 7 күн өткеннен соң инженер оңлаў хызмети ҳақысы 20 000 доллар екенлигин айтты.
- Не?-деп таңланды корабль ийеси. - Сиз дерлик ҳеш нәрсе ислемедиңиз ғой? Бизге толық түсиндирип бере аласыз ба...
- Жуўап әпиўайы, - деди механик. - Балға менен урыўдың баҳасы 2 доллар. Бирақ қай жерге, қанша ҳәм қандай урыўдың баҳасы 19 998 доллар. Өз билим ҳәм тәжирийбесин қәдирлеў әҳмийетли. Себеби бул - гүреслер, тәшўишлер ҳәм көз жаслардың нәтийжеси. Егер мен жумысты 30 минутта питкерген болсам, бунын себеби, мен 20 жыл даўамында бул жумысты 30 минутта ислеўди үйрендим.
Ҳеш қашан өз мийнетиңизди арзан баҳаламаң. Сизиң 1 күнлик жумыс күниңиз, өмириңиздиң бир күнине тең.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
https://www.youtube.com/live/4QoujGF8MYE?si=s8bQS_07lBuOspsU
Аўылласлар устазларымызды қоллап-қуўатлап отырайық.
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине
Қәдирли дослар!
Бәринен бурын сизлерди 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Жәмийетимизде демократиялық қәдириятларды қарар таптырыў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив ҳәм дурыс мағлыўматларды жеткериўде сиз, ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң пидәйи мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.
Сизлердиң мийнетлериңиз себеп, мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына жақын болып, елимиздиң жаңа демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте.
Биз жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, өмир ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретип, заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халқымыздың мәпин муқаддес деп билген саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўда сизлердиң мийнетиңизге сүйенемиз.
Сизлерди Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине
👉 Толық оқыў: https://kknews.uz/kk/289081.html
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
️1-июльден баслап пенсия ҳәм напақалар, 1-сентябрьден баслап айлық ҳәм стипендиялар көбейеди
Президенттиң 2026-жыл 23-июньдеги ПП-115-санлы Пәрманына муўапық, мәмлекетте пенсиялар, напақалар, мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар 7 процентке арттырылады.
️1-июльден баслап пенсия ҳәм социаллық напақалардың төмендеги жаңа муғдарлары әмел етеди.
Жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары 983 мың сум;
майыплық пенсиясының ең кем муғдары болса 1 млн 83 мың сум етип белгиленди.
Сондай-ақ, балалар напақасы да арттырылып, 3 жасқа шекемги биринши перзент ушын 386 мың сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги биринши перзент ушын 295 мың сум төленеди.
Екинши перзент ушын қосымша төлем 177 мың сум, үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзент ушын болса 118 мың сумды қурайды.
️ "Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақлар ушын материаллық жәрдем 450 мың сумға, пенсияны есаплаў базалық муғдары болса 504 мың сумға жеткериледи.
️Буннан тысқары, урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары ушын пенсиялар, бағыўшысын жойытқанлық напақалары және мийнет стажына ие болмаған кексе пуқараларға төленетуғын напақалар да арттырылады.
️1-сентябрьден баслап болса бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм студентлер стипендиялары 7 процентке асырылады.
️ Соның менен бирге 1-сентябрьден баслап:
▪️мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 360 мың сумға;
▪️базалық есаплаў муғдары болса 440 мың сумға жеткериледи.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
#JCh_2026 🏆
Ózbekstan - Portugaliya ushırasıwı janlı efirde kórsetiledi!
Futbol ıqlasbentleri dıqqatına!
2026-jıl 23-iyun kúni saat 22:00 de futbol boyınsha Jáhán chempionatı-2026 jarısınıń topar basqıshınan orın alǵan Ózbekstan hám Portugaliya saylandı komandaları arasındaǵı ushırasıw bolıp ótedi.
Usı oyınnıń janlı efiri Taxtakópir rayonı Mádeniyat orayı imaratında úlken ekran arqalı kórsetiledi.
Barlıq futbol ıqlasbentlerin milliy komandamızdı qollap-quwatlawǵa shaqıramız!
Ózbekstan milliy saylandı komandasına áwmet tileymiz!
Taxtakópir rayonń hákimliginıń málimleme xızmeti
Аǵza bolıń:
https://t.me/taxta_tani
⚡️Ендигиден былай Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси баслықлары пуқараларды ҳәр 6-күни қабыллайды
Президент Халық қабыллаўханасы мәмлекет басшысының тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси баслықлары, Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары, район-қала ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары системалы түрде аймақлық Халық қабыллаўханаларында жеке қабыллаўлар өткерилетуғынын ҳәм оның ўақытларын жәриялады.
Бунда жеке қабыллаў ўақытлары:
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы - ҳәр айдың биринши ҳәм үшинши шемби күнлери саат 10:00 - 12:00;
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы - ҳәр айдың екинши ҳәм төртинши шемби күнлери саат 10:00 - 12:00 деп белгиленди.
Сондай-ақ, аймақлар басшыларының орынбасарларының қабыллаў ўақытлары менен усы силтеме арқалы танысыў мүмкин.
Объектив себеплерге байланыслы жеке қабыллаўлар өткериў имканияты болмағанда, қабыллаў басқа күнде гезексиз шөлкемлестириледи ҳәм белгиленген тәртипте алдыннан жәрияланады.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
ҚАЙТАР ДҮНЬЯ
(Эссе)
21-микрорайонда турғанымда, түрмеде надзирател болып ислейтуғын дийўаллас қоңсым бар еди. Жасы елиўлердеги түркмен еди. Жалғыз өзи турады. Қоңсылар менен араласпайды. Мен де оның менен тек сәлемлесемен.
Сексенинши жыллардың екинши ярымы, қайта қурыў, демократияластырыў, баспасөздиң ҳәўижине шығып атырған ўақты. Мен жигирмалаған газета-журналға жазыламан, қалың журналлар келген күни олар почта қутыма сыймай қалады. Почтальон сыймағанларын қутының үстине аманат қойып кетеди. Бир неше рет надзирател қоңсым есигимди қағып, "газет-журналың далада жатыр, мына қоңсыларың дәстүрханға төсеп қоймасынан бурын алып қой", деп хабарлап кетти.
Бир күни ол есикти қағып, үйине мирәт етти. Чемоданлары есиктиң алдында тур екен.
«Мен отставкаға шығып, елиме – Гөнеге қайтып баратырман, – деди ол. – Сен жазыўшысаң ғой. Жазыўшы – халықтың сөйлер тили. Саған бир нәрсени айтып кетежақпан. Надзирател қамақтағы адамларды не қыламан десе, қыла алады. Бирақ мен, жигирма бес жыл усы системада иследим, бир адамды шертпедим, – деди ол. – Сизлердиң елиңиздиң дузын иштим, бул елде ҳешкимге жәбир бермедим, дузыңызға қыянет етпедим», – деди ол. Сол жерде екеўимиз хошластық.
Ертеңине азанда ол Гөне Үргенишке кетти.
Басқа микрорайонда турғанымда, милиция қоңсымыз болды. Апай мектепте муғаллим болып ислеген. Милиция ақсақал өмир бойы районларда хызмет еткен, Нөкиске бала-шағасын көриўге айына бир-еки мәрте келип кетип турған. Сол кетип-кетиўлердиң қүдирети менен жети ул-қыз дүньяға келген. Бизлер қоңсы болған күнлери ол киси отставкаға шықты. Апай да елиў жасында пенсияға шықты. Оның үйде жүргени апайға қатты жәбир бола баслады. «Бул бәрҳа районларда жүргеннен соң, буның бундай жаман екенин билмейди екенмен-аў», деп сырнығатуғын еди. Апай даўасыз аўырыўға шатылып, көп узамай қайтыс болды.
Олардың үлкен баласы түрмеде надзирател болып иследи. Қоңсылар есиктиң алдына шығып, сөйлесип отырғанларымызда, ҳәрким өзиниң жумысын айтысады. Сол ўақта отызлардағы жас жигит, надзирател инимиз қамақтағыларды аўзынан қара қанын келтирип урғанларын айтады. «Жумысқа барғанымда, адам урғым келип, қолым қышып бараман», – дер еди ол. Қоңсылар, оннан жасы үлкен адамлар, бул жигиттиң сөзлерин комментарийсиз тыңлаймыз.
Арадан бираз жыллар өткеннен соң, 2000-жыллары, ол да отставкаға шықты. Мектепте бирге оқыған, Россияда жумыс ислеп атырған жораларына қосылып, Петербургқа жумысқа кетти. Соннан бир күнлери оның сол жақта төбелесип, емлеўханаға түскени айтылды. Үйиндеги иниси ағайинлеринен жол қәрежет таўып, барып оны алып келди. Оның басына арматур менен урып, өлимши ҳалға келтирген екен. Питердиң докторлары жанын аман алып қалған. Келгеннен соң көп ўақытлар үйинен шыға алған жоқ. Еки жылдан соң денсаўлығын бираз тиклеп, көшеге шығып жүре алатуғын болды. Бир күни оның паркте велосипед айдап жүргенин көрдим. Бир неше мәрте сөйлесип көрип, оның еси кирели-шықпалы екенлигин байқадым.
Соның менен жасап атыр. Әлбетте, бала-шағасы жоқ. Бирақ пенсиясы жақсы қусайды.
Қорғанышсыз адамлардың шеккен жәбирлери туўралы еситкенимде, усы ўақыялар ядыма түседи.
Кисиге орынсыз берген жәбириң бул аспанның астында сени қутқармайды.
Бул тәбият нызамы.
Сағынбай ИБРАГИМОВ
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
Ғыйбатшыға жуўап
Бир адам Ҳасан Басрий қуддиса сирруҳу ҳәзиретлериниң алдына келип: "Пәленше сен туўралы пәлендей, төлендей келиспейтуғын гәплерди айтты," депти.
- Қашан?
- Бүгин.
- Қаяқта?
- Үйинде.
- Оның үйинде не қылып жүрсең?
- Зыяпатқа барып едим.
- Зыяпатта не жедиң?
Ол киси сегиз түрли тағамның атын санап шықты. Сонда Ҳасан Басрий қуддиса сирруҳу:
- Сол адамның сегиз түрли тағамы қарныңа сыйды да бир аўыз сөзи сыймады ма? Тур, кет бул жерден! - деди ҳәм өсекшини дәргайынан қуўып шығарды.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
2018-жылдан кейин қурылған нызамсыз жайлардың тәғдири не болады?
Мәмлекетлик кадастрлар палатасының баслығы Моҳир Валиевтиң атап өтиўинше, 2018-жыл 1-майдан кейин өзбасымшалық пенен қурылған нызамсыз турақ жайларға кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилмейди.
"Өзбекстан халқы көбейип бармақта, бирақ жери кеңейип атырған жоқ. Сол бар жери, оннан өнимли пайдаланыўымыз керек.
Тийисли қарарлар менен нызамсыз жерлерди өзлестириўге бир неше мәрте акция берилди. Енди буны 2018-жылдан кейингилерге де ислесек ҳәм анық мүддетин белгилемесек, кеше ғана қурылып ылайы қатпаған жайды ийелеп алып, соған да ҳуқық бериңлер деген нәрселер болыўы мүмкин," - дейди ол.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
2018-жылдан кейин қурылған нызамсыз жайлардың тәғдири не болады?
Мәмлекетлик кадастрлар палатасының баслығы Моҳир Валиевтиң атап өтиўинше, 2018-жыл 1-майдан кейин өзбасымшалық пенен қурылған нызамсыз турақ жайларға кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилмейди.
"Өзбекстан халқы көбейип бармақта, бирақ жери кеңейип атырған жоқ. Сол бар жери, оннан өнимли пайдаланыўымыз керек.
Тийисли қарарлар менен нызамсыз жерлерди өзлестириўге бир неше мәрте акция берилди. Енди буны 2018-жылдан кейингилерге де ислесек ҳәм анық мүддетин белгилемесек, кеше ғана қурылып ылайы қатпаған жайды ийелеп алып, соған да ҳуқық бериңлер деген нәрселер болыўы мүмкин," - дейди ол.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
2018-жылдан кейин қурылған нызамсыз жайлардың тәғдири не болады?
Мәмлекетлик кадастрлар палатасының баслығы Моҳир Валиевтиң атап өтиўинше, 2018-жыл 1-майдан кейин өзбасымшалық пенен қурылған нызамсыз турақ жайларға кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилмейди.
"Өзбекстан халқы көбейип бармақта, бирақ жери кеңейип атырған жоқ. Сол бар жери, оннан өнимли пайдаланыўымыз керек.
Тийисли қарарлар менен нызамсыз жерлерди өзлестириўге бир неше мәрте акция берилди. Енди буны 2018-жылдан кейингилерге де ислесек ҳәм анық мүддетин белгилемесек, кеше ғана қурылып ылайы қатпаған жайды ийелеп алып, соған да ҳуқық бериңлер деген нәрселер болыўы мүмкин," - дейди ол.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
Арал теңизиндеги 100 жыл алдынғы балықшылардың өмири жарқын реңлерде...
Дерек:
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
2026 жыл — Жер планетасы ушын шешиўши жылма? Алымлар неге қәўетерге түсти? (+видео)
Жер қызып кетпекте, мәўсимлер өзгермекте, қыслар ҳәр дайымғыдай емес, жазлар болса ҳәр жылғыдан да ыссырақ… Дүньяның түрли жерлеринде тоғайларда өртлер, суў тасқынлары ҳәм қурғақшылықлар күшеймекте.
🎥 https://youtu.be/NwXtbf6jeX0
🔗 Толық: https://uza.uz/posts/865090
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
Жол-жөнекей...
Жумысқа жаяў барсаң жол-жөнекей көп нәрсеге гүўа боласаң.
Қол усласып мектепке барады, қол усласып мектептен қайтатуғын қыз бенен жигит меннен қаймығып, келеси көшеге бурылып кетти.Бул мениң он биринши класс оқыўшыларым. Муҳаббат ҳәсериниң мурнына урғаны қашшан? Директор көрип қойды-аў деп уялып атырған булар жоқ.
Күндеги жүриси...
-Жақсы көриўге болмайма?-деп сораў береди.
-Анық жақсы көрсең қыздың абырайын ойлаўың керек, сезимлерди жасырыўыңыз керек, деп түсиндирген болып едим, оннан сайын мениң алдымнан шығады.
Мен беби әўладтың ўәкили зет әўладты түсинбейтуғын шығарман деп өзиме ҳай беремен.
Тәрбия-тал бесиктен демейме?
Шашын сарыға бояған жас деп жас емес, келиншеклик дәўирден өтисиңкиреп баратырған нашар алдымнан шаққанлық етип, кесип өтти де жүрисин де, сөйлесиўин де даўам етти. Маған артынан гүзетиў несип етти.Өзи менен өзи сөйлескени қызық екен.Қулағына бир нәрсени қыстырып қойса керек.
-Өзинен көрсин!
Тандыры шыққай!
Қара суўға зар қыл!
Кимгедур ақыл үйретти нашар.
Ана адамын сулайтып салды екеўлеп.
Нашар тырыстырып шалбар кийипти. Иши бир бөлек, жамбасы бир бөлек.
-Мениң қолыма түсермеди?!Ышқынып сөйлеўин даўам етти нашар.
Мынаў және не тапты? деп ойлағанымша, мектепке баратуғын жолға бурылып кеттим.
Дыққатымды жолдың шетинде турған арша тартты.
Арша болғанда қандай?!Фабричный деп усы аршаны алыў өзиме әрман болған.
Ийеси ким екен?
Усы аршаға нелерди салмаған дейсең?
Ески сүўретлер, ҳүжжетлер, балаларының биринши қарын шашлары, азын-аўлақ "керек болар" деп жыйнаған ғәрежетлер, таўар, костюм-шалбар, макинтош, пальтолар турған шығар?
Ямаса қонақ келсе, қысылып қалмайын" деп гизнеген кәмпит-пәшийнеме, усы аршада сақланғаны анық.
Бүгинги күни үйге сыймай далаға шығып қалғаныма?! Бунда кемпир әжелеримиздиң сыры, әрманы жатқандай. Келиним келсе басына саламан деп қат-қат орамал, қудама кийгиземен деп небир костюм- шалбарлар, қудағайға арналған жерси менен кремплин тап усы аршаға сыйғандай.
Неде болса, дәўириң өтипти аршажан... Ескиниң көзи, заманының қәдирли мүлки болған аршаны бир ләклеп жиберсе, жылтырап шыға келер еди-аў, деймен. Ең болмаса балалардың аяқ кийимин салса екен деп ойланып баратырман...
Оралхан САПАРОВА
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
Президент Шавкат Мирзиёев мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият ғайраткерлеринен бир топарына мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.
Сондай-ақ, ушырасыўда бир қатар жаңалықлар жәрияланды:
️Театр, кино, аяқ ойын, опера, фольклор, эстрада, академиялық ҳәм миллий саз әсбаплары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер сыяқлы 21 бағдар бойынша дөретиўшилик бирлеспелер шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы "Миллий дөретиўшилер қурылтайы" өткериледи. Бул 21 дөретиўшилик бирлеспениң өзине тән жыллық есабаты болады.
➤ Жоқары нәтийже көрсеткен, шығармалары ғалаба ен жайған ҳәм атақлы көркем өнер шеберлерине ҳәм жазыўшы/шайырларға жыл даўамында ҳәр ай 5 млн сум қәлем ҳақы, Өзбекстан бойлап самолёт, поезд ҳәм жәмийетлик транспортта бийпул жүриў, медициналық орайларда бийпул емлениў ҳәм басқалар.
️1-сентябрьден баслап республикалық таңлаў жеңимпазларына 100 млн сўм, абырайлы халықаралық таңлаў жеңимпазларына болса 300 млн сумға шекем сыйлық бериледи ҳәм қатнасыў қәрежетлери толық қапланады. Олардың устаз ҳәм тренерлериниң айлық мийнет ҳақысына 100 процентке шекем үстеме төленеди. Бундай жеңилликлер жеке меншик дөретиўшилик топарларға да енгизиледи.
Енди ҳәр жылы 1 мың шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери, музей хызметкери ҳәм художниклерге турақ жай алыў ушын ипотека кредитиниң дәслепки төлеминиң 50 проценти қаплап бериледи.
️Дөретиўшилик шөлкемлер, мәденият ҳәм көркем өнер мекемелерине басқа аймақтан келип ислеп атырған тараў ўәкиллери де көп. Бүгиннен баслап оларға турақ жай ижарасы ушын Ташкент қаласында айына 2,5 миллион сумға шекем, ўәлаятларда 1,6 миллион сумға шекем қәрежетин қаплап бериў жолға қойылады.
️Қосық ҳәм аяқ ойын ансамбльлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 1-сентябрьден баслап олардағы барлық хызметкерлердиң мийнет ҳақысы 2 есеге арттырылады.
️Аяқ ойын шеберлерине пенсия ушын талап етилетуғын аяқ ойын стажы 20 жылдан 15 жылға қысқартылып, қалған 5 жылын балетмейстер, репетитор ҳәм педагог сыпатында даўам еттириўине рухсат бериледи.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani
Áziyz rayonımız xalqı!
Húrmetli watanlaslar!
Barlıq musılman úmmeti ushın eń ullı hám qutlı áyyamlardan biri bolǵan Qurban hayıtı múnásibeti menen Siz, ázizlerdi qızǵın qutlıqlayman.
Bul muqaddes áyyam ázelden xalqımız qálbine miyrim-shápáát, keńpeyillik, tatıwlıq hám jaqsılıq sıyaqlı ullı pazıyletlerdi bekkem sińdirip kiyatırǵan, insanlar arasında awızbirshilik hám óz-ara húrmetti jáne de bekkemleytuǵın muqaddes sáne bolıp esaplanadı.
Elimizde Qurban hayıtı hár jılı jaqsı arzıw-niyetler, tınıshlıq hám abadanlıq tilekleri menen keńnen belgilenip, itibarǵa ılayıq ámeliy jumıslar menen únles halda ótpekte. Húrmetli Prezidentimizdiń turaqlı itibarı hám ǵamqorlıǵı sebepli milliy hám diniy qádiriyatlarımız jáne de joqarılap, xalqımız arasında keńpeyillik hám adamgershilik pazıyletleri bekkem ornatılmaqta.
Usı qutlı kúnde Siz, áziyzlerdi jáne bir márte Qurban hayıtı menen qutlıqlayman. Bul qutlı áyyam hár birińizge saw-salamatlıq, shańaraqlarıńızǵa qut-bereket, elimizge tınıshlıq hám abadanlıq alıp kelsin!
Qurban hayıtı múbárek bolsın!
Húrmet penen, Adilov Jambul Agıtaevich
Taxtakópir rayonı hákimi
Аǵza bolıń:
https://t.me/taxta_tani
