cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

KRuz.uz |Рәсмий канал

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Більше
Рекламні дописи
21 420
Підписники
-3024 години
+9237 днів
+82630 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

Қарақалпақстандағы екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды Жоқарғы Кеңестиң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары Қәдирбай Нарманов, Мария Ивановна және Галенко Иван Федотовичтиң шаңарағында болып, урыс қатнасыўшыларына 20 миллион сом муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлықты тапсырды. Сондай-ақ, оларға мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған баҳалы саўғалар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен «Ардақлы нураный» көкирек белгиси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳәкимликлер ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показати все...
👍 12👏 1
Қарақалпақстанда ҳәзир жасап киятырған урыс қатнасыўшыларын таныйсыз ба? (фото) «KRuz.uz»ға мәлим болыўынша, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы аймағында еки екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы жасап келмекте. Олар: ● Галенко Иван Федотович 1924-жыл, 14-март күни туўылған (99 жаста). Миллети – украин. Бүгинги күнде Төрткүл районындағы «Боғёп» МПЖда жасап келмекте. (1-сүўрет). ● Қәдирбай Нарманов 1925-жыл, 13-октябрь күни туўылған (98 жасты қарсылаў қарсаңында). Миллети – өзбек. Бүгинги күнде Нөкис қаласындағы «Әмиўдәрья» МПЖда жасап келмекте. (2-сүўрет). Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың 👉 @KRuzuz
Показати все...
👏 41👍 32 3👎 2😨 2
#Тарқатың ❓Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи? Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген. Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады: Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сомнан 8 млн 400 мың сомға шекем); ❕Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 сом. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показати все...
👍 7
💸 ANOR BUSINESSdan yuridik shaxslar uchun yangi "Bonus" depoziti: rekord darajadagi daromad va 15% gacha bonus! Afzalliklari nimada? Unumli stavka: 🔸 Milliy valyutada: yillik 21% + bonus yillik 15% (oyning oxirgi kuniga) 🔸 Xorijiy valyutada: yillik 8% + bonus yillik 10% (oyning oxirgi kuniga) 🔹 61 kun va undan ortiq muddatga foizlarni yo'qotmasdan milliy valyutada muddatidan oldin yechib olish - 21% 🔹 61 kun va undan ortiq muddatga xorijiy valyutada foizlarni yo'qotmasdan muddatidan oldin yechib olish - 8% 🌐Depozitni ANOR BUSINESS saytida onlayn ochish mumkin Mablag’laringizni ko‘paytirish imkoniyatini qo‘ldan boy bermang! 🌱💰 📞Batafsil: 1290;90 595 07 77;91 391 33 00 raqamlar orqali Reklama
Показати все...
👍 3
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары! Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз. Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз. Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз. Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи. Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз. Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз! Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показати все...
👍 14 2

❗️Жоқары билимлендириўдеги соңғы жаңалықлар - Сыртқы тәлим формасы жабылады. Яғный сыртқы тәлим формасы басқышпа-басқыш аралықтан оқыў (онлайн) формасын кеңейтиў ҳәм узайтырылған тәлим формасын енгизиў арқалы сапластырылады. - Оқыўға грант тийкарында киргенлер екинши курстан баслап рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жоқары нәтийжелерди көрсетсе ғана грантта оқый алады, егер көрсеткиш төмен болса, контракт болып қалады; - Мақсетли квота ҳәм жеңиллик тийкарында оқыўға кирген студентлер социаллық хошаметлеўши грант тийкарында толық бийпул оқытылады; - ЖОО қабыллаў еки басқышта өткерилетуғын болды: биринши – дизимнен өтип пәнлерди сайлайды, екинши – тест нәтийжесине қарап тәлим бағдарын ҳәм оқыў орынын сайлайды. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. Дерек ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показати все...
👍 22👎 8👏 1
Магистратураға кириўде тил билиў сертификаты бийкарланама? Соңғы ўақытларда тармақларда магистратураға кириў ушын тил билиў сертификаты талабы бийкар етилиўи мүмкинлиги ҳаққындағы хабарлар айланбақта. Рәсмийлердиң мәлим етиўинше, ҳәзирде магистратураға кириў ушын шет тилин билиў сертификатына тийисли талапты бийкарлаў бойынша ҳеш қандай реже жоқ ҳәм үлкен итимал менен, бул талап бийкар болмайды, сертификат сораў даўам етеди. ✈️ Постты магистратураға тапсырмақшы жақыныңызға жибериң. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показати все...
👍 31😢 2
Siz o'z-o'zingizni band qilgansiz, ammo ishingizni rivojlantirishga mablag'laringiz yetarli emasmi ? ANORBANK yechimi sifatida oʻzini oʻzi band qilganlarga 300 million so‘mgacha bo'lgan mikrokreditni taqdim etadi. Shartlar: ✔️Mablag'i - 10 million so'mdan 300 million so'mgacha; ✔️Muddati - 40 oygacha; ✔️Imtiyozli davr - 4 oy. Mikrokreditni bankning bosh ofisda yoki viloyatlardagi istalgan tayanch punktlarida hoziroq olishingiz mumkin💰 Batafsil: 1290 55 503 00 00 90 136 21 06 93 844 41 11 91 269 46 49 91 265 00 77 Manzil: Nukus shahri Qoraqalpogiston kuchasi 35A uy, Muljal: Yagona darcha
Показати все...
👍 7
❗️Мәмлекетлик грант студентлер ушын тәлим гранты және социаллық-хошаметлеўши грант формасында ажыратылады Бунда: ➖ тәлим гранты — студентлерге бир оқыў жылы ушын ажыратылады ҳәм 1-курста оқыўға кириў нәтийжелери бойынша, 2-курстан баслап рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жоқары балл топлаған студентлерге ажыратылады; ➖ социаллық-хошаметлеўши грант — мақсетли қабыллаў ҳәм жеңиллик тийкарында қабыл етилген студентлерге пүткил оқыў дәўири ушын бериледи; ➖ тәлим гранты тийкарында оқыған студентлердиң оқыўды питкергеннен кейин 3 жыл ислеп бериў миннетлемеси бийкар етиледи. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показати все...
👍 20🤔 4👎 3