cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Damir Hamdullaevich

Керекли мағлыўматларды сизге жеткерип барамыз. Сын мақалалар ҳәм жеке пикир. Мүрәжатлер ушын: @bdhamdullaevich

Больше
Рекламные посты
411
Подписчики
-324 часа
-117 дней
-5030 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Қазақстан орта азиядағы ең бай мәмлекет деп табылды. @damir_blogi
Показать все...
06:16
Видео недоступноПоказать в Telegram
Бас прокурордың электрон дәлиллер хаққындағы кириткен нызам жойбарын депутат Илхам Абдуллаев катастрофа деп атады. Себеби бул нызам жойбарына көре, егер тергеу дәуиринде электрон дәлиллер керек болса, сол аппараттың яғный қурылманың барлығын бериу мажбурийлиги нәзерде тутылмақта. Мысалы телефоннан яки үлкен бир компанияның компьютеринен бир дәлил шықса барлық қурылмалар тергеушиге бериу нәзерде тутылған. Бул жерде шахстың конституцияда нәзерде тутылған жеке сыры яки бизнес сырлары әшкар болыу қәупи бар. Хабарыңыз бар жақында бир ишки ислердиң хызметкери тексериуде материал бар деп биреудиң телефонын алып, ишиндеги иске байланыслы болмаған шахсый сырларын билип, оларды ашкар етиу менен қорқытып айфон телефон талап етип усланды. Бундай жағдайлар жүда көп. Сондай болмауына ким кепиллик береди. Туурысын айтқанда шахсқа тийисли мағлыуматларды қорғау бойынша нызам ислемей атыр. Әмел етилмегеннен кейин ислемейдида. @damir_blogi
Показать все...
IMG_5438.MP474.23 MB
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Айырым жаслар тил үйренгенлиги ушын материаллық хошаметлендириледи
🔰 Қарарға көре: ➖имтиҳан тапсырыў қəрежети қапланатуғын халықаралық имтиҳан системалары бойынша инглиз, немис, француз, корейс, Китай ҳəм Япон тиллеринен кеминде С1 ямаса оған теңлестирилген уқсас дəрежедеги сертификат алған жасларды имтиҳан тапсырыў қəрежетлерин компенсация етиўге қосымша түрде оқыў кəрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 3 есеси (1 млн 20 мың сўм) муғдарында бир мәртелик материаллық хошаметлеў системасы енгизиледи; ➖2024-жыл 1-сентябрьден 2027-жыл 1-январьға шекем жаслардың немис, француз, корейс, Китай ҳəм Япон тиллери бойынша халықаралық имтиҳан системаларында имтиҳан тапсырыў қəрежетлери қаплап берилиўи ушын олар тəрепинен топланыўы керек болған баллдың (сертификат дəрежесиниң) минимал көрсеткиши бир бағана пәсейтириледи. ✅ Соның менен бирге, улыўма орта билим бериў мəкемелериниң класс ханаларын билим процессинен бос ўақытта кəсип-өнер ҳəм шет тиллерди оқытыў искерлигин əмелге асырыў ушын туўрыдан-туўры шəртнамалар тийкарында бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен меншикли оқыў орайларына бериўге руқсат етиледи. ❕Бунда тийисли улыўма орта билим бериў мəкемелериниң дизими Мектепке шекемги ҳəм мектеп билимлендириў министрлиги тəрепинен тастыйықланады. @damir_blogi
Показать все...

01:20
Видео недоступноПоказать в Telegram
⚡️ Тақыятас районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары 32 млн сум пара менен усланды @damir_blogi
Показать все...
IMG_8948.MP47.02 MB
Дайыбекова Олимпиадада Өзбекстан делегациясын баслап шығады Әҳмийетли тәрепи сонда, Олимпиада ойынларының ашылыў мәресиминде қылышласыў бойынша Азия ойынларының чемпионы, «Шуҳрат» медалы ийеси Зайнаб Дайыбекова бокс бойынша жәҳән чемпионы, Азия ойынларының жеңимпазы Абдумалик Ҳалоков пенен бирге Өзбекстан Республикасының байрағын көтерип шығатуғын болды. @damir_blogi
Показать все...
⚡️Стартап жойбарлар диплом жумысы орнына өтеди Президент қарарына бола, студенттиң тәлим бағдарына мас стартап жойбары яки рационализаторлық иси диплом жумысы, магистрлық диссертациясы сыпатында қорғалатуғын болды. Яғный, студентте стартап жойбар болса, диплом жумысы жазыўы шәрт емес. @damir_blogi
Показать все...

Тарийхый рекорд. Себеби быйыл Өзбекстанда 9 миллион тоннадан аслам үлкен ғәлле қырманы алынғаны айтылмақта. Демек нан хәм азық ауқат арзанлайды. Мол-көл болады. Аллаға шүкир. @damir_blogi
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
#еле_солайма Павел Дуров пенен шерик болып Орайлық Азия мәмлекетлеринде «мазза» қылып жүрген Гусейн Гасановтың Россияда салықтан 128,5 млн рубль (1,5 млн долларға шамалас яғный 19 млрд сум) қарызы барлығы мәлим болды. Россия федерал салық хызмети суд арқалы Гусейнге тийисли Москва Ситидеги үйлерин хатлап, салықларды өндирип алмақшы. @damir_blogi
Показать все...
❗️Телеграм тармағы тийкаршысы Павел Дуров Өзбекстанға сапары оған жаққанын ҳәм және келиўин мәлим қылмақта «Өзбекстанға сапарым даўамында бул мәмлекеттиң жүдә тез раўажланып атырғанын көрдим ҳәм мен тарийхый қалалардан есапланыўшы Бухара ҳәмде Самарқандта болдым, тәсирлениўлерим жүдә жыллы» деп жазтақта Дуров. @damir_blogi
Показать все...
08:11
Видео недоступноПоказать в Telegram
Ҳақыйқый турмыстан алынған гәплер... - Пулы көбейсе қарнын услап турып гекириў; - Биреў менен сәлемлесер ўақытта қолын зорға тек қарнының касына шекем азмаз созыў; - Сәлемлесип атырып итибарсыз түрде қолын услап капталға ысырып қойыў... Усындайлардың гүўасы болғанлар барма араңызда?😁 @damir_blogi
Показать все...
17.28 MB
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.