cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

"Жаңа-қала" әңгимелери

Қанлыкөл районы "Жаңа Қала" АПЖ халқының арасынан жыйналған хәзил-дәлкек хәм ушырма сөзлер Егер сиздеде усындай қызықлы уақыялар болса: 👉 @Jana_Qala_Angimeler_Bot қа жоллаң !!! Канал ашылған уақыты: 2021.12.10

Больше
Страна не указанаЯзык не указанКатегория не указана
Рекламные посты
137
Подписчики
Нет данных24 часа
Нет данных7 дней
Нет данных30 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

ТУЎЫЛҒАН ЖЕРИМ, "ЖАҢА-ҚАЛА"М. (Қанлыкөл районы, "ЖАҢА-ҚАЛА" аўылының арқа тәрепинде Әлимбет ийшанның жуўғы орнында кишкене тоғайлық бар.Бул халық тилинде "Ийшан терек"деп аталады.Белгили Қуламет жыраўдың жасаған журты да мине усы жерде болған.) Айдың сәўлесинде, түнниң ишинде, Мен турыппан шала уйқы пишимде, Гүңиренген қобыздың ҳаўазы келер, Анық Қуламетти көрдим есимде. Гүңиреп еңирер қобыз ҳаўазы, Аўыл иши Қуламеттиң наласы, Отырыппан "Ийшан терек" ишинде, "ЖАҢА-ҚАЛА" арқа бети ырасы. "ЖАҢА-ҚАЛА" перзентимен түсинсем, Туўған жерим дейип өзим исинсем, Маған кимниң айтатуғын гәпи бар? Өз жеримде, өз елимде көсилсем. Қуламеттиң ҳаўазын сол аңладым, Жыраў бабам толғаў болып жаңладың, Усы аўылда жасап өткен бабамның, Мен ҳаўазын жатып алып тыңладым. Бас ушыма жыраў бабам келгендей, Мен қыйналып жүргенимди билгендей, Ол атамыз Әлимбеттиң әрўағы, Қолын жайып пәтиясын бергендей. "ЖАҢА-ҚАЛА"м қәсийетли дәргайым, Шайырыңа тилек тиле ҳәр дайым, Жүрегиме сиңсин жыраў намасы, Руўхлары қоллап турғай илайым. Таўап еттим Қуламеттиң излерин, Қобыз сести, жасқа толды көзлерим, Сәждем етип маңлайымды тийгиздим, Енди анық жоғалмайды сөзлерим. Жыраўдың намасы алысқа кетер, Өтмиштен сөйлейди жүректи өртер, Негедур еңиреп жылағым келди, Ырғағы қайғылы көксимди сөтер. Еңкейип қосыўыс топырақ алдым, Басып жүзлериме ийсине қандым, Усы топырақтан болған зуўалам, Туўған жер, қысынып от болып жандым. Қуламет ҳаўазы мени силкилеп, Қайырсыз қанша жан кетти өңкилеп, Баўырыма бастым ба, "ЖАҢА-ҚАЛА"мды, Өкине беремен жүрек тилкилеп. Қобыз ҳаўазында аўыл дебдиўи, Жыраўдың әрўағы қайта келиўи, Бизге әлле нелер демекшидей ме?! Жүректи қозғайды қобыз шертиўи. Сойлесең, аўылым, тилиң болайын! Жарқырап қуяшлы күниң болайын! Сени жырламасам неғып жүриппен?! Шайыр болсамдағы улың болайын! 2022-жыл.7-февраль. Абат Крамов. Каналымыз; @Kramov_Abat.
Показать все...
​ҲӘЗИРЛЕРИ ... Бурынғылар жыртықты жамап кийетуғын еди, шамасы жоқтан. Ҳәзиргилер пүтинди жыртып кийетуғын болды, санасы жоқтан! Бурынлары, үйге келген қонақ жағдай менен кеўил сорайтуғын еди. Ал, хәзир "Wi-fi"дың кодын сорайды. Бурын аўылға барғанда ата-апаның қасына жатыўға таласар едик, ҳәзир розетканың қасына жатыўға таласамыз.
Показать все...
Жетпис еркек жыйылып Бир баланы туўалмас🙃 Қатынсыз мың жуўырып🏃‍♂️ Мал дәўлет жыйалмас💒🏰 Дәўдей куши болсада✊ Еркек сыйыр саўалмас🐂 Үйи дәнге толсада 🌾 Бир таўықты бағалмас🐓 Қатыны жоқ еркеклер🧚‍♀️ Баўры путин болалмас💏 Қатыны бар еркекке 🧚‍♀️ Ийтде жақын жолалмас🐕 Бизиң қарақалпақ👏👏 ҳаялларына ҳеш ким тең келалмас! 😀 Байрамларыңыз бенен ҳаял қызлар!!🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀🍀
Показать все...
ТҮЛКИ, ТҮЛКИ - ТҮЛКИШЕК... – Түлки, түлки – түлкишек, Түнде қайда барамыз? – Мамам үйине барамыз. – Мамаң бизге не берер? – Ешки саўып сүт берер, Серке сойып ет берер. – Оны қайда қоямыз? – Там түбине қоямыз. – Ийт әкетсе қәйтемиз? – Ийт аўзынан аламыз. – Қус әкетсе қәйтемиз? – Қус аўзынан аламыз. – Қумға түссе қәйтемиз? – Қағып-қағып жуўамыз. – Суўға түссе қәйтемиз? – Суў астынан таўамыз. – Ағып кетсе қәйтемиз? – Қайыққа минип қуўамыз. – Жеткизбесе қәйтемиз? – Балыққа минип қуўамыз! * * * ТҮЙЕ, ТҮЙЕ - ТҮЙЕЛЕР...  Түйе, түйе – түйелер, Дузың қайда түйелер?  Балқантаўдың басында, Балық ойнар тусында.  Түйе, түйе – түйелер, Иймеңлеп жортып желе бер, Дуз артылған қапларды, Ийинлеп тартып келе бер… * * * ҲӘККЕ ҚАЙДА? – Ҳәкке қайда? – Уясында. – Неғылып отыр? – Ис тигип отыр. – Иси не екен? – Кесте екен. – Кестеси қандай? – Алақандай! – Кимлерге екен? – Ағасы, апасына екен? – Ағасы несин береди? – Алтын беллигин береди. – Апасы несин береди? – Алтын төбелигин береди. – Ағасы қайлардан киятыр? – Алыс жайлардан киятыр. – Апасы нағып отыр? – Ақ бөпесин бағып отыр! Булар бурынғы жәрияланған вариантларынан басқа нусқалар. Халық арасында усы айтпыш [прибаутка] үлгилериниң басқа да сыңарлары ушырасады. Канал👉 @shejireqr
Показать все...
Жаз айларының биринде ауылдың бир адамы мәс болып иши күйип жанып атырған қусайды. Қәнекей адамдай қурбақа болса қушақлап жатсаң деген екен
Показать все...
Азан менен әлле нәрсеге ашыўланып турған бир аўылласымыздың үйине еки қыз қалталарын көтерип келип қалыпты. -Аға, жүн әкелип едик,-,депти олар сәлем әликтен соң. -Не жүн.Өзим ҳәзир жүним шығып тур. -Ешкиниң жүни. -Оны не қыламан мен? -Жүн жыйнап алып атыр деди-ғо. -Ким? -Қайыр аға. Кейин билсе дайылы жийен болған соң қоңсы қызларын Қайырбай Сәтуллаев жиберген екен.
Показать все...
Хүрметли ауылласлар пидәйы болайық.Ауылдағы өзлериңиз билген уақыяларды ботқа жазып жибериң."Жаңа-қала" деген атты республика көлеминде белгили қылыуға асығың.Бул жыйналған қызықлы уақыялар китап етип шығарылады. Пидәйы болыңлар!!!
Показать все...
Ертеректе "Шымбай-Қоңырат" қалалар аралық жолаўшы поездында өрт қәўипсизлиги испекторы ақ май алып киятырған бир ҳаялды услапты.Протокол дүземен десе Ол ҳаял; -Нешинши жылсаң,-депти. -58 бен,-десе. -Ийт екенсең-ғо,-депти. Оған ашыўланған инспектор мен саған ийтти көрсетемен деп протокол дузежақ болыпды. -Кимди ийт деп турсаң,-десе. -Нешинши жылсыз?-депт ҳаял және. -58 -Мен 70 жылман.жылым ийт.Сизиң жылыңыз да ийт емес пе,-деген екен. Сонда өрт қәўипсизлиги инспекторы ойланып турып. -Ийт болғанда да нағыз қаншық ийт екенсең-ә,-деген екен дейди
Показать все...
Өжет шайыр.Баҳадыр Байназаров.Қанлыкөл районы."Жаңа-қала" АПЖ ауылында турады. Бизиң ауылдың РАУФ ПАРфИЙИ.
Показать все...