cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

XALÍQ USHÍN ⚖️

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Больше
Рекламные посты
32 459
Подписчики
-8624 часа
-2677 дней
+5 29330 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

⚡️Майыплық пенсиясын алыўшылардың пенсиясына жумыс стажына қарап қосымша пул қосылады ✅ «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37 ҳәм 49-статьяларына муўапық, I ҳәм II топар майыплық пенсиясы тайынланғаннан кейинги ислеген ўақыт пуқараның жумыс стажына қосып есапланады. ♻️ Бунда майыплық пенсиясы тайынланғаннан кейин кеминде 1 жыл жумыс стажына ийе болса, пуқараның арзасы тийкарында жумыс стажы ҳәм айлығы есапқа алынған ҳалда пенсия ҳәр еки жылда бир мәрте қайта есапланады. ☝️Яғный, пуқараның майыплық пенсиясына пенсия тайынланғаннан кейинги ислеген дәўириндеги алған айлығынан келип шығып қосымша пул қосылады. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Показать все...
👍 19 3👌 2
⚡️Айрықша баҳаларға оқыйтуғын студент ҳаял-қызларға стипендиясына қосымша 428 000 сум төленеди Ҳүкиметтиң қарарына бола, баҳалары «айрықша» ҳәм кем тәмийинленген шаңарақтың ағзасы болған ЖООларының күндизги бакалавриат тәлим формасында оқып атырған ҳаял-қызларға арнаўлы стипендия төленеди. 💰Бул стипендия студенттиң алатуғын әдеттеги стипендиясына қосымша түрде 428 000 сум муғдарында төленеди. 📑 Арнаўлы стипендия ЖООның Студентлерди қоллап-қуўатлаў фонды есабынан ЖОО Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарар тийкарында ЖОО ректоры (директоры) буйрығы менен тайынланады. 🖥 Бунда стиуденттиң кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы екенлиги «Социаллық қорғаў бирден бир реестри» арқалы анықланады. ❗️Арнаўлы стипендия студенттиң семестр жуўмақлары бойынша көрсеткиши тек «айрықша» болған жағдайда төленеди. 🚫 Төмендеги жағдайларда арнаўлы стипендияны төлеў тоқтатылады: 🔻студент семестр жуўмағы бойынша көрсеткиши «айрықша»дан төмен болғанда; 🔻кем тәмийинленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматнаманың мүддети (12 ай) питкенде. 👉 Постты жақынларыңызға тарқатың. Каналға ағза болың 👉 @Xaliq_ushin
Показать все...
👍 23👌 3 1👏 1
Медицина хызметкерлерине қандай үстемелер төленеди? Медицина мәкемелерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қоры ҳаққындағы режеге (16.01.2023-жыл, дизим саны 3416) муўапық медицина хызметкерлерине материаллық хошаметлеўдиң төмендеги түрлери төленеди: 🔹жоқары қәнигели, айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ислеп атырған медицина және фармацевтика хызметкерлерине лаўазым айлығының 100% шекем ҳәм басқа хызметкерлерге 75% ке шекем айлық үстемелер; 🔹жаңадан жумыс ислеп баслаған жас шыпакерлерге 1 млн сумға шекем арнаўлы айлық үстемелер; 🔹шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақтын саат 20:00 ге шекем создырыўдың есабынан екинши сменада ислейтуғын шыпакер ҳәм мийрибийкелерге лаўазым айлығының 30% шекем қосымша айлық үстемелер; 🔹медицина мәкемелериниң барлық хызметкерлерине кәсиплик ҳәм басқа байрамларда берилетуғын хошаметлеў пуллары, сондай-ақ материаллық жәрдем пуллары. 📊 Айлық үстемелер хызметкерлердиң жумысын 100 баллық рейтинг баҳалаў системасы тийкарында әмелге асырылады. 🔰 Бунда 75 балдан 100 балға шекем топлаған медицина хызметкерлериниң айлығына төмендеги тәртипте үстемелер белгиленеди: 🔸75 балдан 84 балға шекем топласа айлығының 50% шекем; 🔸85 балдан 94 балға шекем топласа айлығының 75% шекем; 🔸95 балдан 100 балға шекем топласа айлығының 100% шекем. 👉 Постты жақынларыңызға тарқатың. Каналға ағза болың 👉 @Xaliq_ushin
Показать все...
👍 22💯 3🤩 2
01:58
Видео недоступноПоказать в Telegram
Турақ жай субсидиясы ушын онлайн арзаны қалай тапсырыў керек? Видеода турақ жай субсидиясы ушын онлайн my.gov.uz сайты арқалы арза тапсырыў тәртиби түсиндирилген. 🗓 Арзаларды қабыллаў бүгиннен басланды, 1-ноябрге шекем қабылланады. Бүгинниң өзинде пуқаралардан 63 457 арза келип түскен. 💡Мағлыўмат ушын. 2024-жылы Қарақалпақстан Республикасында 1340 шаңараққа 75,2 млрд сум турақ жай субсидиясы ажыратылыўы жобаластырылған. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Показать все...
👍 18💯 2🆒 1
⚡️Қарақалпақстаннан қайсы педагоглар 5,7 млн сумлық үстеме алатуғыны белгили болды 🔰Педагогларға Министр фонды есабынан ҳәр айда үстеме төлеў мақсетинде 2 басқышлы таңлаў өткерилген еди. 💰Соған көре, Мектепке шекемги ҳәм мектеп министрлиги системасында ислеўши Қарақалпақстан Республикасынан 80 маман педагог кадрларға 2024-жылдың май айынан 2025-жылдың январь айына шекем (9 ай) мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5,5 есеси (5 млн 775 мың сум) муғдарында ҳәр айлық үстеме төлеп барылады. ☝️Педагоглардың дизими сүўретлерде. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Показать все...
👍 27🍾 3👏 2
Фото недоступноПоказать в Telegram
⚠️ Телеграмда мынандай ВИРУС «гезип жүр». ❗️Оның үстине баспаң, барлық мағлыўматларыңызды өширип жибериўи мүмкин! 🔔 Буны тез жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Показать все...
👍 11🤯 7🤝 2😱 1👀 1
❗️Қурылған жайды яки жер участкасын кадастрдан өз ўақтында мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын мүрәжат етпеген пуқараға 3,4 млн сум жәрийма салынады ⚠️ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 68-1-статьясына муўапық, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизиминен өткериўди әмелге асырыўшы органға жер участкасына, жай ҳәм қурылысқа болған ҳуқықты мәмлекетлик дизиминен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпегенлик: ➖пуқараларға БЕМның 10 есеси (3,4 млн сум); ➖лаўазымлы шахсларға БЕМның 15 есеси (5,1 млн сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады. ☝️Бул жәрийманың итибарлы тәрепи ол қатаң белгиленген суммада салынады, яғный пуқараға 3,4 млн, ал лаўазымлы шахсқа 5,1 млн сумнан аз болмайды. Кодекстиң 33-статьясына муўапық, суд тек ғана айырым жағдайларда өзиниң басламасы менен жәрийма муғдарын азайтыўы мүмкин. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Показать все...
👍 12 3🤨 3🤝 1
Фото недоступноПоказать в Telegram
🌟idea'da texnika ayına 99 000 sumnan! 🔻 Premier Xolodilnik99 000 sumnan 🔻 32 Smart Tv99 000 sumnan 🔻 Ferre Gaz Plita99 000 sumnan 🔻 Redmi 13C (4/128) – 99 000 sumnan 🔻 Honor X6a (4/128) – 99 000 sumnan 🔻 Vivo Y03 (4/128) – 99 000 sumnan Sorawlar boyınsha: 📞 71 230-77-99 | Чат Telegram | Instagram | Дүканларымыз | Youtube
Показать все...
👍 13🎉 3🤩 1🏆 1
00:45
Видео недоступноПоказать в Telegram
Еки ҳәким жәрдемшиси ушырасып қалғанда...😁 🔔 Ҳәким жәрдемшилерине жибериң! Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Показать все...
👍 31🤩 14😁 10🐳 3🤡 2💯 2😭 2
⚡️Бүгиннен турақ жай субсидиясы ушын арза қабыллаў басланады ✅ Президенттиң 30.04.2024-жылдағы ПП-70-санлы Пәрманына тийкар: 👉 Турақ жай сатып алыў ҳәм қурыў ушын субсидия ажыратыў бойынша арзалар 2024-жыл 15-майдан 1-ноябрге шекем қабылланады; 👉 2024-жылы субсидия кредиттиң процентиниң 14%нен артық бөлегин, басланғыш төлемниң 30 млн сумлық бөлегин қаплаўға ажыратылады. 💡Қосымша мағлыўматлар:Субсидияны бериў тәртиби қандай? – Толық оқыўСубсидия кимлерге бериледи? – Толық оқыўСубсидия қандай жағдайларда ажыратылмайды? – Толық оқыў 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Показать все...
👍 21 3🔥 1