cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

ⲠⲨⲢⲤⲀⲦ || Ⳝⲁⳅⲁⲣⳝⲁύ Ⲯⲟⲗⲇⲁⲥⳝⲁⲉⲃ

﷽Aใhล๓dนใเใใลh﷽ Өⳅυңⲇυ ⲁңⲗⲁў — әⲗⲉⲙⲇυ ⲁңⲗⲁўⲇың ⳝυⲣυⲏⲱυ ⳝⲁⲥқыⲱы! Әⲗⲉⲙⲇυ ⲁңⲗⲁў — υⲗυⲙ! Ⳙⲗυⲙⲇυ ⲁңⲗⲁў — Ⲧәңⲣυⲏυ ⲁңⲗⲁўғⲁ ⲯⲉⲧⲉⲕⲗⲉύⲇυ! Ⲧәңⲣυ — ⲭәⲣⳝυⲣ υⲏⲥⲁⲏⲏың өⳅυⲏⲇⲉ, ⲕⲉўυⲗυⲏⲇⲉ! Әⲇⲉⳝυяⲧ — ⲁңⲗⲁўⲇың ⲭәⲙ ⲁңⲗⲁⲧыўⲇың қⲩⲣⲁⲗы!

Больше
Рекламные посты
384
Подписчики
Нет данных24 часа
+17 дней
+730 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Repost from Jas dóretiwshiler
Фото недоступноПоказать в Telegram
Ассалаўма әлейкум, әдебиятсүйер қәўим! Мине 2023-жыл жуўмақланыўына да санаўлы күнлер қалды. Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Университет пидайысы»н анықлаў бойынша таңлаў өткерилмекте. Усы таңлаўда Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси, жас шайыр, достымыз Гөззал Жумамуратова «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» номинациясына талабан сыпатында киргизилген. 😊 Биз сизден Гөззал Жумамуратоваға даўыс бериўиңизди соранамыз! Даўыс бериў шәртлери оғада әпиўайы: 1) @universitet_pidayisi_bot мәнзилине кирип СТАРТ түймесин басасыз; 2) Көрсетилген үш каналға ағза болып, ТЕКСЕРИЎ түймесин басасыз; 3) «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» бөлимине (изден баслап санағанда екинши) киресиз; 4) ҳәм Жумамуратова Гөззал Калмурат қызы түймесин басасыз. Постымызды итибарсыз қалдырмайсыз деген үлкен үмит пенен «Жас дөретиўшилер»! Алдын ала РАХМЕТ!
Показать все...
👍 8 5
00:56
Видео недоступноПоказать в Telegram
11.20 MB
😢 7❤‍🔥 3💔 3
Фото недоступноПоказать в Telegram
* * * Ол жерлер алыслық етеди маған, Жүрип жетиў қыйын жалыз өзиме. Қайғырма оған, Қапа болып жүрме сөзиме. Тәғдирдиң қайсыдур ой-қырларында, Бизлердиң сағыныш уўылып кетер. Мен жүрген шәҳәрдиң жамғырларында, Сениң сезимлериң жуўылып кетер. Енди жарқын емес ышқы жулдызы, Оның ҳәўири де суўынып кетер. Мени ойламасаң, сени көрмесем, Сағыныш сезими жуўылып кетер. Тәғдирдиң талқысын тыныш қой енди, Сонша дәлиллестик, жетер. Соңы жоқ даўлардан ким-кимди жеңди, Соңында сыйласық жуўылып кетер. Шығарға жол таппай сабылғаныңда Адамға алағат түрли ой келер. Мен жүрген шәҳәрдиң жамғырларында, Сениң сезимлериң жуўылып кетер. Базарбай Жолдасбаев п/с: сүўретте: Қарақалпақстан халық шайыры Нәбийра Төрешова бир қатар әмелиятшылар менен. "Әмиўдәрья" журналы, 2019-ж. пурсат 🧤 пурсат
Показать все...
👍 8 7
Фото недоступноПоказать в Telegram
* * * Кеттим... Даланда тоқтады самал, Аспанда қалыңлап баратыр булт. Неге сөйлемейсең — турыпсаң ар-сар, Бақырғың келсе де қаласаң тынып. Қәдирлим, изимнен хошласыўға шық, Қара мен кетиўге басарман адым! Бурылып жылайман — көзлерим қурғақ, Теректей ийилип баратыр қәддим. Сарғайған жапырақлар төгилер жүрсем, Бул ҳалға дүнья да көнлигип болған. Сәл-пәл самалдан да қорқаман, билсем, Сәл-пәл самаллар да қорқытып қойған. п/с: сүўреттегилердиң бәри әжәйип инсанлар! пурсат 🧤 пурсат
Показать все...
👍 7🔥 3🥰 3 2
Фото недоступноПоказать в Telegram
*** Жақынрақ тартады жанарды жақты -- Сер салсаң ҳәр демде бир жулдыз ақты. Қайда қонғанлығын келер көргимиз, Нәзерим шалғанда көкте аппақты. Жулдыздың жарығын көрген көзимиз, Аспанның қарасын аңламай қапты. Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
Показать все...
👍 11 6❤‍🔥 5
Фото недоступноПоказать в Telegram
* * * Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт Мени мезгилимнен бурын тергеди. Самалдың көксине орденин тағып --- Музлардың бетине атын мөрледи. Ең соңғы жалынды Ақырет берер. Есилип кетпекши ең соңғы самал, Өзиниң шамасын Жүрегим билер --- Ең соңғы тынысын қай таңда алар. Қашан жазылады ең соңғы қосық, Мен қашан жасайман -- адамдай болып! Әлемниң ең соңғы ҳүкимдарындай, Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт. Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ 02.02.2022-жыл
Показать все...
👍 8 5👏 5❤‍🔥 4🔥 4
Айтжановтай арқалы, абзал достым ийинлесимди туўылған күни менен қутлықлайман! Дөретиўшилигиң берекетли болсын! Базарбай Жолдасбаев пурсат
Показать все...
10.22 KB
👍 6❤‍🔥 5
Фото недоступноПоказать в Telegram
ҚЫЯМЕТ Көзлерим көрмейди шашыңның ийисин, Қулақ еситпейди келбетиң көркин, Жүзим енди кимниң еринин сүйсин, Тил жүрип шаршайды, билемен, бир күн. Миссиясы алмасып кеткен мүшелер, Усындай өмирден шаршайсаң сен де. Енди қатынласып баратыр ерлер, (Марҳумды ҳаяллар қояды жерге)! Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ 2023/01/26 пурсат 🧤 пурсат
Показать все...
🔥 10 6👍 4❤‍🔥 4👏 4
Фото недоступноПоказать в Telegram
Габриэль Гарсиа Маркестиң Оқыўшыларына соңғы хатынан: * * * Бир адам басқасына жоқарыдан турып қараўға тек оған орнынан турыўға жәрдем берип атырған ҳалатта ғана ҳақы бар екенлигин түсинип алдым. * * * Егер Қудай маған бираз ғана өмир бергенинде, мен көп итимал менен ойлағанларымның бәрин айтыўдан гөре, бәлким, не затлар сөйлеп атырғаным ҳаққында көплеў пикирлеген болар едим. @Joldasbaev_Bazarbay
Показать все...
👍 4❤‍🔥 4 4
Фото недоступноПоказать в Telegram
ТАҢҒЫ ОЙЛАР Жерге жақынласты аспанның өзи, Таўлар ийилиўи мүмкин еле де. Жамғырлар сел болды, не болыр изи, Көлге қуйылыўы мүмкин еле де, Шөллер жуўылыўы мүмкин еле де. Пәнжеси тиймеген адамийзаттың, Туўылған жер десе, зер етип саттың. Сиз ҳәм биз жасаған мына топырақтың, Аман қалыўы да мүшкил еле де, Тамам болыўы да мүмкин еле де. Сәнемлер алдады сазлары менен, Шәменниң зарлады ғазлары терең. Тырналар баратыр ўаз-ўазлар гилең, Қус тилин түсиниў мүмкин еле де, Қыз тилин аңғарыў мүшкил еле де. Биз айтқан намалы қосықлар жалған, Жалған намаларды өзимиз шалған. Соңында ҳешбири уйқасбай қалған, Енди үйлесиўи мүмкин еле де, Елди бийлесиўи мүмкин еле де. Әй, мениң ең абзал жора-жолдасым, Шаўып баратырсыз турмыс жорғасын. Бундайда ким-кимди демеп қолласын, Алланың қоллаўы мүмкин еле де, Бендесин қорғаўы мүмкин еле де. Сәўлеси сөнген соң туўылған айдың, Қуяш жақтыртады қуўысын жайдың. Ишин нурландырған кеўил сарайдың. Сәўлеси сөниўи мүмкин еле де, Бәлким, сөнбеўи де мүмкин еле де. Базарбай Жолдасбаев 28-қаўыс
Показать все...
👍 10 5🔥 2👏 2🤩 1
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.