cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev

Жеке меншик каналдағы әдебият ҳаққындағы көзқараслар, пикирлер де жеке меншик. Айтыўдан қорқпаў кереклигин түсиндик. Сөйлеўди басладық... Байланыс ушын: @Satbaev95_bot @oninshi

Больше
Казахстан8 492Язык не указанКниги21 974
Рекламные посты
217
Подписчики
Нет данных24 часа
+27 дней
+1430 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Сағынбай ИБРАГИМОВ ЕЛИЎ БИР ЖЫЛДАН СОҢҒЫ ТАБЫСЫЎ 1973-жылы оныншы класста оқып атырғанымда сол ўақыттағы «Жас ленинши» (ҳәзирги «Қарақалпақстан» жаслары») газетасының 1-май күнги санында бир топар қосықларым шықты. Мениң бул сиясаттан жырақ қосықларымның сиясий байрам күни болған Биринши майда жаслардың сиясий газетасында шығыўы ҳайран қаларлық жағдай еди. Буннан бирнеше күн бурын жас шайыр ҳәм изертлеўши Атағулла Сәтбаевқа усы жәрияланым туўралы айтқанымда, оның бул газетаны таба аларына онша исенимим жоқ еди. Китапханаларда газеталар толық сақлана қойды ма екен, деген гүманым бар еди. Бирақ Атағулла оперативлик пенен газетаны таўып, маған пдфсын таслады. Мине, планшетте усы газетаның қосықларым шыққан төртинши бетин көрип отырман. Бул – елиў бир жылдан соңғы ушырасыў. Елиў бир жыл! Бир адамның өмири. Күни кеше университет муғаллими Мәдирейим-аға Турсымуратов «иним, өйтип-бүйтип жүрип сексенди де урып қойыппыз, гейде усы растан-ақ мен бе, деп, ҳайран болып тураман», деп еди. Мен ол кисиге беккем денсаўлық ҳәм қәтиржәмлик тиледим. Аўа, өтип баратырған өмир. Мениң усы қосықларымды оқып, Шымбайдың Шахаман аўылында муғаллимшилик етип атырған Әскербай-аға Әжиниязов маған «лирика ышқыпазына сәлем» деп хат жазып, бираз жыллар даўамында хат алысқан едик. Усы қосықларды оқып шымбайлы Жумахан деген қыз да хат жазып еди – оның менен де бираз жыллар хат алысып турдық. Буннан онлаған жыл бурын марҳум Барлықбай Алламбергенов (юрист) усы қосықлардың барлығын маған ядтан айтып берип еди. Ол сол ўақытлары газетадан оқып ядлап алған екен. Бул қосықлардың қолжазбалары менде сақланбаған. Бирақ бүгин бул қосықларды оқып отырып, айырым қатарлардың мен айтыўым мүмкин болмаған гәплер екенлигин сеземен. Мысалы ушын, «Ядымнан шықпайды о, бәҳәр паслы» қосығында «Тартыў қуўатына түскен күнлерим» деген қатар маған түсиниксиз, шамасы менде «Ышқы саўдасына түскен күнлерим» болған болыўы керек, редакцияда мектеп оқыўшысының басында неғып жүрген ышқы саўдасы, деп бул түсиниксиз қатарға өзгерткен болса итимал. Усы бәнттеги «Бир қурдасым менен класслас жаслы» деген қатар да мен айтыўым мүкин болмаған гәп – бул қатар «Бир қурдасым менен қыйылған қаслы» болса итимал. Усы қосықтың соңғы бәнтиндеги «Өмир арзыўларға толыпты кимлер?» деген қатар да маған түсиниксиз, мениң ол дәўирдеги қосықларым қам болғаны менен, бундай түсиниксиз гәплерди дүзбейтуғын едим. «Дослар» қосығындағы «Әй суўқуйды саған тап болса арыў» деген қатарда буўын теңлиги сақланбаған, мен ол дәўирде ондай еркин қосықлар жазбас едим. «Лирика» қосығындағы «Шайда болып кетким келер лирикалар оқысам» деген қатардағы сѳйлем «йошлы қосық оқысам» болыўы мүмкин. Усы қосықтағы «лирикаға қуштарлық деп жүрек берер жоллама», «Бул қуштарлық тек болғаны лирикаға бас урар» деген қатарлар меники болмаса керек (бүгинги ишки сезимим бойынша). Әлбетте, буның менен мен бул қосықларды усылай азы-кем редакторлап шыққан редакцияның әдебий хызметкерин айыпламақшы емеспен. Мениң айырым түсиниўи аўыр қатарларымды түсиниклирек етпекши болған шығар. Соның менен бирге редакция тәрепинен бул жәрияланымға «Лирика ышқыпазы» деп ат қойылған ҳәм сол айдарды ақлаў ушын үш-төрт жерге мен қолланбаған «лирика» сөзи қыстырып жиберилгенин шамалайман. Бирақ, мен бүгин усы газета бети менен табысып отырғаныма қуўанышлыман. Буның ушын шәкиртим талантлы шайыр ҳәм изертлеўши Атағулла Сәтбаевқа шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. ТҮНГИ ТЫНЫШЛЫҚТА ТЫНЫҚСЫН БУЛАҚ Түнги тынышлықта тынықсын булақ, Кийиклер суў ишсин, селтең бермегил. Арыў тәбияттың тынысын тыңлап, Шәменнен биймезгил, достым, терме гүл, Бирден тас төбеге түйилсин де булт, Гүркиреп шақмағын шақсын да кетсин. Жаўын шелеклесин, жаўсын урда-тут, Қуйсын, әтирапты гүлли селлетсин. Шаң басқан таллардың тәни тазарсын, Илҳам шәшмелери көкти жайласын. Оттай қызғалдақлар ғумша байласын, Жабыққан адамның жаны тазарсын. Бирден жаўын тынсын, таң атып кетсин, Саз даўысқа салсын ата қоразлар. Бәҳәр самаллары жүзиңди өпсин, Тиркес үзбей сапар әйлесин ғазлар.
Показать все...
Көкирегиңди аш та, дүзди гезип кет, Бурқасынлап ақсын жылғалар, сайлар. Доланың, доланың, жасарың көклеп, Тараның, тараның, арыў тоғайлар. Гөззаллық қудайы – әжайып ҳаял, Суўға сүңгип шығып күлгенге мегзер. Өмир ҳаққындағы мазалы қыял Сонда бир нәтийже бергенге мегзер. ЯДЫМНАН ШЫҚПАЙДЫ О, БӘҲӘР ПАСЛЫ! Ядымнан шықпайды о, бәҳәр паслы, Тартыў қуўатына түскен күнлерим. Бир қурдасым менен класслас жаслы Жүрек сазын үнсиз шертисиўлерим. Бәҳәр бултларына артты қумарлық, Сулыў көриниске таңландық теңнен. Көк аспан, сары гүл, жасыл далаңлық, Қандай заўықландық әжайып реңнен. Көктен сап тартысып өтти тырналар, Үшкил кәрўанына бирге қадалдық. Қасымыздан сыңқ-сыңқ ақты жылғалар, Бирге тамаша еттик, бирге дем алдық. … Жыллар сапар шегер Барсе келмеске, Өмир арзыўларға толыпты кимлер?! Сен бе? Ағалардың түсирип еске – «Гөззал жаслығым!» деп жырлаған күнлер. ДОСЛАР Дослар, керек емес жалған назланыў, Ҳақ көкирегиң менен бир күлсең абзал. Әй, суўқуйды саған тап болса арыў, Әрманы бир пулдур, ол емес гөззал. Дослар, гөззаллықтың алтын минберин Басып жүрмеңизлер ипласлық пенен. Ҳақ күлиң, ҳақ ойлаң, ҳақ сөйлең, Шынлыққа кир салмаң билқаслық пенен. ЛИРИКА Дүнья гөззал, қосығымды неси менен безермен, Жылтыраўық әшөкөйлер шаңын қақпас қулақтың. Толқынлардан, төбелерден бир гөззаллық излермен, Тута алмай жүўенинен арқыраған пырақтың. Шайда болып кетким келер лирикалар оқысам, Дарымайды, дарымайды қәлемиме сол ғана. Соны көрип илҳам меннен безипти деп аҳ урсам, Лирикаға қуштарлық деп жүрек берер жоллама. Сол қуштарлық жетсем деген әрманымды асырар, Сол қуштарлық айланар ма өмирлик жолдасыма. Бул қуштарлық тек болғаны лирикаға бас урар, Талант ғана бул әйямды безер жыр липасына. Сағынбай Ибрагимов Ленинабад районы Ломоносов атындағы орта мектептиң 10 класс оқыўшысы «Жас ленинши» газетасы, 1-май, 1973-жыл.
Показать все...
Атағулла Сәтбаев баламыз Республикалық китапханадан айналып, бизиң Сағынның 1973-жыл, "Жас Ленинши" газетасында шыққан қосықлар дүркинин таўып әкелди. Атағулладан жүдә ҳәм миннетдармыз. Буннан 51 жыл бурын жазған қосықларын оқып, кешеден бери, бизиң Сағын ушып-ушып қуўанып жүр. "Зор қосықлар жазған екенмен" - деп қояды. Өзиниң жазғанларынан кеўли толып ҳәм мойынлағанын өмиримде биринши рет еситиўим. Бир қызық жери, итибар бериң: Редакцияның әдебият, мәденият бөлими хызметкери Сағынның қосығындағы "қыйылған қаслы" деген сөзди "класслас жаслы" деп редакторлаған... Сағынбай ИБРАГИМОВ ЯДЫМНАН ШЫҚПАЙДЫ, О БӘҲӘР ПАСЛЫ Ядымнан шықпайды, о бәҳәр паслы Тартыў қуўатына түскен күнлерим. Бир қурдасым менен _класслас жаслы (қыйылған қаслы) Жүрек сазын үнсиз шертиўислерим.
Показать все...
Бир қатар қосықларымызды "Әмиўдәрья" журналының 2-санында оқыўыңыз мүмкин.
Показать все...
👍 15 3🔥 3
2 жыл алдынғы қосық _____ (Атағулла Сатбаевқа)
    Жазыўшы шайырдыӊ өзин емес,  оныӊ қосықларын жоқлайды     Томас Штраухен Гринденбург Вирте
Гүрсинеди Ҳималайдыӊ таўлары, Таӊ самалы дирилдетер геўдесин. Тоғыз эра ийилдире алмады, Бир сум хабар жулып түсти желкесин. Сергиздандур Бахытсызлық музасы – Ығбалына қонар мәнзил табалмай. Екеўмизге теӊ еди ғой ықласы, Енди кызыл нурын шашып жанар ай. Нәмәрт аспан жаўдырмады жамғырын, Бизге ҳәмдам қара бултын қызғанды. Ғайбар шақмақ, төбемизден ур бүгин, суў қурысын, қум сарқылсын, Шыӊ қалсын! Океанныӊ толқынлары жайғасқан Көкирегим сыйдыралмас азаӊды. Тәңрим, өзиң егиз етип жараттың, Тәңрим, өзиң теӊ бөлип бер жазаӊды. Жалғыз өзим Бахытсызлық музасын Енди қалай қосығыма ертемен? Паганини жазған Каприс* намасын Он мыӊ есе муӊлы қылып шертемен!.. __ *Каприс 24. Никколо Паганини                        8-май, 2022-жыл. Модернист Муса
Показать все...
5🔥 4
Фото недоступноПоказать в Telegram
И.Юсуповтың «Сөз ҳәм пикир» китабы басып шығарылды
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы И.Юсупов поэзиялық дөретпелери менен қарақалпақ әдебиятында өшпес из қалдырған. Шайырдың көпшиликке нәмәлим болып, газета-журналлар бетинде қалып кеткен көплеген эсселери, очерк ҳәм мақалалары да баршылық еди. Жақында бул эсселик шығармалар, әдебий сәўбетлер ҳәм мақалалар жәмленип, «Сөз ҳәм пикир» атамасында китап болып басып шығарылды. 👉
Толық оқыў - https://kknews.uz/kk/194645.html 📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Показать все...
🔥 4👍 1
Фото недоступноПоказать в Telegram
Биринши апрел Аспанларға шарлағанда көз Қанатына исенген руўхым Ойын түскен жалынлар өшкен. Ышқы ҳәрибинде жазылған исмим Шөлин қандырған айдың Ләбиндеги бояўдан көшкен. Енди мени алдай алмайсаң. Гүллеген терек шақасында Жапырағында, бөртиклеринде Изи бар самал тислериниң. Жүрегимди талаған ҳәрре Шаншып атыр еле тындырмай Көз жасыма батқан ништерин. Және келдиң бе, биринши апрел, Енди мени алдай алмайсаң... Азиз Саид Қарақалпақшалаған А.Сатбаев @atagulla_satbaev
Показать все...
👍 4🔥 2🎉 1
Repost from Kitap sawda
*** Шайырлар көбейип, қосық азайып, Көп китаплар тартып атыр сазайын, Оған және қыссаханлар қосылса, Әдебиятқа ким болады хожайын. Қайдасызлар, әдебиятшы алымлар? Сизлердиң дәреже, дипломларың бар, Ең болмаса, ийни келген жеринде, Жаўмасаңда, бир гүркиреп қалыңлар. Ҳақыйқатын айтсақ, усы күнлерде, Көп бүлбиллер қоналмай жүр гүллерге, Обал-саўап турмаған соң орнында, Шайыр болып кетти бухгалтерлер де. Өтинемен, әдебиятшы алымлар, Қәлем алып, хатқа туўры салыңлар, Шәртнамадан, коммерциялық баҳадан, Көркем сөзди арашалап алыңлар. Шайырлар көбейип, қосық азайып, Көп китаплар тартып атыр сазайын, Дүнья бизден соң ҳәм турсын десеңлер, Ҳақыйқатын айтып, ҳадал жасайық. ТОЛЫБАЙ ҚАБУЛОВ Нөкис қаласы, 1994-жыл 19-март https://t.me/kitap_sawda
Показать все...
Kitap sawda

Сиз излеген китаплар усы жерде! Китаплар сатамыз ҳәм сатып аламыз. Байланыс: @bibliofob КИТАП САТЫП БАЙЫП КЕТИЎ - АБСУРД, САТЫП АЛЫП БАЙЫЎ - ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ. Биз Сизди байытыўды қәлеймиз!

👍 5
Фото недоступноПоказать в Telegram
Руўхымызды суўсынландырған «Әмиўдәрья» Ана-Ўатаныӊызды, халқыӊызды, туўған жериӊизди, миллетиӊиз тилин сүйетуғын болсаӊыз ҳәм оныӊ жасаўын қәлесеӊиз: биринши нәўбетте оларды ушығаныӊ қыйқымындай кѳрип қәдир тутыӊ, дурыс сѳйлең, ѳсип-раўажланыўына ѳз үлесиӊизди қосыӊ. Буныӊ ушын баспасѳзден қол үзбең, жазылыӊ, оқыӊ, үйрениӊ, руўхый дуньяӊызды байытыӊ. Кѳркем әдебий шығармалары менен 92 жыл даўамында ярым китап ҳалында басылып, қаншадан-қанша әўладлардыӊ суйикли басылымы болып киятырған ”Әмиўдәрья” журналы сизлерге руўхый жақтан қап-қолдаслыққа бәрҳама таяр. Халқыңыздыӊ, миллетиӊиздиӊ, ѳзиӊиздиӊ бирден-бир журналыӊызды қоллап-қуўатлаўды умытпағайсыз, буныӊ ушын оған, әлбетте, жазылыӊ! 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Показать все...
👍 4