cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Charjau_Elmuratov

Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы

Больше
Рекламные посты
286
Подписчики
Нет данных24 часа
Нет данных7 дней
+330 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

00:33
Видео недоступноПоказать в Telegram
Несийбеӊ мыӊ жортасадағы, Көп жерге дуз тарсадағы, Даӊқ-мәртебеӊ артсадағы, Туўған жер ушын баласаӊ, Оған бас ийип барасаӊ. И.Юсупов
Показать все...
тууылган жер.mp412.32 MB
👍 5
02:17
Видео недоступноПоказать в Telegram
#Ретро_қосықлар Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Дәлибай Мәтмуратовтыӊ атқарыўындағы «Дайы қыз» қосығы
Показать все...
Дайы кыз.mp415.42 MB
👍 5 2👏 1
Фото недоступноПоказать в Telegram
👍 7
Тыным таппай желип ушқан, Өткел, қыспақ, таўлар асқан. Бир жуп әсирге дусласқан, Мениң атам, мениң атам! Ҳеш ўақ налыў билмеген, Кисиниң ҳақын жемеген. Инсан болды ол көреген, Мениң атам, мениң атам! Көп жасаған шох қара тал, Баба қоныс, тоғай, канал. Сол майданға болған қыран, Мениң атам, мениң атам! Жайлаўында тулпар сести, Ҳәўес артар тайлар өсти. Шапқан атымның тепкиси, Мениң атам, мениң атам! Ерте бәҳәр қолда кетпен, –Дәслеп жеңиз, сиз жемистен. Ақлығым, – деп еркелеткен, Мениң атам, мениң атам! Ҳадал мийнетке үйреткен, Қарық жарып, бағ дүзеткен. Отын шаўып, ылай кешкен, Мениң атам, мениң атам! Кеўли йошлы, дәрья яңлы, Жылымлары бәрҳә майлы. Гүрриң еткен бабам жайлы, Мениң атам, мениң атам! Урпақларың мудам уйып, Өткир сөзлер кеткен қыйып. Төрде отырған мардыйып, Мениң атам, мениң атам! Ақлық және шаўлық сүйип, Қанатым деп, жанып-күйип. Бизди бәрҳа жүрген қорып, Мениң атам, мениң атам! Кимлер кетип, кимлер келди, Әўладларың өсер енли. Сағынаман сол демлерди, Мениң атам, мениң атам! 25.10.2023 Сүўретте: Атам ҳәм кемпир апам – Оразгүл Нуржан қызы
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
МЕНИҢ АТАМ! Атам – Елмурат улы Нурманның естелигине 👇👇👇
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
МЕНИҢ АТАМ! Атам – Елмурат улы Нурманның естелигине Тыным таппай желип ушқан, Өткел, қыспақ, таўлар асқан. Бир жуп әсирге дусласқан, Мениң атам, мениң атам! Ҳеш ўақ налыў билмеген, Кисиниң ҳақын жемеген. Инсан болды ол көреген, Мениң атам, мениң атам! Көп жасаған шох қара тал, Баба қоныс, тоғай, канал. Сол майданға болған қыран, Мениң атам, мениң атам! Жайлаўында тулпар сести, Ҳәўес артар тайлар өсти. Шапқан атымның тепкиси, Мениң атам, мениң атам! Ерте бәҳәр қолда кетпен, –Дәслеп жеңиз, сиз жемистен. Ақлығым, – деп еркелеткен, Мениң атам, мениң атам! Ҳадал мийнетке үйреткен, Қарық жарып, бағ дүзеткен. Отын шаўып, ылай кешкен, Мениң атам, мениң атам! Кеўли йошлы, дәрья яңлы, Жылымлары бәрҳә майлы. Гүрриң еткен бабам жайлы, Мениң атам, мениң атам! Ақлық және шаўлық сүйип, Урпағым деп, жанып-күйип. Бизди бәрҳа жүрген қорып, Мениң атам, мениң атам! Кимлер кетип, кимлер келди, Әўладларың өсер енли. Сағынаман сол демлерди, Мениң атам, мениң атам! 25.10.2023
Показать все...
👍 1
Repost from МЕРЎЕРТ
«Қарақалпақ қызы» романы түрк тилинде басылып шықты Түркияда Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ қызы» романының 2-басылымы түрк тилинде басылып шықты. Романды түрк тилине Кайҳан Юкселер аўдарды. Мағлыўматларға қарағанда, 1-басылым 2006-жылларда басылып шыққан. Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
👍 13👏 2
#Жол_дәптерден Таксист "Жүргенге жормал илинеди", - дегендей гөззал Қарақалпақстанымыздың ҳәр тәрепине жолға шықсаң, ҳәр қыйлы қызықлы ўақыяларға, инсанларға дус келесең. Бири өз аймағының диалекти, қашырым сөзлери менен итибарыңды тартса, басқалары өз-ара ҳәрекетлери менен таңландырады, күлкиңди келтиреди. Әлбетте, бул мәнзиллерде бизиң тийкарғы жолдасымыз, жәрдемшимиз автотранспорт,  оны басқарыўшы шаққан таксистлер. Кегейли тәрепке жолым түсип, арқа автовакзалға жол алдым. Автовакзал адамлар менен толы. Транспортлар да гәўжим. Бақырыс-шақырықлар... Қәне  Тахтакөпир бир адам кеттик, Қараөзекке бир адам бар ма? Шымбай жүрип баратырмыз... Автовакзалға биринши келиўим еди, бул жерден ҳеш транспортқа минип көрмедим. Кегейли қайда екен? деп турғанымда, бирден биреў ийнимнен қақты: - Инишек Кегейли емес пе, кеттик, дым арзан алып кетемен. Бирақ тезирек машинаға отырың. - Арзан болғанда қанша? -дедим, мен де кесип. - 5 мың сўм иним, тез отыр. Таксидиң алдынғы орынлығына отырғаным сол, таксист апыр-тапыр және 4 адамды алып келип, артқы орынлыққа тықты. Өзи рулине отырып атырып, сырттағы басқа кәсиплеслери менен асығыслы жәнжеллескен болды да, газди басты. Жол жүрип баратырмыз. Ҳәмме ҳайран, бул қалай болды, такси мәнзилге ярым баҳасына алып баратыр. Ызың-сызың, бизди басқа жерге апаражақ емес пе? - дегенлер де болды. Буның себеби соң белгили болды. Таксист азмаз жүргенсоң телефонда бир кәсиплеси менен айтыса кетти. Себеп, нәўбетте екен. Бизиң шофёрымыз, "сен қылғанға мен қылдым, сеннен артық не қылдым", -дегендей етип, кәсиплесине ерегисип, шаққан гезекти алып, "қоянды қамыс, адамды намыс өлтиреди", пишинде ҳәрекет истегендегиси екен. Ўақыя былай болған. Таң азанда кәсиплеси, гезекти бузып, буның жолаўшыларын алып кетеди. Бул соған кек етип, түс қайта оның жолыўшыларын арзан баҳасына алып кетеди. -Бизгеғой бәрибир, арзан болғаны жақсы. Бирақ буннан не уттыңыз Өмеке, (аты Өмир екен)-дедим. Өмекең де насыбайды таслап жиберип, -Зато мен оның үстинен шықтым. Келесиде олай ислемейди, деди. Өмирбай таксист пенен усылай танысып қалдық. Мен оны жасы бизден әдеўир үлкен жигит деп ойлаппан.  Сорассақ, бир жас-ақ үлкен екен. Және қып-қызыл бойдақ екен. Онда жорам екенсең, дедим. Өмекең менен мине, усындай ўақыяның, ўаҳ-шаҳ күлкиде танысып қалдық. Сентябрь, 2023-жыл. Нөкис-Кегейли Даўамы бар...
Показать все...
👍 1
1:11:47
Видео недоступноПоказать в Telegram
Өмирбек хәм тазша (Спектакль)
Показать все...
каракалпак кино.mp4323.52 MB
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.