cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

💞💞ЖҮРЕГИМниң ЖЫР ДӘСТАНЫ💞💞

ҲҮРМЕТЛИ КАНАЛЫМ ЫҚЛАСБЕНТЛЕРИ! Сиз бул каналда жас қәлемкеш Захира Жоллымуратованың қәлемине тийисли қосық қатарлары менен бирге басқа да дөретиўшилердиң ең жақсы дөретпелерин оқып барасыз.📝📝📝

Больше
Узбекистан90 281Язык не указанКатегория не указана
Рекламные посты
131
Подписчики
Нет данных24 часа
Нет данных7 дней
Нет данных30 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Өткен жаслық күнлерге бир саяхат етким келди.Сизге де унайды деп ойладым😊
Показать все...
М У З Е Й (Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи ушын) Қарақалпақстан – мениң өз үйим, Бүгин илҳәм алып сөзлер дизейин. Санама сән берген муқаддес дәргай, Сен елиме мақтанышсаң, музейим! Шежиресин жазып алтын уяның, Өткен күнди бир-бир хатқа боядың, Кең саҳрада өскен уллы халықтың, Сақлап киятырсаң өмир баянын. Аллаяр бабамыз үлес қосқан дер, Қәлли Айымбетов толып-тасқан дер. Не бир алым, илимпазлар жәмлесип, Төрткүл қаласында музей ашқан дер. Мәртлер турар мәрт баслаған таманда, Жақсы нийет пенен ат қойды сонда, Үлкетаныў болды тийкарғы мақсет, Экспонат аз еди ол заманда, Пайда болды – қарақалпақ тарийхы, Тез таралды даўрығы ҳәм тәрийипи, Ел ишинен шыққан қаҳарманлардың, Нағыслап жазылды исми-шәрийпи. Ҳәр дәўирден руўхый азық, нәр алып. Тоқсан жылдан өтти бүгин аралық, Бул үлкени дуйым журтқа таныттың, Даңқ-абырайың жер-жәҳәнге таралып. Даўамшысы бабам салған излердиң, Тарийх ҳәм мәденият болып өзгердиң. Пайтахттың дәл орайында жайласып, Қамастырып турсаң қарар көзлерди. Сүўретлер, буйымлар, бәри кәрамат, Олар шексиз байлық, асқан дәрамат. Мәртебесин өсир қарақалпақтың, Қутлы қоныс болсын жаңа имарат! Турмысымыз жақсы, шын абат болды, Арзыў ҳәм үмитлер инабат болды, Қәстерлеп тарийхты, Ата мийрасты, Мойнақ, Елликқала қол қанат болды, Қарақалпақстан – мениң өз үйим, Кең далаңда емин-еркин гезейин. Инсаниятқа заўық берип жасай бер, Сен елиме мақтанышсаң, музейим! ✍Байжан УЗАҚОВ Нөкис қаласы. Дерек; ©bayjan_uzaqov Канал силтемеси**👉@qqshayirlar
Показать все...
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Показать все...
Аўа, аўа бойың тутас бүгин таўға, Жақсы ҳәмел сынағыңба яки саўға, Басқаларды ойламайсаң етип ғаўға, Көзиңди де, нәпсиңди де тыялмайсаң, Жарылғанша жейсең, бирақ уялмайсаң. Алқымың да жутап турған жайын мисли, Ислетпейсең шайнаўға да ҳуждан тисти, Қол астыңда тыйын-тебен алған исши, Ғәрийплерге усақ берип мың алдайсаң, Жарылғанша тек өзиң жеп уялмайсаң. Асып атыр курсыдағы айлығың да, Туўған-туўыс атындағы байлығыңда, Қол созасаң нәрестелер шайлығына, Өзиң бир сўм бериўге ҳеш қыялмайсаң, Ҳүкиметтиң бергенин жеп уялмайсаң. Оқымыслы, мәдениятлы болып жорта, Сөйлегенде бир патриот көрер орта, Ойлағаның халық емес , қалың қалта, Доллор, евро басқаны сен суйалмайсаң, Бийҳадал ас жейсең бирақ уялмайсаң
Показать все...
КЕТПЕ МЕННЕН АЛЫСЛАП (Нәдир ағаның "Тапқанымда, кетпе меннен алыслап" қосығына) Кеш тутасты бизиң тәғдир жолымыз, Жибип жыллар қатқан жүрек тоңымыз, Билмеймиз бул сезим бахт я шорымыз, Тапқанымда, кетпе меннен алыслап . Жыллар бойы тилеген нийетим ҳасыл, Сенсиз жаным өткен ҳәр күним әсир, Әй, кешигип жолыққан илаҳый тәсир, Тапқанымда, кетпе меннен алыслап . Сен емледиң жанымның жан жарасын, Сен сыйладың маған ышқтың қаласын, Ылайтып мөп-мөлдир сезим арасын, Тапқанымда , кетпе меннен алыслап. Маңлайыма жазған бахтым сен дедим, Бойым, ойым сай келеди шенедим, Дүньяға сен анық мен деп келгениң, Тапқанымда, кетпе меннен алыслап . Мәкән етип биз ышқының айдынын, Бир болайык кел әзизим, кел күним, Алыслат қәдемин ҳәсрет-қайғының, Бирақ жаным, кетпе меннен алыслап . З.Жоллымуратова. РАЙЯНА 15.05.2021
Показать все...
Кетпе меннен алыслап Кең алемде тар коринер көзиме, Карайлайман исенбестен өзиме, Бар кушимди салайыншы сөзиме, Тапқанымда, кетпе менен алыслап. Жалғызлығым жанға азар бердиме, Яки Таңир азапларым кордиме, Жубансын деп кыялымды бөлдиме, Тапқанымда кетпе меннен алыслап. Муз журегим ериттиго карасың, Шыпа берип дауалады жарасын, Тула бойым бул сезимиң тарасын, Тапқанымда, кетпе меннен алыслап. Сезген едим сенин бир кун келериң, Журегиме өз атынды терерин, Кутип турман жуўабыңда не дерин, Тапқанымда, кетпе меннен алыслап. Шын мухаббат усы шыгар, сезиндим, Сен жоғында жаман ғана езилдим, Тапқанымда кетпе меннен алыслап, Енди кетсең салған жара питпес дым. Н. Т. К @nadirqaraqalpaq76
Показать все...
КЕЛИНДИ КЕМСИТИП ӨКСИТЕ БЕРМЕҢ. (Бүгин 15-май шаңарақ күни мүнәсибети менен @qaraqalpaq_aytisi топарына қойылған темалар ушын) ҚАЙЫНЕНЕЛЕРГЕ. Айыпты аударып мына заманға телмирип отырсаң қуда таманға. Жүк, себи болмаса жойып жаманға келинди кемситип өксите берме. ҚАЙЫН АТАЛАРҒА. Болмаңыз оншама қатынның қулы тамақтан өтеме қудаңның пулы? Қатынға байсаңба ямаса улы келинди кемситип өксите бермең. КҮЙЕУ БАЛАҒА. Қыз тәреп әкелген мебелде жатып еркеклик намысты қойдыңба сатып? Қыз берип хәм тағы қарызға батып жүрген қайын журтты өксите берме. ҮШЕУИНЕДЕ. Хақыйқый еркеклер хаялын баққан пайғамбардан сүннет, хәмир ол Хақтан. Дәметип отырмаң қыз-келин жақтан хақыйқый дәстүрди сепсите бермең. ХӘММЕГЕ. Өзгениң дәстүрин ендире бермең хаяллар еркекти көндире бермең. Қаяқта дәстүриң Қарақалпақша кисиниң әдетин дөндире бермең. Хүрметли қайынана, қайыната, күйеубаллар, хүрметли халайық. Бизиң Қарақалпақстанда қыз берген жер емес, қыз алған жер шығындар болар еди алдынлары. Мине бул хақыйқый муқәддес динимизге мас келетуғын дәстүр еди. Динимизде шаңарақ қурыу, хаялын, перзентлерин бағыу, хәр тәреплеме тәмийнлеу еркекге парыз қылынған. Бирақ соңғы гезлери айырым жерлердиң дәстүрлери кирип келмекте. Қыз бериу как будьто жалынышлыдай болып бармақта. Келинлерди келген жүклерине, сеплерине, мебеллерине, сарпайларына қарап бахалайтуғын болып қалдық. Олда аздай перзентли болғанда бесик, ходонек, әткөншек, коляска, сәл үлкейсе велосипед хтб апарамыз. Алдын жоқ еди булар. Усыма мусылманшылығымыз. Енди хәр байрамда күйеу баланы кийиндириу хәм қуда тәрепке табақ-табақ сомса, гөш, мийуе-жемис жибериуимиз қалып тур гернай-сурнай, дәп хауазлары астында. Буғанда киятырмыз жақынлап. Әзийзлер, кимлерге еликлеп баратырмыз? Соншелли қызымыздың қәдири түсип баратырма жалынышлы болғандай? Еркеклик намысымыз қайда жоғалды? Мусылманшылық парыз қайда қалды? Қәне патриотизм? Олардың дәстүри өзлерине дурыс шығар оны додаламайық, бирақ өзлигимизди таслап өзгелерге еликлегенди тоқтатайық. СССР дәуиринде горька-горька деп еликледик ғайрыдинлерге. Енди болса....... Өзлигимизди қай жерде жойтып қойдық. Хүрметли ЕРКЕКлер Алланың парызын орынлау ушын бийликти қолға алың. Тоқтатың мына сауданы. Қойың қатынның артына тығылғанды. Қаншелли қатынның артына тығылған сайын сырттағылар суға береди өзлериникин. Ояның!!! @voyn13.
Показать все...
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.