cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Жансаўле Хамидуллаева

Ассалаўма әлейкум заманласлар! Сиз бул каналда: Ибрайым Юсупов каналы администраторы,ҚМУ Журналистика факультети студенти,Шымбайлы өнермент ҳәм Жас Журналист Жансәўле Хамидуллаеваның жеке дөретиўшилиги менен танысасыз!

Больше
Страна не указанаЯзык не указанКатегория не указана
Рекламные посты
249
Подписчики
Нет данных24 часа
Нет данных7 дней
Нет данных30 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

"Сен маған керексең!" ❤️ ✍ Зульфия Жиемуратова 🎙Жансәўле Хамидуллаева @Jansawle_official
Показать все...
Сен маған керексең!.mp31.17 MB
Ассалаўма әлейкүм ҳүрметли каналымыз ағзалары! "5-май" Пүткил елимизде тарийхый ҳәм умытылмас сәне есапланады! Өзбекстан қараҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры, Поэзия байтереги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсупов атамыздың туўылған күни! Ҳеш қашан сөнбес Поэзия жулдызының "92 жыллығы" менен бәрше заманласларымызды каналымыз атынан шын кеўилден қутлықлаймыз! Ибрайым Юсуповтың руўхы шад болғай, бәрше шәкиртлерине руўхлары яр болып, исин даўам еттириўши инсанларға шайыр атамыздың шарапаты тийсин! Жасыл жапырақ самал менен ойнаса, Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса, Гүллер ғумшаланса, бүлбүл сайраса, Сен жанасаң поэзия жулдызы. Сиз ҳәмийше қәлбимизде жасайсыз! Ҳүрмет пенен администрация! Каналымыз - https://t.me/ibrayim_yusupov
Показать все...
Ассалаўма әлейкум қәдирданлар! Кирип келген жаңа жыл бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын! 2020-жылда орынланбаған әрзиў-үмитлериңизге, 2021-жылы артығы менен ерисе бергейсиз! Ҳәммеңизге мол ырысқы-несийбе, зор денсаўлық, оқыўларыңызға әўмет, жумысларыңызға тасқын-табыслар тилеймиз! Жаңа жыл ҳәр бир шаңараққа аманлық, қуўаныш ҳәм баҳыт алып келсин! Ҳүрмет пенен Жансәўле Хамидуллаева ❤️😍😇🎊🎉🎁🎈
Показать все...
Бүгин Шымбай районлық 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық Кеңеси тәрепинен "Инновацияллық технологиялар 2020" таңлаўы болып өтти. Таңлаўға сиңилим Жансулыў Хамидуллаева да қатнасып ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды!😊👏 Кишкене өнермент сиңлимди қутлықлайман ҳәм жетискенликлери даўамлы болыўын тилеп қаламан!😇🙏
Показать все...
#Сиз_билесизбе? Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм районлар қашан дүзилген? Нөкис қаласы: 1932-жыл. Қоңырат: 1927-жыл, 22-июнь Шымбай: 1927-жыл, 3-июль Хожели: 1927-жыл, 3-июль Беруний: 1927-жыл, 3-июль Төрткүл: 1927-жыл, 13-июль Кегейли: 1928-жыл, 3-сентябрь Мойнақ: 1931-жыл, 15-сентябрь Тақиятас: 1953-жыл, (қайта 2017-жыл август) Тақтакөпир: 1965-жыл, 29-декабрь Шоманай: 1967-жыл, 9-январь Нөкис р\н: 1968-жыл, 25-декабрь Қанлыкөл: 1970-жыл, 7-декабрь Қараөзек: 1975-жыл, 26-сентябрь Елликқала: 1977-жыл, 23-февраль Бозатаў: 1979-жыл, 10-апрель (қайта 2019-жыл, сентябрь) Дерек: @Dunya_siyasat_jamiyet Каналымыз: @Jansawle_official
Показать все...
#Жаңаланып_атырған_Өзбекстан #Қарақалпақстан_Республикасы #Шымбай_районы Сәлем саған, туўған жерим! Көрсем шаңлағыңды сениң, Балалығым тутар мениң, Еркелеткен ел-жайымсаң, Лаўазымлы Шымбайымсаң! Ибрайым Юсупов @Jansawle_official
Показать все...
21.82 MB
#Иләждан_көринис 4-декабрь күни Шымбай районлық Акедемиялық лицейинде "Жаңа Өзбекстанды әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз" сүрени астында "Ҳәким ҳәм жаслар" ушырасыўы болып өтти. Бул ушырасыў кешесине районымыздың ҳәр тәреплеме белсенди жаслары қатнасты ҳәм Шымбай районы ҳәкими Тәжеддинов Айбек Алтынбековичке өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Шешимин табыўға қаратылған машқалалар айтылды ҳәм сол жердиң өзинде олардың машқалалары ҳәм усыныслары тыңланып, өз шешимин таўды. Сондай-ақ ҳәр бир тараўдағы жетискенлик пенен бир қатарда, кемшиликлер де атап өтилди. Биз ойлаймыз бүгинги ушырасыў көз моншақ жаслардың ҳәр бири ушын ана ўатанға деген сезим, келешекке деген үлкен қәдем болады ҳәм ол әлбетте, өз нәтийжесин береди. @Jansawle_official
Показать все...
#Ана_тилим_бийиклерден_көрине_бер Ассалаўма әлейкум заманласлар! Бүгин "1-декабрь Қалақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн". Бийбаҳа байлығымыз болған ана тилимиздиң 31-жыллық байрамы менен бәршеңизди қызғын қутлықлайман! Ҳүрмет пенен: Жансәўле Хамидуллаева @Jansawle_official
Показать все...
"Ўақыт" Оқыды: Жансәўле Хамидуллаева @Jansawle_official
Показать все...
Жансәўле - Ўақыт.mp31.37 MB
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.