ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 789 подписчиков, занимая 4 323 место в категории Религия и духовность и 449 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 789 подписчиков.

Согласно последним данным от 11 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -264, а за последние 24 часа — -2, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 28.21%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.80% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 300 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 720 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 44.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 12 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 789
Подписчики
-224 часа
-327 дней
-26430 день
Архив постов
Биреуге айтқан бир мысқал артық сөзиң, Бир батпан болып өзиңе қайтады. Адам тек өзинен артық адамды жек көреди. Даңқ кез келг
Биреуге айтқан бир мысқал артық сөзиң, Бир батпан болып өзиңе қайтады. Адам тек өзинен артық адамды жек көреди. Даңқ кез келген адамды аспанға көтереди, Бирақ кез келген адам даңқты көтере алмайды. https://t.me/ibratli_sozler

Руслан Оразбаев "Кегейлиден суу алған қыз " https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ АССАЛAЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР !! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Нийет қылған тилеклериңиз АЛЛА жолында орынланс
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ АССАЛAЎМА  ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР !! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Нийет қылған тилеклериңиз АЛЛА жолында орынлансын. Бүгинги қылатуғын ислериңизде сизлерге әўмет яр болсын. Бәрқулла жүзиңизден күлки кетпесин. Күн даўамында жақсы кейпият, сабыр ҳәм ең гөззал пазыйлетлер жолдас болсын.. Бәршеңизди АЛЛАТААЛА өзи сақласын. ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Хут айының 7-сəнеси, хəптениң Шемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Өмириңиз мазмунлы хəм жақсылықларға бай болсын ! Таңда ғайыбана көрискенше сау-саламат болғайсызлар ! Түниңиз т
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Өмириңиз мазмунлы хəм жақсылықларға бай болсын ! Таңда ғайыбана көрискенше сау-саламат болғайсызлар ! Түниңиз тыныш уйқыңыз пүтин болсын қəдирлим ! https://t.me/ibratli_sozler

"ИЙНЕ ШАНШАР ЖЕР ЖОҚ" ✳ Турақлы сөз дизбеги.
Anonymous voting

"КӨЗГЕ ТҮРТСЕ КӨРИНБЕЙТУҒЫН"
Anonymous voting

"КӨЗИНЕ ТОПЫРАҚ ШАШЫЎ"
Anonymous voting

"БИР УЎЫС"
Anonymous voting

photo content

МУЗЛАМАСЫН ҲАЯЛ ЖҮРЕГИ Гүл киби әлпешлеп өсирген қызды, Узатар бир елге бахытын тилеп, Бой жетсе дәрриў-ақ түседи көзге, Шәўк
МУЗЛАМАСЫН ҲАЯЛ ЖҮРЕГИ Гүл киби әлпешлеп өсирген қызды, Узатар бир елге бахытын тилеп, Бой жетсе дәрриў-ақ түседи көзге, Шәўкилдеп урады киши бир жүрек. Жадырап жайнаған сулыў бир гүлди, Ашықлық дәртине дуўшакер етер, Оның аппақ кеўлин, аппақ қар киби, Гей жигитлер алдап патаслап кетер. Гейде исенгени опасыз болып, Өзге жананларды паналап кетер, Сонлықтан жүреги жаралы болып, Бул өмирден биразы түңилип өтер. Өзине исеним артқан ҳәрбир қыз, Алыстан өзиниң султанын күтер, Гейде бир көриўден жүрек етип"дыз", Еки жуп бир өмир жарасып кетер. Ҳәркимде ҳәр қыйлы өмир соқпағы, Сол өмирден болар бахыт таппағы, Жылатпаң қызларды себеп ол билсең, Ҳасылы Бийбипатманың урпағы. Қанша ашыў, қанша араз болса да, Ҳаялға азғана меҳир кереги, Қар жаўып, дөгерек музға толса да, Музламасын ҳасла ҳаял жүреги. ✍Зульфия 27.01.2026 ж https://t.me/ibratli_sozler

Шырағым, пул өз ҳүкимин жүргизген жерде, ийгиликли сөзге де, гөззаллыққа да орын жоқ. Асқазан мийден көре ақыллылаў, өйткени ол жақпаған затты қайтарады. Мий ҳәмме затты сиңдирип таслайды. Инсан гейде-гейде дус келетуғын ҳәрбир сәтсизликти бахытсызлық деп есапламаўы керек. Ким биледи дейсиз, бәлким ҳақыйқый бахыт киши сәтсизликтен басланар?! Халықтың тилине қыянет жасаў - оның жүрегин жаралаў. Факт деп заңға сүйенип, қутылсаң қутылып кетерсең.Бирақ билип қой, ел-журттың азап-дозағынан безип, оның қайғы-ҳәсиретин бөлиспегениң ушын, адам санынан шығып, қарабет атанып өтесең.Саған факт де, жаза да усы. Ҳеш кимниң көзине түским де, ҳеш кимди көргим де келмеди. Басқаларды билмедим, усындай да, өзим жалғыз қалғанды, қайғы-ҳәсиретимди журт көзине көрсетпеўди қәлеймен. Журт не қылсын мениң қайғымды? Қолыңнан келсе, ашыўың тарқап, өксигиң басылғанша сыр берме... Шыңғыс Айтматов https://t.me/ibratli_sozler

Шүкирлик .. Сизде бар нəрсе биреўлер ушын əрман екенин умытпаң ! Қолдағы барына қəнəəт , жоғына сабыр етиң ! https://t.me/ibratli_sozler

ОЗЫҚ ОЙЛЫ, АЛЫМ ЕДИ… Жүмек Орынбаев 1906-жылы Шымбай районы бурынғы «Кеңес» хожалығы (Шымбай районы «Қос терек» АПЖ аймағында «Майлы балта» аўылы) туўылды. Аўылдағы мектепте баслаўыш билим алған Жүмек Асқар улы 1924-жылы Төрткүлдеги үш айлық қысқа муғаллимлик курсты питкергеннен кейин мектепке көп бала тартыўды, оларды керекли оқыў қураллары менен тәмийинлеўди алдына мақсет етип қойды, 1925-жылы Төрткүлдеги алты айлық совет-партия мектебинде оқыды ҳәм оны питкерген соң Шымбай каласындағы интернатқа директор, кейин мектеп директоры болды. Көп узамай жаслар жетекшиси етип тайынланды. «Сол қанат» жәрдемшилер қатарында турып, елде саўатсызлықты сапластырыў ислерине белсене қатнасты. Ж.Орынбаев 1930-жылы Ташкенттеги САХИПИдиң рабфакине оқыўға кирди. Бул жерде ол билим алыў менен саўатсызлықты сапластырыў штабының баслығы болды. Бос ўақытларында завод-фабрика жумысшылары арасына барып, оқыў-жазыў ислерин үйретти. Рабфакти табыслы питкергенлердиң қатарында оған аспирантураға жоллама берилди. 1933-34-жыллары Москва қаласындағы ВАИПИН аспирантурасының еки жыллық таярлаў бөлиминде билим алды. Таярлық курсын питкергеннен соң Қарақалпақстанға әмелий жумыс ислеўге келип, Төрткүлдеги педтехникумның директоры ҳәм оқытыўшысы болып бекитилди. Бир айта кететуғын жаңалық профессор Ж.Орынбаевтың туўысқан иниси Н. Орынбаевта рус тили ҳәм әдебияты пәнинен бириншилерден болып, кандидатлық диссертациясын жақлап, жақсы нәтийжелерге еристи. Тилекке қарсы аманатын мезгилсиз тапсырып, «о дүньялық» болып кетти. Илим-билимге қызыққан жас Ж.Орынбаев 1935-жылы Москваға қайтадан барып, ВАИПИН аспирантурасының тийкарғы курсында оқыўын даўам етеди. Усылай етип, Москвада РСФСР Билимлендириў министрлигиниң оқыў-педагогикалық баспасында қарақалпақ мектеплери ушын сабақлықлар шығарыў бойынша редакторы болып иследи. Аўылласымыз Ж.Орынбаев урыстың аўыр гезлеринде бирлестирилген қарақалпақ мәмлекетлик оқытыўшылар институты ҳәм педагогикалық институтының директоры болып хызметлер атқарып, өзиниң барлық күш-жигерин қарақалпақ халқы ушын хызмет ететуғын жоқары қәнигели, сиясий жетик муғаллим кадрлар таярлап жетистириўге бағышлады. Оның билимге қызығыўшылығы сонда Қазан, Алма-ата, Ташкент, Санкт-Петербург, Москва қалаларының китапханаларында айлап-жыллап китаплар ақтарып, архивлерден материаллар топлады. Нәтийжеде 1950-жылы Москвада РСФСР Педагогикалық Илимлер академиясының педагогика теориясы ҳәм тарийхый институтында «Қарақалпақ мектеплериниң революцияға шекемги тарийхының очерклери» деген темада диссертациясын табыслы жақлап, педагогика илимлериниң кандидаты илимий дәрежесине миясар болды. Талантлы илимпаз 1957–жылға шекем Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институты педагогика кафедрасының баслығы болды. Ол илимий жумысларын тағы да даўам етип, «Қарақалпақ совет мектебинин тарийхы» 1927-1930) деген ат пенен үлкен монографиясын баспадан шығарды, бул 1966-жылы еди. Усы мийнети менен Өзбекстан педагогикалық илим-изертлеў институтында педагогика илимлериниң докторы болды. Утыры келгенде айтсақ, оның туўысқан иниси Нағмет Орынбаев та илимли-билимли болып, Қарақалпақстанда рус тили бойынша филология илимлери докторы болған бирден бир илимли-билимли азамат еди. Әттең, өмири қысқа болды. Илая, олардың руўхы шад әйлеп, топырағы торқа болсын! Профессор Ж.Орынбаев пенен әзелден қатнасығымыз жақсы болды. Сапар атам сол кисиниң әкеси Асқардың руўлас апасы Айжамалды алып, оннан Рейимбай, Кәримбай, Жумагүл, Турдыбай, Пердебай Сапаровлар туўылғаны жоқарыда айтылды. Белгили алым Жүмек Орынбаев Нөкис мәмлекетлик педагогика институтта оқығанымда баўырманлық етип, үйинен орын берип ақыл-нәсиятлар айтар еди. Еле есимде, адам дурыслы тәлим-тәрбия алмаса пәмсиз болады. Еле берин, ПӘМ ҳаққында китап жазаман, сен де қуры муғаллимшиликке байланып қалмай журналистикаға аралас, талантың бар, мақалаларыңда азлы-көпли ушқын сезиледи, дер еди. Оның айтқанларын хаялы Зийнеп апамыз да мақуллап, атаңның айтқанын аманат етип қабыл ал, бул кисилердиң пәтиясын алсаң шеп болмайсаң, деп арқамнан қағып, баўырына басып қойды. Б.Сапаровтың еске түсириўлери. https://t.me/ibratli_sozler

ЖҮМЕК ОРЫНБАЕВ
ЖҮМЕК ОРЫНБАЕВ

Əке... Маған қалтасынан пул шығарып берди де " балам жақсылап аўқатланып кел" деп асхана тəрепти көрсетип жиберди. Əсте артым
Əке... Маған қалтасынан пул шығарып берди де " балам жақсылап аўқатланып кел" деп асхана тəрепти көрсетип жиберди. Əсте артыма қарап бурылғанымда , келген өксиктен өзимди зорға тоқтатып қалдым. Əкем сумкасынан үйден алып шыққан буханка нанды алып, бир шетте мени интизар күтип қарнын тойдырар еди... https://t.me/ibratli_sozler

Балалар ата-ананы таңлаў хуқықына ийе емес. Сиз олар əрман еткендей ата-ана болыўға умтылың ! https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық - Ҳаял өзин жас балалардай тутса, демек ол бахытлы. - Сондай жасаң, ҳәр бир күниңиз өмирдеги ең бир қуўанышлы күн бо
#Даналық - Ҳаял өзин жас балалардай тутса, демек ол бахытлы. - Сондай жасаң, ҳәр бир күниңиз өмирдеги ең бир қуўанышлы күн болсын. - Ўақыт келеди деп ойлайды, лекин ўақыт тек кетеди. - Ким алса - алақанын толтырар, ким берсе - қәлбин толтырар. - Ҳақыйқый гөззаллық жүреклерде жасайды... көзлерде сәўлеленеди, әмеллерде көринеди. - Ишки дүньяңда қаншама жарықлық болса, жасап турған дүньяң да соншама жарық болады. https://t.me/ibratli_sozler

Дауытбай Қайыпов Сағыныш https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум, Қәдирданларым! Бүгинги күниңиз әўметли болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Жүреги мийрим - шәпәәтке т
Ассалаўма алейкум, Қәдирданларым! Бүгинги күниңиз әўметли болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Жүреги мийрим - шәпәәтке толы, кеўли  таңдай аппақ ҳәм сағынышы бир Аллаға қуштар болған бирадарларым!       Рәббим Алла  сизлерге аманлық ҳәм  денсаўлық, шаңарағыңызға  несийбе  ҳәм берекет инәм етсин!     Бүгинги күниңиз жақсы жаңалықларға ҳәм әўметли ислерге толы болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ https://t.me/ibratli_sozler