ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 792 подписчиков, занимая 4 322 место в категории Религия и духовность и 444 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 792 подписчиков.

Согласно последним данным от 09 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -265, а за последние 24 часа — -7, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 28.13%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.97% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 288 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 755 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 44.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 10 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 792
Подписчики
-724 часа
-447 дней
-26530 день
Архив постов
ЫРЫСҚЫ АЛЛАДАН Бүгин үйде хешнарсе жоқ . Хеш болмаса бир кеспе қабақ болғанда еди. Ыдысларды қарап көрейин деп бəрин көрип шықтым. Бир қысым гүриш те таппадым. Күйеуимниң де иси жүриспей атыр. Қол ушы талап болған соң ислеген жериниң ийелери пенсия алсам берейин , я айлық түссе беремен деп диңкемизди қуртты. Еле де еки бөлмели өжиремиз бар. Квартирант емеспиз. Еки түйир балам бар , биреуи төрт жас , кишиси еле жасына толмады. Өзим де билек сыбанып жумысқа шығайын десем балаларыма қарайтуғын адам жоқ. Өксип-өксип жылап алдым. Көшеде бир достым бар, тигиуши еди. Балаларымды алып үйине бардым. - Айгүл саған шəкиртликке түсейин тигиушиликти үйретсеңо. Азық-ауқаттан қысылыңқырап турмыз. Күйеуимниң белгили баслы айлығы жоқ. Тапқанын газ, свет, сууға соның арасында той-мерекеге айтса қумға сиңгендей жоқ болып кетеди . Хеш болмаса көмекшиң болып бир-еки сум тапсам деп едим,-дедим. -Айзада қызықсаң ай я ...Қалай үйренесең ? Балаларың аяғыңа орау болып нени питкерер едиң.? Ана күйеуиң менен ажырасып алимент ал. Анаңа тасла да Қазақстан бетлерге шық . Өзиң мине деген жай салып балаларыңды арқайын бағасаң . Өзиң ушын жаса,- деди достым. Төбемнен муздай суу қуйылғандай болды. - Сен нени түсинер едиң Айгүл .. Сениң күйеуиң табыскер дə. Мениң күйеуим пулды аз тапса да маған, балаларына мийримли. Оны табыс таппайды деп таслап кетсем соңында өзим хор боламанғо , - дедим де жəрдем сорап келгениме мың пушайманлар менен үйиме қайттым. Енди не ислеймен. Күйеуим аш болып келсе не беремен, мен де хешгəп балаларым хəзир шыдамай жылайды ау .... Кеш түсти. Күйеуим келди. Қолындағы жумысқа кийетуғын гөне кийимлерин алдым да жыллы суу менен шайып , далаға жайып келдим. Көзлериме қарап турып бəрин түсингендей : -Айзада , бул күнлеримиз де өтип кетер. Қарным аш болса да сизлерди көрген уақтымда кеулим тойып қалады ... - Қысынбаң ағасы несип еткени, буйырғаны болады. Намазымнан соң АЛЛАҒА дууа еттим: - Əй АЛЛАМ , ырысқым сениң қолыңда. Жоқ жерден өзиң жеткизесең . Мен өзиңе исенемен . Балаларымды, өмир жолдасымды , өзимди Сениң ықтыярыңа тапсырдым. Несийбемизди өзиң жеткизгейсең ,- деп жайнамазымды жыйнап атырғанымда ,қапы қағылды. Есикти ашсам əжапам хəм жийеним қолында бираз базарлықлары менен кирип келип тур . Көзлеримнен қалай болса солай жаслар ағып атыр ... Əжапамның айтыуына қарағанда түнде шет елде жумыс ислеп атырған жездемниң түсине кирген қусайман. Таңда əжапама қоңырау етип : " Айзадалардан бир хабар алсаңо , түсимде муңайып жүрғо. Бираздан ақша салып жиберемен. Ун , чай-қантларын апарып кел" деп мени жиберген күниғо. Маған бир ауыз айтсаңо , барымды əкелер едим,-деп əжапам да бираз кейиген болды. Қолыма бир бууат пулды берди де баласының машыны менен үйине қайтты. РƏББИМ хешқашан өзинен сораған бендесиниң қолын бос қайтармайтуғынына жəне бир мəртебе гүуа болдым... Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

Нəсият Ақыл алсаң кисиден сирə көплик етпейди Сүрткен ақыл ақыл емес питкенине жетпейди Сондадағы насиятым қулақ туриң гапиме Маслаҳатли исиңизден хешуак қәте кетпейди. Неге енди жасларымыз өжетлик пенен жеңеди Ата анасын бул балалар өзлерине теңеди Ҳаммеде бир балам дейди еркелигин көтерип Қылып налыш баласына куннен кунге сөнеди. Бала деген еркин қусқой ушсам дейди тезирек Журттан бурын барып және көрсем дейди көбирек Ақыл берсең тыңламайды кетер турып ҳаўлығып Айттынғо дер бул гапиңди маған жане жуз рет. Тынлағанлар дана дейди тыңлатқанлар ақылғой Көп еситип көпти көрсен өсе берер акыл ой Жаман жолын жаксы адам еп көрмейди душпанға Суринбейсең ақыл алсаң тыңлағаның мақулғой. Ҳеш  бир адам баласына жаман бол сен демейди. Тапса берер баласына өзи ҳасла жемейди Насият пенен өскен бала ҳеш ўакыт кем болмайды Укпаса бала жаслығынан , кейин ийкимге келмейди. Балам саған насиятым ойланбай қылма исинди. Ойсызлықтың наны катты, бир сындырар тисиңди. Ата анаңа мийирман бол олар саған таяныш. Мәрт бол балам қане шығар ақыл менен кушиңди. Исенеди олар саған тәрбиялы болды деп Тапты балам Алла жазған нағыз туўры жолды деп Бахытыңды ойлап сениң Кунде әрман етемен. Жасасын өз ақылы менен хадал нанын жесин деп. Айбосынов М https://t.me/ibratli_sozler

ƏДЕБИҢ МЕНЕН БАЙ, ҚƏНƏƏТИҢ МЕНЕН БИЙҚƏЖЕТ, КИШИПЕЙЛИҢ МЕНЕН УЛЛЫ БОЛ ! ✅ Жақсы көрген инсаныңды көп мақтама ! ✅ Рəббисине бойсынбайтуғынлар менен бирге жүрме ! ✅ Отырған халыңда сəлем берме ! ✅ Сени таслап кеткен достыңа жақын болыуға умтылма ! ✅ Биреуден айып излейтуғын менмен болма ! ✅ Жүдə жууас та , жүдə қаттықол да болма ! ❗️ Хақ адам ант ишпейди. ❗️Исенимли адам өзин ақламайды. ❗️Ықласлы адам налымайды ❗️Кеңпейил инсан миннет етпейди ❗️Сен басқалар қəлегениндей болма , бəлким қандай болсаң сондай бол ! ❗️Адамларды хүрмет етиуиң оларға исиң түсиуин аңлатпайды, бəлким өз диниңнен алған тəлим-тəрбияңды билдиреди. ❗️Хүрмет ет , хүрмет көресең ! ❗️Артыңнан айтқанларға итибар берме, себеп олар хақыйқаттан да артыңда , сеннен алдында емес! ❗️Адамларға Қураннан қанша оқығаның яки ядлағаның хаққында айтып отырма , өзлери сенде Қуранды көрсин . ( Тəрбияңнан хəм əдепли сөзлериңнен). ❗️Ашты тойдыр, жетимге мийримли бол, жаманлық қылғанды кешир , ата-анаңа бар жақсылықты рəуа көр, ағайиншиликти беккемле, хəммеге күлимсиреп қара. https://t.me/ibratli_sozler

#ғəзийне Қарақалпақ нақыл -мақаллары: ___ Қыямет күни қоңсыдан сораласаң. Гилем сатсаң қоңсыңа сат, бир шетинде өзиң отырасаң. Алыстағы ағайиннен жақындағы қоңсың абзал. Əңгиме сүймеген дигирман қурады Қонақ сүймеген баласын урады. Отты геўлеме өширерсең, Қоңсыңды геўлеме көширерсең. Атқа ердиң батқанын ийеси емес ат билер, Ағайинниң азғанын туўысқан емес жат билер Бир көрген билис, Еки көрген таныс, Үшинши рет көргенде аттан түсип қол алыс. Жақсы қоңсыны сатып ал ! Бай менен бай қуда болса арасында жорға жүреди. Жарлы менен жарлы қуда болса арасында дорба жүреди. Бай менен жарлы қуда болса неге қуда болдым деп зорға жүреди. Көз көзге түссе, мехир жүзге түседи. https://t.me/ibratli_sozler

Өз гүнасын өзинен емес, өзгеден излеў барып турған жалатайлардың иси, деген даналық бар. Буған ҳешким итибар бермейди. Ол да
Өз гүнасын өзинен емес, өзгеден излеў барып турған жалатайлардың иси, деген даналық бар. Буған ҳешким итибар бермейди. Ол да аздай, өзлеримиздиң гунамыз ушын—өлилерди айыплаў өмиримиздиң баслы мақсетине айланып та баратыр. «Өлини сыйлаған тири бай болады», деген халық даналығы шын мәнисинде өзин дәлиллеп атыр: бүгинлиги адамларымыз руухый жақтан да, күн көрис жағынан да, қулласы, хәмме тәрепинен оғыры жарлыланып баратыр..... Т.Қайыпбергенов " О дүньядағы атама хатлар" https://t.me/ibratli_sozler

Бул Иранның Занжон қаласындағы дүкəншы Хажы Хасан хүрметине қойылған естелик. Бир күни оның дүкəнына кимдур кирип велосипедин
Бул Иранның Занжон қаласындағы дүкəншы Хажы Хасан хүрметине қойылған естелик. Бир күни оның дүкəнына кимдур кирип велосипедин аманат ретинде қалдырып , негедур қайтып келмейди. Дүкəншы велосипедти хəркүни азанда дүкəн сыртына алып шығар, ийеси келмеген соң кеште ишке киргизип қояр еди. Бул жағдай 45 жыл даўам етти, Хажы Хасан сонша ўақыт аманаттың ийесин күтти. Дүкəншы қайтыс болды, бирақ велосипед ийеси табылмады. Оның өлиминен соң хүкимет қала орайына дүкəншы хəм велосипедке монумент орнатты. Адамлар оны "Ўəдеге опа" естелиги деп айтады. https://t.me/ibratli_sozler

Егер бергеңнен көре алғаныңа көбирек қуўанатуғын болсаң, демек, сеннен дүньяның ийиси шығар екен. Егер алғаныңнан көре берген
Егер бергеңнен көре алғаныңа көбирек қуўанатуғын болсаң, демек, сеннен дүньяның ийиси шығар екен.    Егер алғаныңнан көре бергениңе көбирек қуўанатуғын болсаңыз, демек, сеннен жәннет ийиси шығар екен. Муҳаммад Мутəуалий https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ! АЛЛАНЫ разы қылыу нийетинде ораза тутаман деп уйқысынан кешип, сəхəрлик қылыу ушын оянғанларды АЛЛАНЫҢ өз
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ! АЛЛАНЫ разы қылыу нийетинде ораза тутаман деп уйқысынан кешип, сəхəрлик қылыу ушын оянғанларды АЛЛАНЫҢ өзи сауабы-əжирлерин көбейтип, сыйласын ! Рамазанның 4-күни мүбəрек болсын ! Шаңарағыңызға қут-берекет, ошақ басына аманлық, өзиңизге күш-қууат берсин қəдирлим ! https://t.me/ibratli_sozler

Тағы бир күнимиз өз жуумағына жетти... Бүгин кимгедур жақсылық ислеген шығарсыз. Кимниңдур дəртине мəлхəм болған шығарсыз. Хе
Тағы бир күнимиз өз жуумағына жетти... Бүгин кимгедур жақсылық ислеген шығарсыз. Кимниңдур дəртине мəлхəм болған шығарсыз. Хеш болмағанда кимгедур мыйық тартып қарап кеулине жылыулық берген шығарсыз... Солай болса... Сиз ең жақсы инсансыз хəм мудамы сондай болып қалың ! Түнниң тынышлығын, жанның аманлығын берсин ! Таңда бəршеңиз бенен аман-сау ғайыбана дийдарласыуды несип еттирсин қəдирлим ! https://t.me/ibratli_sozler

Сораў❓ Ертеде мəмлекеттиң кирис-шығыс қəрежетлерин басқарыўшы үлкен ҳəмелдар не деп аталған?
Anonymous voting

"ТАПАЛТАС"
Anonymous voting

Жақсы аттың жасын сорама, Жақсы жигиттиң ........ ✅ Нақылдың даўамын табыңлар?
Anonymous voting

Ибн Умар разыяллаху анхумадан рəуаят : - Расулуллах саллаллаху алайхи уə саллам ауыз ашқанда мынадай дер еди : " Шөлимиз қанд
Ибн Умар разыяллаху анхумадан рəуаят : - Расулуллах саллаллаху алайхи уə саллам ауыз ашқанда мынадай дер еди : " Шөлимиз қанды , тамырлар хөлленди хəм əжир-сауап хасыл болды, ИншаАллах !" АЛЛАМ бəршеңиздиң дууаға қол жайып нийет пенен тутқан оразаларыңызды қабыл етсин 🤲 https://t.me/ibratli_sozler

#рамазан_2026 #ораза #рәўият 🙄ИФТАРЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ      Ифтарлық бир қарағанда кешки тағамланыў. Бирақ усы әйтеўир тағамланыў ораза тутыўшы адам ушын уллы пайзыйлет саналады, қуўаныш ҳәм қайыр-берекет себепшисине айландырылған. Ҳәттеки барлық пайғамбарлар ифтарлық қылыўға буйырылған.      Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Биз – пайғамбарлар жәмәәти ифтарды ерте қылыўға ҳәм сәҳәрликти кешлетиўге буйырылғанбыз», деген.       Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Ораза тутыўшыға еки қуўаныш бар. Олар: Ифтар қылғанда сүйсинеди ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы менен сүйсинеди», деген.      Имам Бухарий Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Адамлар ифтарға асығады екен, жақсылықта болып бара береди" Пазыйлет.уз каналынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler

НИЙЕТТИҢ ДУРЫС БОЛЫЎЫ     Нуў пайғамбар Алланың буйрығы менен кеме соғып баслағанда бир кемпир күнде ыдыс пенен сүт әкелип, пайғамбарға ишкизеди екен.     - Балам, сыйырым туўды. Биринши сүтин сизге алып келдим. Мен бийшара мына кемеңнен қалып қоймайын,- дейди екен.      Нуў сүтти ишип болып:     - Рахмет, әже, әлбетте, сизди умытпаймыз,- деп қалады екен. Пайғамбар еки-үш жыл бурын бул кемени соққан екен. Ҳәр жылы сол әжемиз  "Сыйырым туўды,"  деп пайғамбарға сүт әкеп бере  береди.      Бир күни Нуўға аллалан саза келип, "Таңда топан суў жиберемен, дәрриў маған исенген адамларды ҳәм бир-бир жуптан ҳайўанатларды, қусларды да кемеге ал," депти. Пайғамбар барлық буйрықты булжытпай орынлапты. Таңда жер бетин суў басып, бузықлық ислеп жүрген қәўимлер набыт болады. Нуўдың кемеси суў бетинде жүзип жүре берипти.       Бир күни пайғамбар кемеде жүргенинде баяғы әжеси есине түсипти де, қатты қыйналыпты.  "Сонша сүтин ишип, неге мен ол әжени умытып кеттим?!"  деп жылапты. Арадан көп өтпей, суў тартылып, кеме Қазығурт таўына келип тоқтапты. Пайғамбар адамларды жайғастырып, жер бетине жақсы адамлар тарқалып кетипти.      Нуў бир күни ел аралап жүрсе, баяғы әжемиз және сүт алып келип:      - Балам, сыйырым және туўды, биринши уўыз сүтин сизге алып киятырман. Мени сол кемеңнен умытып кетпе, қалып қоймайын,- депти.       Сонда пайғамбар:     - Әже, жер бетин суў алып, биз кемеге минип аман қалып, қашшан жерге де түстик.  Сизиң нийетиңиз дүзиў болғанлығы ушын Алла сизди сақлап қалыпты,- дейди. Сонда әжемиз:      - Әйтеўир сыйырларымның тобығы ылай болып келетуғын еди,- деген екен.        Яғный, кимниң нийети дүзиў болса, кимниң кеулинде жақсылық болса соның ийманы кәмилликке жол алған екен. "Қарақалпақ халық рәўиятлары" китабынан. https://t.me/ibratli_sozler

ТЕСИК ҚАЛТА Тәҳәрет қыласаң да, суўды көп ысырап қыласаң (Тесик қалта). Хиджаб орайсаң да, бирақ бет-жүзиңди бояп аласаң (Тесик қалта). Нәпил намазына турасаң да, лекин, жаныңдаға адам менен аразласасаң (Тесик қалта). Ораза тутасаң да, бирақ, басқаларды ғыйбат қыласаң (Тесик қалта). Садақа бересең-аў, бирақ артынан миннет қылып, айтып отырасаң (Тесик қалта).     Көзиңди аш, ҳей тақўа инсан! Ислеген жақсы әмеллериңди тесик қалтаға салып, саўабынан бос қалма!    Шайх Муҳаммед Арифий. https://t.me/ibratli_sozler

ТƏРЕЗИДЕН ЖЕЎДИҢ АҚЫБЕТИ. Уламалардың бири айтады : " Бир наўқасты көриўге бардым. Күн-сааты жақынласып, өзин билмей жатыр екен. Оған қаншама "Шəхəдəт" кəлиймасын айтып, қайталаң десем де хеш тили айланбас еди. -" Тынышлықпа өзи ?" деп сораған едим. -" Тəрезиниң ( тили) бир пəллеси тилимди басып , сөйлетпей таслады " деди. " Тəрезиден жейтуғынбедиңиз ? " деп сорағанымда : -" Яқ, АЛЛАҒА ант , ондай емес. Бирақ ўақтында тəрезимниң туўрылығын тексерип турмас едим" деп жуўап берди. Тəрезиниң туўрылығына итибар бермеген адамның халы усы болса, жеп қалатуғынлардың аўҳалы қандай болар екен ?! https://t.me/ibratli_sozler

ОРАЗАШЫҒА ЕСЛЕТПЕ!!! Әҳли мусылманлар парыз ораза тутып, Әлҳамдулла, я Рәббим деп айтпақта, Тазаланып гүнә ҳәм жаман ислерден, Тыныш уйықлап, тыныш таңы атпақта. Муҳаммед пайғамбарға салаўат айтып, Намаз оқып исенимди нығайтың, Ѳтирик, ѳсек бузар, жеўди азайтың, Тәнди қыйнап, жан руўҳты саўалтың. Олсыз ийманыңыз беккем болмайды, Шайтан аңлып азғырыўын қоймайды, Зикир етип, дуўа оқып жатпасаң, Алла нийетиңди қабыл қылмайды. Айтсаң ѳкпелейди гейбир адамлар, Кѳз-кѳз ушын оразашы болғанлар, Алла билер, бәрин кѳрер, еситер, Тәўбе етиң, динди ермек қылмаңлар. Бир Аллаға шүкир етип жүрсеңиз, Бисмилла, деп ҳадал асты жесеңиз, Қанаат қылып, ашкѳз нәпсиңди жеңсеңиз, Хақ жолына түскениң сол билсеңиз. Ўәдеңди орынла, бузба антыңды, Қарызыңды қайтар, алған затыңды, Сырды саклаң, берген аманатында, Кыянет шығарар жаман атыңды. Егер ақыреттиң ғамын жесеңиз, Оразамыз қабыл болсын десеңиз, Парыз, сүннет әмеллерин орынлаң, Қәлбиңизди пәклеп, нийет етиңиз. Әне, сонда нағыз мусылман боларсаң, Анық тастыйықлаўшы ҳүжжет аларсаң, Қыяметте сораў-жуўап ўақтында, Жүзлериң ақ болып, сапта турарсаң Наўрызбаев Қудайберген Бекбаулы улы «БАТЫР». 21-февраль 2026 жыл. https://t.me/ibratli_sozler

#сабақ ПЕРЗЕНТИҢИЗДИ ҒАРҒАМАҢ !!! ( Дүнья аналарына жолланған хат) Бул гəплерге бираз жыллар болды. Жаслығымда , бир күни үй тазалап атыр едим. Үйде анамнан қалған естелик- хрусталь ваза бар еди.Анам маған саўға еткен еди, мен оны қатты жақсы көрер едим себеби анамды көргендей болар едим дə... Күнлердиң биринде балам ойнап жүрип абайсыздан сол вазамды сындырып алды. Ыдыс көз алдым пəрше-пəрше болды. Анамнан қалған ең əзийз буйымым еди. Ашыўға шыдамай балама " илайым сен де усы ыдыс қусап сынғайсаң " деп ғарғап жибердим. Арадан ўақытлар өтти, мен ол гəплеримди умыттым. Перзентлерим ержетти. Биз оларға елп еткен самалды да рəўа көрмедик. Азғана аязласа да қатты қыйналар едик. Перзентлерим ишиндеги ең суйиклиси сол балам еди. Балам күнлер өтип оқыуын питкерип , жумысқа кирди хəм мен оған қыз излей басладым. Бир күни əкесиниң жумыс бетине барды. Оның жумыс жайының қасында ески имарат болып , орнына жаңа имарат салыў ушын бузыўға қарар шығарылған еди. Ески имараттың арқа тəрепинде жумысшылар өз иси менен бəнт болып атырған уақытта сол тəрептен өтип баратырған баламның үстине дийўал қулаған. Қурылысшылар ол жерден баламның өтип баратырғанын сезбеген де. Балам қатты даўыс пенен бир бақырыпты да, басқа хешнарсе демеген. Даўысты еситкенлер дəрриу қулаған дийўалды қазып арасынан баламды тартып шығарыпты. Тез жəрдем шақырылғанда жəн-жақтан бираз адам топланыпты. Бул адамлар арасында əкеси де болған, маған хабар бериў ушын түринде рең қалмай үйге асығып келди. Болып өткен ўақыяны еситип естен айрылдым. Көзимди ашсам емлеуханада екенмен. Биринши сөзим " балам тириме ?" деген сөз болды. "Ахх ....қəнекей оны бул халда көрмесем ....көз алдымда жатқан баламның пүткил денесиндеги сүйеклери сол хрусталь ыдыстай майдаланып кеткен еди. Буны көрдим де жүрегим соғыўдан тоқтап қалғандай еди. Мен бир неше жыллар алдын айтқан ғарғыс тилегим қабыл болғанын усы жерде ,тап усы күнде жүз бергенине көзим жетти. Балам соңғы рет дем алды.... Қəне енди, сол сынған ыдыстан мыңы болса да балажаным оларды қайта-қайта сындырса... Қəне енди , сол уақта тилден қалып сол ғарғысты айтпасам еди...өкинишлиси мың пушайманнан пайда жоқ .... Дүньядағы аналарға мениң айтарым : Перзентлериңизди ғарғамаң . Қатты ашыўыңызға тийсе шайтанның жаманлығынан АЛЛАДАН пана сораң . Мейли урың , бирақ ғарғамаң !!! Өзбек тилинен аўдарған Юсупова М. Дуўа қабыл болыўшы қəсийетли айда хəм басқа ўақытларда да тилиңизден тек жақсы сөзлер шықсын . Жоқарыдағы Ана киби пушайманларда қалып қоймаң əзийзлерим! https://t.me/ibratli_sozler