ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 808 подписчиков, занимая 4 313 место в категории Религия и духовность и 444 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 808 подписчиков.

Согласно последним данным от 07 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -287, а за последние 24 часа — -3, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 27.91%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.45% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 249 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 658 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 44.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 08 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 808
Подписчики
-324 часа
-457 дней
-28730 день
Архив постов

paraxat_joldasbaev_pashshayi_koylek_9 (1).mp38.16 MB

<<ИТИБАР>> Итибар. Адамға үлкен жуўапкершиликти жүклейди. Әтираптағы ҳәр бир нәрсеге итибар керек, ҳәттеки жансыз деп есаплайтуғын нәрселерге де. Түбектеги гүл итибарсызлық себеп солып қалыўы, атыздағы егинлер итибарсызлықтан жемиси азайып кетиўи, итибарсызлықтан қолымыздағы буйымлардың бузылыўы, итибар бермесек устимиздеги кийимлеримиз тез тозыўы мүмкин. Итибардың болмауы жақын адамларымыздың бизден қапа болыўына, кеўли қалыўына алып келери сезсиз. Итибар- бул адамларға берилген қәсийетлердиң ең уллысы, деп есаплайман. Бирақ көпшилик адамлар оны көрсете билмейди ямаса буннан уялады. Психологлардың айтыўынша, дыққатын жәмлеп билетуғынлар ҳәм билмейтуғынлар да ушырасады екен. Итибарлы адамлар озлериниң ойын, пикирин бир жерге жәмлей алады. Итибарлы болыў - бул адамлардың бир-бириниң ислерине бийпаруа болмауы, соның менен бирге, ислейтуғын исинди басламай турып пикирин, дыққатын бир жерге жәмлеўи. Әтирапымыздағы жақынларымызға инәм ететуғын итибарымыз оларға болған меҳир- мухаббаттын белгиси. Ата-анамызға, туўысқанларымызға қоңыраў етип хал-аухалын сораў, туўылған күнлери менен қутлыклап қойыў, әпиуайы ғана жағдай, устиндеги кийимин жарасықлы екенлигин айтып мақтаудың өзи итибардың бир көриниси емес пе? Жоқарыдағы атап етилген әпиуайы ғана жағдайлар бир адамның кеўли кетерилиўине, өзиниң керекли екенлигин сезиниўине, өмирде белгили орны бар екенлигин сезинип, қуўанышқа бөлениўине түртки болары анық. Ҳәр бир адамға өз итибарыңызды аямай, олардың ислерине бийпаруа болмастан қоллап-қуўатлап турсаңыз, ойлап қарасақ, хәммемиздиң қолымыздан келеди. Тилекке қарсы, соны кебинесе коллана бермеймиз...Периштедей пәк болған балаларға итибарлы болыў бул ҳәр бир инсаннын ўазыйпасы деп ойлайман. Балаларға әсиресе, көбирек итибарлы болыўмыз керек. Себеби, олардың ислеген исине бәршемиз бирдей жуўапкермиз. Өсип киятырған жас өспирим ҳәзирги уакыттағы интернеттин раўажланыўына байланыслы дерлик ҳәммеси де уялы телефонлардан пайдаланады. Интернет сайтларына кирип, керекли ҳәм керексиз мағлыўматларға көзи түседи. Олардың қайсысын қабыллап, бойына сиңириў керек, қайсысын қабыл етпестен, олардан дурыс жуўмақ шығарыў кереклигин билмейди, дерлик бул бойынша түсиникке де ийе емес. Егер де бизлер сол жағдайларға аз да болса да итибарлы болып, телефонларын тексерип барсақ, олардың жаман жолға түсип кетиўинин алдын алған боламыз. Өзимиз кунделикли турмыста гүўа болып атырғанымыздай, жас өспирим бала интернеттен «Clash of Clans» ойынын ойнап, «база>> сатып алыў ушын әкесиниң қалтасынан ақша урлаў жағдайлары да ушырасып атырғанлығы ҳеш биримизге сыр емес... Егер ата-аналар, жасы үлкенлер баласының телефонын жийи- жийи кезден өткерип барса, азда болса да итибарын аямаса, усындай унамсыз хәдисселердиң алдын алған болар едик. Нөкис қаласы 27-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими ✍ Есемуратова Миригүл Каналымызға ағза болыуды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

АНАЖАНЫМ-МЕҲРИЙБАНЫМ Жаның төзбей жолларыма қарайсаң, Аймалайсаң меҳирлерге орайсаң, Жүзиң еле қандай  күним ҳәм айсаң, Кеўилиң пәк ғана анам-меҳрибан. Есиктен көриўден:"жан қызым келди", Тасла төсек, қәне, бериңлер төрди, Толтырып турасаң аспану-жерди, Кеўлиң дәрья, мениң анам-меҳрибан. Не ишесең, жейсең, ишип,-же, қәне, Бәри де алдыңда турыпты, әне, Не тилейсең, балам, күсейсең және, Пейилиң даладай анам-меҳрибан. "Анаң-Каабаң" теңеўи бул ҳақыйқат, Анаға тең келмес бул дүнья ҳеш зат, Пүткил тәни толы меҳир-муҳаббат, Теңсиз инсан мениң анам-меҳрибан. Узақ жасағайсаң тилегимиз шын, Жүзиңнен көрмегеймиз қапашылық муң, Меҳириң толып атыр еле де көп тың, Жасай бер бахтымызға анам-меҳрибан. ✍ УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА📚📚📚 https://t.me/ibratli_sozler

Мени қозғалталмас өсек бораны Жала жан жеримнен теседи бирақ Қурал етер....тауып ески жараны Нəкас бизин суғар тилкелеп бурап
Мени қозғалталмас өсек бораны Жала жан жеримнен теседи бирақ Қурал етер....тауып ески жараны Нəкас бизин суғар тилкелеп бурап Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

ЖАЛҒЫЗЛЫҚ Саўал берип, жуўап таппай қаламан: Мақсети не, не излейди аламан? Кими даңққа, кими пулға талабан, Олар сезбейди ҳеш : недур жалғызлық ? Көп ишинде жүрип таппадым сырлас, Мен сағынған булақ көзи ашылмас. Муҳаббат нурлары маған шашылмас, Нетейин, сырласым болды жалғызлық. Кетип баратырган соқпағым қырлы, Тәғдир гүл усынды пинҳамы, сырлы. Және бар ма екен мениңдей муңлы?! Муңымды шағайын, кел-ҳә, жалғызлық! Адам улы жақты дүньяға келип, Жақсылық, жаманлық урығын сеўип, Әрманы молайып, шадлығы кемип, Бир дем өзин жетим сезер, жалғызлық. Жолда сапар шегер үлкен, кишкене, Биреў түйин түйип, биреў шешкени. Наҳақлықтан өзге таппай ҳештеңе, Ҳақтың қулын  излеп турман, жалғызлық. Қасымда ас турып аш болдым гәде, Жылларым мысалы үзилген сәдеп... Мени жубатпақшы боласаң не деп? Алдамшы сөзлерден бездим, жалғызлық. Арал суўы - тәғдир инамы кермек, Суў жанында жасап отырсақ шөллеп, Үмит дарағымыз - жансыз бир геллек, Оның ҳәм жанын жер мудам жалғызлық. Базар ишре белли бай ҳәм кәмбағал, Бул аппақ кеўлимди еттилер дағал, Адам бир бирине тәғдирден қатал, Таппадым меҳирдиң нурын, жалғызлық. Әне, тек көзи жер анаў баланың, Қымбатшылық көпегине таланып... Бир емес, жүз ирет көрсем соранып, Дадым ҳеш кимсеге жетпес, жалғызлық. Умытамыз дүнья пәний екенин, Умытпаймыз жәбир берди неге, ким? Утыс емес, утылыстың билетин, Тәғдир саўға етти бәрҳа, жалғызлық. Бул дүнья кимлерге шеңгелзар мисли, Кимлерге баҳалы кәндур түр-түсли, Бул ақшам бәршеси ядыма түсти, Қәлбим гүлин қазан урды, жалғызлық... Пәтийма МЫРЗАБАЕВА 👉https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

ӘЎЛАДЛАР ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ҚАЛАЙ АТАЛАДЫ? 1. Белбала; 2. Ақлық; 3. Шаўлық; 4. Қуўлық; 5. Туўлық; 6. Баўлық; 7. Жаўлық (жатлық). Еслетпе;: туўлықты айырым орынларда "тоқлық" деп те атайды.   Жийеннен дөрегенлер — жийеншер, бөледен туўылғанлар — бөлешер болады.   Қуда тәреплер — қуда-тамыр, оларға жақынлар — жийекшат (жегжат) деп жүритиледи.   Қуда тәреп пенен қанласлар (қаналас емес): яғный, қыз алыспаўға ант ишискенлер "қуда-анда" ямаса "қудамдал" делинеди.     Олар қуданың қудалары.     Жаўлық деген мәнис жетеўден кейин бир бири менен жатласып ара қатнасы узақласып кетеди екен. Соңын ала бир бирин танымай бир бири менен жаў болып жаўласқан деген мәни билдирген. Араның узақласып, жатласып баслағанына нышана... https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+1

ГӨЗЗАЛ СЕЗИМЛЕР Кексе жастағы адам 25 жасар улы менен поезд вагонына кирди ҳәм өз орынларын ийеледи. Жас жигит айна алдында отырды. Поезд қозғалғанда ол ҳаўа ағымын сезиў ушын айнадан қолын шығарды ҳәм бирден қуўанып бақырды: - Аға, қараң, ағашлар артқа кетип баратыр, Кексе адам күлимсиреди. Қасларында ерли-зайып отыр еди. Олар ержеткен жигиттиң өзин баладай тутыўынан ыңғайсызланды. Кутилмегенде жигит және қуўаныш пенен бақырды: - Аға, көрип турсыз ба, көл ҳәм ҳайўанлар... ал бултлар поезд пенен бирге жүрип баратыр. Ерли-зайып ыңғайсызланып, жигиттиң әжептәўир әдетин бақлады. Ал, әкеси болса буған ҳеш қандай таңланбады. Жаўын жаўа баслады ҳәм жаўын тамшылары жигиттиң қолына түсти. Ол және қуўанышқа толды ҳәм көзин жумды. - Аға, жаўын жаўып атыр, суўы маған тийип атыр! Қараң, көрип турсыз ба? Ақырында, ҳайран қалған ерли-зайып кексе адамнан сорады: - Неге улыңызды бир емлеўханаға апармайсыз? Ғарры жуўап берди: - Биз ҳәзир ғана сол жақтан киятырмыз. Бүгин улым өмиринде биринши мәрте көриў бахтына миясар болды. "Ҳикметлер гәўҳары" китабынан. https://t.me/ibratli_sozler

Кишмиштен пайдалы ишимлик таярлаймыз: ✅ Пайдасы: •Асқазан—ишек кеселликлерин емлейди; •Иммунитетти асырады; •Антибиотик алған
Кишмиштен пайдалы ишимлик таярлаймыз: ✅ Пайдасы: •Асқазан—ишек кеселликлерин емлейди; •Иммунитетти асырады; •Антибиотик алғаныңыздан кейин, әлбетте бул ишимликти ишиўиңиз керек; •Қан көбейтиўге жәрдем береди: ✅ Таярлаў усылы: Ярым стакан кишмишти алың ҳәм 1,5 литр суўда қайнатың. 3-4 саат тындырып қойың. Қәлеўиңизге қарап пал яки лимон қосып ишсеңизде болады! ✅ Аўқаттан 30 минут алдын ярым стаканнан ишиң. 10 күн даўамында 1 мезгилден ишесиз. 👆 Жақынларыңызға жиберип қойың https://t.me/ibratli_sozler

GULNARA ALLAMBERGENOVA-MIYAN KOL (1).mp37.68 MB

Нөкис ўақты 06.01.----1907       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. 😌 НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! 🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН! 💫✨🌥❄️✨⚡️✨🌤💫 Пәк кеўилде пәк нийетлер туўылар, Пәк кеўилден өкпе-гийне қуўылар, Кеўли пәктиң жүзине нур жуўырар, Кеўлиңиз пәкленип жүриң, жақсылар! Бахтыңызға бултлар сая салмасын, Бос қыяллар мазаңызды алмасын. Нурлы жүзиңизди гирбиң шалмасын, Түниңиз қайырлы болсын жақсылар!     Гүлнара Нурлепесова Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Арасында ҳәзиллесип, кеўилди де көтерип турайық дослар.... "Күлсең қарияға күл".... Ҳәммени бахытлы ғаррылыққа жетирсин. 🤲🤲🤲🤲🤲 Каналымызға ағза қосып отырың әзизлер. 🙏🙏🙏........... 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

ҒЫЙБАТ НЕ ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ? Барлық уламалар бир аўыздан ғыйбаттың үлкен гүна екенин айтқан. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа
ҒЫЙБАТ НЕ ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ? Барлық уламалар бир аўыздан ғыйбаттың үлкен гүна екенин айтқан. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабалардан: "Ғыйбат не екенин билесиз бе?" деп сорады....... Олар:  "Аллаҳ ҳәм Оның Расулы билиўширек", - деди. Нәбий алайҳиссалам: "Бирәдарыңыз ол ҳаққында айтқан сөзиңизди еситип, ренжисе, сиз оны ғыйбат қылыпсыз", деди. Саҳабалар: "Я Расулуллаҳ, биз айтқан қәсийет онда бар болса-ше?" деп сорады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Егер сиз айтқан қәсийет онда бар болса — ғыйбат, болмаса — дөҳмет қылыпсыз", деди...... (Имам Муслим рәўияты). Бизден  узақласпаң.... https://t.me/jurektegisirlarim 👉https://t.me/jurektegisirlarim

Беглигиңди бузба сен_ (2).mp31.53 MB

Қарақалпақ нақыл-мақаллары Есаплы дос айрылыспас, Айтыўлы достың жаны бир. Жолдасы жаманды жаў алады. Қәдирданың болмаса, Қәдириң кетер. Дос – достың айнасы. Досың дос болсын, Бирақ есабың дурыс болсын. Достың гөнеси жақсы, Кийимниң жаңасы жақсы.  Достыңның үйинде тырнақ алма, Душпанның үйинде шаш алдырма. Досыма айттым сөзимди, Душпаным билди сырымды. Дослықта мәнзил болмас. Душпанның күлгени, Сырың билгени. Каналымызға ағза болыуды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

МЕШИН ЖЫЛЫ ШАҚЫРЫҒЫ Сәл ертеректе қайсы бир газетадан япон ҳаялларының Шығыс календары бойынша маймыл (бизиң-ше  мешин) жылы туўыў ушын таярлық көрип атырғанын оқыған едим. Айтылыўынша, усы жыл уллы данышпанларды, жаўжүрек батырларды, мәшҳүр ҳүкимдарларды, таңлайына берген шайырларды, бүлбилзибан қосықшыларды қулласы, даңқ-мәртебелерге ерисетуғын айрықша ақыл ийелерин дүньяға келтирер екен. Ҳәр бир халық, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсан әлбетте, өз перзентлериниң ели-журтының мақтанышына, әжайып тулғаларға айланыўын жүдә-жүдә қәлесе керек. Қарақалпақ топырағының бир қәлемкеши сыпатында Мүшел жыллар сейдини Мешин жылы шақырығын қосық қатарларына салып, өз елиниң келешегине қызығып, жан аўыртып ҳәм онда өз излерин қалдырыў нийети бар көпшиликтиң нәзерине усынып, әсиресе, өнип-өсиў жасындағы ерли-зайыплыларға арнап жазылып отыр.                                                   Автор. Көкирегим–данышпанлық есиги, Тербеткеним уллылардың бесиги, Дүнья липасына ийне сабақлап–, Жамап-жасқағаным жыртық-тесиги. Не-не тулға болған не-не туўғаным, Ҳүкимдарлар жөргеклери жуўғаным, Арыўлық, дилўарлық берип қызларға, Улларға батырлық кәмар буўғаным. Гүл-ғумшалаў паслы жеткен келинлер, Көп егленбей бир тоқтамға келиңлер! Ер жүрек перзентлер дәркар ертеңге, Буны буйыртпа деп билиң елиңнен! Халықтың даналығы, көп екен дана, Ҳақтан соң да оған керек ғой пана, Мешин жылында көз жарған ҳаяллар, Бәлким, бек-бийлерге боларсыз Ана. Кийерсиз әл-ҳасыл қыйлы кийимди, Сулыўлап, көркейтип үйиң, күйиңди, Ғалма-ғал аз емес, бирақ, бәринен, Муҳаббат ҳәм перзент бираз тийимли. Мәгар, мешин жылғы қызың, улың бар, Тулпар болар бул мәўсимги қулынлар, Десеңиз оларды: туўға айлансын, Ҳадаллық жолына әмел қылыңлар! Мүшел айлаўында жортып-желемен, Елгезерим даңқ, мәртебе елеген, Қәнекей, асығың! Туўып үлгериң! Он еки жылда тек, бир рет келемен. Жолбарыс жүреги болғай жериги, Жолына шашарман ақыл-зерини, Жигитлерди қайрасын деп ерликке, Қызлардан бар еттим мисли перини. Ҳақтың елшисиндей туўылар шайыр, Ашық-машықлықта Зәўре ҳәм Тайыр, Болымсыз, ең болмай қалды дегени, Дүнья-мүлк битип, я руўхый байыр. Бәлким, Қыдыр ата барып қасына, Дәўлет қусы қоныўы бар басына, Жасап өмириниң ушына шығып, Жыллар төппеллеме толар жасына. Өмир қысқа нәрсе, гә сәл созылар, Халық кеўли сап ақыл менен бозығар, Қошқар болар, қурлар хошамет урған, Менде туўған дүңки маңлай қозылар. Ҳәр пасыл, ҳәр ай, ҳәр күндиз, кешеси, Жазмышларға жазар бар өз пешеси, Ҳеш перзент бахыттан қалмас қуры қол, Мешин жылы болса киндик шешеси. Қылыштай қылтыңлап турман қындағы, Қәлбиме шарланғай бар зат бундағы, Оралсын уллылық липасларына,– Келинжанлар, нәрестеңиз қундағы!                   Х. Даўлетназаров.... https://t.me/ibratli_sozler

U_lger (1).mp34.58 MB