ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 850 подписчиков, занимая 4 316 место в категории Религия и духовность и 449 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 850 подписчиков.

Согласно последним данным от 01 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -272, а за последние 24 часа — 2, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 26.37%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.45% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 4 972 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 668 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 43.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 02 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 850
Подписчики
+224 часа
-787 дней
-27230 день
Архив постов
photo content

photo content

КИМДУР өзи сеннен өтиниш етпесе, оған жәрдемлесиўге асықпа. КИМДУР өзи сорамаса, оған кеңес бериўши болма. Өзиңди, өз сөзиңди
КИМДУР өзи сеннен өтиниш етпесе, оған жәрдемлесиўге асықпа. КИМДУР өзи сорамаса, оған кеңес бериўши болма. Өзиңди, өз сөзиңди, өз пикириңди қәдирле..... 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/jurektegisirlarim

#Пикир Дүня Уллыларын зиярат қылыўға қабирстанға барасаң. Бирақ, пикирлериң менен сәўбетлес болыўға не ушын китапханаға барма
#Пикир Дүня Уллыларын зиярат қылыўға қабирстанға барасаң. Бирақ, пикирлериң менен сәўбетлес болыўға не ушын китапханаға бармайсаң ей адамзат?! ✍Хайрулла Хамидов. https://t.me/ibratli_sozler

Голосовое сообщение01:59

2_5334735250083839636.mp32.24 MB

🎤Кеңесбай Нийетуллаев. https://t.me/ibratli_sozler

Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, т
Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, таңда саў-саламат турғайсыз . Қайырлы түн Әзизлерим! https://t.me/ibratli_sozler

Неге көше қағыйдасы бузылғанда, ол итибарға алынып тоқтатылады да, тил қағыйдасы бузылғанда ҳеш ким индемейди, тоқтатпайды...
Неге көше қағыйдасы бузылғанда, ол итибарға алынып тоқтатылады да, тил қағыйдасы бузылғанда ҳеш ким индемейди, тоқтатпайды...? ✍Абдулла Қаҳҳор https://t.me/ibratli_sozler

#Турмыстан Адамлардың надурыс мәсләҳәтлерине алданып, ең қымбатлы адамыңды жойытпа! Еркеклик қол көтериў емес – меҳир ҳәм ҳүрметте. Пост: Ziya_nuri https://t.me/ibratli_sozler

Бугин қағылмақта соңғы қоңыраў, Мине, питти бугин соңғы сабақлар. Жазда басыңызға туспесин қыраў, Шадлы өтсин бул айралық саатлар. Он жыл сизге тәлим-тәрбия берген, Он жыл әлпешлеген өз баласындай, Он жыл билим бақшасынан гул терген- Устазларды сезиң көз қарасындай! Олар машақатлы жоллардан өтти, Олар сизлер ушын бузды тынышын. Олар өзлерин де умытып кетти, Сизлерге бир ҳәрип уйретиў ушын! Кеше емес пе еди туңғыш қоңыраўдың Мектеп әтирапында шыңғырлағаны? Дем де шыңларына өрмелеп таўдың, Тәрк етпек боп турсыз мектеп-ананы. Енди жаңа жоллар сынайды сизди, Атлайсызлар жаслық босағасынан. Он жыл бойы алған билимиңизди Ядқа тусиресиз тағы басынан. Ертең ВУЗ лар күтер, күтер уллы өмир, Күтер жаңа устазлар, жаңа соқпақлар. Күтер қызғын гурес, машақат не бир.    Күтер сизлер ушын биймәлим жақлар. ✍️Кеңесбай Рахманов @Kengesbay_Raxmanov

Еки кесе суў Ерте заманларда байлығы менен мақтаныўшы патша болған екен. Ол қай жерге бармасын, байлығынан азғана алып жүрип оны басқаларға мақтанады екен. Бир күни ол ең исенимли алым достына сораў берди. - Сен алымлар ишинде ең данасысаң. Маған сениң пикириң қызық. Мениң патшалығым ҳәм байлығым хаққында не айта аласаң? - Алым жуўап бериўдиң жуўабын тапты ҳәм былай деди: - Қыял етейик, сиз шексиз шөлистанның ортасында турыпсыз. Сол ўақытта тамағыңыз кеўип қатты шөлледиңиз. Жасап қалыўыңыз ушын, ярым патшалығыңыз ҳәм байлығыңыз есесине бир кесе суў узатылды. Разы боларма едиңиз? - Әлбетте, деди патша. - Арадан ўақыт өтти. Шөллеў күшейди. Қалған патшалық ҳәм байлығыңыз есесине сизге және бир кесе суў усынылады. Сиз қайыл боларма едиңиз? - Патша бираз ойланды ҳәм илажсыз: - Тири қалыў ушын мен патшалық ҳәм байлығымның бәрин бериўге разыман, - деди. - Сонда, алым мыйық тартты, ҳам: - Демек, өзиңизди басқалардан үстем қойыўыңыз орынсыз патшам. Сизиң патшалық ҳәм байлықларыңыздың баҳасы бар-жоғы еки кесе суў екен- деди. 📜 "Сырлы, ибратлы, өмирлик сабақлар" китабынан https://t.me/ibratli_sozler

Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлкек түрлери. Ҳәр гелледе бир қыял, Соқыр таўыққа бәри тары. Өзим паспанда болсам д
Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлкек түрлери. Ҳәр гелледе бир қыял, Соқыр таўыққа бәри тары. Өзим паспанда болсам да, Кеўилим әл-аспанда. Ғазға ерип, ғарғаның шаты айрылады. Майға ерип өпке де қалқады. Қолын жуўып бос қалғаннан сақла. Пискен астың күйиги жаман. Ертеңги қуйрықтан, Бүгинги өкпе артық. Көп қыдырған жолығар үзбентайға. Саған кимниң сөзи бар, Қосым палўан, Әкеңнин еки жүзли пышағы бар. Тышқанның әжели жетсе, Пышықтың қуйрығын тислейди. https://t.me/ibratli_sozlet

Сөзи Гүлистан Реймова. Намасы Қуўат .Әметов. Атқарған Баҳадыр Бегдуллаев.

#Байрам толғаныслары УМЫТЫЛМАС КҮН БУЛ СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ Кеше ғана дәслеп қәдем атқаның, Ҳәриплерди қурай алмай отқаның, Бүгин пи
#Байрам толғаныслары УМЫТЫЛМАС КҮН БУЛ  СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ Кеше ғана дәслеп қәдем атқаның, Ҳәриплерди қурай алмай отқаның, Бүгин пирисиз интернеттиң , сотканың , Умытылмас күн бул соңғы қоңыраў. Жети жасқа толып жетискен ўағың, Қуўанып мектебиң қарсы алған шағың, Мийўесин көрмекте бүгин сол  бағың, Кимди елжиретпес соңғы қоңыраў. Бахытлы демлер менен  өтти балалық, Енди саған жараспайды шалалық, Ўақыт демде  ығызып, узар  аралық, Умытылмас күн бул соңғы қоңыраў Устазларың турар тилекшиң болып, Сизлер кетсеңизде сыртыңнан шолып, Оқыўға кирсеңиз көз жасы толып, Кимди елжиретпес   соңғы қоңыраў. Бүгин мине жаңа ашылған гүлдейсиз, Әрман еткен оқыўларға киргейсиз, Устазларды умытпастан жүргейсиз, Умытылмас күн бул соңғы қоңыраў. Ашылып өмирдиң туңғыш гүзары, Шашылыўға турсыз мәккедей тары, Еҳ  бахытлы елдиң улы-қызлары, Кимди елжиретпес соңғы қоңыраў. ✍Дилбархан Айтжанова https://t.me/ibratli_sozler

...*...*...*... Аспанның астында, жердиң үстинде, Қәлегенше өмир сүре беремен. Қаяққа екенин айтпай ҳешкимге, Өзимниң жолымна
...*...*...*...     Аспанның астында, жердиң үстинде, Қәлегенше өмир сүре беремен. Қаяққа екенин айтпай ҳешкимге, Өзимниң жолымнан жүре беремен... Не дейди артымнан сойлеп қалғанлар, Гереңмен, ҳеш бирин еситкеним жоқ. Маған қызық алдымдағы адамлар, Жүгирдим, илестим, кешиккеним жоқ... ✍ Баҳадыр Байназаров https://t.me/ibratli_sozler

🔔 С О Ң Ғ Ы Қ О Ң Ы Р А Ў.      Мине мектепти питкергенимизгеде  48 жыл болып калыпты. Ўакыттың өтиўине қараң. Сол мектепти питкерген  күнимиз еле кешегидей ядымызда Ол  дәўирде питкериўши класс он жыллык еди.   Үстимизге әпиўайы қара юбка ақ кофта ҳәм қара жакет кийип - ақ шықтық. Ҳәттеки шашымызга ақ бантикти де тақтық. Көзлеримиз де жас. Ҳәр бир оқыўшы өзлериниң өнерин көрсетип, кими қосық айтып, кими мектеп ҳаққында муғаллим менен оқыўшылар арасында қарым - қатнас  туўралы сахна  қойып, устазларының кеўлин алатуғын еди. Мектепти питкергимиз келмейди. Хошлашқымыз келмейди. Сол мектепте оқып жүре берсек, оқыўшылық дәўир қандай бахытлы, балалық  жас өспирим дәўир еди. Соңғы қоныраў да қағылды. 1978 - жыл еди. Енди мәмлекетлик имтихан басланды. Ҳәр бир оқыўшы имтихан ға бар интасы менен таярланды. Мен де  имтиханға билимим ди, бар интамды салып,  таярландым. Ҳәм айрыкша баҳаларға тапсырып шығыўға миясар болдым.   Бүгин  25 - май  соңғы қоныраў.  Оқыўшылар да өзиниң таярлаған концерт бағдарламасын билим берген устазларына көрсететуғын еди.  Бирақ, Ҳәзирги мектеп питкериўшилериниң Соңғы қоңыраўы улыўма баскаша.  Соңғы қоңыраў тамамлаған  соң үстилерине баклашка менен суў қуяды Не ушын? Қандай мақсет пенен қуяды. Оның не пайдасы бар? Мен елеге шекем түсинбей - ақ қойдым. Мен түсинбеген менен жаслардың  өзи түсинетугын шығар. Соңғы қоңыраў ды жуўмақлаған соң, сол суў қуйыў деген   жаслар  ушын дәстүр болып кеткен болыў керек. Соңғы қоңыраўыңыз   оң болсын питкериўши класс оқыўшылары. Имтиханларыңызды ҳәммеңизге айрықша баҳаларға тапырыўыңызға тилеклеспен.   Үстилерине суў қуйыў дәстүрин шеклеўге болмаспа екен?. Я. Ямаса бул да тазадан шыккан дәстүрме екен. Мениң кымбатлы ыкласбент Заманласларым. Сизлер бул дәстүрди мақуллайсыз ба? Пикирлеринизди билдирсеңиз.     ✍ Гүлбәҳәр Қарабаева   25 - май. 2026 жыл. Шымбай. https://t.me/ibratli_sozler