cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Қаракеңше маржан сөзлер

Бул каналда Турғанбай Қарлыбаевтың ҳәўескерлик қызығыўшылығы менен жазылған қосықлары менен таныссаңыз болады

Больше
Рекламные посты
434
Подписчики
-124 часа
-37 дней
+230 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Фото недоступноПоказать в Telegram
Ярға сораў. автор Т.Қарлыбаев 05.05.2021 жыл. Жипсиз байлап мөлдир көзиң, Сыр бермейди айтқан сөзиң, Қолға алып бәрин өзим, Сени дәртке салайын ба?! Пүткил дүнья шетте қалып, Төртликлерди хатқа салып, Жан қалтамнан жанды алып, Ықлас пенен қарайын ба?! Сүўретиңди қыял сызған, Билемен сәл қолайсызбан, Албыратып абайсыздан, Сезим менен жағайын ба?! Туйғы менен жағып отты, Инам етип қызған шоқты, Ашықлардан дүзген топты, Қақ ортадан жарайын ба?! Қандай сулыў қәдди-қәўмет, Аллам ийип берген әўмет, Мыйық тартсаң бизге дәўлет, Қанат байлап барайын ба?! Кеўил кеўиллерди қушып, Аспанларға кетсек ушып, Арасында жерге түсип, Қыял менен орайын ба?! Арзыў еткен әрманымсаң, Дәртти емлер дәрманымсаң, Қәлбим ушын әзиз инсан, Ярың болып алайын ба?! Мәңгиликке қалайын ба?!
Показать все...
👍 4
Азаплы сезим. автор Т.Қарлыбаев 16.04.2019 Қыз-жигитке дослық нəзик мəселе, От жүреклер түсиниўге жас еле, Бул түсиник үлкен жүкти жүклейди, Жыллар бойы егелетуғын тас еле. Дослықтыңда өз алдына салты бар, Сүйген көзди шеклейтуғын шəрти бар, Ышқы сөзин айталмаған ашықтың, Илажсыздан дос болғандай дəрти бар. Сүйгениңди жасырасаң дос болып, Ушрасыўға шығалмайсаң қос болып, Оның дəртли сезимлерин бөлисип, Билдирмеўге умтыласаң тас болып. Сезимиңди төгип салсаң болмай ма? Сонда жүрек қуўанышқа толмай ма? Бирақ егер ол сүймесе жойтасаң, Жойтпаў ушын тек дослықты ойлай ма?
Показать все...
2🔥 1
GM UZAUTO motors заводына автор Т.Қарлыбаев 30.11.2021 жыл Кореядан келип салып сағаңды, Америка жаңалады жағаңды, Тас қақпасын дедик сениң тағаңды, Үмитлерди пуш қылдырған заводсаң. Бийттиң терисинен машының кийген, Қыйсайып, ойылар сәл жери тийген, Бамперди қопарып ийт қағып, күйген, Таксистлерден нәлет алған заводсаң. Аспанларға шығарып сен баҳаңды, Күлкиге салдырдың пүткил жәҳәнди, Күннен күнге түсиресең сапаңды, Конкурентсиз дәўран сүрген заводсаң. Алдыннан пул төлеп халық пақыры, Шашларын тик турып, кәл бас-тақыры, Алты ай өткерип келсе ақыры, Қуўандырып, той тойлатқан заводсаң. Көшербаев күйди, еңбегин етип, Даўа арзалары судларға жетип, Ең изинде мийнетлер заяға кетип, Судта да арқайын жеңген заводсаң. Билмедим қорғайсаң кимлердиң мәпин, Кимлерге қәтере айтылған гәпиң, Ийман берип, қайтар баҳаның пәтин, Десе кайта көтерген тирсек заводсаң. Шет еллерде бәсекеде қағылып, Бизикин ал деп жүр немис жалынып, Өнимлериң қур далада қалынып, Пәс баҳада өткермеген заводсаң. Ҳәр ким жыйнар үнимлеп, салып қасыққа, Айт сен өз халқыңның аўзы сасықпа? Сениң де дәўраның қурыр асықпа, Ўақытша шарлаған бийғам заводсаң. Ҳәзирше қалтаңды толтыр шәррийип, Күшим толы, ҳүкимлигим бар дейип, Өзбектиң машынын мақтап-мардыйып, Минип жүрер күнди көрер заводсаң.
Показать все...
👍 5🔥 2
Фото недоступноПоказать в Telegram
Ҳайт байрамы, ийманлық байрамы болып, Белгилейди оны мүмин-мусылман. Алла жолына бәрше қурбанлық қылып, Несийбе зор болып, жүриниз аман.
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
👍 10 2🔥 2
Әўладыман Печенегтиң. Автор Т.Қарлыбаев 25.05.2024 жыл (Достымыз Жаңабай Анетеев "Мен Волгоградта жасап Қарақалпақпан десем миллетимди онша танымады, бирақ Печенегпен десем ҳәмме келип қолымды қысты" деп еди. Сол гәптен илҳәланым усы қосықты жаздым.) Ашкөз Кирдиң басын алған, Тумарисим саўлат салған, Массагеттен әўлад қалған, Ел жаўлаған Печенегпен. Әдеп жайлап Арал бойын, Суўсызлық кеп қылды ойын, Европаға бурып мойын, Жүрис қылған Печенегпен. Шарўа ушын жайлаў излеп, Ел аралап кетти дүзлеп, Жасыл-шөпли жерди гөзлеп, Көшип келген Печенегпен. Жаўынгерлер ат ойнатып, Князьларды сор қайнатып, Жаўлап алып, қол байлатып, Қул арттырған Печенегпен. Шабандозлар шаққан болып, Византийдиң гүли солып, Сол дәўир тарийхын шолып, Жазба қалған Печенегпен. Венгерлерди қуўып салып, Кәрўанлардан улпан алып, Төлегенлер аман қалып, Зир титреткен Печенегпен. Урыўларға елди бөлип, Кенегес, Қыпшақ, Манғыт болып, Жаўлаған соң шаңғыт болып, Ғайып болған Печенегпен. Жаўда қалған азалады, Қызын алып мазалады, Солай қанды тазалады, Қанды қоспас Печенегпен. Рус елине сүйеў турып, Гез келгенде кеўли жылып, Қызын берип күйеў қылып, Киев қылған Печенегпен. Жеңилип жаслап көзлерди, Тарийхта қалдырып сөзлерди, Черный клобук болып өзгерди, Ата болған Печенегпен. Қара бөрик кийип алып, Түрли жаўға тыйым салып, Сақшы болып, садық қалып, Алданған сол Печенегпен. Келиспей келисим сәўбети, Биразға қашты ма әўмети? Жеңилиске келип нәўбети, Бөлекленген Печенегпен. Қайда қалды жан Ноғайым? Кавказ бетте Қарашайым, Тулпар туяқ басқан тайын, Умытпаған Печенегпен. Шабылыў нәўбет бизге келди, Ардақлап алып туўған жерди, Кыйналып жырлап посқан елди, Артыма қайтқан Печенегпен. Тарийхта жүйриктей пәт алған, Келген-ғой тәғдири қаталдан, Қарақалпақ деген ат алған, Әўладыман Печенегтиң.
Показать все...
👍 12🔥 7👏 2
Repost from Hoja.uz️
01:31
Видео недоступноПоказать в Telegram
Рим. Италия. Миллий қарақалпақ кийиминдеги, гөззалығы менен дүнья жүзин таң қалдырып, халық - аралық көргизбениң дурданасы болған қарақалпақ келиншеги фотосы ! Қарақалпақстан - дүнья сени танысын !!! Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Показать все...
5157576545_447946477_1007845160759984_7751228793329216554_n.mp49.03 MB
5👍 3🔥 2
01:44
Видео недоступноПоказать в Telegram
САҒАН КҮЛГЕН ЖАРАСАДЫ ✍ Т. Қарлыбаев 🎤 Г. Матқурбанова https://t.me/Soz_marjani
Показать все...
11.21 MB
🔥 2
04:13
Видео недоступноПоказать в Telegram
100.09 MB
18:48
Видео недоступноПоказать в Telegram
391.00 MB
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.