cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Каракалпак 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @kk24_reklama

Больше
Рекламные сообщения
103 520Подписчики
-25024 часа
-1 7847 дней
+2 66630 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Төрткүлдеги ҳәм Қанлыкөлдеги дийқан базарлар меншиклестирилиўи мүмкин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Базарлар ҳәм саўда комплекслерин заманагөй қараслар тийкарында тәртипке келтириўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында"ғы ID-97870 санлы Қарар жойбары https://regulation.gov.uz порталына додалаў ушын қойылды. Бул жойбарда Устав капиталындағы мәмлекет акциялары дәслепки басқышда заманагөй көриниске келтириў шәрти менен белгиленген тәртипте сатылатуғын базар ҳәм саўда комплекслери дизими де келтирилген - Ҳүкимет қарары жойбары 👉 @Karakalpak24
Показать все...
Тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат етиледи
«Лотереялар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўди тәртипке салыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-68-санлы, 19.04.2024 ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2025-жыл 1-январьдан: — интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат етиледи; — лотерея, интернет тармағында ойынлар ҳәм букмекерлерликти шөлкемлестириў жумыслары нызамшылыққа муўапық Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги (ўәкилликли уйым) тәрепинен берилетуғын лицензиялар тийкарында әмелге асырылады. Лицензиялар тийкарында қәлиплестирилген лоторея, интернет тармағындағы ойынлар ҳәм букмекерлик гиреўлеринде тек 18 жасқа толған Өзбекстан резиденти ҳәм резидент емеслери қатнасыўы мүмкин. 2025-жыл 1-январьдан 5 жыл мүддетке лоторея ҳәм интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысын салыққа тартыўдыӊ төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби белгиленеди: — лотерея, интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў яки букмекерлик жумысын әмелге асырып атырған юридикалық тәреплер лоторея, интернет тармағы ойынларын шөлкемлестириў жумысынан яки букмекерлик жумысынан алынған жәми дәраматынан төленген табыслар ҳәм қайтарылған ставкалар шегирилген ҳалда 4 процент ставкасына айланыстан алынатуғын салық төлеўшилери есапланады; — физикалық тәреплердиӊ Агентлик тәрепинен берилген лицензиялар тийкарында өткерилетуғын лотореялар ҳәм интернет тармағындағы ойынлардан ҳәм букмекерлик гиреўден алынған табыслар сыпатындағы дәраматлары дәрамат салығы төлеўден азат етиледи. Лотерея ҳәм интернет тармағында ойынлар, букмекерлик жумысы шөлкемлестириўшилерин жынайый жумысынан алынған дәраматларды легалластырыў, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралларын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етиўди мониторинг ҳәм қадағалаў функциялары Агентлик ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен әмелге асырылады. 👉 @Karakalpak24
Показать все...
Өзбасымшалық пенен қурылыс қурып болмайды, жәриймаға тартыласыз Бугинги кунде Кадастр агентлиги тәрепинен өзбасымшалық пенен жер ийелеў, жерге болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, жер нызамбузыўшылық жағдайларының алдын алыў бойынша көплеген жумыслар алып барылмақта. Усындай жер қадағалаў жумыслары даўамында Нөкис қаласында жайласқан “К.П.Н” ЖШЖ нызамлы ҳуқықлары болмай турып улуўма майданы 42 кв.м болған жерге қурылыс жумыслары алып барғаны анықланды. 👉 @Karakalpak24
Показать все...
Repost from KUSHMAG
KUSHMAG компанясынан туўры есик таңлаў бойынша мәсләҳәтлер. 🚪 Есик бул үйдиң ажыралмас бөлеги болып, сапалы, сулыў ҳәм заманагөй болыўы әхмийетли. 😄 Үйиңизге қонақлар келгенде "түкир есиклерге көз тиймесин" дейтуғын есиклер керек болса, төмендеги номерге ҳабарласың 👩‍💻 Байланыс ушын 👉 @kushmag_onbot 📍Мәнзил: Нөкис қаласы Хожели гүзары 87 жай 📞Тел: +998975063003
Показать все...
👩‍💻 ОНЛАЙН ОПЕРАТОР
1-майдан жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға материаллық жәрдем бериледи 2024-жыл 1-майдан реестрге киритилген жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр айлық турақ жай коммунал хызметлер ҳақын төлеў бойынша компенсация ҳәм азық-аўқат өнимлерине, жеке гигиена товарлары ушын ҳәр айда қосымша пул төлемлери орнына ҳәр айда минимал тутыныў қәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем енгизиледи. Жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың жоғалған биометрик паспортлары олар реестрге киритилгенге шекем "Инсан" социаллық хызметлер орайы буйыртпасы тийкарында мәмлекетлик бажы өндирилмеген ҳалда алмастырып бериледи. 👉 @Karakalpak24
Показать все...
⚡️Ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усынысына енди ҳәкимлер араласа алмайды Ҳүкимет қарарына муўапық: ➡️ шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде халық ҳәм исбилерменлердиң жойбарларын қаржыландырыў ушын 13 трлн сом ажыратылады; ➡️ шаңарақлық бағдарламалар бойынша кредитлерди жыллық 14 процент ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады; ➡️Ҳәким жәрдемшилери басламасы менен айырым исбилерменлерге 50 млн сомға шекем кредитлер гиреўсиз бериледи; ➡️кредитлар биринши нәўбетте бағдарламаға муўапық алдын кредитлерден пайдаланбаған халық ҳәм исбилерменлерге ажыратылады; ➡️ бағдарламалар шеңберинде алдын кредит алып, оннан нәтийжели пайдаланып, исбилерменлигин жолға қойған ҳәм кредит төлемлерин ўақытында төлеген киши исбилерменлерге искерлигин және де кеңейтиўде бул кредитлерден тәкирар пайдаланыўға рухсат бериледи; ➡️ ҳәкимлар дийқанларға жерден өнимли пайдаланыўға ҳәм “бир мәҳәлле - бир өним” принципи тийкарында өнимлер жетистириўге ҳәм олардың өз базарын табыўына көмеклеседи; ➡️ “marketplеys” системасы “Ye-aktiv” информация системасы менен интеграция етиледи; ➡️ бул өнимлердиң баҳалары көрсетилип атырған хызметлер ҳәм басқа факторлар есабына ишки базар баҳаларына қарағанда тийкарсыз асып кетпеўин Бәсекини раўажландырыў ҳәм қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў комитети өз қадағалаўына алады; ➡️ ең тийкарғысы, ендиликте ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усыныс бериўине жергиликли атқарыўшы ҳүкимет шөлкемлери басшыларының (ҳәкимлердиң) араласыўына жол қойылмайды. 👉 @Karakalpak24
Показать все...
Нөкисте мектеп оқыўшыларының фото ҳәм видеоларын тарқатпаў есесине 300 доллар алған шахс усланды Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын тарқатпаў ушын пул талап еткен шахс усланды. Бул ҳаққында ИИМ Киберқәўипсизлик департаменти хабар берди. Айтылыўына қарағанда, Нөкис қаласында жасаўшы К.Р. ҳәм П.Л. атлы еки ҳаял ИИОға мүрәжат етип, “aiaulim.04.04” атлы профил ийеси ер жетпеген мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын жарыялаў менен қорқытып, олардан пул талап етип атырғанын хабар берген. Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив-излеў илажлары нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласында жасаўшы 27 жаслы Ж.А. ислегени анықланған. Гүманланыўшы ретинде тергеў ҳәрекетлерине қосылған Ж.А. ер жетпеген жәбирлениўшилер С.А. ҳәм Й. Й. атлы қызларға өзин қыз бала ретинде таныстырып, олардың исенимине кириў арқалы бир неше сыр сақланыўы керек болған жеке фотосүўрет ҳәм видеоларын қолға киргизген. Соннан кейин оларды тарқатыў менен қорқытып, тарқатпаў есесине 300 доллар муғдарында пул талап еткен ҳәм усы пулларды алып атырған ўақтында Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери тәрепинен айғақлы дәлил менен усланып, тийисли тәртипте ҳүжжетлер рәсмийлестирилген. Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 165-статьясы 2-бөлими “а” бәнти менен жынаят иси қозғатылып, М.А. тәрепинен исленген, бирақ еле анықланбаған сол түрдеги жынаятларға байланыслы екенлигин тексериў мақсетинде оператив-излеў жумыслары алып барылмақта. 👉 @Karakalpak24
Показать все...
😱 Bunaqasi hali bo’lmagan, texnomart eng mashhur texnikalarga narxni sindirmoqda! Naqd yoki ustamasi 6 oyga bo’lib to’lashga. Bunday imkoniyatni qo’ldan boy bermang. *Mahsulotlar soni cheklangan Batafsil telegram kanalda: @texnomart
Показать все...
❄️ 27-апрель күни Қашқадәрья ҳәм Жиззах ўәлаятларында майдалап қар жаўды. 👉 @Karakalpak24
Показать все...
❗️Ҳәким жәрдемшиси тәрепинен усыныс берилетуғын кредит, субсидия, грант ҳәм материаллық жәрдем түрлериниң дизими: Президент қарары менен ҳәким жәрдемшисине 21мәселе бойынша усыныс бериў кепиллиги берилген. 👉 @Karakalpak24
Показать все...