cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Toqpaq_ata_uz

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Больше
Рекламные посты
2 679
Подписчики
-324 часа
-157 дней
-10130 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Фото недоступноПоказать в Telegram
04—ИЮЛЬ 2024—ЖЫЛ МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:  🕌    ТАҢ — 03:34 🕌    ҚУЯШ — 05:28 🕌    ПЕСИН — 13:08 🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 18:27 🕌    ШАМ — 20:52 🕌    ҚУПТАН — 22:43 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Каналға ағза болыў:👇 👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz
Показать все...
👍 1
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Тәрбия "Перзентиңниң көз алдында мүтәж адамға жәрдем бериўиң, перзентиңе садақа қылыў ҳаққында мың мәрте сабақ бериўиңнен жақсырақ. Себеби, тәрбия әмелият пенен тәсирли болады!" Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
Показать все...
💯 2
     АНТ ИШИЎ ӘДЕПЛЕРИ   Биреўдиң мекемеде ант ишиўине туўры келсе, қазы яки сол сыяқлы биреўдиң оған ўаз, нәсият қылыўы, жалған ант ишиўден ескертип, бул ҳаққында келген аят ҳәм ҳәдислерди еслетиўи мустаҳаб. Бул ҳаққында төмендеги ҳәдисти келтириў мүмкин. Еки ҳаял бир үй яки ханада моншақ өткизер еди. Олардан бири бизди алақанында жасырып шығып кетти ҳәм оны екинши ҳаялдан даўа қылды. Бул мәселе Ибн Аббасқа көтерилгенде: “Оған Аллаҳты еслетиңлер ҳәм: “Аллаҳға берген антларын аз ғана баҳаға сатып жиберетуғын кимселер ушын Ақыретте ҳеш қандай несийбе жоқ” аятын оған оқыңлар”, - деди. Ҳаялға пәндиў-нәсият қылған еди, ол бизди өзи алғанын тән алды. (Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)      Ант ишиўи талап етилген адам егер өзиниң наҳақлығын билсе, Аллаҳтың ғәзебине жолықпаўы ҳәм Оның рахметинен айырылмаўы ушын өз мойынындағы  ҳақты тән алып, ант ишиўден сақланыўы ўәжиб.     Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Ким бир мусылманның мал-мүлкин өзлестирип атырған пайытта тоқтатылып, ант ишиўи талап қылынса, жалған ант ишсе, ол бенде Аллаҳға жолыққанда, Аллаҳ оннан ғәзепленген ҳалда болады". (Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)      Инсан егер өзиниң ҳақлығын анық билсе, ант ишкени жақсырақ. Айырым ҳалларда болса, айтылғанындай, бул ўәжиб те болады. Себеби, Аллаҳ таала мусылманның ҳақы зая болып кетпеслиги ушын бундай ҳалларда ант ишиўди енгизген. Егер сондай қылынбаса, аман кимселер адамлардың мал-мүликлерин наҳақ жол менен жеў ушын даўагерликти дәстек етип алады. Олар даўа қылынған адамлар тақўа жүзесинен ант ишпеўин билип турып наҳақ даўаларды көтерип шығады ҳәм жалғанды өндириўге урынады. 📚 “Қырық ҳәдис шолыўы” китабынан үзинди. Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 4
​​#тәрбия 🌙 Перзент тәрбиясындағы қәтелердиң ақыбетлери: 🔹 Перзентиңиз көп өтирик сөйлейди ме? Демек, сиз оны ҳәдден тысқары қатты есап-санақ қылып, тергейсиз. 🔸 Перзентиңиз өзине исенбейди ме? Демек, сиз оны хошаметлемейтуғын екенсиз 🔹 Перзентиңиз сөйлесиўди билмейди ме? Демек, сиз ол менен сәўбетлеспейтуғын екенсиз. 🔸 Перзентиңиз урылық қылады ма? Демек, сиз оған саўға ҳәм инамлар бермейтуғын екенсиз. 🔹 Перзентиңиз қорқақ па? Демек, сиз оны көп қорғайтуғын екенсиз. 🔸 Перзентиңиз басқаларды ҳүрмет етпейди ме? Демек, сиз ол менен бәлент даўыста сөйлесер екенсиз. 🔹Перзентиңиз мудамы ғәзепленеди ме? Демек, сиз оны мақтамайтуғын екенсиз. 🔸 Перзентиңиз сықмар ма? Демек, сиз ол менен шерик болмас екенсиз. 🔹 Перзентиңиз басқаларға зулым етеди ме? Демек, сиз мудамы қопал мәмиле қылар екенсиз. 🔸 Перзентиңиздиң өзлигин аңлаўы күшсиз бе? Демек, сиз оған удайына дәкки бериў менен мәмиле қылар екенсиз. 📖 Доктор Ториқ ал-Ҳабибий. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube 👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Показать все...

👍 3
Фото недоступноПоказать в Telegram
Бул жыртық қаптың ишинде мазалы мийўе турғанындай, айырым жыртық-жамаў кийим кийген инсанлардың ишинде де, пәк, таза қәлблер бар. Ҳеш нәрсеге сыртқы көринисине қарап баҳа берме! 🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙 Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 🏠Telegram             🫡Instagram 😍Youtube               🤪Facebook
Показать все...
👍 15 3👏 1
Фото недоступноПоказать в Telegram
Ассаламу алайкум! ☪️ 😌Бүгин Сәршенби күни ☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️ Сәршенби күниңиз қайырлы болсын! 🤫 03-Июль 2024 27-Зулҳижжа 1445 👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️ ☀️ҚАЙЫРЛЫ КҮН ӘЗИЗЛЕР! 🌺Аманлықта және бир пайызлы таңның, пайызлы күнниң гүўасы болдық. Буның ушын Аллаҳ таалаға шексиз ҳәмдларымыз, шүкирлеримиз болсын! 🌺 Аман-есен таң аттырған ҳәр бир мусылман адам таңды өзгеше қарсы алыўы ҳәм мына сөзлерди тәкирарлаўы мақсетке муўапық ис болады: «Аллаҳ таалам, инам еткен бүгинги күниңе шексиз шүкиршилигимди билдиремен ҳәм бул күнди ийгиликли, пазыйлетли, саўаплы ислерге ҳәм жоқары мақсетлерге сарыплайман!» 🌺Аллаҳ таала бүгинги күнди ҳәммемизге беректли қылсын Қәлбиңиздеги бәрше жақсы арзыў-мақсетлериңиз, нийетлериңиз болса бүгин артығы менен әмелге ассын! 👈👈👈👈👈👈👈👈👈👈 🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙 Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 🏠Telegram             🫡Instagram 😍Youtube               🤪Facebook
Показать все...
👍 7 3
Фото недоступноПоказать в Telegram
03—ИЮЛЬ 2024—ЖЫЛ МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:  🕌    ТАҢ — 03:33 🕌    ҚУЯШ — 05:27 🕌    ПЕСИН — 13:08 🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 18:27 🕌    ШАМ — 20:52 🕌    ҚУПТАН — 22:43 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Каналға ағза болыў:👇 👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz
Показать все...
5🤝 1💘 1
01:31
Видео недоступноПоказать в Telegram
#muftiy_minbari 🌙 КИМ ИЛМ ЎРГАНСА МУАММОЛАРДАН ОМОНДА БЎЛАДИ 🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари 🌐 https://t.me/+ZgkOZopwJwc3ZWEy ✅ Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати 📲 OBUNA BO'LING ✅ VA ULASHING🗣 ▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Показать все...
ILM+.mp49.49 MB
👍 2
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Тәрбия     Баланың тәрбиясын бузатуғын нәрселерден абайлы болың!    Ата-аналардың айырым ислери перзенттиң тәрбиясына унамсыз тәсир қылады. Солардан айырымларын зикир қыламан:  — Баланың көз алдында ата-ананың жәнжеллесиўи. Бул баладағы қәтержамлық туйғысын кетиреди. Балада қорқыў, душпанлық, ашыўшақлық ҳәм жынаят қылыўға бейимликти келтирип шығарады.   — Баланы қорқытыў. Бул руўхый қорқыў, сийип қойыў ҳәм өзине исенбеўге алып келеди. Қала берсе, баладағы пикирлеў уқыбын ҳәм дөретиўшилик сезимин жоқ қылады.  — Баланың үстинен күлиў ҳәм мазақлаў. Бул басқаларды жаман көриў, жаңалықлар қылыўға қызықпаў ҳәм адам жатырқылаўға алып келеди. Шайх Юсуф Хаттар Муҳаммад, "Шаңарақ — бахыт-саадат мәканы". 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube 👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Показать все...
👍 2
#пикирлеў Ең уллы неъмат не екенин билесизбе? Аллаҳ таала сизге қанша неъмат бергенин сезиниўди қәлейсиз бе? Көзиңизди жумып он адым жүрип көриң! Жүрип көрдиңиз бе? Нени сезиндиңиз? Бир неъматтың әҳмийети қәншелли екен? Мениңше түсиндиңиз?! Қолыңызды қыймылдатпай, дастурқанда турған кеседен суў ишип көриң! Не деген қыйын екенин ойлап көрдиңиз бе?! Бир аяғыңызды ислетпей, тек биреўинде жүрип сол жағдайда ҳәжетханаға кирип көриң! Нени көз алдыңызға келтирдиңиз?! Мениңше отырып-турыўдың қәншелли қыйын екенин көз алдыңызға келтирдиңиз?! Үстиңизде турған кийимиңиз қоңсыларыңыз кийетуғын кийимлерден гөнерек, модасы да артта қалып кеткен бе? Енди арылаўдағы пәленше қоңсыңыз кийетуғын кийим ҳаққында ойлап көриң! Оның кийиминиң алдында сизиң кийимиңиз кәншелли жаңа екенин ойлап көрдиңиз бе?! Машинаңыз жоқ екенинен налыйсыз ба?! Еле машинаңыз жоқ екенине өкинсезиз бе?! Аллаҳ таала дүньяда жасап атырған миллиардлаған бенделери арасынан сизди таңлап, сизге "ИЙМАН" неъматын берген. Бул сиздеги ең уллы неъмат!Буған шүкир етиң! Өмиримизди ИЙМАН шақыратуғын ибадатлар, жақсы әмеллер менен өткизип, гүна-маъсыятлардан узақ болайық! https://t.me/Toqpaq_ata_uz
Показать все...
Toqpaq_ata_uz

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

👍 6
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.