cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Atajanova Ulbosin

Gu'rrin' ha'm maqalalar

Больше
Рекламные посты
246
Подписчики
Нет данных24 часа
-27 дней
-830 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Repost from Atajanova Ulbosin
Қаржаў аға үлкен зыяпатта тынбай сөйлеп, тилек билдирип атырған ўақтында таңлай тиси аўызынан шығып кеткен. Тоқтап турың тислеримди жайластырып алайын, деп ҳәммениң дыққатын өзине қаратқан. Зыяпат соңында пәтия берип атырғанындада, тап усы жағдай бир неше мәрте тәкрарланып, әтирапындағы отырған зыяпатласларының өзлерин күлкиден зордан тыйып отырыўына себепши болған екен. ××× ××× ××× ××× ××× Тәрбия апа алыс ўәлаятқа тойға барған екен. Той тарқап, қайтарға жақын апа таңлай тислерин тазалап, бинтке орап атырғанында, сол үйге мийманлар келип, тислерин қол сумкасына жайластырмақшы болғанында , үстине басқа затлар қойылып, соған илесип стол үстинде қалып кеткен Үйине келген Тәрбия апа тислерин таба алмай, той болған үйге қоңыраў еткен. Той ийеси аманатты жеткериўге ўәде етипти. Дәслеп район орайына, кейин ўәлаят орайына, соңынан Ташкент қаласына ҳәм сол жерден Нөкиске киятырған студент арқалы жөнетилген. Нөкисте Тәрбия апаның баласы аманатты қабыллап алып, анасына жеткерип берген екен. Анасының бул аманатты алып атырғандағы қатты қуўанғанын көрип, тислердиң бийбаҳа байлық екенин түсинип жетипти. ××× ××× ××× ××× ××× Айжан апа аўылға қыдырып барған ҳәм бир күн туўысқанлар үйинде қонып қалған. Түнде ашық ҳаўада ҳәз етип пешаханада (пешшехана) жатыўды көптен бери арзыў етип жүр еди. Енди басын көпшикке қояйын деп атырғанында, тисин шешип , ыдысқа салмағанлығы есине түсипти. Жата берсембе екен, деп азғана ойланыптыда, кейин және таңлай тислерин шешип алып, көпшигиниң бир шетине қойыпты. Барған үйиниң ийти айланшықлап, ҳәммени қорықлап жүре берген. Бираздан соң ийт бир шетке барып, сүйек ғайзап , ғышырлатып ҳәммениң мазасын алған. Таңда оянған Айжан апа , мына ийтиңиз түни менен адамға уйқы бермеди аў, деп ийтине қараған екен, не көз бенен көрсе, қасында тислери шашылып атыр екен. Түни менен ғайзаған сүйек дегени өзиниң таңлай тислери екен.. Усындай умытылмас ўақыяларды еслеп жүриўдей ғаррылық жасына бәршени жеткере берсин Ойланып қаласаң бундай қәдирли тислер тек аўқатты шайнап жеў ушын зәрүрме ямаса адамды жасартып, шырайлантырып жибериўгеде пайдасы барма? 😂 Материалларды топлаған УЛБОСЫН АТАЖАНОВА
Показать все...
Repost from Atajanova Ulbosin
Инсан гөззаллығы неге байланыслы? Балалық дәўиримизде ақ жаўлықлы кемпир апаларды көрсек 80-100 жасларға барған шығар, деп ойлар едик. Ҳәзирге келип, сол ата аналар жыйналысына ақлықларына ерип, барып жүрген ата, апалардың туўылған жылларын анықластырып, есаплап көрсек, сол ўақытта олардың жаслары 50 жас әтирапында болғанлығын көрип ҳайран қаламыз. Қалайынша, сонша беллери бүгилип қартайып қалған ата, апалар жап жас болсада түрлери дым үлкен жасқа барғандай? Бәлким аўыр мийнет қартайтқан шығар, бәлким ден саўлықлары онша жақсы болмаған шығар? Бәлким жетиспеўшиликтен, бәлким өзлерине жақсы итибар бермегенликтен шығар. Мәселен ҳәдден тыс кең ҳәм узын болған кийимлерди кийиниўи, басынан орамалын тасламай, жүзлерине, итибар бермеўинде шығар . Ер адамларда ерте сақал қойып, бас кийим, шапанларда жүргенликтен шығар бәлким? Енди болса ҳәр бир адам өзине айрықша итибар менен қарап, қоршалған орталыққа қарай бирге адым атқанлықтан болса керек 70 жасқа шыққан жасы үлкенлерде, анағурлым жас көринеди. Буларға атап айтқандай себеплер көп. Усындай себеплердиң бири болған адамның жүзине жарасып туратуғын ҳәм жасартып туратуғын жасалма тислер яғный протез тислер ҳаққында сөз етсек. Адамлар оны қаншалар дәрежеде қәстерлейди ҳәм оны жоғалтса қаншалар қыйналады?
Показать все...
Repost from Atajanova Ulbosin
БОЛҒАН ЎАҚЫЯЛАР... Гулимхан апаның жасалма тислери арасында алтын тислериде бар еди. Әлбетте жылтырақ тислер кишкене балалардың ҳәўесин келтирери сөзсиз. Өзлеримизде бала гезимизде конфетаның ишиндеги сары жалтырақ қағазынан алтын тис, ақ жалтырағынан гүмис тис жасаў ушын , нағышлап тислеримизге жабыстырып отырар едик ғой. Гүлимхан апаның ақлықларыда отырғыштың үстилерине шығып, өрмелеп , ыдыстағы тислерди алдыда, ойыншықлары арасына қосып, ойнаў ушын сыртқа алып кеткен. Апасының күйип писип, излеп жүргенин көрген ақлықларыда қосылып излеўге түсти. Ҳәмме ойыншықлар жайында, ал тислерден болса ҳеш дәрек жоқ. Арадан ҳәптелер, айлар өтседе, баласы, апа жүриң тис докторына апарып көрсетейин, басқадан буйыртпа берейик, дегенинеде қулақ аспай апа еле излеўде... ××× ××× *** ××× ××× ××× Карима апа мектепте баслаўыш класста сабақ береди. Таза теманы түсиндирейин деп атырғанда оқыўшылар өз ара жыбырласып қалды. Муғәллим столды муш пенен бир, еки урып, енди бақырып атыр еди, жоқарғы таңлай тислери аўызынан шығып, стол үстине тарс етип түсти. Класс иши силтидей тынған, Карима устаз тислерин әсте қолына қысқан. Ертеңине және устазының сабағы басланар ўақытта оқыўшылардан бири , бүгин тым тырыс отырайық, болмаса муғаллимниң қалған тислериде бизлердиң себебимизден қопарылып қалады, деген екен.
Показать все...
Бүгин таңда Каабадан жиберилди
Показать все...
00:56
Видео недоступноПоказать в Telegram
117.25 MB
Фото недоступноПоказать в Telegram
Фото недоступноПоказать в Telegram
Фото недоступноПоказать в Telegram
Фото недоступноПоказать в Telegram
00:20
Видео недоступноПоказать в Telegram
6.95 MB
👍 1
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.