cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

СИЗЛЕР УШЫН

Бул каналда: ✅Пайдалы кеңеслер ✅Қызықлы мағлыўматлар ✅Даналық пикирлер ✅Ибратлы ўақыялар ✅Логикалық сораўлар ✅Қарақалпақша статуслар ✅Мотивация ✅Психология Бәршеси СИЗЛЕР УШЫН! Байланыс ушын: @siz_ushin_bot Пикир алмасыў ушын топарымыз: @sizlerushin

Больше
Рекламные посты
1 044
Подписчики
Нет данных24 часа
-57 дней
-2530 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Ең әўели денсаўлықтың қәдирине жетиң. Өлимнен алдын! 40 жасында асқазан раки менен кеселленген халықаралық көлемде белгили дизайнер ҳәм жазыўшы Криста Родригес өлиминен алдын усылай жазған еди: 1. Гаражымда дүньядағы ең қымбат машина бар еди, лекин енди майыплар арасында ҳәрекетлениўиме туўры келмекте. 2. Үйимде ҳәр қыйлы брендтли аяқ кийим ҳәм қымбат баҳалы буйымлар сатылады, бирақ ҳәзир мениң денем кеселхана инам еткен кишкене таўарға оралған. 3. Банкте көп пулым бар, лекин ҳәзир бул қаржыдан ҳешқандай пайда жоқ. 4. Мениң үйим сарайға уқсайды, ҳәзир болса кеселханада әпиўайы ғана кроватта жатырман. 5. Бес жулдызлы мийманханадан бес жулдызлы мийманханаға өтер едим, бирақ ҳәзир кеселханадағы бир лабораториядан екиншисине өтпектемен. 6. Мен жүзлеп адамларға автограф беретуғын едим, бирақ бул сапары медициналық ҳүжжетлерге қол қоймақтаман. 7. Шашларымды 7 шаштәрез тәртипке келтирер еди, енди болса басымда бир де шаш жоқ. 8. Жеке самолётымда қәлеген жериме уша алар едим, бирақ ҳәзир кеселхана дәрўазасына барыў ушын еки ғана жол керек. 9. Азық-аўқат жүдә көп болса да, лекин ҳәзир мениң диетам еки таблетка ҳәм кешқурын бир неше тамшы ашшы суў. Бул үй, бул машина, бул самолёт, бул мебель, бул банк, жүдә көп абырой ҳәм даңқ, булардың ҳеш бири маған сәйкес келмейди. Булардың ҳеш бири мени тынышландырмайды. "Өлимнен басқа ҳақыйқый нәрсе жоқ" @SIZLER_USHIN
Показать все...
🔥 7👍 4😢 3
#Пайдалы_мағлыўмат Ыссы ҳаўада аўқатланыўдың тийкарғы қағыйдалары Жаз айында ас сиңириў процеси төменлейди. Ыссылық тәсиринде организм өзин суўытып, дене температурасын нормал услап турыўға үлкен энергия сарплайды. Нәтийжеде ас сиңириў системасының қан менен тәмийинлениўи пәсейеди, иштей төменлейди, силекей ажыралыўы кемейеди, ишеклер ҳәрекети пәсейтип, зат алмасыўы төменлейди. Бул болса жүрек қан тамыр системасының жүклеме менен ислеўине алып келеди. Жоқарыдағылардан келип шығып жазғы рацион дүзиўде төмендегилерди инабатқа алыў керек: - көп муғдарда суў ишиў; (организм ушын күнлик суйықлық нормасы 1 кг / 3 мл, керекли муғдарда ишиң, ҳәдден тыс көп суйықлық ишиў исиклерди келтирип шығарады) - витамин ҳәм минералларға байытыў; (мийўе, палыз егинлери ҳәм көк шөп) - “суўытыўшы“ энергия бериў; - қан айланысын жақсылаў; - қан қойыўласыўының алдын алыў. “Ысытыўшы“ энергияны қалай етип “суўытыўшы“ энергияға алмастырыў керек? Тийкарғы қағыйда мынада, барлық тоқ реңли/қызыл - “ысытыўшы“, ашық реңли/жасыл - “суўытыўшы“ болып табылады. @SIZLER_USHIN
Показать все...
👍 4
#Ҳәзил Тек мийи ислемейтуғын ақмақлар ғана жасыл алмалардың сүўретин 5 топарға жиберсе қызарыўына исенеди... Негизинде 10 топарға жибериў керек. Сонда ғана қызарады олар...😜 @SIZLER_USHIN
Показать все...
🤣 16😁 3👍 1
💫Ҳақыйқый жеңис бул... Ҳәтте душпанларыңның да саған еликлеп атырғанлығын көриў... @SIZLER_USHIN
Показать все...
👍 11
💫Бизди көриўге көзи жоқлар бизди дыққат пенен бақлайды. @SIZLER_USHIN
Показать все...
👍 10😁 2
💫Болмады деп қапа болма, сондай күнлер келеди болмағанлығына шүкир етесең. @SIZLER_USHIN
Показать все...
👍 14👏 1
💫Көп нәрсени билдириўши тынышлық ҳәм ҳеш нәрсени аңлатпайтуғын сөзлер бар. @SIZLER_USHIN
Показать все...
👍 10
💫Дәрти жоқлар болмайды, дәртин айтпайтуғынлар болады. @SIZLER_USHIN
Показать все...
👍 12
💫Характер бул қуралға уқсайды, бул қуралды мына адамларға ҳасла қарсы ислетпе! 1. Ашыўың келгенде ким саған шыдады! 2. Сен жоқ жерде ким сени қорғады! 3. Тәшўиш түскенде ким сени қуўандырды! 4. Жеңилген ўақтыңда ким жаныңда қалды! @SIZLER_USHIN
Показать все...
👍 11
Фото недоступноПоказать в Telegram
Гезлеме - (инглис тилинде "gauze" жуқа материал. Бул ҳәзирги замандағы "бинт" ҳәм басқа медициналық материалларды тәрийиплеўши сөз. Бул сөздиң этимологиясы қызық екен. https://www.etymonline.com/word/gauze "Gauze" сөзи инглис тилине французша сөз ("gaze") ден кирип келген екен. Францияға кирип келиўи бундай жуқа материалды Палестинаның Газа қаласындағы шебер материал усталары ислегени ушын Францияда бул материалды "gaze" деп атаған екен. Усы нәрсе ҳаққында интернетте бир қосық оқыдым, аўдарма ислеп сизлер менен бөлиспекшимен: ...сонда мен ойладым, қанша бизиң жарамыз оларды деп шыпа тапты ҳәм олардың қанша жарасы, бизди деп, еле ашық... @SIZLER_USHIN
Показать все...
😢 4👍 1
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.