2 888
Подписчики
-424 часа
+307 дней
-1830 дней
Архив постов
Рюға
Жолланба шықты рюға
Кетким келмей оқыўға
Қулпы эдим үйимниң
Гилти едим кеўилдиң
Еки көзим арқамда
Айлық соңы қалтамда
Кеўил бөлип кеталмай
Шарасыз турман айталмай
Зордан шықытым үйымнен
Хабар келмес кейнимнен
Онлайын оқып неше жыл
Сақыт еттим ийнимнен
Қызықлы оқыў басланды
Машқалалар тасланды
Биреўын шешип-шешалмай
Тақыр маңлай қасланды
Көп екен ғой жаңалық
Өзимнен таўып шалалық
Санлы техналогия әсири
Оқтыўға тийди тәсири
Ўодўел,конва лапс ап
Гоголдан тезде изле, тап.
Тарсырма ,ойын шынығыў
Дәўыр талабы оқыўшы бап
Ҳапте отты зуўылдап
Қоңыраў шалынды шырылдап
Келгим келмей келип ем
Кеталмай турман мырылдап
Юлдашова Наргиза
Беруний рн
20 04 2024
